Ағартыўшы жәмийеттиң тийкарғы тырнағы мектеп, оның сүйениши муғаллим

    Соңғы жылларда мәмлекетимиз басшысының "Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады" деген ийгиликли идея тийкарында мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўы және педагог кадрлар таярлаў системасын халықаралық стандарт ҳәм заманагөй талаплар тийкарында шөлкемлестириў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

    Бул реформаларды бир ғана Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университети мысалында көретуғын болсақ, 2015-2016 оқыў жылы ақырында дерлик жабылып атырған жоқары оқыў орны сол дәўирде мәмлекет Бас министри болып ислеген Шавкат Мирзиёев тәрепинен үлкен қыйыншылықлар есабынан сақлап қалынды. Бул дәргай кейин ала әйне мәмлекетимиз басшысының системалы ҳәм тиккелей итибары нәтийжесинде республикамызда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўине педагог кадрлар таярлайтуғын ең ири жоқары оқыў орнына айланып, билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў бойынша жетекши жоқары билимлендириў мәкемеси етип белгиленди.

    Мәмлекетимиз басшысы президентлик ўазыйпасына кирискен дәслепки күнлерден-ақ Өзбекстанды илимсиз, билимлендириў ҳәм тәрбиясыз раўажландырып болмайтуғынын, барлық тараў ҳәм тармақларда белгиленетуғын үлкен мақсетлерди әмелге асырыў ҳәм раўажланыўды даўам еттириў жас әўладтың билим ҳәм ой-пикирине, тәрбиясына, ўатансүйиўшилигине тиккелей байланыслы екенин, соның ушын да жаңа Өзбекстанның биринши тийкары сыпатында оқытыўшыларды көриўи, жоқары педагогикалық билимлендириўди өзгерттирместен мектеп билимлендириўин өзгертиў мүмкин емеслигин атап өтти, оқытыўшыларды жаңа методикаларға оқытыў системасы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетинен басланыўы керек, деген идея алға қойылды.

    2022-жылы мине усы жоқары исенимниң әмелий тастыйығы сыпатында мәмлекетимиз басшысының "Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университетиниң жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилип, университет халықаралық талапларға муўапық трансформацияланатуғыны белгиленди. Алты бағдардағы 26 бир пүтин ўазыйпаны өз ишине алған комплексли раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланды. Қарар менен оғада әҳмийетли ҳәм өз-ара байланыслы үш ўазыйпа: заманагөй билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў, жоқары маманлықтағы профессионал кадрлар таярлаўды жаңа басқышқа көтериў, педагогика тараўында билимлендириў, илим ҳәм әмелияттың үйлесиклигин тәмийинлеў мәселелерин нәтийжели шешиў бойынша анық илажлар белгиленди.

    2024-жыл 3-апрель күни Жаңа Ташкент қаласында дәслепки имаратлардың қурылысына бағышланған илажда Президентимиз бул үлкен жойбардың қурылысы илим ҳәм билимлендириў орынларынан басланып атырғанына айрықша итибар берип, булар ағартыўшы жәмийет қурыў идеясының тийкары ҳәм үлгиси болады, деген еди.

    Ағартыўшы жәмийеттиң тийкарғы тырнағы мектеп болса, муғаллим оның сүйениши екенин атап өтип, Жаңа Ташкент қаласының қурылысында бириншилер қатарында Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң жаңа кампуси қурылатуғынын билдирди. Жоқары рейтингли сырт ел жоқары оқыў орынларының тәжирийбеси тийкарында "бақша - мектеп - университет" пүтинлигиндеги инновациялық педагогикалық кластер жумысын жолға қойыў мақсетинде кампус 20 мың студентке мөлшерленген оқыў имаратлары, 5 мың орынлық жатақхана, 300 орынлық бақша, 616 орынлық мектеп, 588 орынлық академиялық лицей, сондай-ақ, заманагөй спорт комплекси, мәденият сарайы, амфитеатр ҳәм басқа да объектлерди өз ишине алады.

    Мәмлекетимиз басшысы 2024-жыл 28-декабрь күни Жаңа Ташкент жойбарының қурылысын көзден өткериў даўамында университет ушын қурылып атырған имаратларды барып көрди. "Мен алдын айтқанымдай, бизиң еки оқ тамырымыз, еки таянышымыз бар: бири - экономика болса, екиншиси - мәнаўият. Руўхый жақтан уллы халық - экономикалық жақтан да уллы болады. Билимли жаслар ата-бабаларымызға мүнәсип кең пикирли, миллий мақтанышлы, жетик инсанлар болады. Соның ушын жаңа қаламызды қурыўды ағартыўшылық орынларынан баслап атырмыз. Олар жүз жылға татыйтуғын мәнаўият, ағартыўшылық, илим ошағы болыўы керек", деди.

    Сондай-ақ, тек ғана университет имараты жаңа болмаўы, соған сәйкес түрде билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилиги де жаңа ҳәм жоқары болыўы, мектеплерге нур, билим алып келетуғын жасларды тәрбиялаўы керек екенлигине айрықша итибар қаратылды.

    Қурылып атырған комплексте педагог ҳәм студентлер ушын ең заманагөй қолайлықлар таярланыўы, билимлендириў мазмуны, оқыў процесин шөлкемлестириўде дүньяның ең абырайлы жоқары оқыў орынларының тәжирийбелерин енгизиў зәрүрлиги, оқыў процесин заманагөй басқарыў тийкарында шөлкемлестирилиўи, дуал билимлендириў жолға қойылыўы есабынан оқыў ҳәм әмелият сыпатында өсиў болыўы зәрүрлиги атап өтилди.

    Сондай-ақ, сырт ел тәжирийбесин үйрениў ушын ҳәзирден университет профессор-оқытыўшылары ҳәм оқыў процесине жуўапкер хызметкерлерди сырт елге тәжирийбе үйрениў ушын жибериў, имаратларды үскенелеўде нелерге итибар бериў керек екенлиги бойынша анық усыныслар менен көрсетпелер берилди.

    Мәмлекетимиз басшысы комплекстиң келешектеги әҳмийетине тоқтап, жаңа имаратлар тек ғана саўлаты менен ажыралып турыўы емес, ал илим ҳәм мәнаўият бөлисиўде алдында болыўы керек екенлиги айрықша атап өтилди. Жаңа имканиятларға ийе имаратты басқарыўда илимий-инновациялық тийкарларға сүйенип қатнасыў керек екенлиги, соннан келип шығып, оқыў усыллары, аудитория фондын жүргизиў жетик болыўы, оқыў процесин ақылға уғрас шөлкемлестириў бойынша зәрүр тапсырмалар берилди.

    Президентимиздиң университетимизге бундай итибары ҳәм ғамқорлығы, өз гезегинде, көп санлы мийнет жәмәәтимизге оғада үлкен жуўапкершилик жүклейди. Исендирип айтаман, жәмәәтимиз бул жуўапкершиликти ҳәм исенимди әлбетте ақлайды.

    Абдугаффор ҚИРҒИЗБОЕВ,

    Низамий атындағы ТМПУ ректоры

    * * *

    70 ЖЫЛДАН АСЛАМ ЎАҚЫТ БИРГЕ, ЖАНЫНДА

    Муҳаммед Хорезмий, Ахмед Ферғаний, Абу Райхан Беруний, Мырза Улығбек сыяқлы уллы бабаларымыз қалдырған бай илимий мийрас елеге шекем дүнья илиминиң раўажланыўында беккем тийкар болып хызмет етпекте. Әсирлер өтсе де, атлары ҳүрмет пенен тилге алынатуғын уллы ойшыллар қутлы жеримизде жетисип шыққаны илимге, билимге ҳәм ағартыўшылыққа умтылыў қанымызда бар екениниң белгиси болып есапланады.

    Уллылар әўладының пикирлеў күши, дөретиўшилик күш-қүдирети ҳеш қашан сөнбеген. Илим тилеги менен жанған жүреклер көп болған. Бирақ, имканият ҳәм шараят, өзин көрсетиўи ушын майдан жетерли емес еди.

    Мәмлекетимиз басшысы президентлик жумысының дәслепки күнлеринде илимди жаңа басқышқа көтериў күн тәртибиндеги мәселелерден бири екенин атап өтти. 2016-жыл 30-декабрь күни мәмлекетимиздиң жетекши илим ғайраткерлери менен ушырасыўдан соң бизлерде илимимиздиң келешегине үмит оятқан, бир ўақытлары итибарсыз қалдырылған тараўдың раўажланыўына исеним пайда болған еди. Арадан 7-8 жыл өтип, әмелиятта бул үмитлер күтилгенинен де көбирек ҳәм жоқары дәрежеде жүзеге шығып атырғанының гүўасы болып турмыз. Илимлер академиясы институтларының тикленгени, жаңа жоқары билимлендириў мәкемелери, сырт ел университетлериниң филиалларының ашылғаны, академиклердиң жумысы ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғаны пикиримизди дәлиллейди.

    Илим ҳәм миллий раўажланыў - улыўма түсиник. Қалаберсе, жәмийет алдында турған әҳмийетли мәселелерди илимсиз шешиў, раўажланыўды онысыз көз алдымызға келтириў мүмкин емес. Үшинши Ренессанс әрманындамыз. Бүгин елимизде оған зәрүр тырнақ қойылмақта. Алдынғы билимлендириў системасын жаратыў идеясы алға қойылды. Бул үлкен мақсетлерге ерисиўде педагог кадрлар таярланатуғын жоқары оқыў орынларын ҳәм материаллық, ҳәм мазмун жағынан қоллап-қуўатлаў үлкен әҳмийетке ийе.

    Өмирим 1952-жылдан баслап Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университети менен тығыз байланыслы. Усы жоқары оқыў орнында жетик устазлардың итибарына түсип, тарийх ҳәм археология пәнлери бойынша көплеген илимий ҳәм педагогикалық жетискенликлерге еристик. Студентлик дәўиринен баслап ҳәзирги күнге шекем университет турмысында жүз берген барлық тарийхый ўақыялардың гүўасы ҳәм көпшилигиниң тиккелей қатнасыўшысыман.

    Буннан 9 жыл бурын, университеттиң тийкарғы имаратлары Ташкент қаласының Яккасарай районы аймағынан ҳәзирги Чиланзар районындағы мәнзилге көширилген.

    Усы күнге шекем университет студентлери Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятының жәми 7 аймағында жайласқан оқыў имаратларында билим алып келмекте. Ҳәттеки, ең узақ аймақ тийкарғы имараттан 47 километр узақлықта - Ташкент ўәлаятының Ҳасанбой аўылында жайласқан. Имаратлардың көпшилиги гөнерген. Бул болса, өз гезегинде, билимлендириўдиң сапасы, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер ушын үлкен қолайсызлықлар туўдыратуғын еди.

    Өткен 2024-жылды университет тарийхына алтын ҳәриплер менен айтып өтиўге арзыйды. Себеби, мәмлекетимиз басшысының жанкүйерлиги ҳәм итибары нәтийжесинде университет ушын бирден-бир ҳәм бир пүтин мәнзилде заманагөй кампус түринде имаратлар қурылысы ушын орын ажыратылды. Бундай заманагөй кампус қурылысы бирде-бир жоқары оқыў орны тарийхында болмағанына исенемен. Әсиресе, педагог кластерин жаратыў мақсетинде кампус аймағында бақша, мектеп, академиялық лицей биргеликте қурылыўы биринши мәрте бақланған жағдай болды.

    Университетимизге билдирилген бул жоқары исеним көп мың санлы жәмәәтимиз тәрепинен үлкен қуўаныш ҳәм жоқары жуўапкершилик, күшли күш-ғайрат ҳәм шексиз мақтаныш пенен қабыл етилди. Себеби, оқыў имаратлары тарқалған аймақларда жайласқан, оқыў орынлары ҳәм студентлер турақ жайлары ушын күшли мүтәжликке ийе болған университет ушын бул жаңалық шын мәнисиндеги арзыў-нийетлердиң әмелге асатуғыны десек, ҳеш қандай асыра айтқан болмайды.

    Аҳмадали АСҚАРОВ,

    академик, Өзбекстанда хызмет көрсеткен илим ғайраткери

    * * *

    ЖОҚАРЫ ИТИБАР ҲӘМ ИСЕНИМ – БИЗГЕ ҮЛКЕН ЖУЎАПКЕРШИЛИК ЖҮКЛЕЙДИ

    Ҳәр бир әўлад өзинен кейинги әўладтың және де илимли болыўы ҳаққында ғамхор болыўы - бул оның инсаныйлық ўазыйпасы есапланады. Президентимиздиң "Илим ҳәм излениў болмаған жерде ҳеш қандай раўажланыў, өсиў ҳәм улыўма, бирде-бир тараўда келешек болмайды", деген сөзлери тийкарында усы ҳақыйқат жәмленген.

    Әне соның ушын да Президентимиз мәмлекет инвестициясының салмақлы бөлегин билимлендириў тараўына ажыратпақта. Билимлендириў ҳәм тәрбияны реформалардың шешиўши күши сыпатында қаралыўы жақын келешекте мәмлекетимиздиң технологиялық раўажланыўы, елимизде жаңадан-жаңа ойлап табыўлардың ашылыўына тийкар болатуғыны сөзсиз.

    Тарийхый қайсы жәмийетте илимниң раўажланыўына айрықша итибар қаратылса, сол жерде маман қәнигелер жетисип шығады ҳәм олар арқалы раўажланыўға ерисиледи. Бул дәлил талап етпейтуғын турмыслық ҳақыйқат. Адамзат әсирлер даўамында буған көп мәрте гүўа болған.

    Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўин раўажландырыў, бәринен бурын, заманагөй пикирлейтуғын, креатив ҳәм интакер педагог кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан реформалаўды талап етеди. Соның ушын да жоқары педагогикалық билимлендириў системасында да реформалар избе-из даўам еттирилмекте.

    1964-жылы Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университетине (сол дәўирде институт) оқыўға келген болсам, үзликсиз түрде тек усы дәргайда мийнет еттим. Әпиўайы ассистент оқытыўшыдан профессорлыққа шекемги қыйын илимий-педагогикалық жолды басып өттим. Көп жыллар усы жоқары оқыў орнында факультет деканы, кәсиплик аўқамының баслығы сыяқлы лаўазымларда иследим.

    Педагогикалық ҳәм басшылық жумысымда ҳеш қашан студент-жаслардың билим алыўы ушын бүгинги күндегидей мүнәсип шараят жаратылмағанын, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимпазлардың мийнети ҳеш қашан ҳәзирги дәрежеде қәдирленбегенин жәмәәтимиздеги жасларға бәрқулла айтаман.

    Әсиресе, келеси жылы 90 жыллық юбилейин белгилеўге таярлық көрилип атырған университетимиз ушын дүньяның жетекши жоқары оқыў орынларының үлгисиндеги бақша - мектеп - жоқары оқыў орны түриндеги заманагөй кампусқа ийе болыў мүнәсип саўға болады, деп мақтаныш пенен айта аламыз.

    Жоқары итибар ҳәм исеним жоқары билим ҳәм маманлыққа ийе жетик педагог кадрларды жетистириўде университет жәмәәтине қайтпас күш ҳәм ғайрат бағышлайды. Соның менен бирге, өзимизге үлкен ўазыйпа ҳәм жуўапкершиликти де жүклейди. Усы мәнисте, мәмлекетимиз басшысының исенимине ылайық болыў жолында көмекши болып, шын кеўилден мийнет етиў университет хызметкерлери ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз болып есапланады.

    Маматсали МАДИРИМОВ,

    профессор, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен халық билимлендириў хызметкери

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates