Бүгин дүньядағы экономикалық өзгерислер шараятында, бәринен бурын, ишки имканиятлардан пайдаланыў, ең көп жумыс орнын жарататуғын тараўларды қорғаў зәрүрлиги туўылмақта. Мәмлекетимизде тоқымашылық, қурылыс материаллары, мебель қурылысы мине усындай тараўлар қатарына киреди. Оларда бир миллионға шамалас халық жумыс ислемекте.
Соның ишинде, мебель қурылысына қәнигелескен 7 мың 500 кәрхана жумыс алып бармақта. Өткен жылдың өзинде 920 жаңа кәрхана ашылған. Тараўда 6 триллион 700 миллиард сумлық өним таярланып, 20 миллион долларлық мебель экспорт етилген.
Хорезм ўәлаятының Ханқа районы тәжирийбеси тийкарында басқа жерлерде де мебель ислеп шығарыў орайлары шөлкемлестирилмекте. Тараўдағы исбилерменлердиң сырт елден шийки зат, фурнитура ҳәм аксессуар алып келиўи, экспорт базарларына шығыўы мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.
Чиланзар районындағы индустриаллық аймақта мебель ислеп шығарыўға қәнигелескен онлаған ширкет бар. “Eman materials" кәрханасы интакердиң 10 миллион доллар қаржысы есабынан шөлкемлестирилген. Бул жерде жылына 10 мың тонна фурнитура ҳәм мебель қурылысы буйымлары ислеп шығарылмақта. Олар кооперация тийкарында елимиздеги мыңлаған кәрханаларға жеткерип берилмекте. Енди экспортқа шығарыў да режелестирилген.
Кәрханада 200 адам жумыс пенен тәмийинленген. Әҳмийетлиси, усы жердиң өзинде мебель қурылысы оқыў орайы да шөлкемлестирилген. Оның ушын Италия ҳәм Түркия сыяқлы мәмлекетлерден қәнигелер тартылған.
Сондай-ақ, кәрхана тәрепинен буйыртпа тийкарында мебель ислеп шығарыў, жойбарлаў, кесиў, үскенелерди оңлаў сыяқлы қосымша хызметлер де көрсетиледи.
Комплексте көргизбе залы да шөлкемлестирилген болып, бул жерде пайтахттағы белгили - бренд өнимлер бир жерге жәмленген. Бул система сатыўшы, хызмет көрсетиўши ҳәм алыўшыға қолайлық жаратпақта.
Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерип, қәнигелер менен сәўбетлести. Мебель қурылысы тармағында локализациялаў ҳәм қосымша қун жаратыў бойынша еле пайдаланылмаған оғада көп имканият бар екенлиги көрсетип өтилди.
Усы жерде Чиланзар районында шөлкемлестирилген "Реформалар штабы"ның жумысы ҳаққында мәлимлеме берилди. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған жаңа усыныслар ҳәм күтилип атырған нәтийжелер көрип шығылды.
Атап өтилиўинше, районда усы жылдың басында кәмбағаллық дәрежеси 7 проценттен жоқары болған болса, биринши ярым жыллықтың жуўмақлары бойынша бул сан 2,2 процентке түскен. Мәнзилли режеге бола, районды жылдың ақырына шекем кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў мақсет етилген. Оның ушын шаңарақлардың имканиятын жүзеге шығарыў, микрожойбарларды әмелге асырыў, жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў, рәсмий емес жумыс орынларын нызамластырыў илажлары көриледи.
Президент халықтың бәнтлигине қаратылған басламаларды бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди. Инвестицияларды тартып, имканиятларды жойбарға айландырыў, киши кәрханалардың жумысын кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти. Экономика ҳәм инвестиция тараўларының жуўапкерлерине исбилерменлер менен турақлы ушырасып, машқалаларын шешиў, усынысларын жүзеге шығарыў бойынша тапсырмалар берилди.