Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен елимизде болып турған Болгария Республикасы Президенти Румен Радев “Янги Ўзбекистон” паркине барды.
Жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов басқарып барды. Болгария жетекшиси Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Румен Радев усы саўлатлы бағдың қурылыс тарийхы менен танысты. Монументте сәўлелендирилген уллы ойшыллар, қаҳарман сәркарда ҳәм жәҳәнгирлер, жадид бабаларымыз ҳаққында айтып берилди.
Делегация ағзалары “Янги Ўзбекистон” комплексиниң идеялық ҳәм архитектуралық шешимлерине итибар қаратты. Бул жердеги бағ - сийрек ушырасатуғын терек ҳәм гүллер, амфитеатр, фонтанлардың үнлеслиги атап өтилди.
Сапардың тийкарғы илажлары бүгин, 10-июнь күни болып өтеди.
Сапар бағдарламасына муўапық, еки мәмлекет жетекшилериниң сөйлесиўлери, рәсмий ҳәм исбилерменлик илажларының өткерилиўи, бир қатар еки тәреплеме келисимлерге қол қойылыўы режелестирилген.
Болгария Президенти Румен Радев IV Ташкент халықаралық инвестициялық форумында да қатнасады.