Қәнигелигиниң мамны болған муғаллим сабақ өтиў процесинде де, оқыўдан тысқары дөгерек шынығыўларында да саатлап шуғылланыўдан, оқыўшылардың қызығыўшылығы шеңберинде қосымша әдебиятлар тийкарында шынығыў өткериўден ҳеш қашан шаршамайды. Балаларды қызықтырған темалар бойынша рефератлар, илимий-теориялық ҳәм методикалық баянатлар таярлаў, оларды әмелде қолланыў арқалы оқыўшылардың билимлерин байытып барыў, талант ҳәм қәбилетин раўажландырыў Азизаның турақлы жуўапкершиликли жумысына айланған.
Тәбиятынан умтылыўшы ҳәм излениўши, бәрқулла инновациялық усыл ҳәм идеялардан пайдаланған ҳалда сабақ өтиўи себепли оқыўшылары арасында ана тили ҳәм әдебияты пәнине муҳаббат қойған жаслар көп. Усы оқыў жылында пән олимпиадасының районлық басқышында 9-класс оқыўшысы Севинч Каримова биринши, 11-класс оқыўшысы Шодиёна Жабборбергенова 2-орынды ийелеп, беллесиўдиң гезектеги басқышына жоллама алды.
Оқыўшылары ҳәр қыйлы таңлаўлар, пән олимпиадаларында жетискенликлерге ерисип атырған мектеплер ҳаққында көпшилик "Бул мектеп қалада ямаса район орайында жайласқан, оларда имканият көп", деп пикир билдиреди. Негизинде табыслардың сыры билимлендириў мәкемесиниң мәнзил-мәканында емес, ал жәмәәттиң татыўлығы ҳәм заман менен үнлеслигинде. Биз сөз етип атырған Азиза Холмурадова Әмиўдәрья районындағы 18-мектепте сабақ береди.
Район орайынан 14 шақырым узақлықта, Қыпшақ аўылы аймағында жайласқан бул билимлендириў мәкемеси 1990-жылы қурылған. 2022-жылы ағымда оңланған. 600 орынлық мектепте ҳәзирги ўақытта 560 тан аслам бала тәлим-тәрбия алмақта.
- Мектебимизде пән дөгереклери жақсы жолға қойылған. Атап айтқанда, оқыўшыларымыз инглис тилинде еркин сөйлесе алады. Шебер оқытыўшылар Дилафруз Тураева ҳәм Дилфуза Ортиқбаева басшылығындағы инглис тили дөгерегиниң ағзалары киши гүрриң ҳәм қосықларды өзбек тилинен инглис тилине, инглис тилинен өзбек ҳәм қарақалпақ тиллерине ҳеш қандай қыйыншылықсыз аўдарып береди, - дейди инглис тили муғаллими Санат Жумамуратов. - Сондай-ақ, халықаралық дәрежедеги С1 сертификаты ийелери Зебо Холбоева ҳәм Холпошша Бидашеваның дөгерек шынығыўлары мектеп оқыўшылары ушын қызықлы болмақта.
Анық пәнлерди оқытыў бойынша өзине тән маманлық ҳәм тәжирийбеге ийе педагоглардың биргеликтеги ҳәрекетлери себепли мектептиң “THE BEST” зийрек балалар жәмәәти районда өткерилетуғын билимданлар жарысларында турақлы жоқары орынларды ийелеп келмекте. 2023-2024-оқыў жылында болса 23 питкериўшиден 17 си мәмлекетимиздеги абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери қатарынан орын ийеледи.
- Ерисилип атырған жетискенликлердиң барлығы баслаўыш классларда балаларға жақсы тәлим-тәрбия берилгенлигиниң нәтийжеси, - дейди мектеп директоры Сурайё Ешбаева. – Себеби, баланың қызығыўшылығы ҳәм таланты қолына дәслепки қәлем тутқан күннен басланады. Бул бағдарда баслаўыш класс муғаллимлери Нодира Халимбетова, Дилшода Юсупова, Холида Ҳайдароваға миннетдармыз. Олар төрт жыл даўамында балаларды улыўма билимлендириў пәнлерине табыслы таярлап келмекте.
Елимизде билимлендириў системасына қаратылып атырған итибар себепли, ҳәр жылы онлаған мектеплер, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң имараты заман талаплары дәрежесинде реконструкцияланып, қайта үскенеленбекте. Мүддетин өтеп болған имаратлардың орнына жаңалары қурылмақта. Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы себепли бундай дөретиўшилик жумыслар Әмиўдәрья районында да кең көлемде орынланбақта. Улыўма билим бериў мектеплериниң шараяты жақсыланбақта. Оқыў орынларының мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен үскенеленип атырғаны тәлим-тәрбия жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў имканиятын бермекте. Районда тек ғана 2024-жылы ҳәр қыйлы дәреклер есабынан қурылған 5 социаллық тараў объектинен 3 и улыўма билим бериў мектеби, 2 и мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып есапланады. Олардан бири жаңадан қурылған 330 орынлық 31-мектеп болып есапланады.
- Бул мектептиң ески имараты 1964-жылы 560 оқыўшыға мөлшерленген етип қурылған. Кейинги жылларда ол әдеўир ескиргени, тәлим-тәрбия жумысларын сапалы алып барыў имканияты болмағаны ушын 2007-жылы мектепке 160 орынлық қосымша имарат қурып берилген еди. Дерлик 500 оқыўшы билим алатуғын оқыў орны ушын, әлбетте, 160 орынлық қосымша имарат қурылғаны менен мектепте заман талаплары дәрежесинде тәлим-тәрбия бериў бағдарындағы машқалалар сапластырылмады. Соның ушын, быйылғы инвестициялық бағдарлама шеңберинде 4,1 миллиард сум есабынан мектеп ушын 330 орынлық, заманагөй талапларға толық жуўап беретуғын жаңа имарат қурылып, пайдаланыўға тапсырылды, - дейди мектеп директоры Нилуфар Даўлетова.
Бул билимлендириў дәргайынан ҳәр қыйлы тараўда жумыс алып барып атырған жоқары потенциаллы қәниге кадрлар жетилисип шыққан. Бурынғы питкериўшилер арасында елимиздиң илим ғайраткерлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлериниң бар екенлиги мақтанышлы.
- Инсаният өмиринде әҳмийетли из қалдыратуғын, ҳәтте тәғдирин гөззал ҳәм нурлы тәрепке бағдарлап, шахс сыпатында қәлиплесиўинде руўхый-ағартыўшылық жақтан қоллап-қуўатлайтуғын орын мектеп болып есапланады. Оның қушағында инсан ақ-қараны таныйды, қәлбин илим нуры менен безеп, дүньяға умтылады, өзи туўылып өскен ана жерге, ўатанына меҳир-муҳаббат руўхында камалға келеди. Соның ушын биз оны шексиз жақсы көремиз, мийрим-шәпәәтке толы қушағында өткен ўақытларды сағынып жасаймыз, "ана мектебим", деп жақсы еслеўлер қушағында ардақлаймыз. Жадид бабамыз Маҳмудхожа Беҳбудийдиң сөзи менен айтқанда "дүнья имаратлары ишинде ең уллысы - мектеп" тәрепке умтыла беремиз, - дейди Әмиўдәрья районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң баслығы Ялғаш Шамуратов. - Буннан 100 жыл алдын Әмиўдәрья районының Манғыт қаласында аймақтағы дәслепки ағартыўшылық дәргайы - ҳәзирги 1-санлы мектеп ашылып, илимге қуштар дәслепки оқыўшыларды қушағына алған еди. 1924/1925-оқыў жылында манғытлы Матниязбай атлы шахстың үйинде баслаўыш мектеп түринде ашылған бул мектепке өзиниң тәлим-тәрбиясы менен ел-халқымызға үлги болыўы ушын ийгиликли нийет пенен "Үлги" деп аталған.
1-мектеп ҳақыйқатында да биринши оқыў жылынан-ақ өз атына мүнәсип түрде жасларды тәрбиялаў, оларға терең билим бериўге уқыплы тәлим-тәрбия мәсканы сыпатында көринди.
- 1932-жылдан 1938-жылға шекем 7 жыллық толық емес орта, 1938/1939-оқыў жылынан баслап орта мектеп статусында жумыс алып барған бул билимлендириў мәкемеси өзиниң 100 жыллық тарийхында райондағы барлық оқыў орынлары ушын ҳәм таяныш, ҳәм шын мәнисинде жоқары үлгили илим дәргайы ўазыйпасын атқарады, -дейди мектеп директоры Дилрабо Шербаева. - Бул мектепте тәлим-тәрбия алған мыңлаған питкериўшилер арасында дүньяға белгили илим пидайылары, профессор ҳәм академиклер, ойлап табыўшылар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер бар. Атап айтқанда, физика-математика илимлериниң докторы, академик Мухтар Саидов, ойлап табыўшы илимпаз Амин Саидов, топонимика илиминиң билимданы, филолог Ахмед Ишаев, белгили тарийхшы илимпаз Қурбанбай Собиров, филология илимлериниң докторы Пирмат Шермуҳаммедов, педагогика илимлериниң докторы Ахмаджон Нурматов, аўыл хожалығы илимлериниң докторы Ибодулла Аллаяровтың аты Өзбекстан илим ғайраткерлери арасында ҳүрмет пенен тилге алынады.
Билим алыў, қәбилетин жүзеге шығарыў ҳеш қашан заман ҳәм мәканды таңламайды. Негизинде билимли жаслар ең шетки аўыл мектеплеринен де жетилисип шығатуғынына гүман жоқ. Билимлендириў тараўындағы избе-из реформалар болса устазларды және де излениўге шақырады.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы