Усы мақсетте, усы жойбар системасында "Студентлер киберспорт ойынлары - 2025" Республикалық чемпионаты өткерилетуғыны жәрияланды.

Оған бола, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер, ҳәкимликлер менен биргеликте "Студентлер киберспорт ойынлары - 2025" Республикалық чемпионатының бағдарламасы тастыйықланды.

"Студентлер киберспорт ойынлары - 2025" жарыслары “Dota2”, “CS2”, “FC25” ойынлары ҳәм “Just Dance” фижитал аяқ ойыны бойынша 3 басқышта шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.

1-басқыш 9-14-июнь күнлери республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларында шөлкемлестирилсе, 2-аймақлық басқыш 16-21-июнь күнлери өткерилип, онда жеңимпаз болған командалар 23-25-июнь күнлери Ферғана ўәлаятында шөлкемлестирилетуғын финал басқышында күш сынасады.

Жаслардың интеллектуаллық потенциалын арттырыўға қаратылған бул "Студентлер киберспорт ойынлары - 2025" жарысларында мүнәсип қатнасқан қәбилетли жаслар мәмлекет сайланды командаларына алынады.