Айрықша итибар ҳәм ғамхорлықты талап ететуғын бала менен сөйлессеңиз, кеўлиңиз аўыратуғыны сөзсиз. Тәғдир сынағы оны шетлеп өтпегенлиги, имканияты теңлеслери менен тең емеслигинен ашынасыз. Турмыстың мине усы қыйыншылықлары, сынақлары алдында мәртлик пенен турған бул кишкене жүрек әдеўир шыдамлы, мәрт, руўхый исенимли, билим ҳәм өнер ийелеўге умтылыўы күшли екени сизди таң қалдырады. Сонда ишки әлемниң - жүрек ҳәм руўхтың саламатлығында гәп көп екенлигин аңлайсыз.
Бундай балалардың өз заманласлары қатарында билим алыўы, жәмийет турмысында толық қатнасыўы ҳәм мүнәсип орын табыўы ушын имканият жаратыў адамгершиликтиң ең жоқарғы көриниси болып табылады.
Инклюзив билимлендириў ҳәр тәреплеме саламат ҳәм айрықша билим алыўға мүтәж болған балалар бирге оқыўы, билим алыўы мүмкин болған билимлендириў формасы болып есапланады. Балаларға қарата ҳәр қандай кемситиўге жол қойылмайтуғын, тең қатнасты тәмийинлейтуғын бул система айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалар ушын бейимлестирилгени олардың өз теңлеслери қатарында турмыс кешириўине, жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўына тийкар жаратады. Себеби, социаллық әдил мәмлекет қурыўды өз алдына мақсет етип қойған ўатанымызда социаллық келип шығыўына қарамастан, ҳәмме ушын тең имканиятлар жаратыў күн тәртибиндеги мәселе болып қала береди.
Жаңа редакциядағы Конституциямызда айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған балалар ушын инклюзив билимлендириў ҳәм тәрбия тәмийинлениўи белгилеп қойылғаны инклюзив билимлендириў тараўын раўажландырыў жолында үлкен қәдемлер тасланыўына тийкар болды. Бул арқалы билимлендириў бойынша айрықша мүтәжликке ийе болған балалардың ҳуқықы кепилленди.
- 2024-жыл январьға шекем мине усындай балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жоллаў бойынша медициналық-психологиялық-педагогикалық комиссия және қәнигелестирилген мектеп, мектеп-интернатларға жоллаў бойынша психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссиялар жумыс алып барған, - дейди Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси Фарҳод Камилов. - Олардың мақсет ҳәм ўазыйпалары бирдей болып, әмелде бир-бириниң жумысын тәкирарлаған. Сондай-ақ, комиссиялардың жумысын шөлкемлестириўде пуқаралар тәрепинен бюрократизм, әўерегершилик ҳәм басқа да ҳәкимшилик тосқынлықларға дус келиў жағдайлары болған. Бул болса айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған балалардың ата-аналары ушын артықша машқалаларды пайда еткен.
Соның менен бирге, майыплығының аўыр түрине ийе ҳәм үйде жатып қалған балалар жәмийеттен ажыралып қалған, тек ғана ата-анасының ямаса нызамлы ўәкиллердиң қарамағында болған. Олар ушын ҳеш қандай тәрбиялаў хызметлери көрсетилмеген. Бул болса олардың ата-анасында ямаса орнын басатуғын шахсларда физикалық ҳәм психологиялық жақтан шаршаўға алып келген және мийнет пенен шуғылланыў имканияты төмен болған.
2024-жыл 25-январьда Министрлер Кабинетиниң "Өз алдына билимлендириў зәрүрликлери болған балалардың билим алыўын шөлкемлестириў ҳәм оларды реабилитациялаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди. Қарар менен комиссияның жумысын қайта көрип шығыў ҳәм балалардың комиссияға мүрәжат етиў процесин санластырыў арқалы ата-аналар ямаса олардың орнын басатуғын шахсларға қолайлықлар жаратылды. Өз алдына билимлендириўге мүтәжлиги болған балалардың тәлим-тәрбия алыўын жетилистириў мақсетинде Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқармалары жанында бирден-бир психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссиялардың жумысы жолға қойылды. 2024-жыл 1-августтан комиссия тәрепинен ҳүжжетлер қабыл етилгеннен кейин комиссия тексериўи өткерилиўинен кеминде 3 күн алдын ата-анаға ямаса нызамлы ўәкиллерге байланыс қураллары, соның ишинде, СМС хабарнама арқалы баланы тексериўден өткериў сәнеси, ўақты ҳәм орны көрсетилген хабар жибериледи. Бала тексериўден өткерилгеннен кейин комиссияның жуўмағын ата-аналар электрон тәризде алады.
- Бүгинги күнде узақ мүддетли емлениўге мүтәж 13 мың 300 оқыўшы үйде жеке тәртипте, 20 мың 300 ден асламы майыплығы болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеп-интернатларда, сондай-ақ, айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған 23 мыңға шамалас оқыўшы улыўма билим бериў мектеплеринде билим алмақта дейди Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң бөлим баслығы Рузибек Тўраев. - Сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, 2025-жыл 1-январьдан баслап улыўма түрдеги мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде де инклюзив билимлендириў топарларын шөлкемлестириў, инклюзив билимлендириў системасы ушын маман педагог кадрлар таярлаўға сырт елли экспертлерди тартыў, инклюзив билимлендириўде оқытыў усылларын жетилистириў сыяқлы мақсетлер белгиленген.
Пайтахтымыздың Алмазар районындағы 298-улыўма билим бериў мектеби ЮНИСЕФ қәўендерлик қаржылары есабынан қайта үскенеленип, мектепте майыплығы болған шахслар ушын "тосқынсыз орталық" жаратылды.
- Перзентим Абубакрға еки тәреплеме сенсорлы гереңлик диагнозы қойылған, - дейди Мунира Каримова. - Кеселлик төртинши басқышта екенлиги, еситиўи төменлиги себепли балам басқа теңлеслери қатарында мектепке шыға алмас еди. Бирақ 298-мектепте балалардың инклюзив билим алыўы ушын шараят жаратылғанын еситип, оғада қуўандым. Дәрҳал баламды алып келдим. Ҳәзир балам 1-класста, саламат заманласлары менен бирге билим алмақта. Оқыў-жазыўды үйренди, қосықларды ядлап атыр. Муғаллимине жақыннан жәрдем бериўге ҳәрекет етип атырмыз. Сабақларды бирге таярлаймыз. Қалаберсе, класлас дослары ҳәр тәреплеме жәрдем берип атыр. Мектептеги жыллы орталық, жақсы мүнәсибет баламның тәбиятындағы унамлы өзгерислерге де түртки болмақта.
Зуҳрабону Муроджонова өзи еркин жүре алмайды. Ата-анасы қызының саламат балалар оқыйтуғын мектепте билим алыўын жүдә қәлер еди. Оны биринши мәрте 298-мектепке алып келгенде қыз жатырқәйды. Теңлеслериниң алдында өзин қолайсыз сезип, уялып жүрди. Балалардағы ашықлық, бир-бирине ғамхорлық, мийрим-шәпәәт Зуҳрабанудағы исенимсизликлерди сапластырды. Ол саламат заманласлары менен бирге ойнайтуғын, сабақ таярлайтуғын болды. Тырысқақлығы менен сабақларды өзлестире баслады.
- Қызым мектепке қатты қызығыўшылық пенен келеди, бир күн де сабақларды қалдырғысы келмейди, - дейди Зуҳрабонудың анасы Зилола Муҳаммедова. – Кейпияты жүдә жақсы. Класласлары менен бирге оқыў, жазыўға ҳәрекет етеди. Китаптағы сүўретлерди бақлайды, ҳәриплерди ҳәм сеслерди айтып көреди. Берилген ўазыйпаларды класласлары менен тең орынлаўға умтылады.
- Класта имканияты шекленген үш бала саламат заманласлары менен бирге билим алады, - дейди 298-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими Муборак Азизова. - Балалар арасында дослық қатнасығын шөлкемлестиргенбиз. Олар бир-бирине меҳрибан, итибар ҳәм жәрдемди аямайды. Зуҳрабону тыныш ҳәм әдепли оқыўшы, сабақта көбирек тыңлаўды, зәрүрлик пайда болғанда өз пикирин билдириўди қәлейди. Өзиниң ҳәм басқалардың пикирлерине ҳүрмет пенен қарайды. Додалаўға болатуғын мәселелерде ойланып жуўап бериўге ҳәрекет етеди.
Мектепте қәўипсиз ҳәм инклюзив билимлендириў орталығы жаратылған. Мақсет - физикалық, интеллектуал, мәдений, этникалық, тил ҳәм басқа да өзгешеликлерине қарамастан балаларды толық жәмийетлик турмысқа араластырыў, жәмийетте өз орнын ийелеўине жәрдемлесиўден ибарат.
Инклюзив билимлендириўди енгизиў бағдарында халықаралық шөлкемлер және АҚШ, Уллы Британия, Япония, Финляндия сыяқлы раўажланған мәмлекетлер менен бирге ислеспекте.
БМШның Халықаралық балалар қоры (UNICEF) менен әмелге асырылып киятырған жойбар шеңберинде мектеплер ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде майыплығы бар-жоқлығына қарамастан, барлық оқыўшылар ушын тосқынлықсыз билимлендириў орталығын жаратыўға қаратылған жумысларды әмелге асырыў режелестирилген. Заманагөй инклюзив тәлим-тәрбия моделлери - жаңа стандартлар, талаплар ҳәм әмелиятларды енгизиў ушын тәжирийбе жойбарларын жаратыў арқалы инклюзив билимлендириўдиң сапасын жоқары дәрежеге көтериў нәзерде тутылмақта.
Инклюзив билимлендириў системасын қоллап-қуўатлаў мақсетинде бес тийкарғы бағдар белгилеп алынған. Булар - инклюзив мектеплер ҳәм мектепке шекемги билимлендириў моделлерин жаратыў, балалар ушын тосқынлықсыз оқыў орталығын жаратыўда жәрдемши технологиялар ҳәм оқыў материалларын таярлаў, инклюзив билимлендириў қатнасыўшыларының билим ҳәм потенциалын арттырыў, жәмийетшилик арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў.
Жойбар нәтийжесинде 2027-жылдың ақырына шекем Өзбекстанның барлық аймақларындағы модель мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери инклюзив билимлендириў бойынша алдынғы тәжирийбе орайларына айланыўы, басқа мектеплер ҳәм қәнигелерди оқытыў ҳәм бағдарлаўда әҳмийетли роль атқарыўы белгиленген.
“Zamin” халықаралық қайырқомлық фондының "Еситиўди қәлеймен" жойбары шеңберинде еситиўде нуқсаны болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеп-интернатлардың 5206 оқыўшысы тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди ҳәм 4130 ы заманагөй еситиў аппаратлары менен бийпул тәмийинленди. 179 адамға бийпул кохлеар имплант операция исленди. Нәтийжеде еситиў қәбилети жақсыланған 250 ден аслам бала инклюзив билимлендириўге бағдарланды.
"Инклюзив билимлендириў" жойбары шеңберинде инклюзив билимлендириў енгизилген мектеплердиң арнаўлы педагоглары ушын халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда оқыў семинарлары ҳәм тренинглер шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, инклюзив билимлендириў мектеплерин зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў режелестирилген.
Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) менен биргеликте "2021-2024-жылларда Өзбекстанда инклюзив билимлендириўди раўажландырыў" жойбары шеңберинде 24 ментор таярланып, инклюзив билимлендириў енгизилген мектеплердиң баслаўыш класс ҳәм арнаўлы педагоглары, психологлары, басшыларынан 285 и ушын оқыў семинарлары ҳәм тренинглер өткерилди. Өз-ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде өзбекстанлы қәнигелер Японияда тәжирийбе арттырып келди.
- Инклюзив билимлендириўди әмелге асырыў ҳәм оны раўажландырып барыў ушын, әлбетте, оның қатнасыўшылары болған оқытыўшы ҳәм оқыўшыларды, ата-аналарды ҳәм пүткил жәмийетти оған таярлаў талап етиледи, -дейди Рузибек Тўраев. - Буның ушын министрлик тәрепинен инклюзив билимлендириўде жумыс алып барып атырған педагог хызметкерлер ушын 27 атамадағы қолланба ҳәм бағдарламалар және ата-аналар ушын 5 атамадағы методикалық усыныслар ислеп шығылды.
Оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў ҳәм психологиялық-педагогикалық диагностика республикалық орайы тәрепинен инклюзив билимлендириў енгизилген мектеплердиң басшы хызметкерлери, оқытыўшы ҳәм психологлары ушын 72 саатлық арнаўлы маманлық арттырыў курсы шөлкемлестирилген. Бул орай тәрепинен жыл даўамында оқытыўшылар ҳәм ата-аналар ушын турақлы семинар-тренинглер шөлкемлестирилип барылады. Сондай-ақ, педагогика бойынша кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң арнаўлы билимлендириў бағдарында билим алып атырған студентлер ушын 2-курстан баслап "Инклюзив ҳәм госпиталь билимлендириў" оқыў модуллери оқытылыўы жолға қойылған. Бул арқалы студентлер билимлендириў мәкемесин питкерип атырғанда инклюзив билимлендириў менен шуғылланыў көнликпесине ийе болып шығады.
Буннан тысқары, Абдулла Авлоний атындағы Педагогларды кәсиплик раўажландырыў ҳәм жаңа методикаларға үйретиў миллий-изертлеў институтында шөлкемлестирилетуғын қәнигелигин арттырыў курслары даўамында улыўма билим бериў мектеплеринде жумыс алып барып атырған басшы ҳәм педагог хызметкерлер инклюзив билимлендириў бағдарында турақлы маманлығын арттырып барады.
Рисолат МАДИЕВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы