Илажда ШБШға ағза мәмлекетлер делегациялары ҳәм оның турақлы жумыс алып барыўшы уйымларының басшылары менен бир қатарда бақлаўшы ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлердиң жетекшилери, ҳүрметли мийманлар, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш ҳәм басқа да халықаралық структуралардың басшылары да қатнасты.
Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ашық-айдынлық ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў руўхына толық жуўап беретуғын "ШБШ плюс" форматы исенимли қарым-қатнас ушын барған сайын әҳмийетли майданға айланып атырғанын атап өтти.
ШБШ шеңбериндеги шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиў ушын үлкен потенциал бар екенлигин атап өтип, мәмлекетимиз басшысы көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли ўазыйпаларына тоқтап өтти.
Бәринен бурын, ШБШ мәмлекетлериниң турақлылығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў ушын биргеликтеги ҳәрекетлерди күшейтиў әҳмийетли екени, бул, әсиресе, климат өзгериўи, энергетика ҳәм азық-аўқат ресурсларының жетиспеўшилиги, миграция кризислери, киберҳүжимлер ҳәм басқа да жаңа қәўип-қәтерлер жүзеге келип атырған шараятта әҳмийетли екени атап өтилди.
Президентимиз Ташкент қаласында ШБШ Регионаллық антитеррор структурасы негизинде Қәўипсизликке қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша универсал орай және Душанбе қаласында Наркотиклерге қарсы гүресиў орайының иске қосылғанын қоллап-қуўатлады.
Қәўипсизлик мәселелери бойынша "ШБШ плюс" форматындағы биринши сөйлесиўди келеси жылы елимизде өткериў усыныс етилди.
- Аўғанстандағы жағдайды есапқа алмай ҳәм халықаралық жәмийетшиликтиң аўған ҳүкимети менен конструктивлик қарым-қатнасын жолға қоймай турып, регионымызда турақлылықты тәмийинлеў мүмкин емес, -деди Өзбекстан жетекшиси.
Усы мүнәсибет пенен бул мәмлекет пенен бирге ислесиў ҳәм оны ШБШ жойбарларына тартыў бойынша прагматикалық көзқарасларды ислеп шығыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы ШБШ шеңбериндеги саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди түп-тийкарынан кеңейтиўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында атап өтти.
Тосқынлықларды сапластырыў ҳәм стандартларды жақынластырыў, электрон саўда майданларын раўажландырыў, санаат кооперациясы ҳәм инновацияларды хошаметлеў ушын ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бизнес қарым-қатнас ушын нәтийжели платформаны иске қосыў мақсетинде ҳәр жылы "ШБШ ИНВЕСТ" инвестициялық форумын өткериў ҳәм оның биринши мәжилисин келеси жылы Өзбекстанда шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.
Регионаллық транспорт интеграциясы ҳәм өз-ара байланыслылығы ҳаққында сөз етилип, регионды глобаллық коридорлар менен исенимли байланыстырыўды тәмийинлейтуғын нәтийжели транспорт жөнелислерин жаратыў Орайлық Азия ушын турмыслық әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
"Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолының қурылысы ҳәм келешекте Трансаўған коридоры менен байланысыўы ШБШ мәканында бирден-бир транспорт тармағын қәлиплестириўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиз жетекшиси илим, технологиялар ҳәм инновациялар тараўларында шерикликти жедел алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.
- ШБШ мәмлекетлери жасалма интеллект, үлкен мағлыўматлар базалары, робототехника, биоинженерия, альтернатив энергетика сыяқлы алдынғы бағдарларда үлкен секириўди тәмийинлеўге уқыплы болған үлкен илимий-техникалық потенциалға ийе, - деди Президентимиз.
Жаңа идеяларды алға қойыў ҳәм алдынғы шешимлерди ислеп шығыў ушын ШБШның инновациялық-технологиялық хаблары тармағын жаратыў әмелий қәдем сыпатында усыныс етилди.
Мәдений-гуманитарлық тараўда бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан басшысы "ШБШ шаңарағы"ның мәдений ҳәр түрлилиги ҳәм қәдириятларын алға қойыўға жәрдемлесиўге қаратылған Уллы Жипек жолы мәдений қарым-қатнасын шөлкемлестириў басламасын алға қойды. Қатнасыўшы мәмлекетлер делегацияларын Самарқандта болып өтетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясы илажларында белсене қатнасыўға мирәт етти.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында "ШБШ плюс" форматындағы бул саммиттиң пайдалы нәтийжелери турақлылықты буннан былай да беккемлеў, көп қырлы шерикликти кеңейтиў ҳәм барлық мәмлекетлердиң избе-из раўажланыўына хызмет ететуғынына исеним билдирди.