баннер
6 Apr 2025
10:17

    Дослық стеласы: жақсы қоңсышылық, исенимли бирге ислесиў белгиси

    Нураныйларымыз пәтияға қол жаяр екен, "аўызбиршилигимиз жоғалмасын", деп бетине пәтия тартады. Аўызбиршиликте гәп көп. Бул сөздиң мәниси аўызбиршилик, дослық дегенди билдиреди. Ең баслысы, бирдей мақсет пенен бир жерге жыйналған ҳәр қыйлы инсанларға қарата айтылады.

    31-март күни Хоженд қаласында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан мәмлекет басшылары үш мәмлекет мәмлекет шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы шәртнамаға қол қойғаны ҳаққындағы хабарды еситип, ерксиз түрде, "аўызбиршилигимиз жоғалмасын", деп бетиме пәтия тарттым. Соң ҳүжжеттиң еллеримиз татыўлығының нышаны, раўажланыў басқышларынан жедел қәдем таслаў жолындағы салмақлы қәдем, үлкен тарийхый әҳмийетке ийе екени ҳаққында ойладым. Ақыры, бул нәтийжеге кеше ямаса бүгинги ҳәрекетлер менен емес, 6-7 жыллық системалы баслама ҳәм мақсетли режелер тийкарында еристик. Усылар ҳаққында пикир жүргизер екенмен, қоңсы мәмлекетлеримиз бенен болған мың жыллық қоңсышылық, татыўлық, мәңги дослық шынжырының коррозияға ушыра баслаған күнлери көз алдымнан кино лентасындай бирме-бир өтти.

    ***

    Еки қоңсының арасынан ала пышық өтип, дәрўазаларға үлкен қулып илдирилсе, бул келиспеўшиликтиң жәбирин ким көбирек тартады? Әлбетте, кеше ғана аға-ини, апа-қарындас, туўысқан болып, бирге ойнап жүрген балаларға қыйын болады. Жабық дәрўазалар, бийик дийўаллар олардың қайтып дийдарласыўына тосық бола алады, бирақ меҳир-муҳаббат, кеўил бағларын үзе алмайды.

    Аўа, қоңсы мәмлекетлер менен неше жыллар даўам еткен суўық қатнасық халықларымыз ушын үлкен бир сынақ дәўири болды. Тамырлары бир, үрп-әдетлери, қәдириятлары үнлес, мың жыллық қуда-қудағай, туўған-туўысқан болып кеткен инсанларымыз белгили бир ўақытқа шекем дәрт ҳәм ҳәсирет ишинде қалды. Келиң, балалықтағы еске түсириўлеримниң бирин сизге айтып берейин.

    ***

    Есимде, түни менен пырқ-пырқ жылап шыққан анамның ҳалы алағада еди. Оның көзлери қызарып, исип кеткенин көрип, мениң де өкпем толып туратуғын еди. Бирақ анамның не ушын жылап атырғанын билмейтуғын болғанлықтан көзлеримнен ҳеш ўақытта жас сорғалаған жоқ.

    Азанғы шай ўақтында анам ашыўлы түрде "Бүгин мен шегараға бараман", деди.

    Әкем аўзына салған аўқатын шайнап тоқтап, "Пайдасы жоқ, ақыры виза ала алмадық-ғо", деди қайғылы даўыс пенен.

    Анам "Бәрибир бараман, әкемди соңғы сапарға шығарып сала алмасам, қандай перзент болдым ақыры", - деп және жылап жиберди.

    Әкем ортаға шөккен азғана үнсизликтен кейин әсте ғана бетине пәтия тартып, орнынан турып кетти.

    Сол күни анам екеўимиз адамлар дизилисип турған дәрўазаның қасына бардық, бирақ оған жақынламай, көп ўақытқа шекем тигилип отырдық. Бетиме тамған тамшылар аспанымызды қаплаған қара бултлардан түскен жаўын ба ямаса анамның көз жаслары ма, анық есимде жоқ...

    ...Кейинирек аңлап жеттим. Сол ўақытта Тәжикстанда жасайтуғын атам қайтыс болған екен. Виза ала алмағанымыз себепли анам әкесиниң жаназасына қатнаса алмаған.

    Бундай еске түсириўлер тек менде емес, сол дәўирлерде туўысқанлары қоңсы мәмлекетлерде жасаған көплеген ўатанласларымызда бар. Сол дәўирлерде халқымыз арасында он-жигирма жыллап ата-анасын көре алмаған ҳаяллар, аға-инилериниң дийдарына тоймаған қаншадан-қанша инсанлар бар еди.

    Ўатанласларымыздың турмысында гүз жарасындай из қалдырған бул қайғылы күнлер мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық, сиясий турмысында да көп жыллық турғынлыққа себеп болған. Әсиресе, Орайлық Азияның ортасында жайласқан Өзбекстан босағасынан атлап дүнья мәмлекетлери менен бирге ислесиўи, саўда-сатық, сырт ел инвестицияларын тартыўы ушын қоңсы мәмлекетлер менен шегаралардың жабықлығы жақсы тосқынлық болар еди. Атап айтқанда, бир исбилермен өз өнимин экспорт етиўи ямаса шийки зат импорт етиўи ушын тек ғана ҳаўа жолларынан пайдаланыўға мәжбүр еди. Бул болса өнимниң өзине түсер баҳасын сезилерли дәрежеде арттырар еди.

    Тыныш емес аймақ сыпатында қаралғаны себепли сырт елли инвесторлардан мәмлекетимизде ири қурылыслар ушын үлкен инвестиция тартыў имканияты дерлик жоқ еди. Бир сөз бенен айтқанда, жабық есиклеримизден раўажланыў епкини ишке кире алмайтуғын еди.

    Сиясий жағдайдың бундай кескинлесиўине региондағы улыўма ресурслардан ҳәмме өз-ара мәсләҳәтлеспестен пайдаланыўы, атап айтқанда, мәмлекет шегараларындағы машқалалы аймақларды ҳәмме өзиники деп есаплаўы себеп болды.

    Сондай-ақ, сыртқы күшлердиң ғәрезли мақсетте мәмлекет ҳәм халықларымызды бир-бирине гиж-гижлеўге урыныўы, билқастан ғыйбат тарқатыўына жоқарыдағы факторлар қол келетуғын еди. Жағдай соншелли тереңлести, ҳәттеки мәдений естеликлер, халық дәстанлары ямаса уллы бабаларымыз да мәмлекетлеримиз арасында талас болды. Ҳәзир өткен ўақыяларды еслеўдиң, ким айыплы, ким себепкер, ҳақыйқатында ким ҳақ екенин айтыўдың улыўма пайдасы жоқ.

    Бул ўақыялардан шығарылыўы зәрүр болған бирден-бир жуўмақ сыпатында филолог илимпаз Қазақбай Юлдашевтың "Әке ҳеш қашан ҳеш бир улға тийисли болмайды. Әке он перзенти болса, олардың ҳәммесине бирдей әке болып қала береди. Бул тек мениң әкем деп айтыў қаншелли ақылға уғрас келмейтуғын ис болса, халықларымыздың улыўма материаллық-мәдений мийрасы, бабаларымызды да тек бизиң халыққа тийисли деў дурыс емес", деген сөзлерин келтириў орынлы.

    Бул философияны терең аңлаған, халықтың дәрти, ой-пикирлерине қулақ тутқан Президентимиз мәмлекет басшысы болғаннан соң, халықшыл реформаларды әмелге асырды. Солардан бири, әлбетте, қоңсы мәмлекетлер менен дослық, беккем бирге ислесиў байланысларын тиклеў болды. Мәмлекетимиз басшысы бүгинги қәўипли заманда мен деген жеңиледи, биз деген утады, деп бирлесиў, өз-ара аўызбиршиликте раўажланыў дәўири келгенин қайта-қайта атап өтти.

    Қуўанышлы тәрепи, бул баслама қоңсы мәмлекетлер тәрепинен үлкен қуўаныш пенен күтип алынды, тилеклеслик пенен қабыл етилди.

    Соның ишинде, 2018-жылы тек ғана Тәжикстан менен байланыстыратуғын 8 автомобиль қадағалаў пунктиниң жумысы тикленди. 20 жылдан берли ислемей атырған Ғалаба - Амузанг - Хошади темир жол линиясының жумысы тикленди.

    Сондай-ақ, 2021-жылдан Ташкент - Душанбе - Ташкент турақлы пәрўазлары, 2022-жылдан Самарқанд - Душанбе, Панжикент - Самарқанд халықаралық автобус қатнаўлары қайта жолға қойылды. Соның менен бирге, аймақлар арасында 5, соның ишинде, Ташкент - Хоженд жаңа автотранспорт линиясы ашылды. Сол жылдан Ташкент - Душанбе жолаўшы поезды қатнай баслады.

    Демек, ҳәзир ўатанласларымыз Тәжикстанға қәлеген транспортта, қәлеген ўақытта барып келе алады. Оған 2018-жылы еки мәмлекет арасында виза режими бийкар етилгени имканият берди.

    Қоңсылас Қырғызстан менен болса бул бағдарда және де үлкен нәтийжелерге ерисилген. 2009-жылдан берли жабық турған "Мингтепа" ҳәм "Ханабад" сыяқлы өзбек-қырғыз шегара бажыхана постлары ашылды. Әндижан, Ферғана ўәлаятларынан Қырғызстанға автобус қатнаўлары жолға қойылды. Поезд ҳәрекети тикленди.

    Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекет пуқаралары өз паспортлары, миллий ID карталары менен барып келиўи мүмкин.

    Жаратылған қолайлық ҳәм имканиятлардан пайдаланып, адамлар тек ғана туўған-туўысқанларын көриў ушын емес, ал саяхат мақсетинде де келип кетпекте. Атап айтқанда, өзбекстанлылар Қырғызстандағы Ыссықкөл әтирапындағы дем алыў орынларына тез-тезден барып турады. Өткен жылы көл жағасындағы 4 пансионаттың Өзбекстанға усынылыўы пуқараларымыздың аймаққа қызығыўшылығын және де арттырды. Тәжикстан, Қырғызстан пуқаралары да саяхат, тарийхый зыярат орынларымызды зыярат етиў мақсетинде елимизге келмекте.

    Тек ғана усы жылдың январь-февраль айларында Өзбекстанға ең көп саяхатшы (422 мың 591 адам) Қырғызстаннан келген болса, екинши орынды (401 мың 377 адам) Тәжикстан пуқаралары ийелегени де сөзимизди дәлиллейди.

    Халқымызда меҳир көзде, деген нақыл бар. Бул реформалар халықларымыздың аўызбиршилигин, өз-ара татыўлық, дослық байланысларын және де күшейтти. Бул болса мәмлекетлеримиз арасындағы социаллық-экономикалық бирге ислесиўди де жаңа басқышқа алып шықты.

    Соның ишинде, Тәжикстан менен 2018-жылы стратегиялық шериклик байланысларын орнатқан болсақ, 2024-жылы аўқамлас мәмлекетлерге айландық. Өткен қысқа ўақытта Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиў мисли көрилмеген дәрежеде жоқарылады. Тәжикстан Өзбекстанның төрт аўқамлас мәмлекетинен бири екени еки мәмлекет арасындағы жәмийетлик-сиясий, экономикалық байланыслар қаншелли беккемленип атырғанын көрсетип тур.

    Соңғы жыллары еки мәмлекет арасындағы саўда-сатық, товар алмасыў да есесине артты. Атап айтқанда, кейинги 7 жылда өз-ара саўда көлеми 197 миллион АҚШ долларынан 700 миллион долларға артты. Бул ўақытта Өзбекстанға Тәжикстан экспорты 3,5 есеге, Тәжикстанға өзбек экспорты 4 есеге көбейди.

    Бундай тартымлы санларды Қырғызстан менен де келтириў мүмкин. Қырғызстан Өзбекстанның ең ири саўда шериклери онлығына кирген. 2023-жылдың жуўмағы бойынша Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы өз-ара товар алмасыў көлеми бир миллиард долларға шамаласты, яғный 2016-жылдағыға салыстырғанда дерлик 6 есеге көп. Еки мәмлекет арасында Стратегиялық саўда-экономикалық шериклик ҳаққында 2023-2025-жылларға мөлшерленген бағдарлама қабыл етилген.

    Жоқарыдағы санлардан өз-ара бирге ислесиў мәмлекетлеримиздиң социаллық-экономикалық өсиўине үлкен үлес қосып атырғанын аңлаў мүмкин. Экономикалық бирге ислесиўимиздеги өсиўде "үлкен секириў" жүз бергени келешекте буннан да жоқары шеклерди биймәлел гөзлей бериў мүмкин екенинен дәрек береди.

    Күни кеше жүз берген тарийхый ўақыя - Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасында үш мәмлекеттиң мәмлекетлик шегаралары тутас аймағы ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы мәмлекетлеримиздиң ҳәр тәреплеме кең көлемли бирге ислесиўин жаңа басқышқа алып шығады. Бой тиклеген Дослық стеласы болса мәңги дослығымыздың белгиси сыпатында бүгинги тарийхый ўақыялар узақ жыллар умытылмаўына тийкар жаратады.

    Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Түркменстан шегараларының тутас аймағы ҳаққындағы шәртнамаға алдынырақ қол қойылған еди. Енди Орайлық Азиядағы шегара қатнасықлары толық перспективалы шешим тапты, деп айтыўымыз мүмкин. Бурын өз машқалаларына оралып қалған мәмлекетлеримиз - Өзбекстан, Қазақстан, Түркменстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан бир муштай бирлесип, тек ғана раўажланыўға қарай исенимли қәдемлер менен илгерилейди. Бул болса пүткил дүньяны өз нәзерин регионымызға қаратыўға, әҳмийетли халықаралық мәселелерде биз бенен есапласыўға мәжбүр етеди. Халықаралық минберлерде мәмлекетлеримиздиң ҳаўазы пүткил бир регионды сәўлелендирип, және де салмақлы, әҳмийетли болыўын тәмийинлейди.

    Дүнья әлле қашан Орайлық Азияны үлкен бир күш, ажыралмас геосиясий аймақ сыпатында көре баслаған. Оған "Орайлық Азия плюс" саммитлериниң өткерилип атырғаны да айқын мысал бола алады. Орайлық Азия мәмлекетлери мине усындай бирлик, өз-ара бирге ислесиў арқалы региондағы машқалаларды аңсатырақ шешеди. Раўажланыў басқышларынан жедел пәтлерде қәдем таслайды. Оларға болса күни кеше қол қойылған келисим ҳәм шәртнамалар беккем тийкар болып хызмет етеди.

    Санжар ЭШМУРОДОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    Телеграм каналымыз
    Text to speech