Усы мәнисте бүгин естелик ҳәм бақлаўлар орайын жәмийетимиздеги мәнаўият, миллий контент мәселелерине бейимлестириў ўақты, деген жуўмаққа келдик. Себеби, бул оғада зәрүр ҳәм әҳмийетли теманың елеге шекем гөнермейтуғыны ҳәзирги ўақытта анық болып тур. Бул әдеўир кең көлемли тема, соның ушын Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң 2023-жыл 22-декабрьде Президентимиздиң басшылығында болып өткен кеңейтилген мәжилиси шеңберинде сөз ететуғын болсақ, пикиримизше, дурыс болады.
Руўхый мәртликтиң негизги көриниси
Тарийхый деп есапланған бул мәжилисте миллий идеяны, театр ҳәм кино көркем өнерин раўажландырыў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайларын, мәденият орайларын иске қосыў, ҳаял-қызлардың билим алыўы ҳәм кәсип-өнер ийелеўине итибарды күшейтиў ҳәм басқа да көплеген басламалар ортаға тасланып, бул бағдардағы кешиктирип болмайтуғын ўазыйпалар белгилеп алынған еди. Соның ушын, сол ўақытта атап өтилген көпшилик жумыслар бүгинги күнге келип әмелге асырылғанының гүўасы болып турмыз.
Мәмлекетимиз басшысы дүнья көлеминде раўажланыў пәтлери жедел түске енгенин, оғада қарама-қарсылықлы процесслердиң тәсири мәмлекетимизде де сезилип атырғанлығын атап өтип, "Тарийхтан белгили, Ўатан ҳәм халықтың тәғдирине болған қәўип-қәтерлер күшейген жағдайда әйне миллет пидайылары - ояў жүрекли зыялылар, шайыр ҳәм жазыўшылар, көркем өнер ғайраткерлери, мәнаўият ҳәм ағартыўшылық тараўы хызметкерлери мәртлик пенен майданға шықты. Мәмлекетимиз өз раўажланыўының жаңа, жоқары басқышына кирип атырған ҳәзирги ўақытта бизге жадид бабаларымыз сыяқлы Батыс илим жетискенликлери соның менен бирге, миллий қәдириятлар руўхында тәрбияланған жетик кадрлар суў менен ҳаўадай зәрүр", деп атап өтти.
Мәжилисте бир неше бағдарда әҳмийетли басламалар алға қойылған, ҳәр бир жуўапкер алдына анық ўазыйпалар қойылған ҳәм бул жумысларды әмелге асырыў ушын барлық зәрүр шараят ҳәм имканиятлар жаратып берилетуғыны мәлим етилген еди. Олардың айырымлары нелерден ибарат екенлигине және бир көз таслайық.
Бәринен бурын, руўхыйлық ҳәм мәденият тараўы ушын методикалық тийкар болып хызмет ететуғын миллий идеяны раўажландырыў бойынша өз алдына бағдарлама-ҳүжжет ислеп шығыў зәрүрлиги, зыялылар, нураныйлар, ҳаж ҳәм умраға барып келген ўатанласларымыз руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшысы болыўы, адамларды жақсылыққа баслаўы керек екенлиги айтылды.
Мәдений-ағартыўшылық тараўдағы жумысларда ҳәкимлердиң жуўапкершилиги арттырылатуғыны, район ҳәм қалаларда руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайлары иске қосылып, аймақлардағы 4 секторға қосымша түрде руўхыйлық секторы шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилди. Олар орынлардағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңеслериниң жумысшы структурасы сыпатында жумыс алып баратуғыны белгиленди.
Театр көркем өнерин раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығылып, онда ең жақсы пьесалар ушын дөретиўшилик буйыртпа бериў, дөретиўши ҳәм жәрдемши хызметкерлердиң сырт ел театрларында шеберлигин арттырыў, жас режиссёрларды қоллап-қуўатлаў ушын Маннон Уйғур атындағы сыйлықты шөлкемлестириў сыяқлылар нәзерде тутылды. Кәрхана ҳәм мәкемелерде айдың бир сәнеси "Театр күни" деп белгиленип, хызметкерлердиң театрларға барыўын жолға қойыў усыныс етилди.
Ҳәр бир районда сахна залы, китапхана, кинозал ҳәм дөгерек ханалары болған биреўден мәденият орайының жумысы жолға қойылатуғыны, орынлардағы 600 ден аслам көркем ҳәўескерлик жәмәәтиниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў бойынша бағдарлама қабыл етилип, оған 100 миллиард сум қаратылатуғыны атап өтилди.
Мақам ҳәм бақсышылық көркем өнерин илимий тийкарда үйрениў ҳәм раўажландырыў күшейтилип, мақам, үлкен қосық, бақсышылық, атлас ҳәм адрас, гүлалшылық ҳәм зергерлик сыяқлы дәстүрлерди даўам еттиретуғын мектеплер жаратылады.
"Музыка ҳәм аяқ ойын көркем өнериниң раўажланыўы қоллап-қуўатланады. Белгили қосық ҳәм аяқ ойын ансамбллериниң сырт елге гастроль сапарлары көбейтиледи. Музыка ҳәм аяқ ойын көркем өнери мәселелерин илимий үйрениў, тараўда илимий кадрларды көбейтиў мақсетинде илимий изертлеўлер ушын грантлар енгизиледи. Сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик цирки имараты оңлаўдан шығарылады", деп атап өтилди.
Халықаралық майданда өзбек мәдений дипломатиясын кеңейтиў, Ташкентте жәҳән креатив экономикасына бағышланған конференция, Нөкисте болса "Арал мәденияты" халықаралық илимий әнжуманын өткериў, музейлер жумысын жетилистириў бойынша жети жыллық бағдарлама қабыл етиў, Тарийх ҳәм Көркем өнер музейиниң жаңа имаратларын қурыў, Темурийлер тарийхы ҳәм Тәбият музейлериниң экспозициясын жаңалаў, Әлийшер Наўайы атындағы Әдебият музейин капитал оңлаў ўазыйпалары белгиленди.
Кино тараўын раўажландырыў мақсетинде "Тири тарийх" сериясында ўатанымыздың даңқлы өтмишине бағышланған фильмлер жаратыў бағдарламасы ислеп шығылыўы, оған сырт елли дөретиўшилер, кинокомпаниялар ҳәм инвесторлар да тартылыўы, сондай-ақ, балалар ушын уллы ата-бабаларымыздың ибратлы өмир жолы ҳаққында көп бөлимли анимациялық фильмлер жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарлама қабыл етиў, Жас художниклер орайын шөлкемлестириў, каллиграфия ҳәм миниатюра көркем өнери тәлимин әмелият пенен байланыстырыў мақсетинде миллий усылда қағаз таярлаў устаханасы жумысын жолға қойыў зәрүр екенлигине айрықша тоқтап өтилди.
Буннан тысқары, басқа тиллерде билим алған ўатанласларымызды мәмлекетлик тилди үйрениўге хошаметлеў илажларының көрилиўи, басқа тиллерге қәнигелескен мектеплерде мәмлекетлик тилди оқытыў саатларының көбейтилиўи, өзбек тили бойынша халықаралық пән олимпиадасын шөлкемлестириў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў сыяқлы ўазыйпалардың орынланыўы ушын жуўапкерлердиң жуўапкершилиги арттырылды. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен дөретиўшилик буйыртпалар, автор ҳәм аўдармашыларға қәлем ҳақы көбейтилиўи, баспа ҳәм полиграфия кәрханаларының финанслық имканиятларын кеңейтиў мақсетинде 5 жылға салықлардан азат етиў, аўдарма көркем өнерин мүнәсип хошаметлеў ушын Огаҳий атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириў басламалары алға қойылды.
Әлем жаратылғанлы берли, ағартыўшылық ҳәм жаўызлық бирге жүреди. Бири дүньяны, инсаният турмысын абаданлыққа алып барады, екиншиси булардың ҳәммесин жоқ етеди. Бүгин қәўипли ҳәм тыныш емес әсиримиз қайсы бир мәнисте илимий ағартыўшылыққа мүтәжлик сезбекте. Раўажланыўдың шоққысына шықтық, деп айтылып атырған ҳәзирги ўақытта да жер жүзиниң көплеген ноқатларында урыс жалыны жанбақта. Рассалық, миллетшилик, диний радикализм, дүньяға ийелик етиў ойы барлар тез-тез өзиниң бар екенлигин билдирмекте.
Бундай қәўипли заманда дурыс жолды табыў, мәмлекет ҳәм халықтың абаданлығын ойлап, рәҳәт-қуўаныштан ўаз кешиў, инсанға мүнәсип турмысты пайда етиў ҳәм бул жолда адамларды изине ертиў адамнан үлкен жуўапкершилик, билим ҳәм пидайылық талап етеди. Мәмлекетимиз басшысы бүгин мине усындай пазыйлетлерге ийе инсан сыпатында өзиниң руўхый мәртлиги менен дүнья жәмийетшилигине үлги болмақта.
Жоқарыда көпшилик жумыслар бүгинги күнге келип басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырғаны ҳаққында айтып өткен едик. Олар нелерде пайда болыўы ҳәм болыўы ҳаққында айырым мысалларға мүрәжат етемиз.
Руўхый ояў илим, билимлендириў арқалы тәмийинленеди. 2024-жылдан Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының жумысы жетилистирилип, орайдың структурасы қайта тастыйықланды. Оған бола, орайдың жумысының 40 проценти санлы үгит-нәсиятлаўға, 30 проценти методикалық тәмийнатқа ҳәм 30 проценти дәстүрий үгит-нәсиятлаў жумысларына қаратылды.
Жаңа Өзбекстан раўажланыўының ҳәзирги раўажланыў басқышында руўхый үгит-нәсиятлаў жумысларын заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў мақсетинде орай жанында Санлы үгит-нәсиятлаў лабораториясы ҳәм “Jalinga” интерактив студиясы ашылды.
Илимпазлар ҳәм дөретиўшилер менен биргеликте халқымыздың миллий мақтанышын жоқарылатыў ҳәм ўатансүйиўшилик сезимин арттырыўға байланыслы медиа өнимлер, видеосабақлар, методикалық қолланбалар, подкастлар, авторлық көрсетиўлер, рилслер, аудио ҳәм видеороликлер таярлаў бойынша бирге ислесиў жолға қойылды.
Елимиз бойынша руўхый-ағартыўшылық жумыслар менен шуғылланыўшы 31 мың 482 руўхыйлық тараўының ўәкили қурамы қәлиплестирилди ҳәм олардың жумысын системалы мониторинг етиў мақсетинде “KPI.UZ” санлы платформа жойбары ислеп шығылды.
Жәмийетте социаллық белсенди пуқараны қәлиплестириўге жәрдемлесиў мақсетинде "Социаллық белсенди пуқараны қәлиплестириў" концепциясы жойбары ислеп шығылды. Халықтың ҳәр қыйлы қатламлары менен руўхый тәрбия жумысларын системалы шөлкемлестириў мақсетинде 3 жас категориясындағы жағдай талланды.
Үлкен жастағы әўлад ўәкиллери ҳәм орта жастағы әўлад ўәкиллерине салыстырғанда киши жастағы әўлад ўәкиллери ўақтының 73 процентин социаллық тармақларға жумсаўы анықланған. Орай өз жумысын усы жастағы санлы әўлад ўәкиллери менен системалы ислесиўге қаратып, бул бойынша айрықша үгит-нәсиятлаўдың заманагөй технологиялары енгизилмекте. Интернет тармағында миллий контенттеги медиа өнимлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўға итибар қаратылмақта.
Сурхандәрья ўәлаятында тәжирийбе-сынақ тийкарында "Руўхыйлық секторы" шөлкемлестирилди. Аймақларда "Мәдений қорғаў" жойбары енгизилип, "қызыл" категорияға түскен мәҳәллелер ҳәм социаллық-руўхый қорғаўға мүтәж шаңарақлар менен ислесиў системасы жаратылды.
Ҳаж зыяратында қатнасып қайтқан 15 мың ҳажы менен биргеликте жаслардың тәрбиясында ўатанды сүйиў, ўатансүйиўшилик, шүкиршилик, шаңарақларда саламат руўхый орталықты қәлиплестириў, муқаддес ислам дининиң инсаныйлық идеялары ҳәм миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаўға қаратылған руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасы ислеп шығылды.
Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы алдынан мәмлекетимиз бойлап "Руўхыйлық фестивалы" илажлары көтериңки руўхта шөлкемлестирилип, оған көркем өнер ҳәм мәденият тараўының ўәкиллери, илимпазлар, зыялылар, шайыр-жазыўшылар, киноактёрлар ҳәм нураний ҳажжылар қатнастырылды. Сондай-ақ, "Түркстан" көркем өнер сарайында әскерлер ҳәм жаслардың қатнасыўында "Ўатан мәнзуми" әдебий-ағартыўшылық кешеси шөлкемлестирилди.
2024-жыл 4-июньде Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Көркем аўдарма тараўында Муҳаммад Ризо Огаҳий атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириў ҳаққында"ғы қарары жәрияланды.
Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 16-май күни Киношыилар үйине сапары ўақтында "Тири тарийх" сериялы фильмлердиң презентациясы болып өткен еди. Жойбар "Кинематография тараўын буннан былай да раўажландырыў ҳәм мәмлекетимиз тарийхына бағышланған фильмлер сериясын жаратыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарар менен жоқары пәрўазын баслады. "Тири тарийх" фильмлер сериясын жаратыў бағдарламасы тастыйықланды ҳәм 54 тарийхый фильм ислеп шығарыў белгиленди.
Кең көлемли жумыслардың барлығын бир мақалада айтып өтиўдиң имканияты жоқ. Көринип турғанындай, бул бүгин дүньяда, әтирапымызда жүзеге келген қәўипли жағдай, айрықша қарама-қарсылықлар, руўхый әдепсизлик, зорлықлардан айрықша жуўмақ шығарыў керек екенлигине, елимизде руўхый раўажланыўдың жаңа дәўири басланғанына, мәнаўиятты раўажланыўдың оқ тамыры деп белгилеп алғанымызға ишарат болды. Тәкирар болса да, айтамыз: буны мәмлекетимиз басшысының "Бизиң еки оқ тамырымыз, еки таяныш үстинимиз бар: бири - экономика, бири - мәнаўият. Руўхый уллы халық - экономикалық жақтан да уллы болады", деген сөзиниң әмелий дәлили сыпатында қабылласак, қәтелеспеген боламыз.
Миллий контент - миллий өзлигимиз дегени
Француз ойшылы Антуан де Сент-Экзюперидиң "Егер адам өзин жақсы билсе, соның өзи оның данышпанлығын көрсетеди", деген сөзи бар. Хош, биз өзимизди жақсы билемиз бе? Бүгинги глобалласыў шараятында түрли геосиясий келиспеўшиликлер, қураллы соқлығысыўлар, мәмлекетлераралық келиспеўшиликлер көбейиўи менен бирге мәлимлеме ҳүжимлери де кең көриниске ийе болмақта. Бул болса өзлигимизге тиккелей қәўип болып есапланады. Буннан тысқары, бул ҳүжим барған сайын заманымыздың шын мәнисиндеги қүдиретли қуралына айланбақта.
Инсан санасы ҳәм қәлбин ийелеў, оған өз ҳүкимин өткериў, мәнаўиятынан, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларынан айырыўға қаратылған мәлимлеме ҳүжимлери көринбес қәсийетке ийе. Сонлықтан, оған қарсы миллий мәлимлеме иммунитетин қәлиплестириў, мәлимлеме майданында бәсекиге шыдамлы миллий контент жаратыў мәселеси әҳмийетли болып бармақта.
"Бүгинги күнде социаллық тармақлар арқалы тийкарынан сырттан, гейде ҳәттеки елимиздиң өзинде де Конституция ҳәм нызамларымызға қайшы позициялар алға қойылмақта. Айырым топарлар арасында диний көзқарасларды Конституция ҳәм нызамларымызға қарсы ҳәм олардан үстин қойыў жағдайлары күшеймекте. Диний исеним нықабы астында жасларды ағартыўшылыққа емес, жаўызлыққа шақырып атырған адамлар пайда болмақта", деген еди Президентимиз Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң бир жыл алдын өткерилген мәжилисинде.
Мәмлекетимиз басшысы Қәўипсизлик кеңесиниң 2024-жыл 12-январьдағы кеңейтилген мәжилисинде де бул мәселеге айрықша итибар қаратып, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы мүнәсип гүресиў ушын, бәринен бурын, мәлимлеме мәканында миллий коньтент жаратыў зәрүрлиги, дүнядағы ўақыяларға миллий мәплер көзқарасынан баҳа бериў зәрүрлиги, болмаса сырттан түрли мәлимлеме ҳүжимлериниң кирип келиўине имканият жаратылып берилиўи, жаңалық ҳәм информацияға мүтәжликлердиң басқалар тәрепинен толтырылыўына себеп болатуғын унамсыз ақыбетлерден сергек болыўға шақырды.
Бүгинги мәлимлеме мәканында қандай машқалалар бар, өзбек миллий контентин жаратыўда сырт ел тәжирийбесиниң қайсы тәреплерине итибар қаратыў керек, сырт ел интернет бетлеринде өзбек миллий контентин қалай сәўлелендириў мүмкин? Бундай мәселелер миллий контент жаратыўға системалы ҳәм көп тәреплеме қатнас жасаў жуўапкершилигин талап етеди. Ҳақыйқатында да, бул ҳәзирги дәўирдиң тийкарғы талабы ҳәм шәрти болып табылады. Сол себепли, бул тема миллий медиа мәканымызда көп додаланбақта, ҳәр қыйлы пикирлер билдирилмекте. Филология илимлери докторы Нозима Муротованың атап өтиўинше, миллий контент өзин-өзи билдириў, тарқатыў, маркетинг яки басып шығарыў ушын сөйлеў, жазыў ямаса ҳәр қыйлы көркем өнер түрлери сыяқлы қандай да бир қурал арқалы көрсетилиўи керек болған мәлимлеме қуралы болып есапланады.
"Бул бағдарда бир неше тәрепти парықлай билиўимиз керек. Контент сиясий, руўхый-ағартыўшылық, социаллық, билимлендириўге тийисли ямаса кеўил ашар темаларда болыўы мүмкин. Себеби, инсан санасы ҳәм көзқарасына жат идеялар ҳәр қыйлы мәлимлемелер арқалы сиңдириледи ҳәм бул процессте "жумсақ күш"ти сәўлелендиретуғын жоқарыда санап өтилген ҳәр бир бағдардың өз орны бар", дейди қәниге.
Экспертлер бул бағдарда мәмлекетимизде үлкен потенциал бар екенин, ҳәр қыйлы тараўларға қәнигелескен газета, теле ҳәм радиоканаллар, жергиликли басылымлар ҳәм мәмлекетлик емес ғалаба хабар қуралларын бүгинги күн талабы ҳәм халқымыздың талабына сай миллий контент пенен толықтырыў зәрүр екенлигин атап өтеди. Бул ўазыйпаларды толық орынлаў ушын көп жыллық жумыс тәжирийбесине ийе, маман журналистлер қатарында жас дөретиўшилерди де табыў ҳәм процесске кеңирек тартыў зәрүр.
Күтилген мақсетлерге ерисиўде интернет басылымлары ҳәм социаллық тармақлар имканиятынан да нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли. Себеби, бүгин дүнья халқының 60 проценттен асламы усы дәреклерден пайдаланады. Демек, адамзат қайсы мәлимлеме мәканында жасап атырған болса, информацияны адамларға жеткериўде сол қураллардан өнимли пайдаланыў әҳмийетли.
Дүнья күннен-күнге кеңейип баратырған дүнья жүзилик өзгерислер дәўиринде жасамақта. Бул өткен әсирде барлық континентлерди қамтып алған илимий-техникалық раўажланыў нәтийжеси болып есапланады. Экономикалық, сиясий ҳәм социаллық турмыста ерисилген ҳәм глобалласыў аты менен белгили болған жетискенликлер әне усы раўажланыў менен байланыслы. Бирақ турмыста ҳәр бир нәрсениң унамлы және унамсыз тәрепи болғаны сыяқлы, глобалласыў да буннан жырақ емес.
- Күнделикли турмысымыздың тийкарғы бөлегине айланып баратырған интернет ҳәм оннан келип атырған зыянлы мағлыўматлар миллий өзлигимизге шек қойыўына пүткиллей жол қойып болмайды, - дейди сиясий пәнлер бойынша философия докторы Сухроб Буронов. - Бүгинги мәлимлеме майданында миллий контенттиң жоқ болыўы миллий өзликтиң жоғалыўы сыпатында баҳаланыўы шәрт ҳәм зәрүр. Сол себепли, мәлимлеме ҳүжими кең раўажланып атырған аймақта тек ғана бәсекиге шыдамлы миллий контентти жаратыў ҳәм ол арқалы мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў зәрүр емес, ал оны сырт ел мәлимлеме ресурсларында да турақлы сәўлелендириў ўазыйпасы дәўиримиздиң кешиктирип болмайтуғын талабы болып есапланады.
Демек, миллий контентимизге итибар бермесек, миллий мәлимлеме мәканымызға сырт ел ҒХҚлары ҳәм олардағы мәлимлемелердиң кирип келиўине және де кеңирек имканият жаратып берген боламыз. Миллий мәлимлеме мәканымыз сырттан кирип келген мәлимлеме менен толып кеткенинде, бул жағдай миллий контент раўажланыўының тоқтап қалыўына алып келеди, бул болса, өз гезегинде, миллий контенттиң жоғалыўына себеп болады. Миллий контентимиздиң жоғалыўы болса ақырында миллий өзлигимиздиң жоғалыўына алып келиўи сөзсиз.
Мақала басында жазыўшыны жазыўшы еткен оның бақлаўлары деген теңлемени журналистлерге де салыстырған едик. Жәмийет раўажланыўына бийпәрўа болмаған, процесслердиң ишинде болыўды шын кеўилден қәлеўши қәлем ийеси сыпатында айтыўымыз керек, жоқарыдағы баслама ҳәм усыныслар арзыў-нийетлеримиз аспанындағы қуяш сыяқлы жарқырап тур. Оның тәсиринен нур алып, мақсетлеримиздиң орынланыўына әлбетте ерисемиз.
Нодир МАҲМУДОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы