Бул ҳаққында "Ўзгидромет" 26-30-май күнлери бақланатуғын ҳаўа-райы болжаўында мәлим етти.

Атап өтилиўинше, орайлық ҳәм шығыс ўәлаятлар бойынша айырым жерлерде ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама бақланыўы мүмкин. Республика арқасында, қубласында ҳәм шөл аймақларында тийкарынан жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы бақланады. Атап айтқанда, 27-май күни Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы күтилмекте.

26-май күни күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 27-32 градус, ертең 22-25 градус, 28-30-майда 25-30 градус, айырым жерлерде 32 градусқа шекем болады.

Республика бойынша айырым жерлерде самал 13-18 метр/секундқа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Таў алды ҳәм таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Сел-суў тасқыны қәўпи бар.

Ташкентте 26-май күни температура 29-31 дәреже болады. 27-майда тийкарынан жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы бақланады, тек ғана кешке таман қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 23-25 градус жыллы болады.

28-май, сәршемби күни түнде ҳәм азанда қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 28-30 градус жыллы болады. 29-30-май күнлери тийкарынан жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы бақланады, тек ғана 29-май күни кешке жақын, 30-май күни түнде ҳәм азанда қысқа мүддетли жаўын-шашын, гүлдирмама болыўы мүмкин.

Самал ўақты-ўақты менен 12-14 метр/секундқа шекем күшейеди, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланады.