Атап өтилиўинше, Мәмлекетлик комиссияның тийисли протоколы менен улыўма орта билим бериў мектеплериниң 2025-жыл 9-класын питкерген оқыўшыларын 519 техникумның биреўинде оқытыў ушын my.edu.uz электрон платформасы арқалы онлайн дизимнен өткериў 10-августқа шекем (сол күни де) создырылды.
Питкериўшилер мәмлекетлик грант тийкарында күндизги ямаса дуал билимлендириў түрлеринде оқыўға қабыл етиледи.
Буннан тысқары, олар 14 техникумда шөлкемлестирилген халықаралық билимлендириў бағдарламасы бойынша да грант тийкарында оқыў ушын my.edu.uz платформасы арқалы 10-августқа шекем ҳүжжетлерди тапсырыўы мүмкин.
Билимлендириў формасы - күндизги.
Платформаға жүклениўи керек болған мағлыўматлар:
- туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық ямаса ID карта мағлыўматлары;
- 3х4 көлемдеги реңли фотосүўрет.