Шексиз имканиятлардың орынланыўы

    Ҳәр тәреплеме жетик әўладты тәрбиялаў - заман талабы

    Заман тез пәт пенен раўажланбақта. Бүгинги дүньяның ең үлкен байлығы инсан капиталы болып қалмақта. Билимлендириўге бағдарланған инвестиция бир күн келип ақыллы баслар жетисип шығыўына тийкар жарататуғыны, бул өз орнында елдиң раўажланыўына хызмет ететуғыны раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесинен белгили. Имам Бухарийдиң "Дүньяда илимнен басқа жол жоқ ҳәм болмайды" деген белгили ҳикмети Үшинши Ренессансқа тырнақ қаланып атырған ҳәзирги күнлерде және де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Қутылыў билимлендириўде екен, балаға дәслепки жастан-ақ зәрүр тәлим-тәрбия берилиўи күн тәртибиндеги мәселелерден бири болып қала береди.

    Өткен дәўирде мектепке шекемги билимлендириў нәтийжелилигин арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Балалар бақшаларының саны 8 есеге артып, дерлик 38 мыңға, соның ишинде, мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери 250 ден 29 мыңға, қамтып алыў болса 27 проценттен 76,4 процентке жетти. Мектепке шекемги билимлендириў системасын дүньядағы алдынғы тәжирийбе тийкарында пүткиллей жаңаша раўажландырыў бағдарындағы ийгиликли илажлар бүгин де даўам етпекте.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясында балаларды мектепке шекемги билимлендириў ҳәм таярлаў топарларына толық қамтып алыў ўазыйпасы белгиленген.

    Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 2024-жыл 20-ноябрьдеги мәжилисинде билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў, жасларды ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип тәрбиялаў мәселелерине итибар қаратып, келеси жыллары бақшалардағы қамтыўды 80 процентке жеткериў ҳүкимет ушын тийкарғы ўазыйпа болып қалатуғынын атап өтти.

    Баланың бақшаға барыўы не ушин әҳмийетли?

    Ҳәр бир балада - бир алым жасырынған. Оның ким болып өсиўи болса дәслепки жасларында алған тәрбиясына байланыслы болады.

    "Ерте раўажландырыўдан тийкарғы мақсет бахытлы балаларды тәрбиялаў болып есапланады. Балаға жақсы музыка тыңлаў, шет тиллерин үйрениў имканияты оны филолог ямаса музыкашы етип тәрбиялаў мақсетинде берилмейди. Тийкарғысы баланың өмириндеги қуўанышлар және де көбирек болыўы ушын оның шексиз имканиятларын раўажландырыўдан ибарат", деп жазады белгили япон алымы Масару Ибука "Үштен кейин кеш" китабында.

    Мектепке шекемги жаста яд, сезиў, ойлаў, сөйлеўдиң раўажланыўы жүдә әҳмийетли. Бул дәўирде баланың дүнья дүзилиси ҳаққындағы билими турақлы жаңаланады, сөз байлығы артады, белгили бир көнликпеге ийе болады.

    Бала бақшаға барғанда жаңа социаллық қатнасықлар менен танысады. Теңлеслери менен пикирлеседи. Сол арқалы онда кирисиў қәсийети қәлиплеседи. Мектепке барғанда бул көнликпе муғаллимди түсиниўге жәрдемлеседи. Ол интизам, минез-қулық нормалары, қағыйдаларына әмел етиў, ҳәрекетлерин қадағалаў ҳәм режелестириўди үйренеди. Өз орнында оны қоршап турған барлық, инсан ҳәм әлем ҳаққындағы билим ҳәм түсиник байып барады. Әйне усы пайытта раўажланған қәсийетлер баланың келешегине тырнақ тасы ўазыйпасын атқарады. Келешекте ким болып жетилисиўи, әтираптағы әлемге мүнәсибети, дүньяға көзқарасы, елдиң исине тийислилик сезими әсте-ақырын жетилисип барады. Дөретиўшилик кейпияты, интеллектуаллық потенциалы қәлиплеседи.

    Бүгин түсиниклер өзгерди: ҳәмме ата-ана перзентин бақшаға бериў тәрепдары

    Бурын көп мәҳәлледе балаларды бақшаға қамтып алыў төмен болған. Айырым жағдайларда болса зәрүрлик болмаса, ата-ана перзентин бақшаға бермеген. Тәрбияшылар үйме-үй жүрип, ата-аналарға баланы бақшаға бериўдиң әҳмийетин түсиндирип берген жағдайларға гүўа болдық. Талап болса да, МШБ жетиспеўшилиги себепли балалар үйде қалып, мектеп жасына шекем зәрүр билим ҳәм көнликпелерди ийелей алмаған. 1-классқа шыққанында бақшаға барған ҳәм бармаған балалар арасында сезилерли парық көзге тасланды. Бул тек ғана балаларға емес, муғаллимлерге де қыйыншылық туўдыратуғын еди.

    - Ҳәзирги ўақытта мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алынбаған 6 жасар балаларға да тең имканият жаратыў мақсетинде бир жыллық бийпул 7601 мәжбүрий мектепке таярлаў топары шөлкемлестирилди. Оларда 182 мыңнан аслам 6 жасар ул-қыз баслаўыш билимлендириўге таярланбақта. Алты жасар балаларды мектеп билимлендириўине сапалы таярлаў ушын "Илим жолы" вариациялық бағдарламасы ислеп шығылған. Бул бақшаға бармаған, "Дәлепки қәдем" бағдарламасында билим алмаған балаға бир жыл даўамында бағдарлама тийкарында мектепке таярланыў имканиятын бермекте, - дейди Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги мектепке шекемги билимлендириў системасының жумысын муўапықластырыў департаменти директорының орынбасары Лола Бердиева.

    Бүгинги күнде мәмлекет бойынша 6 жасар балалардың 96 проценти мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги таярлаў, қысқа мүддетли ҳәм мәжбүрий бир жыллық топарларға қамтып алынған.

    - Ерте ҳәм мектепке шекемги жастағы балалардың раўажланыўына қойылған мәмлекетлик талапларға ҳәм халықаралық стандартларға муўапық ислеп шығылған "Дәлепки қәдем" мәмлекетлик оқыў бағдарламасы тийкарында барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде балалар менен шынығыўлар алып барылады. Бағдарлама шеңберинде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги ҳәр бир топарда 5 тен раўажланыў орайы шөлкемлестирилген. Бул орайлар балаларда коммуникатив, социаллық, жеке ҳәм басқа компетенцияларды раўажландырыўға хызмет етеди. Балалар қурыў ҳәм математика, сюжетли-ролли ойынлар, көркем өнер, илим ҳәм тәбият, тил ҳәм сөйлеў ойынлары арқалы тийисли көнликпелерди пайда етпекте.

    Балалық - инсан өмириниң ең таза дәўири. Таңланыўға толы нәзер, шын кеўилден толы кишкене жүрегине мөрленген дәслепки көзқарас, әтирапты билиў ҳәм үйрениў процеси кейин ала барлықты толығырақ түсиниўге жәрдем береди. Мине, усы мақсетте шөлкемлестирилип атырған сабақлар балаларды мектепке, оқыў процесине системалы таярлап бармақта.

    Мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў, барлық аймақларда балалардың сапалы мектепке шекемги билимлендириў хызметлеринен пайдаланыўында теңдей имканият жаратыў мақсетинде мектепке шекемги билимлендириўдиң жаңа альтернатив түрлери енгизилип атырғаны саўаплы ислерге және бир мысал болып есапланады.

    Президентимиздиң басшылығында 2024-жыл 13-декабрь күни социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм алдағы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген мәжилисте жақсы тәжирийбе сыпатында Тайлақ ҳәм Косонсой районларында ашылған "Дәслепки раўажланыў орайлары"ның жумысы айтып өтилди. Орайларда кәмбағал шаңарақтағы ҳәм майыплығы болған 4200 балаға бақша билимлендириўи берилген. Ўәлаят ҳәкимлерине бул тәжирийбени үйренип, ҳәр бир районда енгизиў тапсырылды.

    - Жәҳән банки менен биргеликте "Балаларды ерте раўажландырыўды жетилистириў" жойбары шеңберинде Наманган ҳәм Самарқанд ўәлаятларында 3 модель бойынша "Дәслепки раўажланыў орайлары" жумысы жолға қойылды, - дейди Лола Бердиева. - Биринши модель бойынша шаңарақларға барылады. Ол жерде балалар менен ислесиў шаңарақларда, ата-аналардың белсене қатнасыўында "Дәлепки қәдем" мәмлекетлик оқыў бағдарламасына муўапық шөлкемлестириледи. Бул баслаўыш билимлендириўге кириў имканиятын арттырмақта. Бул моделде кем тәмийинленген шаңарақлардың 6 жасқа шекемги 764 перзенти тәлим-тәрбия процесине тартылған.

    Екинши модель ойын топарларының жумысына тийкарланады. Бул топарлар 3-7 жастағы балалар ушын "Дәслепки раўажланыў орайы"нда ашылды. Билимлендириў-тәрбия процеси "Дәлепки қәдем" мәмлекетлик оқыў бағдарламасына муўапық әмелге асырылып келинбекте. Бул процессте ата-аналар да ықтыярлы түрде қатнасыўы мүмкин. Ҳәр қыйлы жастағы балалардан ибарат ойын топарларындағы балалар 15 тен 20 ға шекем болыўы мүмкин. Бул топарларға 1032 ул-қыз қамтып алынған.

    Үшинши модель бойынша 3-6 жасқа шекемги балалары болған, айрықша билимлендириўге мүтәж шаңарақларға барылып, оларға мектепке шекемги билимлендириў хызметлери көрсетиледи. Ҳәзирги ўақытта бул модель бойынша 87 бала қамтып алынған. Билимлендириў-тәрбия процеси дефектолог, психолог, тәрбияшылар қатнасыўында балалардың үйинде өткерилмекте.

    - Бул жойбар тийкарында салмақлы жумыслар орынланбақта, - дейди Самарқанд ўәлаяты Тайлақ районындағы "Дәслепки раўажланыў орайы" координаторы Зарина Зоҳидова. - Тийкарынан мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алынбаған балаларды тартыў нәзерде тутылған. Таўлы ҳәм шетки, алыс аймақларда МШБ жумысын жолға қойыў аңсат емес. Гейде балалар санының жетиспеўшилиги, гейде болса халықтың шашыў жайласқанлығы себеп болыўы мүмкин. Жойбарды болса қәлеген аймақта әмелге асырыў мүмкин. Билимлендириў-тәрбия процеси пүткиллей бийпул ҳәм бул процесске ата-аналар да белсене тартылған. Биз жойбарды әмелге асырыў процесинде шаңарақлардың социаллық жағдайын да үйрендик. Ўәкиллигимизге кирмесе де, ата-аналарға жумысқа орналасыў, шаңарақтың материаллық тәмийнатын жақсылаў бойынша зәрүр мәсләҳәт ҳәм жәрдем берип атырмыз. Бул арқалы балалардың зәрүр билим алыўы ушын шараят жаратыў менен бирге шаңарақ абаданлығына да үлес қоспақшымыз.

    Бул жойбар арқалы баланың билим алыў ҳуқықын тәмийинлеў менен бирге оның жасы, индивидуал имканиятлары, қәбилетлери ҳәм талапларына сәйкес түрде физикалық, ақылый ҳәм руўхый раўажланыўы тәмийинленбекте.

    Айрықша билимлендириўге мүтәж балаларға индивидуал оқыў бағдарламалары, заманагөй инклюзив мектепке шекемги билимлендириў-тәрбия алыў имканиятын беретуғын қолайлы орталық жаратылған. Бул болса ул-қызларда шаңараққа, ўатанға муҳаббат, халқының миллий, тарийхый, мәдений қәдириятларына, қоршаған орталыққа ҳүрмет сезимин қәлиплестиреди. Қалаберсе, жойбар арқалы баланың социаллық бейимлесиўи ҳәм баслаўыш билимлендириўге таярлығы тәмийинленеди. Билимлендириў-тәрбия процесинде кишкене балаларға ҳәм ата-аналарға ҳәр тәреплеме жәрдем берилмекте.

    Айрықша билимлендириўге мүтәж болған балалардың шаңарақларына барғанымызда стрессли жағдайларға көп дус келгенбиз, - дейди Зарина Зоҳидова. — Материаллық-руўхый шаршаў ата-ананың пүткил көринисинде сезиледи. "Келиң, перзентиңизди бирге оқытайық, оның өзине тән қәбилети бар, талантын раўажландырайық", деп оларды руўхый қоллап-қуўатлаймыз. Педагоглар бала менен ислеў, қандай қатнас жасаў зәрүрлигин ата-аналарға үйретпекте. Ҳәрекетлеримиз бийкар кетпей атыр. Мектепке шыққан балалардың жетискенликлерин көрип қуўанып атырмыз. Көплеген балалар саламат теңлеслери қатарында улыўма орта билим бериў мектебине бармақта. Бул да бизиң табысымыз. Өз қабығына оралып, үйде қалып кеткен балалар бүгин оқыў, спортта теңлеслерине өрнек болмақта. Ментал арифметика, гимнастика бойынша чемпионларымыз бар. Ата-аналардың перзентлерине билдиретуғын исеними, қоллап-қуўатлаўы да бул процессте әҳмийетли орын ийелемекте. Бул жойбардың әҳмийети тек ғана тәлим-тәрбия емес, ал адамгершилик, социаллық көзқарастан да үлкен.

    Шынығыўлар бала саламатлығына унамлы тәсир көрсетеди. Билим алыў ҳәм ҳәрекетлениўге мүтәжлигин тәмийинлейди, дөретиўшилик қәбилетин қоллап-қуўатлайды.

    "Көшпели бақша" - ақыллы бақша

    Өткен жылларда елимиздиң көплеген аймақларына тәлим-тәрбия ушын барлық шараятқа ийе автобуслар "көшпели бақша" түринде қайта үскенеленген ҳалда жеткерип берилди. Мектепке шекемги билимлендириў системасы менен барлық баланы қамтып алыў ҳәм тең шараят жаратыў мақсетинде "Ақлвой" - мектепке шекемги билимлендириў мобил топарлары қәлиплестирилген. Мектепке шекемги билимлендириўдиң бул альтернатив инновациялық түри оқыў-тәрбия хызметлериниң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў имканиятын берди.

    - Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қурыў мүмкин болмаған алыс ҳәм шетки аймақлардағы 156 мәҳәлледе 72 автобус тийкарында мобил топарлардың жумысы жолға қойылды, - дейди Лола Бердиева. - Бул топарларға 9500 ге шамалас 3-6 жастағы балалар қамтып алынды. Автобусларда шөлкемлестирилген мобил топарларда "Дәлепки қәдем" оқыў бағдарламасы тийкарында мектепке шекемги билимлендириў-тәрбия берилмекте. Дидактикалық әдебиятлар, кино ҳәм көрсетиўлер тартымлы, кишкене балаларға руўхый азық беретуғын формада таярланған. Мақсет - ҳәр бир балаға мектепке шекемги билим алыў имканиятын жаратыў.

    Балалардың бақшаларда сапалы тәлим-тәрбиясы тек шараят ҳәм шынығыўлар менен байланыслы емес. Бунда маман педагоглардың орны әҳмийетли. Тараўға тәжирийбели қәниге ҳәм басқарыў кадрларын тартыў нәтийжесинде усы күнге шекем 300 мыңға шамалас жумыссыз ҳаялдың бәнтлиги тәмийинленди.

    Жаңа әўлад - жаңа күш

    2024-жыл 20-ноябрь күни мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде халықаралық финанс институтларының 61 миллион доллар қаржысы есабынан 2025-жылы 252 жаңа бақша қурылатуғынын атап өтти. Сондай-ақ, 174 бақша ҳәм 379 мектеп оңланады ҳәм жаңадан қурылады. Бул мақсет ушын бюджеттен 4 триллион сум ажыратылады.

    Тараўға зәрүр қаржы ажыратылмақта. Оқыў-тәрбия процесинде заманагөй билимлендириў бағдарламалары, алдынғы мәлимлеме ҳәм педагогикалық технологиялар енгизилмекте. Жаңа бақшалар қурылмақта, барлары оңланып, барлық шараят жаратылмақта. Мақсет бир - перзентлеримизди билимли, потенциаллы, физикалық ҳәм руўхый жетик етип тәрбиялаў. Бул илажлар бир күни нәтийжесин береди. Бүгин бақшаларда билим алып атырған зийрек, ақыллы, билимли, талантлы ул-қызлар ўақты келип мәмлекетимизди раўажландырыў ушын жәмийетимизге жаңаша күш болып қосылады.

    Рисолат МАДИЕВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы