Елимиздиң ески ҳәм бәрқулла нәўқыран қаласы - Самарқанд және бир тарийхый әнжуманға басшылық етти. Мың жыллар даўамында илим, көркем өнер, философия ҳәм саўда орайы болып келген бул қалада өткен "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити шын мәнисиндеги тарийхый әҳмийетке ийе.
Биринши мәрте Орайлық Азияның бес мәмлекети ҳәм Европа Аўқамының басшылары бир жерге жыйналып, еки регион мәмлекетлери стратегиялық шериклик қатнасықларының жаңа бағдарларын белгилеў жолындағы қарар ҳәзирги глобал геосиясий турақсызлық, экономикалық қәўип-қәтерлер ҳәм экологиялық машқалалар ҳүким сүрип атырған дәўиримизде айрықша әҳмийетке ийе.
Мәмлекетимиз басшысының усы саммит шеңберинде Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляен менен ушырасыўы Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиў тек ғана экономикалық емес, ал сиясий, мәдений ҳәм социаллық тараўларда да жаңа дәўир басланып атырғанын көрсетеди.
Европа Аўқамы менен байланысларды жаңа басқышқа көтериў, "жасыл" энергетика, инновациялар ҳәм санластырыў сыяқлы заманагөй бағдарларға итибар қаратыў - Өзбекстанның глобал экономикалық бәсекиге кириўи жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады. Сондай-ақ, Европа Аўқамының мәмлекетимиздеги экономикалық реформаларды қоллап-қуўатлаўы ҳәм Орайлық Азияда қоңсышылықты беккемлеўге қаратылған сиясатын жоқары баҳалаўы Өзбекстанның стратегиялық раўажланыў бағдарларын және де хошаметлеўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўы ҳәм келешеги ушын ең әҳмийетли бағдарлардан бири - кадрлар таярлаў ҳәм кәсиплик билимлендириў тараўындағы реформалар ҳаққында сөз еткенде, Европа Аўқамы менен бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе бағдарламалар менен жойбарлар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў зәрүр. Себеби, мине, усы бирге ислесиў мәмлекетимиздиң кәсиплик билимлендириў системасын модернизациялаўда оғада әҳмийетли.
Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылып атырған ҳәм ЮНЕСКО тәрепинен әмелге асырылып атырған "Аўыллық жерлерде жаслардың жумысқа жайласыў қәбилетлерин раўажландырыў" жойбары Өзбекстанның аўыллық аймақларындағы жаслардың мийнет базарындағы имканиятын кеңейтиўге қаратылған. Бул жойбар, әсиресе, аўыл хожалығы тараўында жумыс орынларын ашыў ҳәм кәсиплик көнликпелерди арттырыўға жәрдем береди.
Сапалы кадрлар таярлаў, аграр тараўдағы жумыс орынларын кеңейтиў, сондай-ақ, аўыллық жерлердеги халық ушын жаңа жумыс имканиятларын жаратыў жойбардың тийкарғы мақсетлери болып есапланады. Жойбар шеңберинде жасларға аграр тараўдағы заманагөй технологиялар ҳәм билимлендириў бағдарламаларын үйретиў, исбилерменлик көнликпелерин раўажландырыў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў бойынша көплеген бағдарламалар ислеп шығылған. Бул бағдарламалар, өз гезегинде, аўыл хожалығы, аграр кәрханалар ҳәм экономикалық раўажланыў тараўларында жаңа имканиятлар жаратады, сондай-ақ, жаслар ушын мийнет базарында жаңа бағдарларды ашып береди.
Европа Аўқамының қоллап-қуўатлаўы менен Орайлық Азия, соның ишинде, Өзбекстандағы жарқын жойбарлардан және бири “DARYA” ("Орайлық Азия жаслары ушын қарым-қатнас ҳәм әмелий қәдемлер"). Ол Европаның Орайлық Азия тарийхындағы биринши регионаллық бағдарламасы болып, жаслардың мийнет базарына кириўи, тәжирийбе арттырыўы ҳәм социаллық жәмийетке интеграцияласыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған. Жойбар 2022-2027-жылларға мөлшерленген, Европаның билимлендириў қорлары тәрепинен әмелге асырылады.
Бул жойбар Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанда билимлендириў ҳәм жумысқа жайластырыў системасын сапа жағынан жетилистириўге жәрдем береди. Сондай-ақ, ҳәр бир мәмлекетте ҳәм регионаллық дәрежеде инклюзив қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў механизмлерин раўажландырыўға қаратылған. Бул жаслар ушын теңдей имканиятлар жаратыў ҳәм мийнет базарына интеграцияласыўды аңсатластырады.
Бюджети 10 миллион евро болған бул жойбар COVID-19 пандемиясы дәўиринен кейин Орайлық Азияның тиклениўине жәрдемлесиў, кәсиплик билимлендириў ҳәм жумысқа жайластырыўды раўажландырыў арқалы региондағы экономикалық ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған.
Президентимиз Самарқандтағы "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити алдынан Euronews телеканалына берген эксклюзив интервьюинде Аўғанстанға билимлендириў тараўында жәрдем бериўди даўам еттириўди мәмлекетимиз ушын биринши гезектеги ўазыйпа деп атап өтти. Ҳақыйқатында да, Өзбекстанның Аўғанстан менен билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўи бәрқулла стратегиялық әҳмийетке ийе болып келген. Усы мақсетте әмелге асырылып атырған жойбарлар, әсиресе, аўған ҳаял-қызларын оқытыў арқалы социаллық ҳәм экономикалық имканиятларын кеңейтиў оғада әҳмийетли.
БМШтың Раўажланыў бағдарламасы (ПРООН) тәрепинен 2020-жылдан баслап әмелге асырылып атырған "Аўған ҳаял-қызларының экономикалық имканиятларын кеңейтиў арқалы билим алыў" жойбары әне усы мақсетти нәзерде тутқан еди. Жойбар Қазақстан, Өзбекстан ҳәм Қырғызстанда әмелге асырылып, аўған ҳаял-қызларына заманагөй билим бериў арқалы олардың мийнет базарына кириўи ҳәм кәсиплик маманлығын арттырыўын тәмийинлемекте. Жойбар шеңберинде 10 аўған ҳаял-қызлары агрономия бағдары бойынша Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде оқып, диплом алды. Бул жойбар Қазақстан ҳәм Қырғызстанда да әмелге асырылып, улыўма есапта 50 ҳаял жоқары мағлыўматлы болды.
Жойбардың екинши басқышы 2022-жылы басланды. Бул басқышта 30 аўған ҳаял-қызлары ушын толық стипендия ажыратылғанына қарамастан, Аўғанстандағы кескин жағдай себепли тек ғана 19 аўған ҳаял-қызлары Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде агробизнес бағдары бойынша оқытылды.
Орайлық Азия мәмлекетлери арасында университетлераралық байланысларды раўажландырыўда "Эрасмус" Европа билимлендириў бағдарламасының биргеликтеги жойбарларында қатнасыў айрықша орын ийелейди. Көп жыллар даўамында Орайлық Азия, соның ишинде, Өзбекстан университетлери Европа Аўқамының түрли билимлендириў жойбарларында қатнасып, жоқары билимлендириўдиң түрли бағдарлары бойынша регион бирге ислесиўиниң унамлы тәжирийбесин жыйнаған.
Өткен жыллары елимиздеги 55 жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм 34 академиялық емес структуралар, соның ишинде, министрликлер, мәкемелер ҳәм өндирислик бирлеспелердиң қатнасыўында улыўма баҳасы 34 миллион евродан артық болған 87 ТЕМПУС жойбары әмелге асырылды.
"Эрасмус+" бағдарламасы жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери, докторантлары, оқытыўшылары ҳәм хызметкерлери ушын еки тәреплеме академиялық алмасыў бағдарламалары, күндизги магистратура ҳәм докторантура бағдары бойынша Европа университетлеринде қысқа мүддетли оқыў ямаса қосымша қәнигелик арттырыў курсларын өтеў ушын бир қатар имканиятларды усыныс етип келмекте. Европа университетлери менен бирге ислесиўде мәмлекетимиз ЖООларының жәмәәтлери потенциалды раўажландырыў жойбарларында қатнасыўы мүмкин.
"Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитинде мәмлекетимиз басшысы инсан капиталына қаратылып атырған инвестициялар еки регион бирге ислесиўин раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын айрықша атап өтти. Жоқары маман қәнигелер таярлаў бойынша "Эрасмус+" бағдарламасы шеңберинде регион мәмлекетлери ушын арнаўлы квоталар енгизилиўи усы мақсетке ерисиўге хызмет етеди. Буннан тысқары, Президентимиз Орайлық Азия мәмлекетлери менен илимий-билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде Өзбекстанда "Уфқ - Европа" бағдарламасының офисин ашыўға таяр екенин билдирди.
Жасалма интеллект, "үлкен мағлыўматлар", санластырыў ҳәм космослық изертлеўлер тараўында илимий-технологиялық алмасыў бойынша биргеликтеги бағдарламаны ислеп шығыў басламасы алға қойылды. Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысы регион мәмлекетлерин Европаның санлы билимлендириў тараўындағы Ҳәрекетлер бағдарламасына киргизиў, сондай-ақ, жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери арасында шерикликтиң "жол картасы"н әмелге асырыў бойынша усыныслар билдирди.
"Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў ушын үлкен имканиятлар есигин ашпақта. Бул саммитте додаланған жаңа жойбарлар қатнасыўшы мәмлекетлер ушын тек ғана исенимли емес, ал өз-ара пайдалы бирге ислесиў тийкарын беккемлейди. Саммитте көрип шығылып атырған жойбарлар, анық мақсетлерге ерисиў ҳәм келешектеги раўажланыўды тәмийинлеў ушын жаңа үмитлер оятады. Бул арқалы Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия арасында турақлы бирге ислесиў, улыўмалық мәплер ҳәм исенимге тийкарланған дурыс жолды таңлаўға умтылыў сезими және де беккемленеди.
Қоңыратбай ШАРИПОВ,
жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри