Жуўапкершилик он есеге артты

    Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан халқына жоллаған Жаңа жыл қутлықлаўында "Инсан қәдири ушын, инсан бахты ушын!" деген уллы мақсет және бир мәрте тилге алынды, бул ийгиликли мақсетти әмелге асырыў, сөзсиз, бәршемиз, әсиресе, миллий экономикамыздың тийкарғы үстинине айланған жергиликли исбилерменлерге де үлкен жуўапкершилик жүклейди.

    Қутлықлаўда 2025-жылы бизнес ушын және де кең имканиятлар жаратылыўы, соның ишинде, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў, сырт ел инвестицияларын жедел тартыў жумыслары исенимли даўам еттирилетуғыны атап өтилди. Демек, "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" миллионлаған исбилерменлеримиз ушын қосымша имканиятлар ҳәм жеңилликлер жылы болады.

    Таллаўларға муўапық, жаңа Өзбекстанда басқа тараў ҳәм системалар қатарында исбилерменлик жумысы да избе-из раўажланып, жылдан-жылға мүлк ийелери саны артып бармақта. Егер 2019-жылы рәсмий жумыс алып барып атырған шөлкемлердиң саны 324 мыңнан асламды қураған болса, 2023-жылдың 1-январь жағдайына олардың саны дерлик 600 мыңға жетти. Бул және дийқан ҳәм фермер хожалықларын есапқа алмағандағы көрсеткиш. Усы жерде 2022 ҳәм 2023-жылларда кәрхана ҳәм шөлкемлердиң саны кескин көбейгенин айтыў керек. Оған, тийкарынан, алдынғы жылларда жаратылған қолайлы шараят, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери себеп болды, деп айтыў мүмкин.

    Әне усындай преференциялар себепли жеке меншик исбилерменлик - киши бизнес өз жумысын турақластырды. Ҳәзирги ўақытта микрофирма ҳәм киши кәрханалардың саны 500 мыңға шамаласқаны соннан дәрек береди.

    Бизге белгили, жәмийетлик-сиясий турақсызлық, экономикадағы аяқтан шалыўлар, атап айтқанда, салық системасындағы әдалатсызлық исбилерменликтиң бас душпаны болып есапланады. Бундай шараятта исбилермен өз жумысын тоқтатады ямаса нызамсыз жолларды излейди. Бундай исенимсизлик себепли, ҳәттеки исбилерменлер басқа қолайлы аймақларды излей баслайды.

    Шүкир, жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы реформалар дәўиринде әне усындай исенимсизликлер сапластырылды. Яғный, елимизде жеке меншик сектордың раўажланыўына стратегиялық қатнас пайда болғаны исбилерменлердиң ертеңги күнге исенимин беккемледи. Буны 2024-жылы 50 мыңнан аслам жаңа исбилерменлик структуралары дизимнен өткенинде де көриў мүмкин.

    Ең әҳмийетлиси, буған жаңа Өзбекстан реформаларының ҳәр бир қәдеми ҳуқықый тийкарға сүйенгенлиги себеп болмақта. Усы жылы да бул процесс даўам ететуғыны бийкарға атап өтилмеген.

    Таллаўшылардың пикиринше, 2024-жылы 10 миллиард сумнан 100 миллиард сумға шекем айланыс қаржысы болған исбилерменлердиң саны 2 есеге артқан. Бундай санлар миллий экономиканың үстинине айланып атырған жеке меншик сектордың жумысы турақласқанын, исбилерменлик барлық тараў ҳәм системаларда өз орнын таўып атырғанын көрсетеди, әлбетте.

    Буннан 2 ай бурын - Президентимиздиң жаңаланған Олий Мажлистиң биринши тарийхый мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде де жеке меншик секторды, мүлк ийелери қатламын қоллап-қуўатлаў миллий экономикамызға кең жол ашыўына итибар қаратылған еди. Бундай идея ҳәм басламалардың депутатлық статусы, сайлаўшының депутатқа билдирген исеними ҳәм әлбетте, халық ўәкиллери мойнына жүкленип атырған ўазыйпалар фонында алға қойылып атырғаны болса, биз депутатлар жуўапкершилигин он есеге арттырады.

    Әсиресе, Президентимиздиң "Депутат - халық хызметкери, ҳәммеге үлги болатуғын сиясий билими ҳәм санасы жоқары, өз Ўатанын шын жүректен сүйетуғын инсан. Шаңараққа, мәҳәллеге ҳәм пүткил жәмийетте тынышлық, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, халықаралық майданда Өзбекстан мәплерин қатаң қорғаўда халқымыз, бәршемиз бәринен бурын Сизлерге сүйенемиз", деген сөзлери бирде-бир халық ўәкилин бийпәрўа қалдырмады.

    Мәмлекетимиз басшысының баянатында парламентлик қадағалаўдың сиясий қадағалаў екенлигинен баслап, төменги палатада Ҳүкимет ағзасының есабатын тыңлаўға шекем, алдынғы шақырыў дәўириндеги тар шеңберли парламентлик қадағалаўдан енди кең көлемли, ең тийкарғысы, сапалы қадағалаў системасына өтиў зәрүрлигине шекем бирме-бир көрсетилип, бул бойынша баҳалы усыныслар да берилген еди.

    Президенттиң шығып сөйлеген сөзинде ҳуқықый мәканды, ҳуқықый қатнасықларды жетилистириў, бул мәселеге бирлемши итибар қаратыў зәрүр екенлиги қайта-қайта атап өтилди. Сондай-ақ, жаңа дәўирде парламентти ҳақыйқый халық үйине, төменги палатаны болса идеялар генераторына, саламат бәсеки, бәсеки ҳәм пикир алысыўлар майданына айландырыў зәрүрлиги бийкарға айтылмаған, бул бизге электорат, яғный сайлаўшының мәпи ушын системалы жумыслар алып барып, партиямыздың сайлаўалды бағдарламасындағы ўазыйпалар менен шекленип қалмастан, бүгинги жаңаланыў ҳәм өзгерислер талабына сәйкес жумыс алып барыўымыз керек екенлигин де көрсетти. Себеби, жаңа Өзбекстан реформаларының талабы да сол.

    Парламентти реформалардың жетекши күшине айландырыў мәселеси бул - көп миллетли халқымыздың талабы екенин де бәрқулла ядта тутыўымыз керек. Мине, сегиз жылдан берли, Президентимиздиң басламасы ҳәм сиясий ерк-ықрары менен мине усы ийгиликли мақсетке қарай қәдембе-қәдем бармақтамыз.

    Енди жаңа парламенттиң төменги палатасында 12 емес, 10 жаңаланған комитет жумыс алып бармақта. Бул өзгерислердиң әҳмийети сонда, биринши мәрте парламентте жергиликли исбилерменлердиң мәпине тиккелей хызмет ететуғын Исбилерменлик, бәсеки ҳәм санаат комитети дүзилди. Бул комитет экономикамыздың жетекши қатламы болған исбилерменликке енди нызамшылық көзқарасынан қараў ўақты келгенин билдиреди.

    Мәмлекетимиз басшысы мине усы өзгерислерге мүнәсибет билдирип, енди палатадағы комитетлердиң ағзалары билим ҳәм тәжирийбесин тынымсыз арттырып, жуўапкершиликти терең сезинип, және де көбирек мийнет етиўи керек екенлигин, себеби пуқта билим, профессионал маманлық, жоқары пазыйлет ҳәм пикирлеўге ийе депутат ғана қуры сөз ҳәм популизмнен узақ болатуғынын атап өтти.

    "Және бир әҳмийетли мәселе - парламент комитетлери министрликлер менен ислесиўде тек ғана қадағалаў ҳәм талап етиў емес, ал олар менен тығыз бирге ислесиўге әҳмийет қаратса, әйне пайдалы болады.

    Ең үлкен кемшилик - министрликлер төменги буўында, әсиресе, район ҳәм қала дәрежесинде нәтийжели жумыс шөлкемлестире алмай атыр. Енди халық пенен тиккелей сөйлесип, адамларды қыйнап атырған машқалаларды орнында шешиў олар ушын бас ўазыйпа болыўы керек. Буннан былай ҳәр бир басшы ҳәм жуўапкердиң жумысына мине усы норма тийкарында баҳа бериледи. Талапқа жуўап беретуғын басшылар ислейди, болмаса, олар менен хошласамыз.

    Ҳүрметли депутатларымыз да ўәкилликлери шеңберинде өз округлериндеги район ҳәм қала дәрежесинде сораў ҳәм талапты ҳеш уялмай күшейтиўи керек. Себеби, халқымыздың өзи бизден мине усындай пидайылық көрсетип ислеўди талап етпекте...".

    Президентимиздиң бул пикирлери жаңа Өзбекстанда жаңаша қатнас ҳәм көзқарасларға кең орын берилгенин, енди ески тәризде ислеў мүмкин емеслигин билдиреди, әлбетте.

    Буннан тысқары, ҳәр бир комитет жанында пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллеринен ибарат жәмийетлик кеңеслер де дүзилмекте, бул парламент ҳәм фракциялардың қарары, жуўмағын халықшылластырыўға хызмет етеди.

    Бир сөз бенен айтқанда, ендиги ўазыйпамыз ўатанласларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин парламент ҳәм депутатлық ўәкилликтен дурыс пайдаланып, нәтийжели қорғаўдан ибарат.

    Равшан ФОЗИЛОВ,

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты