Сапар бағдарламасына муўапық, Европа Аўқамының пайтахтында усы аўқамның тийкарғы институтларының басшылары менен еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерилиўи режелестирилген.
Көп қырлы қатнасықларды быйыл апрель айында Самарқанд қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.
Саўда-экономика, инвестиция-қаржы, инновация, энергетика, транспорт-коммуникация, илим-билимлендириў ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда әмелий бирге ислесиў бойынша анық жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыў дыққат орайында болады.
Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы нәзерде тутылған.
Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан жетекшиси Бельгия басшылығы менен ушырасыў өткереди, технологиялық ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў бойынша биргеликтеги режелерди жеделлестириў мақсетинде Европаның жетекши компания ҳәм банклериниң басшыларын қабыллайды.