баннер
27 Apr 2025
09:44

    Еллерди, кеўиллерди бирлестирген ушырасыў

    Хоженд Орайлық Азиядағы ең әййемги қалалардан бири. Айырым тарийхый дереклерде оның тарийхын эрамызға шекемги VII-VI әсирлерге байланыстырады.

    Уллы жипек жолында жайласқаны ушын Ферғана ойпатлығын Самарқанд пенен байланыстырып турған. Өз дәўиринде үлкениң ири саўда, илим ҳәм мәденият орайы болған. 1219-1220-жыллары Шынғысхан әскерлерине қарсы гүресте ўайран болған ҳәм қайтадан тикленген. Бул гүресте Темур Малик көрсеткен мәртлик ҳәзирге шекем тиллерде дәстан. Хоженд басып алынғаннан кейин, Темур Малик Хорезмге барады ҳәм Жалалиддин Мангуберди менен биргеликте 1231-жылға шекем монголларға қарсы гүреседи. Усының өзи де бул елде жасайтуғын халық бәрқулла туўысқан болғанын, бәрқулла бир-бирин қоллап-қуўатлағанын, душпанға қарсы биргеликте гүрескенин тастыйықлайды.

    31-март күни бул қалада Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев, Тәжикстан жетекшиси Эмомали Раҳмон ҳәм Қырғыз Республикасы басшысы Садир Жапаровтың қызғын ушырасыўын, салтанатлы илажларда қатнасқан адамлардың жүзинде, көзиндеги қуўанышты көргенимде қыялымнан жақын өтмишимиз өтти.

    Әкем Өзбекстанның Зомин районында туўылған, мен Тәжикстанның Хоженд районында дүньяға келгенмен. Перзентлерим Ташкентте туўылды. Әкем мәңги қоныс тапқан мәкан Өзбекстанның Боёвут районында, анамның қәбири Тәжикстанның Шаҳристон районында. Шаңарақта он перзент едик, бир иним он үш жасында қайтыс болды, қалған тоғыз ул-қыздың сегизи Өзбекстанның түрли районларында жасайды, бир иним болса Тәжикстанда ата-анамның шырағын жағып отыр.

    Бул тек ғана бизиң шаңарағымыздың тарийхы, тәғдири менен байланыслы ҳақыйқатлар. Орайлық Азияда бизге усаған шаңарақлар, тәғдирлер мыңлап, он мыңлап табылады. Усы жерде және бир нәрсени атап өтиўим зәрүр. Өзбектиң еки уллы жазыўшысы - Одил Ёқубов ҳәм Пиримқул Қодиров Қазақстан ҳәм Тәжикстанда туўылған. Басқа мәмлекетте туўылып, басқасында жасап, дөретиўшилик пенен шуғылланған жазыўшы, шайыр, көркем өнер шеберлерин жүзлеп санаў мүмкин.

    Балалығым Тәжикстанда өткен. Сол ўақытта Ўратепа районы аймағында жайласқан Қарабчи аўылында бир де бир тәжик шаңарағы жасамайтуғын еди. Мектепте Өзбекстан мектеплери ушын шығарылған бағдарлама бойынша билим алғанбыз. Ҳәттеки тәжик тили пән сыпатында оқытылмаған да. Сол себепли, Тәжикстанда өскен болсам да, тәжик тилин билмеймен. Бир ўақытлары бизге мектепте тәжик тилин үйретпегенине өкинемен. Үйреткенинде, және бир болса да, қосымша тил билген болар едим.

    Ташкент телевидениесин көрип өскенбиз. Өзбек жазыўшыларының китаплары, Өзбекстанда шығатуғын “Ғунча”, “Гулхан”, “Гулистон”, “Саодат”, “Фан ва турмуш” және Тәжикстанда өзбек тилинде басып шығарылатуғын журнал ҳәм газеталарды оқып өскенбиз. Тәжикстанда тәжик тилинде қандай газета ҳәм журналлар, китаплар шығатуғынын билмегенбиз, оларды көрмегенбиз де.

    Булар мақтанатуғын гәплер де, өтмишти сағыныў да емес, әлбетте. Заманның, дәўирдиң талабы, қәтеси шығар бәлким.

    Мың жыллардан берли бирге, аға-ини, дос-қәдирдан, қуда-қудағай болып жасап келген халықлар, тилекке қарсы, ғәрезсизликке ерискеннен соң көп өтпей әсирлер даўамында ашық турған дәрўазаларын жаўды. Дүнья мәмлекетлери шегараларын ашып, интеграцияға умтылып атырған бир ўақытта орайлық азиялылар бундай жолды таңлағаны, виза енгизгени түсиниксиз жағдай еди. Нәтийжеде әке ол елде, бала бул елде қалды.

    Әкем 2016-жылы Ташкентте қайтыс болды. Наўқас болып қалғаннан кейин емлетиўге алып келген едик, бирақ тәғдир екен... Тири ўақтында аўылымыздағы қойымшылыққа, анамның қасына қойыўымызды ўәсият еткен еди. Шегаралар жабық, қатнасықлар суўық, шийеленискен болғаны ушын Тәжикстанға алып өте алмадық, Гүлистан қаласына жақын жерде жайласқан Қарабчи аўылындағы қойымшылыққа қойдық. Аўылда ата-анамның шырағын жағып отырған иним әкесин соңғы сапарға шығарып сала алмағаны, соңғы мәрте дийдарына тоймағаны ушын елеге шекем өкинеди.

    Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшысы болғаннан соң, тек ғана Өзбекстанда емес, пүткил Орайлық Азияда жағдай пүткиллей өзгерди, температура жылыды. Шегаралар ашылды, адамлар биймәлел ағайин-туўысқанларының үйине барып келе баслады. Улы басқа мәмлекетте жасайтуғын ата-анасы, аға-қарындасынан хабар алатуғын болды. Бурын телевидение каналларында ҳаўлықпаға түскениндей, ҳеш ким шегарадан қурал-жарақ, зәҳәр алып өтип атырған жоқ. Ҳәммениң қолында ыссы нан. Әпиўайы адамлар өз тиришилиги, тәшўиши менен бәнт. Шегаралар ашылғанынан қуўанышлы, баслары аспанда, еки мәмлекеттиң басшыларын дуўа етпекте.

    Негизинде, ҳаўлыққанлардың өзлери сол ўақытта түнде шегараларды ашып, үлкен-үлкен машиналарда мыңлаған тонна контрабанда товарларды еки мәмлекет шегарасынан өткерип, буның артынан жүз мыңлаған доллар пайда көретуғын еди. Олар шегаралар ашылса, усы пайдадан қуры қалыўынан қорқып, қурал алып өтпекши болғанлар усланды, зәҳәр алып өтпекши болғанлар қолға түсти, деген хабарлар тарқататуғын еди, шамасы. Шегара аймағында жасайтуғын халық пенен сөйлесип көриң, бәрин биледи, айтады. Себеби не болғанын олар өзлериниң көзи менен көрген.

    Бир ўақытлары Тәжикстанның “Қўрғонтепа” далаларын өзлестириў ушын Ферғана ойпатлығынан, Өзбекстандағы шөллерди өзлестириў ушын Тәжикстанның таўлы районларынан пүткил аўыллар көшип келген, көширип әкелинген. Олар усы жерде жасап, усы журттың адамлары менен ел болып кеткен.

    Тәжикстандағы аўылымыздың аты “Қарабчи” еди. Еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар суўықласқанда Гүлистан, деп өзгертти. Бир ўақытлары Мырзашөлди өзлестириўге келген аўылласларымыз жасайтуғын - Сырдәрья ўәлаятының орайы Гүлистан қаласының қапталында жайласқан аўылдың аты бүгин “Қарабчи”. Усы аўылда ержеткен жети адам Сырдәрья ўәлаятының жети районына басшы болды. Қарабчилылар ҳәмме сыяқлы Мырзашөлди өзлестириў, бағ-бақшаларга айландырыўда жанкүйерлик көрсетти.

    Хожендтеги еки ҳәм үш тәреплеме ушырасыўлар оғада нәтийжели өтти. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмонның жанында сыртқы сиясат уйымларының басшылары Өзбекстан менен Тәжикстан арасында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманың күшке кириўи ҳаққындағы протоколға қол қойды, ратификация жарлықлары алмасылды. Енди еки мәмлекет аўқамласқа айланды.

    Мәмлекетимиз басшысының Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен ушырасыўында еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық байланыслар раўажланып атырғаны, товар алмасыў көлеми жыл басынан берли 70 процент артқаны атап өтилди. Энергетика ҳәм транспорт коммуникациялары тараўындағы ири регионаллық жойбарлар, соның ишинде, Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы қурылысын жеделлестириў мәселелери додаланды.

    Хожендтеги ушырасыўлардың ең әҳмийетли ўақыясы Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлик шегараларының тутасқан ноқаты ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылғаны ҳәм де үш мәмлекет басшыларының қоспа декларациясы қабыл етилгени болды. Сондай-ақ, үш мәмлекеттиң мәмлекетлик шегаралары тутасқан аймақта Дослық стелласы ашылды. Ҳеш гүман жоқ, бул естелик туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары беккемленип атырғанының жаңа символына айланады.

    Үш мәмлекет басшысының Хожендтеги ушырасыўы үлкен байрамға айланып кеткенлигин айтыў мүмкин. Себеби енди шегаралар бойынша келиспеўшиликлер жоқ, енди бир мәмлекет әскери екинши мәмлекеттиң аймағына қарап оқ атпайды.

    - Бүгин халықларымыз ушын ҳақыйқаттан да үлкен ҳәм узақ күтилген байрам. Биз үш мәмлекет шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойдық. Буннан былай шегаралар - дослық сызықлары, жаңа имканиятлар, дөретиўшилик ҳәм бирге ислесиў мәканы болып есапланады, - деди Президентимиз илажда.

    Әлбетте, мәмлекетлеримиз басшыларының Хожендтеги ушырасыўы халықларды, миллетлерди, ең әҳмийетлиси, кеўиллерди бирлестирген илаж сыпатында тарийхтан орын алады.

    Бекқул ЭГАМҚУЛОВ,

    Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист

    Телеграм каналымыз
    Text to speech