Атыз шетлери итибардан шетте қалмайды

    Пикир 12 желтоқсан 2024 13

    керисинше жаңа жеңилликлер нәтийжелиликти нәзерде тутады

    Бала ўақтымызда атызда, ғаўашалар арасында тосаттан ғарбыз ямаса қаўын пәлегин, шайнектей болған мийўесин көрсек, сийрек ушырасатуғын нәрсе тапқандай қуўанып қалатуғын едик. Пәлек өскен жерге белги қойып, мийўеси писиўин күтетуғын едик. Себеби, тек ғана ғаўаша ҳәм шөплер өсетуғын жерлерде бундай зүрәәтти ушыратыў әжайып көринетуғын еди. Бирақ, өткен жылы пахта жыйынында кесип желинген қаўын ямаса ғарбыздың туқымы усы жерге түскенлигин, кимдур бул жерге бир дана туқым екпейтуғынын билемиз. Көбинесе кишкентай ғоза тереклерин де ушырататуғын едик. Қарғалар қысқы азығын сақлаў ушын аўзында алып баратырған ғоза мийўеси түсип қалып, өсип шыққанын үлкенлер айтатуғын еди. Нәлди абайлап көширип алып, қыйтақ жеримизге егиўдиң заўқы басқаша еди.

    Бүгин болса пахта атызларында палыз егинлери, алма, шийе, ғоза сыяқлы мийўели тереклерди ушыратыў тәбийий жағдай. Олар атызлардың шетлерин абат етиў менен бирге қанша қосымша дәрамат алып келмекте. Бийдай атызларының шетине ҳеш қандай егин егилмегенлиги адамды ойландырады. Неге? Бир сотих жердиң баҳасы бийбаҳа болып турған усы ўақытта да атыз шетлеринен пайдаланбаса? Аўа, тилекке қарсы, орынларда бундай жағдайлар бар. Президентимиз жақында ғана мийўе-овош өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспортты көбейтиў илажлары бойынша өткерген видеоселектор мәжилисинде олар анық тилге алынды. Соның ишинде, Қарақалпақстанда атыз шетиндеги 2,1 мың, Ферғанада 1,2 мың, Самарқандта 826, Бухарада 784, Қашқадәрьяда 247 гектар жер пайдаланылмай атырғаны айтылды.

    Кимлер гүл түбекдеги бир қысым топырақтан өним алып атырғанда, гектарлап атыз шетлери шөп басып жатса? Соның ушын да бул мәмлекетимиз басшысының қадағалаўындағы мәселеге айланды. Президентимиздиң 2023-жыл 12-апрельдеги "Аўыл хожалығы кәрханаларының атыз шетлериндеги жер майданларында өним жетистириў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары болса бул бағдарда әҳмийетли бағдарлама ўазыйпасын атқармақта.

    Әндижан районындағы "Патидинов сарвари" фермер хожалығының еки километрге шамалас болған атыз шетине егилген "Ҳусайни," "Әндижан қара" сортлы жүзимнен быйыл 4 тонна зүрәәт алынды. Бир тоннасы жумысшыларға бөлип берилип, 3 тоннасы көтере 5-6 мың сумнан базарда сатылды.

    - Жәми 63 гектар жеримиз бар. Жүзимнен тысқары еки жыл бурын атыз шетиндеги 1 километрден аслам жерге тут нәли еккенбиз, - дейди фермер хожалығының басшысы Улуғбек Шермуҳаммедов. - Белгиленген реже бойынша пилле жетистирип берип атырмыз. Быйыл өзимизден аўысқан жапырақлардан әтираптағы фермерлер де пайдаланды. 13 жумысшымызға атыз шетлерин 1-1,5 километрден бөлип бергенбиз. Буның жақсы тәрепи - бурынғыдай шығындылары жоқ. Қой-ешки кирип, басқыламайды. Ҳәр ким өз аймағына өзи жуўапкер. Тут, терек егип пайда көрмекте. Оларға қосымша дәрамат, атыз майданымыз болса таза турыпты. Усы күнлери 1,5 километр салманы бетонлап атырмыз. Бул арқәлы артезиан суўы нәтийжесиз ағып кетиўиниң алдын алынады. Алдын 1-1,5 саат күтилген суў енди 5-10 минутта керекли жерге жетип барады. Жаратқанға шүкир, мийнетимиз бенен елдиң итибарына, үлкенлердиң итибарына түспектемиз. Жүзимгершилик бойынша семинарларды өткергенимизден қуўанышлымыз. Атыз шетлери бос турған фермерлерге айтарымыз сол, бир қарыс жерден өнимли пайдалансақ, өз-өзинен елимиздиң экономикасына, соның менен бирге, жасыл мәкан жаратыўға да үлес қосамыз. Қалаберди, енди атыз шетинен нәтийжели пайдаланған фермерлерге исбилерменлердиң рейтингин есаплаўда қосымша балл бериледи. Жер салықларымызды еки жылға бөлип төлеўимиз мүмкин. Негизинде атыз шетиниң өзи имканият, бул жеңилликлер имканиятымызды еки есе арттырады.

    Аўа, фермер айтқанындай, буннан былай атыз шетинен өнимли пайдаланып, қосымша дәрамат алыўшыларға бир қатар жеңилликлер бериледи. Әсиресе, "Шаңарақлық исбилерменлик" бағдарламасындағы 100 миллион сумға шекемги кредитлер әпиўайыластырылған тәртипте ажыратылыўы мақсетке муўапық. Бул бағдарда ҳеш қандай өзлестириў, таныс-билисшиликке жол қойылмайтуғыны қуўанышлы. Соның ишинде, атыз шетиниң есабы, қандай өним жетистирилгени ҳәм қанша зүрәәт алынғаны электрон портал арқалы қадағалап барылатуғын болды.

    Бақлаў түри қандай болмасын, усы райондағы "Акбай Асыл" сыяқлы фермер хожалықларының рейтинги әлбетте жоқары болады, десек қәте болмайды. Себеби, бул жерде атыз шетлери әзелден бос қоймаған. Қабақ, помидор, болгар бурышы сыяқлы егинлер егиледи. Өткен жылы жергиликли жүзим нәллери егилген. Нәл егиў жумыслары ҳәзирги ўақытта да даўам етпекте. Мийўеге кирген тутлар жипек қуртына азық болып атырған болса, қәлемшеден өскенлеи де көзге көринип қалған.

    Декоратив павловния тереклери болса үлкен жол бойларына көрик бағышлап тур. Терек нәллери-ғо сан-санағы жоқ. Олар да аспанға бойын созып, Улуғнор каналының жағаларын абат еткен. Ғозалар мийўе бермекте. Дәслеп 40-50 килограмм, жетинши жылдан баслап 100-150 килограмм өним беретуғын бул терек турсы менен пайда. Мақала басында айтқанымыздай, қарғалар тасып алып кеткенинде де жақсы дәрамат келтиретуғын ғозаға ҳәмийше мүтәжлик бар. Соның ушын фермер хожалығында ғоза терегин және де көбейтиў режелестирилген.

    - Тамшылатып суўғарыў себепли ҳәўиздиң әтирапына шийе, алша ҳәм басқа да түрдеги мийўели тереклерди егип атырмыз. Қайта егинлер егемиз. Дерлик 20 жылдан берли ислеп атырғанымыз ушын жерден имканы болғанынша өнимли пайдаланыўға ҳәрекет етемиз. Техника жетерли. Устаханаларымыз бар. 16 гектарға шамалас жеримиздиң жоқары бөлегин, атыз шетиндеги салмаларды толық бетонластырдық, - дейди "Оқбой Асил" фермер хожалығының баслығы Садриддин Аҳмадалиев.

    Бул фермер хожалығы жумысшыларға, әсиресе, бәнт болмаған жасларға жәрдем берип, халықтың пәтиясын алмақта. Жәми 73 гектар жердиң 8 гектары 15 сотихтан жумыссыз жасларға ажыратылған. Агротехникалық илажлар фермер хожалығы есабынан орынланбақта. Дийқаншылықтың арқасынан тойлар берип, үй салып атырғанлар, машина минип атырғанлар, зыяратларға барып киятырғанлардың жерге муҳаббаты және де артқан. Усы әҳмийетли. Себеби, фермер менен әке-бала, аға-ини сыяқлы жақын болып кеткен инсанлардың меҳир-муҳаббаты, әсиресе, үлкенлер бар жерде берекет болады. Атыз шетлери түўе, бир қарыс жердиң бети бос қалмайды.

    Муножат МЎМИНОВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы