Арал мәденият саммити Арал теңизи регионындағы экология, мәденият ҳәм турақлы раўажланыў бойынша әҳмийетли мәселелерди додалаў мақсетинде көркем өнер, илим ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллерин бирлестиретуғын бийбаҳа әнжуман болып есапланады. Саммит жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелер, дөретиўшилерди бир жерге жыйнап, оларға идеялар алмасыў, бирге ислесиў стратегияларын ислеп шығыў ҳәм инновациялық жойбарларды усыныў имканиятын жаратады.
Бул илаж Аралбойы регионын көркем өнер, мәденият, дизайн ҳәм илим арқалы социаллық ҳәм экологиялық жақтан өзгертиўге қаратылған жаңа жойбар болып есапланады. Сондай-ақ, саммит Арал теңизи экосистемасын қәстерлеп сақлаў, жергиликли мәдениятты халықаралық майданда ғалаба ен жайдырыў бойынша жаңа стратегияларды қәлиплестириўге хызмет етеди.
Саммиттиң узақ мүддетли нәтийжеси мәмлекетлер арасындағы мәдений байланысларды беккемлеў, турақлы раўажланыў жойбарларына инвестиция тартыў ҳәм жергиликли изертлеўшилер ушын жаңа имканиятлар жаратыўдан ибарат. Келешекте қатнасыўшылар географиясын кеңейтиў, халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм региондағы экологиялық жағдайды жақсылаў ушын инновациялық шешимлерди енгизиў режелестирилген. Арал мәденият саммити тек ғана додалаўлар майданы емес, ал Аралбойы мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм келешекте раўажландырыўға қаратылған ҳақыйқый ҳәрекетлер майданына айланады.
Өзбекстан 2023-жыл 22-24-март күнлери БМШтың Нью-Йоркта болып өткен суў ресурслары конференциясында Арал мәденият саммити жойбарын әмелге асырыў басламасын алға қойған еди. Енди Президентимиздиң қарарына тийкарланып, саммит ҳәр 18 айда - бәҳәр ямаса гүзде өткериледи. Саммит Қарақалпақстанның турақлы раўажланыўына үлес қосатуғын экологиялық, социаллық ҳәм мәдений шешимлерди излеў ушын жергиликли ҳәм халықаралық белсендилер, художниклер ҳәм илимпазларды бирлестиреди.
Қарарға муўапық, экологиялық машқалаларды шешиў бойынша Аралбойы регионы ҳәм дүньяның басқа да регионларында жүзеге келген экологиялық машқалаларды додалаў, ақылға уғрас шешимлерди усыныў ушын глобал платформа жаратыў ҳәм усы машқалаларды шешиўде пәнлераралық қатнасларды раўажландырыў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, турақлы қарарлар ҳәм стратегияларды ислеп шығыўға қаратылған билимлендириў бағдарламасы тийкарында Арал мектебин жаратыў менен бирге, жетекши жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте Аралбойы регионында суў ҳәм топырақ изертлеўлери өткериледи.
Атап айтқанда, Арал мәденият саммити регионның экологиялық ҳәм мәдений машқалаларына итибарды тартыўда әҳмийетли рол атқарады. Халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға үлес қосады, дөретиўшилерди шешимлер табыўға илҳамландырады, Арал теңизин ҳәм жергиликли жәмийетшиликлердиң мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаўдан мәпдар болған адамларды бирлестиреди.
Олимжон ДҮЙСЕНБАЕВ,
филология илимлериниң кандидаты, доцент