Сонлықтан, 29-март күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен усы мәмлекетте жоқары дәрежедеги рәсмий емес ушырасыў өткерген болса, 31-март күни Хоженд қаласында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан Президентлериниң үш тәреплеме тарийхый ушырасыўында қатнасты.
Не ушын Хожендке сапар етиўди тарийхый ўақыя деп атамақтамыз? Себеби сапар етиў шеңберинде еки ҳәм үш тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынып, тарийхый әҳмийетке ийе келисимлер әмелге асырылды. Төменде сапар етиўдиң тийкарғы тәреплерине тоқтап өтемиз.
Биринши тийкарғы тәрепи - аўқамласлық қатнасықлары рәсмий күшке кирди. Президентлер жанында еки мәмлекет сыртқы сиясат уйымларының басшылары Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманың күшке кириўи ҳаққындағы протоколға қол қойды ҳәм ратификация жарлықларын алмасты. Усы тийкарда өткен жылы 18-апрель күни Душанбе қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги еки тәреплеме саммитте қол қойылған шәртнама рәсмий күшке кирди.
Екинши тийкарғы тәрепи - үш тәреплеме саммитте тарийхый келисимге ерисилди. Атап айтқанда, Хожендте болып өткен саммитте Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан арасында мәмлекетлик шегаралардың тутас ноқаты ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылды. Биргеликтеги декларация қабыл етилди. Бул ўақыя халықларымыз арасындағы исеним ҳәм дослықты және де беккемлеў, абаданлығын арттырыў, мәмлекетлеримиз арасында ҳәр тәреплеме шерикликти раўажландырыў ушын пүткиллей жаңа перспективаларды ашыўға тийкар жаратады.
Үшинши тийкарғы тәрепи - жаңа инфраструктура ҳәм транспорт байланысларын раўажландырыўға келисип алынды. Соның ишинде, тәреплер авиақатнаў ҳәм автобус жөнелислерин кеңейтиў, бажыхана пунктлерин модернизациялаў ҳәм Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолының қурылысын жеделлестириўге келисип алды.
Төртинши тийкарғы тәрепи - әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары, атап айтқанда, болажақ халықаралық илажлар күн тәртибин пуқта таярлаў ҳәм улыўма көзқарасларды ислеп шығыў мәселелери додаланды. 2025-жылы да Өзбекстан бир қатар ири халықаралық илажларға басшылық етеди. Соның ишинде, усы ҳәптеде Самарқандта "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити ҳәм региондағы улыўма экологиялық қәўип-қәтерлерге бағышланған Ықлым форумы болып өтеди. Ташкентте Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясы жумыс баслайды. Сондай-ақ, май айында Араб буғазы мәмлекетлери менен саммит, сентябрьде болса Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши мәсләҳәт ушырасыўы өткериледи.
Бесинши тийкарғы тәрепи - мәдений бирге ислесиў ҳәм халықларымыз дослығының жаңа дәўири басланбақта.
Президентлер Хоженд қаласына барып, тарийхый мийрас ҳәм өнерментшилик үлгилери менен танысты. Биргеликтеги концертлер, фестиваллар ҳәм миллий көргизбелер беккем дослық ҳәм өз-ара түсинисиўге хызмет етпекте. Гезектеги усындай илажды келеси жылы Ферғана қаласында өткериў усынысы билдирилди.
Улыўма алғанда, Президентимиздиң Тәжикстанға сапары еки ҳәм үш тәреплеме бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға беккем тийкар жаратты. Қол қойылған шәртнамалар, додаланған жойбарлар ҳәм режелестирилип атырған халықаралық илажлар регионның турақлы раўажланыўы ҳәм халықларымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғыны сөзсиз.
Бүгин тарийхымызда жақсылық ҳәм аўызбиршиликтиң және бир жарқын бети ашылды. Тамыры тутас үш халық - өзбек, тәжик ҳәм қырғызды бирлестирген, олардың тынышлық ҳәм дослық жолындағы әзелий умтылысларын сәўлелендирген Дослық стеласының ашылыўы тек ғана регионымыз емес, ал пүткил дүнья ушын үлкен әҳмийетке ийе тарийхый ўақыя болып есапланады.
Бул естелик әсирлер даўамында бир-бирине сүйенип, қыйыншылықларды биргеликте жеңип өткен халықларымыздың қәлбинде ҳәм руўхый жақтан бирдей екенлигин және бир мәрте тымсал етеди. Бул стела тек ғана мрамордан исленген естелик емес, ол - халқымыздың жақсы арзыў-нийетлери, жақын дослық ҳәм жақсы қоңсышылық тымсалы болған бийбаҳа мийрас, тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўға умтылысының белгиси де болып есапланады. Бундай басламалар тек ғана мәмлекетлераралық бирге ислесиўди беккемлеп қоймастан, ал халықларымыз арасындағы исеним ҳәм ҳүрметти және де арттырады, жақсы қоңсышылық дәстүрлерин даўам еттириў, улыўма регионаллық қәдириятларды улығлаўға ийтермелейди.
Бул тарийхый ўақыя перзентлеримиздиң де келешекте дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм бирге ислесиў руўхында камалға келиўи ушын ҳақыйқый тәрбия мектеби ўазыйпасын атқарады. Олар тыныш ҳәм абадан елимизде үлкен әрманларға қарай умтылады, келешекке исенимли қәдем таслайды. Биз, өзбек ҳаял-қызлары регионда бәрқулла тынышлық ҳәм аўызбиршиликти қоллап-қуўатлаў, мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик идеяларының жырланыўынан оғада бахытлы сезимди сеземиз.
Бул дослық мәңги болсын! Байланысларымыз және де беккем, келешегимиз және де нурлы болсын!
Зулайҳа МАҲКАМОВА,
Бас министрдиң орынбасары -
Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы