баннер
13 Apr 2025
15:55

    Қыйтақ жерден үш мәрте өним ҳәм 500 миллион сум дәрамат

    Айырымлар қысы-жазы жумыс жоқ екенлигинен налыўдан шарамайды. "Қыйтақ жериңе анаў-мынаў ексен болмай ма?" деп мәсләҳәт берсең, сылтаўы да тайын.

    "Дийқаншылықты түсинбеймен, буның үстине, бир бөлек жерден қанша да пайда алар едим," дейди басын қасып. Отлақта бөдене көп, ериншекке сылтаў, деп соны айтса керек. Бирақ "излеген имкан табады", деп қыйтақ жериндеги ҳәр бир қарыс жерден өнимли пайдаланып атырған жерлеслеримиз де жоқ емес.

    Беруний районындағы "Мақтумқулы" аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Фарҳод Бекимбетов үйи әтирапындағы 5 сотих майданда 2 ыссыхана қурып палыз егинлери нәллерин жетистирип атыр. 2024-жылы тәжирийбе тийкарында жумыс баслаған шаңарақ ийеси быйылғы жылы 5000 қуты нәл жетистириўди жолға қойған. Мәўсимлик 4 жумысшы менен нәллерди қутыларға жайластырып, ыссыханада сақлап атыр. Егиў мәўсимине таяр жағдайға келиўи менен сатыў басланады.

    Палшылық ҳәм тәбийий пал жыйнаўда 40 жылдан артық тәжирийбеге ийе Еркабай Матқурбановтың шаңарағында да жумыслар қызғын. Шаңарақ әтирапында палшылық, балықшылық, бөдене бағыў жолға қойылған.

    Өткен жылы 2 200 килограмм пал алып, 140 миллион сум дәрамат көрген шаңарақ ийеси быйылғы жылы да жақсы пайда көриў үмитинде ислерди баслап жиберген. 200 бас бөдене ҳәр күни 100-140 мәйек туўады. Соны аймақтағы дүканларға тапсырып, күнлик дәраматқа ийе болып отыр. Еркабай Матқурбановтың 20 дан артық шәкирти бар. Палшылық жөнелисинде устаз-шәкирт дәстүрин даўам еттирип келмекте.

    Беруний районын баба дийқанлар журты, десек ҳақыйқатты айтқан боламыз. Ҳәр қарыс жерден нәтийжели пайдаланып киятырған тәжирийбели дийқан қыйтақ жер ийелери быйылғы мәўсимди де февраль айынан баслап алды. Бирлик мәҳәллесиндеги Йўлдаш Нарымбетов қыйтақ жеринен жылына үш рет өним алады. 31 сотих қыйтақ жеринде овощ, палыз егинлериниң нәллери ыссыханада жетистирилип, ҳәр жылғы мәўсимде Бухара, Хорезм ўәлаятлары ҳәм де Қарақалпақстанның барлық районларына жеткерилип берилмекте.

    Ол ерте бәҳәрден қыйтақ жерине капуста еккен. Капуста май айының басынан өнимге кирип ишки базарды тәмийинлейди. Йўлдаш Нарымбетов быйылғы жылы қыйтақ жеринен 500 миллион дәрамат алыўды режелестирген. Мәўсимлик 10 жумысшы нәллерди тәрбиялаў менен бәнт. Ыссыхана нәлден босағаннан соң, орнына жазғы палыз өнимлери егиледи. Жумыстың көзин билген шаңарақ ийелери мийнеттиң түби рәҳәт, деп қолы қолына тиймей ислеп атыр.

    Беруний районындағы "Беруний" аўыл пуқаралар жыйыны халқы да қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып, жылына 2-3 рет өним алады. Аймақтың тийкарғы тараўы шарўашылық ҳәм дийқаншылық болғаны себепли, мәҳәлледеги жарлы шаңарақларға ыссыханалар ушын зәрүр барлық үскенелер алып берилген.

    — Капустаны январьдың 10-сәнесинде, помидорды февральдың 20-сәнесинде еккенбиз, — дейди сегиз жыллық жумыс тәжирийбесине ийе қыйтақ жер ийеси Ақназар Ешимбетов. — Ыссыханамыздың табысы да жаман емес. Ҳәр жылы помидордан 150 миллион сумға шекем дәрамат көрип атырмыз. Бизге былтыр бир гектар жер ажыратып берилди. Енди оннан да жақсы дәрамат көремиз деген нийеттемиз.

    Наманганлы дийқанлардың тәжирийбеси жергиликли халық ушын үлги

    Беруний районындағы Алтынсай аўылында 265 шаңарақ социаллық реестрге киргизилген. Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 6-март күни қол қойған "Мәҳәллелерде қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған ислерди және де жеделлестириў ҳаққында"ғы буйрығы тийкарында "Әҳмийетли бир айлық" мобилизациясы жәрияланды.

    Айлық шеңберинде 20 шаңарақ таңлап алынып, оларға ықшам ыссыханалар қурыў ҳәм нәл жетистириў ушын барлық зәрүр үскенелер мәҳәлле тәрепинен бийпул берилген. Тийкарғы мақсет шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм турақлы дәрамат дерегине ийе болыўға жәрдем бериўден ибарат.

    Райондағы «Янги зотли товуқлар 2022» кәрханасы инкубаторына 8 мың мәйек шөже ашыў ушын қойылған ҳәм ҳәзир мыңнан аслам таўық бар. Қусшылық саласын раўажландырыў бойынша қарарлардан келип шығып, тараўға жаңа технологиялар алып кириў, тийкарынан, ҳаялларды бул бағдарда жумыс пенен тәмийинлеўге айрықша итибар берилип атыр.

    Беруний районындағы "Азат интенсив бағ" фермер хожалығы аймағында экспортқа қолайлы жүзимниң "Ризамат ата", "Келин бармақ" сортлары егилген. Соның менен бирге, алма, алмурт, шабдалдың ең сайланды сортлары жетистирилмекте. Қырық сотих майданда тамшылатып суўғарыў технологиясы тийкарында егилген қыяр нәллери 40 күнде өнимге киреди.

    Ҳәзирги ўақытта плёнка астына тәжирийбе жолы менен Наманганнан келген дийханлар тәрепинен он мың дана ғарбыз ҳәм тағы сонша ертеписер қаўын шопағы қадалды. Быйылғы жылы өним мол болса, келеси жыл еле де көбирек орынға қаўын-ғарбыз егиў режелестирип атыр.

    Буннан тысқары, бир гектар майданға айғабағардың Қытайдан алып келинген экспортқа қолайлы "Мега" сорты ҳәм мәкке егиў басланған. Наманганлы дийқанлар Беруний районы жерлеринен алған өнимин экспортқа бағдарламақшы. Бағ аймағында 20 дан аслам мәўсимлик жумысшы мийнет етеди.

    Нәл жетистириўде Бостан мәҳәллесиниң тәжирийбеси республикада үлги болып, дерлик 300 шаңарақ бул жумыс пенен шуғылланады. Шаңарақ ийесиниң 12 сотих қыйтақ жеринде 10 ыссыханада февраль айында басланған жумыс өз нәтийжесин берип, овош ҳәм палыз егинлери нәллерин Бухара ҳәм Хорезмге, Қарақалпақстанның Тахтакөпир, Нөкис районы ҳәм Нөкис қаласына жеткериў жолға қойылған.

    Жуўмақлап айтқанда, Беруний районы халқы қыйтақ жерден пайдаланыўда халқымыздың мың жыллық дийқаншылық тәжирийбеси ҳәмде заманагөй илим жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланып, табысын арттырыў менен бирге жерлеслеримиз дастурханын ҳәр қыйлы өнимлер менен толтырмақта.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    Телеграм каналымыз
    Text to speech