Ушырасыўда АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң жәрдемшиси Эрик Мейер, Америка-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм, Халықаралық раўажланыў қаржы корпорациясының вице-президенти Брез Бетани, сондай-ақ, "Boeing", "FLS", "Visa", "NASDAQ", "Air Products", "Franklin Templeton", "Morgan Stanley", "Cоcа-Cola"ҳәм басқа да көплеген корпорациялардың басшылары қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы бул ушырасыў Америка бизнесинде Өзбекстандағы жумысты кеңейтиўге қызығыўшылық артып атырғанынан дәрек екенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Инвестициялық ҳәм инновациялық бирге ислесиў перспективаларына, стратегиялық әҳмийетке ийе материалларды өзлестириў ҳәм қайта ислеў, жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар, транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасын модернизациялаў, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тараўларда анық жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
АҚШтың жетекши компанияларының басшылары инвесторлардың нәтийжели жумысына жаратылып атырған қолайлы шараятлар ушын Өзбекстан Президентине миннетдаршылық билдирип, өзлериниң анық усыныс ҳәм режелерин билдирди.