Келин, усы мақалада қоршаған орталықты қорғаў деген не ҳәм "жасыл" экономика қандай болыўы ҳаққында ойласак. Улыўма, жыл атамасы менен күн тәртибине шығып атырған мәселелердиң әҳмийетин кеңирек талқылайық.
Тәбиятты сақлаў - инсанды сақлаў дегени
Бүгин экологиялық мәселелер ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Глобал ысыў, зыянлы газлердиң көбейиўи, тоғайлардың аяўсыз кесилиўи, санаат шығындылары ақыбетинде топырақ ҳәм суў қурамындағы өзгерислер... Булардың барлығы тәбият теңсалмақлылығына айрықша тәсир көрсетпекте. Мәселен, буннан 20-30 жыл бурын ҳәр жылы қыста қатты қар жаўған. Ҳәзир ҳәттеки таўларға да қар аз жаўып атыр. Қыста қурғақ қара суўық, жаздың ҳәдден тыс ыссысы ақыбетинде музлықлар ерип кетпекте. Ҳәзирги ўақытта қыс не екенин билмейтуғын ыссы мәмлекетлерде қар жаўыўы, сел келиўи әдеттеги жағдайға айланып бармақта. Усының өзи тәбиятта үлкен өзгерислер болып атырғанынан дәрек береди. Әне усындай жағдайда қоршаған орталықты негизинде сақлаў әҳмийетли... Жоқ, тек ғана әҳмийетли емес, ал өмир-өлим мәселеси!
Себеби, қоршаған орталық мәселеси дүнья халқы алдында экономикалық, социаллық-сиясий машқалаларды көлденең қояды. Илимий болжаўлар тәбияттағы унамсыз өзгерислер ең дәслеп суў жетиспеўшилигине себеп болатуғынын көрсетпекте. Тилекке қарсы, жәмийетимиз суўдың жумсалыўы қаншелли аянышлы ақыбетлерди келтирип шығаратуғынын толық түсинип жетпеген. Бул ҳаққында кейинирек тоқтап өтемиз.
Экологиялық мәселелер азық-аўқат қәўипсизлигине айрықша тәсир көрсетеди. Себеби, тәбиятта теңсалмақлық өзгерсе, тек ғана ҳаўа емес, ал топырақ та зыянланады. Өнимдарлық азайып, айырым орынларда аўыл хожалығы өнимлери зәҳәр, кеселлик таратыўшы болып қалыўы ҳеш гәп емес. Бундай аянышлы ақыбетлер болса зыянкеслердиң көбейиўинен басланады. Биз оларға қарсы дәри сеўип аламыз. Соңынан тек өним емес, ал топырақ та зәҳәрге тойынып барады.
Ақыр-соңында экономикалық өсим шегинип баслайды. Бириншиден, жәмийетте денсаўлығынан наразылық ететуғын адамлар көбейеди. Бул өз-өзинен шаңарақлар емлениў ушын көп қаржы жумсаўына алып келеди. Саламат болмаған шахстың мийнет өнимдарлығы кемейеди. Екиншиден, тәбийий таза өнимлер, ҳәзирги ўақытта суў сыяқлы басқа ресурслар жетиспеўшилиги бақланбақта. Бул санаған барлық машқалалардың және де күшейиўине себеп болады. Ақыбетинде дүньяда жағадан алыўлар, тәбийий ресурсларга жалғыз ийелик етиўге урыныўлар көбейип, қорқынышлы урыслар келип шығады.
Ҳақыйқатында да, бүгин қуры ағып атырған бир тамшы суў, топырақ ишине бийпарўалық пенен ылақтырып атырғанымыз ширип кетпейтуғын, зыянлы шығындылар, бийпарўалық пенен кесилип атырған тереклер... ҳәммеси жоқарыда санап өткен үлкен машқалаларға қойылатуғын дәслепки қәдем болып есапланады. Аўа, қоршаған орталықты сақлаў сонша дәрежеде әҳмийетли. Жылдың атамасының алдынғы бөлими - қоршаған орталықты қорғаў мине усындай үлкен турмыслық ҳақыйқатты өзинде жәмлеген. Соның ушын, тәбиятты сақлаў, бәринен бурын, инсанды сақлаў дегени!
Экономикалық өсиў экологиялық машқалаларға есик ашып бермеўи керек
Енди "жасыл" экономиканың әҳмийети ҳаққында ойлассақ. Бәринен бурын, экономикамыздағы қуўанышлы санлар, кейинги жыллардағы түпкиликли өзгерислерди бир мәрте еске алайық. Қысқа мүддетте экономикамыз 2 есеге өсип, 100 миллиард долларлық тарийхый шеклерди қолға киргизди. Халықтың жан басына дәрамат 3 мың долларға жетти. Бул көрсеткиш экономикада оғада үлкен өсиў дегени. Буны халықаралық экспертлер де тән алмақта. Мәселен, Жәҳән банки 2024-жылы Өзбекстан Европа ҳәм Орайлық Азияда экономикасы ең тез өсип атырған 3 мәмлекет қатарынан орын алғанын тән алды. Және бир унамлы көрсеткиш, кәмбағаллық дәрежеси соңғы 4 жылда 23 проценттен 11 процентке түсти. Реформалардың избе-излиги есабынан бул көрсеткишти 9 процентке түсириўди мақсет еткенбиз. Хош, бундай шеклерге қалай ерисилди?
Әлбетте, исбилерменликти раўажландырыў, өндиристи көбейтиў арқалы. Мине, усы жуўап тийкарында көплеген тараўлардағы үлкен мийнет, түпкиликли реформалар, миллиардлап қаржы жатыр. Биз ҳәзир экономикалық өсиўди бирме-бир таллаўдан узақмыз. Бирақ, бир ҳақыйқатты айтыў зәрүр, экономика турақласып барыўы менен тәбиятқа жеткерилген зыян да көбейеди. Яғный, өнимди ислеп шығарып, оны базарға жеткериўге шекемги процесс энергия талап етеди. Бәринен бурын, заманагөй технологиялар электр энергиясы менен ислейди. Электр ислеп шығарыў ушин әдетте нефть, газ ҳәм көмир жағылады. Олардың зыянын артықша тәрийиплеў шәрт емес, деп ойлайман. Қалаберсе, өндирис көбейген сайын, транспортқа талап сонша артады. Бул машиналардан шығатуғын зыянлы газ көлеми артыўын билдиреди. Булардың барлығы тәбиятқа жеткерилген зыян дегени.
Бир ўақытлары Европада санаат өндирис көбейип, тәбиятқа үлкен зыян келтириле баслаған еди. Сонда тәбият сүйиўшилер бирлесип, улыўма ҳәрекетке айланды. Олар кейин түрли мәмлекетлерде "жасыллар" партиясын дүзди. "Жасыллар" ҳәрекети тәбиятқа зыянды азайтыў бағдарында өз бағдарламаларын, шығыўларын усынып келеди. Жаңа Өзбекстанда түпкиликли реформалардың басланыў фонында "жасыллар" партиясының пайда болыўы да бийкарға емес. Бул да техникалық раўажланыў әсиринде елимизде тәбиятты сақлаўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қатаң қаралап атырғанын көрсетеди.
Және бир тәрепи. Экономиканың раўажланыўы, демек халықтың абаданлығы ушын кәрханалар көбейиўи керек. Экономикалық тармақлар аз болса да тәбиятқа зыян жеткереди. Ҳәзирги ўақытта инсан саламат, толық турмыс кешириўи ушын тәбиятты әўелгидей сақлаў шәрт. Мине усы қарама-қарсылықты тең салмақлылықта сақлаў ушын XXI әсирде шешим табылды. Бул "жасыл" экономика!
Ҳәзир Өзбекстан халқы 37 миллионнан асты. Келеси 5 жылда бул көрсеткиш 40 миллионнан артыўы күтилмекте. Демографиялық өсиў инсан капиталы, үлкен имканият дегени. Бирақ, инсан капиталының раўажланыўы ушын тәбиятқа зыян жеткермей экономикалық өсиўге ерисиў керек. Айтайын дегенимиз, гөзлеген үлкен шеклерди қолға киргизиўимиз ушын халқымыздың экология, энергетика, транспорт, жол, ишимлик суўы тәмийнаты, халықты турақ жай менен тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли тараўларда талап ҳәм мүтәжликлер қанаатландырылып барылыўы керек. Булардың ҳешбирин энергетикасыз көз алдымызға келтира алмаймыз. Усы мәнисте алып қарағанда елимизде "жасыл" экономикаға айрықша итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Себеби, тәбиятқа зыян жеткермейтуғын энергияға ийе болыў, бир сөз бенен айтқанда, келешек кепиллиги болып табылады. Усы мәниде "жасыл" экономикаға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар берилиўи келешек кепиллигин беккемлейди.
Кейинги жыллары елимизде энергетика тараўы жедел реформаланбақта. Әҳмийетлиси, энергия базары либералластырылмақта. Әпиўайы мысал, үйиңизге қуяш панели орнатып, артықша энергияны сатыўыңыз мүмкин. Он жыл бурын буны көз алдымызға келтирип болмайтуғын еди. Бул энергия ғәрезсизлиги ушын тасланған әҳмийетли қәдем. Соның менен бирге, қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм оны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бағдарындағы жумыслар избе-из даўам етпекте. Бул бағдарда да кейинги жыллары сезилерли өсиў бақланды. Мәселен, ҳәзир елимизде ислеп шығарылып атырған электр энергиясының дерлик 15 проценти қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесине туўра келеди. 2030-жылға шекем бул көрсеткиш 40 процентке жеткерилиўи күтилмекте. Яғный, келешекте мәмлекетимизде ислеп шығарылып атырған электрдиң дерлик ярымы "жасыл" болады. Бул Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қуўатлылығы 27 гигаваттқа жетеди, дегени.
Әлбетте, мақсет қаншелли жақсы болмасын, оған ерисиў аңсат болмайды. Оған басқышпа-басқыш, анық режелер арқалы ерисиў мүмкин. Буған болса жаңа Өзбекстандағы реформалар басланған ўақытта-ақ дәслепки қәдемлер қойылған еди. Мәселен, төлемлерди кепиллеў ушын тәбийий газ ҳәм электр энергиясын онлайн режимде есаплаў системасы жаратылды. Бул изден шыққан төлем системасын тәртипке салды. Тараўға миллиардлап қаржы қаратыў имканиятын берди. Соның өзи үлкен анализге арзыйтуғын тема.
Нәтийжеде узақ жыллардан берли итибардан шетте қалған тармақлар жаңаланды. Тараўда заманагөй технологиялар енгизиле баслады. Электр жеткерип бериў станциялары оңланды. Бул көлемди арттырып барыў ушын аўысық бөлеклерди өзимизде ислеп шығарыўға да үлкен итибар қаратылды. Атап айтқанда, 2017-жылы "Нукус Элестроаппарат" қоспа кәрханасы иске түсти. Бул кәрханада электр энергиясы тармағы ушын кернеў үскенелери ислеп шығарылады. Кәрхананың тәжирийбесин есапқа алып, усы жылдың июнь айында онда қуяш панеллерин ислеп шығарыў жойбары иске қосылды. Әҳмийетлиси, завод қуяш панеллеринен алынған қуўатлылық есабынан ислейди, артықша энергия болса аймақлық электр тармағына сатылады. Аўа, тараўда адамды қуўандыратуғын дәслепки жетискенликлер көзге таслана баслады. Мәселен, "жасыл" энергетиканы жедел раўажландырыў бойынша бағдарлама қабыл етилди. Ҳәр жылы 2 гигаваттқа шамалас қуяш ҳәм самал электр станциялары иске қосылмақта. Соның ишинде, усы жылдың ақырына шекем тармаққа қосымша 2,6 гигаватт қайта тиклениўши энергия ислеп шығарыў қуўатлықлары жалғанады. Бул экологияға зыян келтирместен экономикалық өсиўге ерисиўде жүдә әҳмийетли.
Экология, "жасыл" энергиядан кеңнен пайдаланыў тек ғана ишки мүтәжлигимизден ибарат емес. Дүнья мәмлекетлери бул бағдарда бирдей болыўы, мәселелерге биргеликте шешим табыўы зәрүр. Соның ушын, Өзбекстан бәрқулла халықаралық майданда экологиялық мәселелер ҳаққында дабыл қақпақта. Әмелий жумыслар бойынша анық усынысларды алға қоймақта. Мәселен, Баку қаласында БМШтың Климат өзгериўи бойынша конференциясы (СОР 29) шеңберинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бир қатар усыныс ҳәм басламалар алға қойылды. Олар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қызғын күтип алынды. Әҳмийетлиси, бул конференцияда әмелий келисимлерге ерисилди. Атап айтқанда, Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Әзербайжан арасында "жасыл" энергияны раўажландырыў ҳәм жеткерип бериў тараўында стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Бул жойбардың экологиялық әҳмийети оғада зәрүр. Себеби, жойбар шеңберинде узатылатуғын энергия самал ҳәм қуяш энергиясынан алынады. Қайта тикленетуғын деректен алынатуғын бул энергия климатқа тәсирин жумсартады.
Улыўма, жаңа Өзбекстан экологиялық мәселелерге шешим излеў, бул бағдарда әмелий жумысларды орынлаў менен бирге экономикалық раўажланыўға қарай исенимли қәдем тасламақта. Оған "Жасыл мәкан" жойбарын да мысал етиў мүмкин. Усы жылы 23-ноябрь күни мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласы әтирапында "жасыл белбеў" қурыў жойбары шеңберинде терек егиў илажында қатнасты. Усы тәризде Бектемир районында, Ташкент айланба жолы бойында жасыл аймаққа тийкар салынды. Оның ушын 100 гектар жер ажыратылған. Оған еки жылда жәми 100 мың түп терек ҳәм пута нәли егиледи. Мақсетимиз "Жасыл мәкан" жойбары тийкарында мегаполиске айланып атырған қаламыздың жасыллық дәрежесин 30 процентке жеткериў болып табылады. Итибарлы тәрепи, сол күни мәмлекетимиздиң барлық аймағы - Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда да нәллер егилди. Усы гүзги мәўсимде "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде 80 миллион түп терек ҳәм пута нәли егиў режелестирилген. Әҳмийетли, соңғы 3 жылда мәмлекетимиз бойынша жәми 646 миллион түп нәл ҳәм пута егилген. Аралбойында жасыл қаплама 2 миллион гектардан артқан. Ол бүгин шөлде жасыл турмысты баслап берди. Бирақ, басқа аймақларға егилген нәллер ше? Тилекке қарсы, айырым орынларда қараўсызлық себепли олар қурып қалғаны ҳаққында мағлыўматлар бар. Яғный, нәллерди тәрбиялаўда бийпәрўалыққа жол қойылған. Жуўапкерлер нәллерди суўғарыў, кеселликлердиң алдын алыў бағдарындағы жумысларға жетерли дәрежеде итибар бермеген. Буннан тысқары, өткен жылларда нәл егиўде қосып жазыўлар да бақланған. Демек, экологиялық мәселелерди шешиўде, атап айтқанда, эко мәдениятымызды арттырыўда да көплеген жумысларымыз бар.
Жоқарыда қоршаған орталықты сақлаўдың әҳмийети, "жасыл" экономиканың заманымыз ушын әҳмийетли екенлиги ҳаққында имканияты барынша пикир жүргиздик. Енди бул жумысларды әмелге асырыўда тиккелей күш ҳәм қүдиретимиз болған инсан капиталы, жәмийетимиздиң экологиялық мәденияты ҳаққында пикир жүргизсек.
Не ушын суўға шығынды таслаўдан қорқатуғын едик?
Мәмлекетимиз басшысы: "Бизиң еки оқ тамырымыз, еки таяныш сүйенишимиз бар: бири - экономика, бири - мәнаўият. Руўхый уллы халық - экономикалық жақтан да уллы болады," деген еди. Экологиялық мәдениятты арттырыў арқалы биз мине усы еки үстинди де беккемлеўге ерисемиз. Бул бәлентпәрўаз гәп емес. Буны әпиўайырақ түсиндириўге ҳәрекет етейик. Балалығымда суў кудайдың жүзи, деген сөз болар еди. Биз бир қарыс таяқ, мәселен, суўға бир нәрсени ылақтырсақ, теңлеслеримиз: "Ақылың бар ма, суў - Кудайдың жүзи!" деп айтар еди.
Сол себепли биз суўға шығынды таслаўдан тыйылдық. Аўа, экологиялық мәденият кишкенелигимизден басланатуғын еди. Тилекке қарсы, бүгин суўға дус келген нәрсени таслап атырмыз. Топырақ, жасыл дүнья ҳәм ҳайўанат дүньясына да тап усындай мүнәсибеттемиз. Яғный, биз экологиялық мәденияттан бираз узақластық. Ҳәзир буның себеплерин бирме-бир санап бериўге ўақтыңызды алмақшымыз. Қала көшелеринде, биз дем алатуғын тәбият қушағында шашылып жатырған шығындылар экологиялық мәдениятымызға айна. Тилекке қарсы, жәмийетимизде шығындыны белгиленген жерге ғана таслаўдай әпиўайы әдеп-икрамлылық қәлиплеспеген.
Усы жерде кеўлиңизде туўылыўы мүмкин болған бир сораўға жуўап бериўимиз керек. Мүмкин, кимдур не ушын исбилерменлер, санаат суўын, зыянлы газлерин жетерли дәрежеде тазаламай, тәбияттың қушағына таслап атырған кәрханалар емес, әпиўайы адамлар ямаса халық айыпланбақта, деп сораса керек. Дурыс, тәбиятқа үлкен муғдарда зыян келтириўи мүмкин болған субъектлерди қатаң қадағалаў шәрт. Оның ушын елимизде нызамлы тийкар да бар. Гәп сонда, биз социаллық, демократиялық мәмлекетте жасап атырмыз. Бундай мәмлекетте жәмийетлик қадағалаў мәселелерге ең жақсы шешим болады. Егер жәмийетимизде экологиялық мәденият қәлиплессе, ҳәттеки бақшаға баратуғын бала да суўды қудайдың жүзи сыяқлы қәдирли деп билсе, үлкен кәрханалар шығаратуғын зыянлар да кескин азаяды. Себеби, сол исбилермен, ири кәрхананың басшысы ҳәм оларды қадағалаўшылар да тиккелей мине усы жәмийеттиң өними, оның ажыралмас бөлеги болып табылады. Қалаберсе, жоқары экологиялық мәдениятқа ийе жәмийетшилик бар нызамлардың әмелде ислеўин тәмийинлейтуғын бирден-бир күш болып есапланады. Мәселен, жақынға шекем тереклерди биймәлел кесиў мүмкин еди. Жәмийетлик қадағалаўдың ислеўи есабынан оған қарсы гүрес кескин түс алды. Ҳәзир де ағаш кесиўшилер табылады. Олар өз мақсетлерине ерисиўде ҳәр қандай ҳийле жолын излеп атыр. Олар бундай қылмыс сыяқлы уялыўға, ҳүжданы алдында жуўап бериўди ойлайтуғын дәрежеге жеткен ўақытта ғана биз ҳақыйқый экологиялық мәдениятқа ерисемиз. Буның ең нәтийжели усылы жәмийеттиң өзгериўи болып есапланады. Жаңа Өзбекстанда жаслардың сана-сезиминде миллий мақтаныш пенен бирге улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезимин жетилистириўге айрықша итибар қаратылып атырғаны тосыннан емес.
Экологиялық мәденият руўхый бағананың беккемлигинен дерек береди. Буған бир мысалды еске алайық. Бир ўақытлар жасаған Самуд қәўими ҳаққында сөз болғанда, олардың қәлбине зыянлық тамғасы урылғаны айтылады. Залалат мөри руўхыйлықсыз, пүткиллей ағартыўшылықтан узақ адамның келбетине ең қысқа ҳәм анық берилген түсиник болып есапланады. Мине усындай көринистеги Самуд қәўими физикалық жақтан күшли, таў-тасларды ойып беккем үй қурған адамлар еди. Бул олардың экономикалық жақтан тойғанлығын көрсетеди. Бирақ, оларда ағартыўшылық жоқ еди. Соның ушын, оларға сынаў жиберилди. Яғный, қәўим әжайыбат пенен үлкен тас ишинен шыққан түйени ҳүрмет етиўи керек. Олар жасайтуғын жердеги бирден-бир көлден бир күн түйе, бир күн қәўим халқына суў ишиўге руқсат бериледи. Олар түйеге зыян жеткермеўи де шәрт еди. Көрип турсыз ба, өзин умытқан жәмийет бир түйе - тәбияттың кишкене зыяныы менен келисиўге мәжбүрленеди! Себеби, инсан да тәбият алдында сол түйе сыяқлы кишкене тири жан.
Бирақ, олар ағартыўшылықтан узақ, руўхый тамыры ҳәлсиз қәўим еди. Сол себепли, шәрт бузылады. Ақыбетинде Самуд қәўими аспаннан келген бәле, тәбийий апатшылық себепли жоқ болып кетеди. Егер олардың руўхый тийкары, экологиялық мәденияты беккем болғанда түйе менен келисип, аман қалатуғын еди. Аўа, инсан тәбият ийеси емес, оның бир бөлеги екенлигин сезип жасаса ғана гөзлеген мақсетине ериседи.
Жәмийет тири организм, ол өзин-өзи қорғаўы, зыянлы әдетлерге қарсы иммунитет пайда етиўи керек. Бул иммунитеттиң қаншелли нәтийжели болыўы жәмийеттиң мәнаўий келбетине байланыслы. "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда гөзленген мақсетлерге ерисиў тек ғана жуўапкерлердиң мәмлекетлик бағдарламаны орынлаўына байланыслы емес, демекшимиз. Бунда мине усы жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы белсенди болыўы керек. Сонда ғана гөзленген мақсетлерге ерисиў аңсат болады. Себеби, кеселликти дәри-дәрмақ пенен емлеўден көре, организмниң иммунитет күши менен жеңиў нәтийжели болады!
Боборавшан ҒОЗИДДИНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы.