2024-жылы экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылды?

    26 желтоқсан 2024 227

    Қоршаған орталыққа тәсир көрсететуғын I-IV категорияға тийисли 19 573 объект мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилди. 688 кәрхананың қоршаған орталықты патасландырыўшы 3 276 дәрегинде экологиялық мониторинг өткерилди.

    Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен бүгинги күнде әҳмийетли экологиялық машқалаларға итибар қаратыў, атап айтқанда, республика аймағын буннан былай да көклемзарластырыў, ықлым өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў, шығындылар менен патасланыўды азайтыў ҳәм басқа да мәселелерге үлкен итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, 2024-жылы да бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

    Атап айтқанда, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде 2024-жылы жәми 224 миллион түп: бәҳәрги нәл егиў мәўсиминде 138 миллион түп, гүзги мәўсимде болса 86 миллион түп нәл егилди. Сондай-ақ, ири санаат кәрханаларының аймақлары ҳәм әтирапында 5,3 миллион түп терек нәллерин егиў арқалы "жасыл белбеўлер" шөлкемлестирилди.

    "Ашық бюджет" системасы арқалы "Мениң бағым" жойбары иске қосылып, пуқаралар тәрепинен баслама билдирилген 215 жойбар жеңимпаз деп табылды ҳәм "Жасыл бағ" және "Жасыл жәмийетлик парклер" қурыў жумыслары алып барылмақта.

    Қалаберсе, атмосфера, жер ҳәм суў ресурсларын қорғаў бағдарында 138 санаат кәрханасында нәтийжелилик дәрежеси жоқары болған шаң-газ тазалаў үскенелери орнатылды ҳәм барларын модернизациялаў нәтийжесинде атмосфера ҳаўасына 6,5 мың тоннадан аслам зыянлы шығындылардың алды алынды.

    Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят орайларында ҳәр айдың төртинши шерегинде "Автомобилсыз күн" жәмийетлик жойбары өткерилип, илаж шеңберинде жәмийетлик транспорттан пайдаланыў арқалы 800 мыңға шамалас транспорт қуралларынан пайдаланбаў есабынан 2 320 тонна зыянлы шығындылардың атмосфераға тасланыўының алды алынды.

    Соның менен бирге, "Таза ҳаўа" айлығы илажлары даўамында 407 мың автотранспорт қуралы экологиялық қадағалаўдан өткерилди. 93 кәрханада локал ақаба суў тазалаў объектлери қурылды ҳәм реконструкцияланды. 803 автомобиль жуўыў шақапшалары өз-өзинен хызмет көрсетиўге өткерилип, 1 161 шақапша ақаба суў тынышландырғышлар менен тәмийинленди.

    Қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўши I-IV категорияға тийисли 19 573 объект мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилди. 688 кәрхананың қоршаған орталықты патасландырыўшы 3 276 дәрегинде экологиялық мониторинг өткерилди.

    Пайдалы қазылмаларды қазып алыў нәтийжесинде бузылған 2 000 гектар жер майданлары рекультивация етилди.

    Буннан тысқары, биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў тараўында қорғалатуғын тәбийий аймақлардың дизимнен өткерилмеген 61,2 мың гектар жерлери толық мәмлекетлик дизимнен өткерилди. 97 өсимлик түри, 106 ҳайўан түри ҳәм қорғалатуғын тәбийий аймақлардағы 46 объекттиң геомәлимлеме мағлыўматлары Миллий геомәлимлеме системасына киргизилди.

    Жасалма жолдас сүўретлери арқалы 254,1 млн дана тереклердиң координаталары анықланып, санлы картасы жаратылды. 600 мыңнан аслам тереклердиң паспорты қәлиплестирилип, толық параметрлери бойынша мағлыўматлар электрон платформаға киргизилди.

    Ең әҳмийетли ўақыялардан бири, 2024-жылдың 12-17-февраль күнлери БМШтың Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин сақлап қалыўға байланыслы конвенциясы Тәреплер конференциясы 14-мәжилисиниң (COP -14) Самарқандта өткерилгени болып есапланады. Сондай-ақ, Қызыл китапқа киргизилген ҳайўанат объектлерине жеткерилген зыянды өндириў суммалары 10 есеге, өсимликлерге - 5 есеге, тереклерди нызамсыз кесиў ушын жәриймалар 5 есеге арттырылды.

    2024-жылы қоршаған орталықты қорғаў тараўына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң талапларын бузған 44,5 мың шахс анықланған. Нызам бузыўшыларға 49 млрд сум ҳәкимшилик жәрийма ҳәм 14 млрд сум зыян есапланды. 94 мыңнан аслам кәрхана ҳәм пуқараларға тараўға байланыслы профилактика илажлары өткерилди.

    Экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша және бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, GREEN CITY INDEX методологиясы тийкарында 13 аймақтың ҳәкимшилик орайы ҳәм Ташкент қаласының экологиялық паспортлары ҳәм экологиялық рейтинги қәлиплестирилди. Бухара ҳәм Самарқанд қалаларының экологиялық "мастер-режелери" ислеп шығылды.

    Халықты қалалардың экологиялық турақлылығының әмелдеги рейтинги ҳаққында хабардар етиў, сондай-ақ, пуқараларға қалаларда қоршаған орталықты жақсылаў бойынша ислеп шығылған ҳүжжетлерден (экологиялық бас режелер ҳәм экологиялық паспортлар) пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў мақсетинде greencities.uz онлайн платформасы иске қосылды.

    Орайлық Азияда дәслепки экологиялық машқалаларға илимий шешим табыўға қаратылған илимий университет Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм ықлым өзгериўин үйрениў университети (Green University) жумысы шөлкемлестирилди.

    Шығындыларды басқарыў тараўына да үлкен итибар қаратылды. Турмыслық шығындылар менен ислесиў тараўында жеке меншик сектордың үлеси 65 процентке жеткерилди. Шығынды хызметлерине төлем бериўде "Таза Макон биллинг" бағдарамалық системасы енгизилди.

    Шығынды кәрханаларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде 400 миллиард сумлық 346 арнаўлы техникалар лизинг тийкарында жеткерип берилди.

    Шығындыларды таңлап жыйнаў системасын енгизиў мақсетинде 414 заманагөй шығынды жыйнаў майданшасы реконструкцияланды ҳәм 26 заманагөй майданша қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Шығындыларды нызамсыз жайластырыў жағдайларын анықлаў мақсетинде 110 қадағалаў камералары орнатылды.

    “Sayar LLC” компаниясы тәрепинен (АҚШ) Ташкент қаласы, Самарқанд ҳәм Бухарада 6 мың тонна медициналық шығындыларды термикалық қайта ислеп, ыссылық энергиясын ислеп шығарыў жойбары әмелге асырыла басланды. Бул жойбар шеңберинде 2024-2025-жыллар даўамында 7 миллион доллар есабынан, жылына 6 мың тонна медицина шығындысын термикалық қайта ислеў, 20 ГВт саат/жыл, 2026-2030-жылларда 108 миллион доллар есабынан, жылына 90 мың тонна медицина шығындысын термикалық қайта ислеў, 300 ГВт саат/жыл қуўатлылыққа ийе үскенелерди иске қосыў нәзерде тутылған.

    Республикада экологиялық жағдайды турақластырыў мақсетинде 222 мың гектар майданда тоғай жаратыў ҳәм қайта тиклеў илажлары әмелге асырылып, республиканың тоғай менен қапланғанлық дәрежеси 8,1 процентке (3,65 млн гектар) жеткерилди. Соның ишинде, Арал теңизиниң қурыған ултаны ҳәм Аралбойы аймақларында қум көшиўи және атмосфера ҳаўасына дуз-шаң көтерилиўин сапластырыў мақсетинде 215 мың гектар майданда "жасыл қапламалар" қурылып, олардың майданы 1,9 миллион гектарға жеткерилди. Шөл, таў ҳәм таў алды аймақларында шөллениў ҳәм қум көшиўи, суў ҳәм топырақ эрозиясының алдын алыў мақсетинде 1000 гектар майданда қорғаў тоғайлықлары (қорғаў) жаратылды.

    Ерте ескертиў системасын жетилистириў мақсетинде 20 гидрологиялық постлар заманагөй автоматикалық суў өлшеў үскенелери менен тәмийинленди.

    "Замин" халықаралық жәмийетлик фонды менен биргеликте Әндижан, Бухара, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятлары орайларында және Ташкент қаласында 8 автомат станциялар орнатылып, алынған мағлыўматлар мониторинг monitoring.meteo.uz веб-сайтында ҳәр 10 минутта жаңаланып барылмақта.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates