Самарқанд халықаралық аэропортына кеше Қазақстанның Түркстан қаласынан жолаўшы самолёт келип қонды.
Қазақстанның "QAZAQ AIR" авиакомпаниясының бул авиарейси Астана, Түркстан ҳәм Самарқанд қалаларын байланыстырады.
Турақлы жолаўшы қатнаўлары ҳәптесине еки мәрте - пийшемби ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.
Биринши авиарейстиң келиўи мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажда Қазақстан Республикасының Самарқанд қаласындағы бас консулы ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң жуўапкерлери қатнасты.