Өткен жылы 31-декабрьде Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўды жеделлестириў бойынша Президент қарары қабыл етилип, зәрүр мәселелер шешип берилген еди. Атап айтқанда, онда 2025-жылы 2 миллиард доллар инвестиция тартыў, экспортты 285 миллион долларға жеткериў, 168 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў илажлары белгиленген еди.

Бул ўазыйпалар избе-из орынланбақта. Өткен алты айда Жиззақта санаат, сервис ҳәм аўыл хожалығында 200 жойбар иске қосылды. Ўәлаятқа 662 миллион доллар инвестиция кирип келди.

Бирақ Дослық, Зафарабад, Пахтакор, Мырзашөл районлары бул бағдарда бираз артта қалып атыр. Соның ушын жаңа жойбарларды бәринен бурын усы районларға жайластырып, адамларды жумыслы етиў зәрүр.

Кейинги ўақытлары ўәлаятта 250 миллион долларлық ири туризм комплекслериниң иске қосылғаны нәтийжесинде бир жылда туристлер ағымы 2 есеге артты. Оны және де арттырыў ушын барлық шараят бар.

Және бир үлкен имканият - жер. Жиззақта 1 миллион 300 мың гектар аўыл хожалығы жерлери болғаны менен тек ғана 40 процентинде егин егилип атыр. Бир гектарға туўра келетуғын орташа дәрамат та басқа ўәлаятларға салыстырғанда аз. Негизинде, жерден нәтийжели пайдаланып, азық-аўқат өнимлерин ҳәм шарўа от-жемлерин көбейтиў мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысының басламасына муўапық, Жиззақ ўәлаятында да жуўапкерлер, тараў қәнигелери ҳәм жетекши исбилерменлерден ибарат "Реформалар штабы" дүзилди.

Мәжилисте усы штаб тәрепинен таярланған жаңа жойбарлар таныстырылды. Оған бола, улыўма баҳасы 520 миллион долларлық 200 жойбар қәлиплестирилген. Олардың нәтийжесинде 12 мың жумыс орны, бюджетке қосымша 120 миллиард сум түсим, 100 миллион долларлық экспорт имканиятының жаратылыўы нәзерде тутылған.

Президентимиз жойбарлардың экономикалық тийкары ҳәм базар талабы менен қызықты. Ҳәкимлер ҳәм "Реформалар штабы" биргеликте ислеп, санаат, аўыл хожалығы, туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында "үлкен секириў" ислеўи керек екенлиги атап өтилди. Сонда Жиззақ ўәлаяты инвестиция, жумыс орны, халықтың дәраматы ҳәм экспорт ең тез өсип атырған аймақлардан бирине айланады.