Шайх Мансур Ол Наҳаян мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысында үлкен табыслар тиледи. Сондай-ақ, Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаян ҳәм Абу-Даби Әмирлигиниң мийрасхоры Шайх Холид Ол Наҳаянның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен БАӘ арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, усы жылдың январь айында БАӘға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапарда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Тийкарғы бағдарларда, бәринен бурын, саўда-экономика, инвестиция, инновация ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында әмелий бирге ислесиў кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми, биргеликтеги инвестициялық жойбарлар портфели, қоспа кәрханалар ҳәм авиақатнаўлардың саны артып бармақта. Тығыз сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларға пуқта таярлық көриў әҳмийетли екени атап өтилди.