Ушырасыўда Америка тәрепинен Мәмлекетлик хаткердиң биринши орынбасары Кристофер Ландау ҳәм басқа да рәсмий шахслар қатнасты.

Усы жыл 23-сентябрь күни Нью-Йорк қаласында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдында Сержио Гор мәмлекетимиз басшысына АҚШ Президенти Дональд Трамптың сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.

Жедел сиясий сөйлесиў, түрли дәрежедеги алмасыўлар, жедел исбилерменлик байланыслары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артып бармақта, октябрь айының басында АҚШ Саўда палатасы миссиясының сапары табыслы өтти.

Қабыл етилген "жол картасы" тийкарында санаат, қаржы, әҳмийетли пайдалы қазылмалар, энергетика, санластырыў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Тәреплер қәўипсизлик, терроризм ҳәм экстремизм, нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў тараўларында шерикликти беккемлеў мәселелерин де додалады.

Глобал ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.

Сондай-ақ, болажақ илажлар режеси, соның ишинде, келеси ҳәптеде Вашингтон қаласында болып өтетуғын "С5+1" форматындағы саммит шеңбериндеги илажлар көрип шығылды.