Бирақ, жаңа депутат Лола апаға таныс ямаса туўысқан да емес. Гәп сонда, Лола апа да Жасур Жумаев сыяқлы физикалық жақтан имканияты шекленгенине қарамастан өнерментшилик пенен шуғылланады.
- Мәмлекетимиз басшысы "Тарийхымызда биринши мәрте майыплығы болған пуқарамыз Нызамшылық палатасының депутаты етип сайланды. Бул парламентимизди шын мәнисинде инклюзив уйымға айландырып, бул қатлам мәплерин және де кеңнен билдириў имканиятын береди, десек дурыс болады", деген сөзлеринен кейин оғада қуўандым, - дейди Лола апа. – Себеби, бул арқалы майыплығы болған биздей шахсларға және де кең имканиятлар жаратылады. Ақыры, жаңа депутатымыз Жасур Жумаев өнердиң машақатын да, майыплығы болған адамның исбилерменлик етиўи қаншелли қыйын екенин де жақсы биледи.
Президентимиздиң 2023-жыл 12-июньдеги "Халықты өнерментшиликке тартыў ҳәм өнерментшилик жумысын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында өнерментшиликтиң жоғалып баратырған түрлерин сақлап қалыў ҳәм келешек әўладларға жеткериў "Өнермент" ассоциациясының тийкарғы ўазыйпасы етип белгилениўи көрсетилген. Сондай-ақ, ҳүжжет пенен өнерментшилик жумысының бағдарлары 34 тен 43 ге көбейтилди. Яғный, каллиграфия, әййемги қолжазбаларды реставрациялаў, ат үскенелери, қурақшылық, макраме ҳәм қолда тоқылған буйымлар таярлаў сыяқлы өнерментшилик сыпатында тән алынды. Буннан руўхланған қурақ тигиўши ҳаял-қызлар орынларда бул өнерди раўажландырыўға және де қатаң киристи.
Мақаламыздың қаҳарманы Лола апа дәслеп қурақшы емес еди. 25-30 жыл даўамында тигиў цехларын ашып, ҳаял-қызлар ҳәм ерлер костюмлары, пальтоларын тигиў, өз тараўында жетекши еди. 2010-жылы күшли инсультты өткергеннен кейин, апа бир жерде жатып қалды. Докторлар "алып кете бериң" дегенинде де, шаңарағындағылар оның өмирге қайтатуғынына үмит ете берди. 2 бөлмели турақ жай, тигиў машиналарының барлығы апасының пайтахтта емлениўи ушын сатып жиберилген.
Еки жылда аяққа турған Лола апа енди машинаға отыра алмайды. Оң қолы ҳәм аяғы толық саўалмады. Сонда да бир нәрсе менен бәнт болыўы керек екенин ойлады. Интернеттен ҳәр түрли зергерлик затлар, сумкалар ислеўди, қурақшылық сырларын үйренди. Көпшиклер, көпшиктиң қабын тикти, панно ҳәм картиналар таярлады. Миллий қурақларды тиклеў үстинде изленди. Ярым түнде де ядына бир идея келсе, шырақты жағып, қағазға жазып қояды. Көз алдында жанланған, интернетте көрген жаңа гүллерден нусқа алды. Ал ертеңине болса қолындағы бар гезлемелерден қурақ тигиўге киристи.
- Аз ғана жәрдем болса, устахана ашып, шәкиртлерди көбейтетуғын едим. Себеби үйдегилер жалғыз өзим үлкен буйыртпаларды тигиўиме разы болмайды. Шаңарағымызға, саўға ушын бир нәрсе ислеўимге қарсылық көрсетпейди. Себеби, өзим сүйген жумыс пенен бәнт болсам, денсаўлығым жақсыланатуғынын биледи ғой. Соның ушын қурақшылыққа қызыққан ҳаял-қызлар менен миллий қурақшылықты қайта тиклеўге үлес қосыўды, раўажландырыўды қәлеймен. Айтпақшы, жақында "Өнермент" ассоциациясына ағза болдым. Көргизбелерге қатнасып атырман. Қурақшылықтың жаңа усылларын үйрениўим ушын Қырғызстанға жиберемиз дегенинде, жүдә қатты қуўандым. Өнердиң изинен қай жерге барыў керек болса, бара беремен, - дейди Лолахан апа күлип.
Апа ҳәкимиятқа барып, "маған жумыс бериң" дегенинде ол жердегилер ҳайран қалғанын жасырмайды. Төрт мүшеси саў адамлардай ақша сорап келмегени ушын оған рахмет айтыўшылар да болды.
"Не ислейин, балама жәрдем бергим келеди, бир өзи ислесе, және кредит төлейди," дейди Лола апа. Бала болса "Өнермент" ассоциациясынан қай жерге шақырса, әлбетте барың, апа, көргизбелерге қатнасып, қуўанышлы болып жүр. Не керек болса, маған айтың," дейди. Соның ишинде, ол да енди анасының шәкиртлерге жумыс үйретип, миллий өнерлеримизди сақлап қалыўға үлес қосып атырғанынан қуўанышлы.
2023-жылдың 25-декабрь күни мәмлекетимиз басшысының "Материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў, илимий үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўды раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары менен Мәденият министрлиги жанында Мәденияттаныў ҳәм материаллық емес мәдений мийрастың илим-изертлеў институты шөлкемлестирилди. Республикамыз аймақларындағы бар материаллық емес мәдений мийрасларды терең үйрениўге кирискен бул институт өткен жылы мәдений мийрасымызды сақлап киятырған 20 өнерментти таңлап алды. Олар ЮНЕСКО тәрепинен басып шығарылатуғын арнаўлы китаптың дәслепки қарлығашлары болды.
- Балалықтан кемпир апамның пишиў-тигиў жумысларын қызығыўшылық пенен бақлап баратуғын едим, - дейди олардан бири жиззақлы Гүлрух Ёдгорова. - Әсиресе, қол мийнетин жақсы көремен. Қурақшылық пенен 2015-жылдан берли шуғылланаман. Дәслеп үш адам болып үйде жумыс басладық. Тиккенлеримиз әтираптағыларға мақул болған. Буйыртпалар келе баслағаннан соң, социаллық тармақта топар ашып, жумысларымызды кеңирек үгит-нәсиятладық. Басқа ўәлаятлардан да қызығыўшылар көбейип, жумысымыз жүрисип кетти. Буннан хабар тапқан ҳәкимияттың жуўапкерлери киши бир имаратты ижараға алып берди. Ол жерде бес адам болып ислей басладық. Әсте-ақырын жумыс сораўшылар, оқыўшылар көбейди. Буннан кейин районлық салық уйымының имаратында бос турған 2 хана биз ушын бийпул ажыратып берилди. Ҳәзир 500 ден аслам оқыўшы, 60 ға шамалас жумысшымыз бар. Ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў, кәмбағаллықтан шығарыўға үлес қосып атырғанымыздан қуўанышлымыз. Жумысты үйге алып ислеўге кеңнен жол қойылғаны болса бағыўшысын жоғалтқан, майыплығы болған, аўыр шараяттағы ҳаял-қызларды да бәнт етиўде әҳмийетли фактор болды. Таяр пишилген гезлемелерди беремиз, үйде отырып тигип береди. Дурыс, соңғы ўақытлары қурақшылық қайта жанланбақта, ҳәр бир аймақта өзине тәнлик бар. Бирақ, сапа жағынан үстинлик қарыйдарларды тәмийинлейди. Соның ушын жумыстың сапасына айрықша итибар беремиз. Ески ҳәм заманагөй усылдағы қурақты бирлестирип, миллий белгилерди де сиңдирген ҳалда майда жуллықлардан 170 түрдеги өним таярлаа атырмыз. Зоминда ески қурақшылық усыллары көбирек сақланған. Қурақшылық өнерине қызығатуғынлар Замин қурақлары жүдә майда, нәзик усылда тигилиўин жақсы биледи.
Әйтеўир, қурғақтан исленген буйымларымызға сырт еллерде де қызығыўшылық үлкен екен. Өнерменттиң айтыўынша, Жиззақ ўәлаятының Пахтакор районында таярланып атырған қол мийнет үлгилери 20 мәмлекетке экспорт етилмекте. АҚШ, Германия, Россия, Түркия, Иран, Ҳиндстан сыяқлы мәмлекетлерден буйыртпалардың көп екенлиги қуўанышлы. Өнермент усы күнлери Иран ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлериндеги қарыйдарлардың үлкен көлемдеги буйыртпалары таярланып атырғанын айтты.
- Материаллық емес мәдений мийрастың сақлаўшысы сыпатында таңлап алыныўымды улыўма күтпеген едим. Себеби, өз исиниң шеберлери жүдә көп. Соған қарамастан, мийнетимиз жоқары баҳаланғаны бизге және де күш-ғайрат бағышлады. Ҳәр айда 5 миллион сумнан хошаметлеў де аламыз, - деп миннетдаршылық билдирди сәўбетлесимиз.
Уллы ойшылларымыздан бири "Адамлардың ең бахытлысы оның қарамағындағы адамлары бахытлы болғанлар" деген еди. Гүлруҳ Ёдгорова сыяқлылар да усы мәнисте бахытлы. Негизинде, оның алдына мектеп жасындағы қызлардан баслап орта жастағы ҳаяллар ҳәм кейўаны аналар өнер үйрениў ушын келеди. Ол менен ислеп атырғанлардың болса турмысына берекет кирип атыр. Мәселен, сурхандәрьялы студент Муҳайё Улашова шебер тигинши. Ол тиккен қурақларды көргенлер: "Бизлерди де гезекке жазып қойың," дейди. Соған жараса дәраматы да бар. Бир келинниң себине кеминде 800-900 мың сумлық буйыртпа тигиледи. Студент ушын бул жақсы дәрамат.
- Пандемия дәўиринде кестешилик ҳәм қурақшылықты үйрендим. Енди бул исим пайда бермекте. Сол ўақытта "Өнермент" ассоциациясы менен биргеликте мәҳәлледе оқыў курслары шөлкемлестирилген еди. Қунт пенен үйрениўге ҳәрекет еттим. Тийкарынан, қарақалпақ миллий қурақларын тигемен. Аңсат емес, әсиресе, форма шығарып қырқып алыў көп ўақыт талап етеди. Таяр болғаннан кейин болса қол мийнетиме қарап шаршағанларым шығып кетеди, - дейди Муҳайё.
Студент қыз тиккен қурақ көрпешелерди көрип, шынында да бизлердиң де шаршағанымыз шыққандай болады. Әсиресе, шахмат тахтасын еслететуғын нағыслар көпшик ҳәм көрпешелерде жүдә тартымлы көринеди екен.
Халқымыз арасында "Епли келин керек пеа, сепли келин керек пе" деген нақыл бар. Әлбетте, епли келин жақсы. Сурхандәрьялы Муҳайё Улашова сыяқлы қызлар ҳәм сепли, ҳәм епшил екени менен шаңарақты абат етеди. Оған усаған қызлар, жоқарыдағы ҳаяллардың сабырлылығы арқасында қурақшылық қайта тикленбекте. Бүгин мектепке шекемги билимлендириў бағдарында билим алып атырған болажақ тәрбияшыларға да қурақшылық сыяқлы миллий қәдириятлар үйретилип атырғанынан қуўандық. Соның менен олардың анық пәнлерге қызығыўшылығы да артады. Соның ишинде, шыдамлылық, сабыр-шыдам талап ететуғын бул өнер геометрия, математика пәнлери менен үнлесликте сайқалланады. Онда квадрат, үшмүйешлик, ромб сыяқлы геометриялық фигуралардан шеберлик пенен пайдаланылады. Гезлеме бөлеклери - қурақларды дурыс жайластырыў, оларға керекли формаларды бериўдиң барлығы сызылмалар жәрдеминде орынланады. Таярлаў усылы қурамалы болса да, қураққ үнемлилик тийкарында жаратылатуғын көркем дөретиўшилик өними екенлиги менен қәдирли. Оны әўладтан-әўладқа жеткерип киятырғанлардың барлығы ҳақылы түрде материаллық емес мәдений мийрасымыздың сақлаўшылары есапланады.
Ташкент ўәлаяты Аҳангаран районындағы Тангатопди аўылында да олардың алдынғы ўәкиллери көп. Райондағы 10 нан аслам мәҳәлледе қурақшылық дәстүрлери даўам еттирилип келинбекте.
Жиззақ ўәлаятының Арнасой районындағы "Бабур" МПЖда да қурақшылық барған сайын раўажланбақта. Самарқандлы Шоира Ғаниева көплеген ҳаял-қызларға бул әййемги өнер сырларын үйретпекте. Республика бойынша үйренип шықсақ, еле көплеген қурақшыларды табыўымыз анық. Қурақшылық жақын келешекте ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди. Бул әййемги қәдириятты қәдирлеў арқалы туризмниң раўажланыўына да жақсы үлес қосыўымыз мүмкин.
Муножат МЎМИНОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы