Халық дәрти менен жасаў ҳәр бир мәмлекетлик хызметкердиң күнделикли жумысына айлансын!

    Пикир 17 желтоқсан 2024 21

    Президентимиздиң өткен айда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының биринши мәжилислериндеги шығып сөйлеген сөзинде елимиздеги реформалар жаңа басқышқа шығып атырғаны тән алынды.

    Ҳәзирги ўақытта оны әмелге асырыўға байланыслы көплеген ўазыйпалар белгилеп алынды.

    Соның ишинде, енди ҳүкимет, министрликлер ҳәм уйымлар, аймақлардың басшылары депутатлар тәрепинен орынларда анықланған машқалаларды шешиўде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының комитетлери менен системалы бирге ислесиўди жолға қояды. Ҳәр қыйлы тараўларда қадағалаўды тәмийинлейтуғын мәмлекетлик инспекциялар менен төменги палата комитетлери арасында бирге ислесиў системасы жаратылады. Бул, өз гезегинде, олардың есабатларын комитетлерде додалап барыўда жаңа, тәсиршең системаға тийкар болады. Нәтийжеде парламентлик қадағалаўдың нәтийжелилиги артады.

    Бундай реформалар ўатанласларымыздың турмысында үлкен өзгерис жасайтуғынына исенемен. Себеби мәмлекетимизде болып атырған реформаларды терең үйренсеңиз, пуқта реже тийкарында басқышпа-басқыш екенлигин көресиз. Атап айтқанда, ҳәкимлердиң көплеген ўәкилликлери кеңеслерге өткерилиўи ҳаққында бираз алдын режелестирилген еди. Бирақ оған бирден өтпедик. Атап айтқанда, быйыл ҳәкимлердиң 33 ўәкиллиги кеңеслерге өткерилди. Келешекте олардың және 17 ин өткериў нәзерде тутылмақта. Не ушын бул әмелият бирден турмысқа енгизилмейди? Себеби, ҳәр еки тәреп оған бейимлесиўи, көнлигиўи керек. Бул процесс те қайсы бир мәнисте социаллық мәмлекеттиң жуўапкершилигин дәслеп әмелде сезинип, бул бағдарда үлкен реформалар басланғаннан соң, Бас нызамымызда беккемлеп қойылғанына уқсайды.

    Ҳақыйқатында да, жаңа редакциядағы Конституциямызда Өзбекстан социаллық мәмлекет екенлиги өз көринисин тапқаны тарийхый ўақыя болған еди. Себеби, социаллық мәмлекетте ҳеш ким итибардан шетте қалмайды, әдиллик ҳүким сүреди. Буны өткен қысқа ўақыттағы өзгерислер мысалында көрип турмыз. Әпиўайы мысал, социаллық жәрдем көрсетиўден баслап исбилерменликке кең жол ашыўға шекемги оғада көп мәселелер мәҳәллениң өзинде шешилетуғын система жаратылды.

    Бул әмелият шын мәнисинде халқымыздың аўырын жеңиллетип, ертеңги күнге исенимин арттырмақта. Усы жерде жумыс искерлигим даўамында мине усы мәселелер бойынша тиккелей өзим қатнасқан айырым турмыслық ўақыяларға тоқтап өтпекшимен.

    Ташкент қаласының Чиланзар районында 55 мәҳәлле бар. Районымызда ҳәр қыйлы категориядағы адамлар бар. Бундай шараятта ҳәммеге теңдей имканият жаратып бериў, халқымызды разы етиў аңсат емес. Бирақ биз жуўапкерлердиң жумысын аңсат ететуғын тәрепи сонда, нызамлы тийкар жаратылған.

    Мәселен, еле 40 жасқа жетпеген ҳаял ержетпеген үш перзенти менен жалғыз жасайды. Өмирлик жолдасы жазаны өтеп атыр. Бундай жағдайда ҳаял тек экономикалық емес, ал руўхый жақтан да қыйыншылықты басынан кеширеди. Жәмийетте жеккеленип, өз дәрти менен өзи қалады. Бирақ, елимиздеги өзгерислер себепли бул пуқараның турмысы өзгерди. Ол жасайтуғын мәҳәллениң социаллық хызмет хызметкери оның жағдайын үйренип, ҳаялға жәрдем керек екенлигин билдирди. Нәтийжеде ҳаялға биринши гезекте психологиялық жәрдем берилди. Усы ўақытқа шекем тәжирийбемизде психологиялық жәрдем түсиниги болмаған. Тек ғана психологиялық жәрдемниң өзи гейде барлық машқалаларға шешим болатуғынына бүгин гүўа болмақтамыз. Усы арқалы бул ҳаялдың турмысы өзгерди.

    Яғный, пуқараның перзентлерин бақша ҳәм дөгереклерге жайластырыўға жәрдем бердик. Қәбилетинен келип шығып өзиниң бәнтлиги тәмийинленди. Көриниси ҳәм айтылыўынан жүдә әпиўайы болыўы мүмкин, бирақ мине усы аз ғана итибар, қоллап-қуўатлаў менен бир пуқараның турмысы тикленди, ертеңги күнге исеними артты.

    Мине, усындай ўақытларда жәмийетимизде ертеңги күнге исеним артып баратырғанынан қуўанаман. Себеби, егер адамда исеним беккем болса, ҳәр қандай қыйын жағдайда да жеңилмейди, артқа шегинбейди, керисинше, өмир сүйиўшилиги артады, тек алдынға умтылады.

    Оған көплеген шаңарақлардың турмысын мысал етип айтыў мүмкин. Аймағымызда жалғыз кекселер де бар ҳәм бул тәбийий, әлбетте. Ғарры ерли-зайыплылар Анатолий ҳәм Нина жалғыз жасайды. Олардың перзенти жоқ. Ғарры ҳаял аўыр кеселликке ушырағаны себепли өзин кекселер үйине жайластырыў ушын әмелий жәрдем сорады. Социаллық қорғаў миллий агентлиги хызметкерлери шаңарақтың жағдайын ҳәр тәреплеме үйренди. Кекселерди емлеў илажлары көрилди. Оларға турақлы қараў ушын социаллық хызметкер ажыратылды. Усы тәризде бир шаңарақ, ғарры ерли-зайыплы өз үйинде барлық керекли жәрдемди алыў имканиятына ийе болды. Сол ўақытта олардың көзлериндеги қуўанышты бир көрсеңиз, буны сөз бенен жеткерип бериў қыйын. Мәмлекетимизде кейинги жылларда әмелге асырылып атырған реформалар мине усындай адамгершилиги, ўатанласларымыз турмысында өшпес из қалдырып, жаңаша мазмун алып кирип атырғаны менен де әҳмийетли болмақта.

    Улыўма алғанда, социаллық әдилликтиң орналасыўы барлық тараўларда өсиўге алып келеди. Жаңа Өзбекстан Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўға қарай исенимли бармақта. Оған күшли, билимли, ертеңги күнине беккем исенетуғын халық пенен ғана ерисиў мүмкин. Сонлықтан, жаңа реформалар дәўириниң дәслепки жылларынан-ақ "Темир дәптер", "Ҳаял-қызлар дәптери" ҳәм "Жаслар дәптери" мысалында социаллық хызметлердиң жаңа дәўири басланған еди.

    Өткен дәўирде оғада үлкен шеклер қолға киргизилди. Әҳмийетлиси, кәмбағаллық рәсмий түрде тән алынды. Оны қысқартыў бағдарында әҳмийетли реформалар әмелге асырылды. Мәселен, төрт жыл алдын 23 процент халықтың дәраматы кәмбағаллық шегарасына да жетпеген еди. Өткен дәўирде 3,5 миллион пуқараға дәрамат алыў имканияты жаратылды. Нәтийжеде кәмбағаллық көрсеткиши 11 процентке түсирилди. Келеси үш жылда оны 7 процентке түсириў режелестирилген. Буны әмелге асырыў ушын анық есап-санақларға тийкарланған пуқта реже ислеп шығылғаны қуўанышлы, әлбетте.

    Бир ғана мысал, "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасына бола, 2025-жылы 1 миллион халық кәмбағаллықтан шығарылады. Бул мақсетлерге 46,5 триллион сум қаратылады. Буннан тысқары, 100 мың гектар жер дийқаншылық ҳәм бағшылық шөлкемлестириў ушын 200 мың кәмбағал шаңараққа ижараға бериледи.

    Және бир әҳмийетли сан, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықты социаллық қорғаў мақсетинде келеси жылы бюджеттен 500 миллиард сум ажыратылатуғын болды. Жаңа жылдан 65 түрдеги социаллық хызмет ҳәм жәрдем, 50 ге шамалас жеңилликти өзинде жәмлеген бирден-бир "социаллық карта" системасы жолға қойылады. Бул да көплеген шаңарақлардың машқаласына шешим болады. Яғный, бир шаңарақ ҳәр бир жәрдем ушын өз алдына мүрәжат пенен шығып ўақтын бийкар жумсамайды. "Социаллық карта" арқалы барлық машқалаларын өз ўақтында шешип кете алады.

    Бул мақсетлерге ерисиў ушын барлық дәрежедеги жуўапкерлер реформаларды терең аңлаған ҳалда жанын күйдирип, ўатансүйиўшилик пенен ислеўи шәрт. Мақаламыздың басында жазғанымыздай, реформалар жаңа басқышқа шықпақта. Бундай кең көлемли реформалар дәўиринде ҳәммемиз биргеликте бир жағадан бас шығарып, әсиресе, халықтың исенимли ўәкиллери атқарыў уйымлары менен аўызбиршиликте алға умтылыў дәўир талабы.

    Орны келгенде айтыў керек, әдетте ўәкилликтиң азайыўы жуўапкершиликти жеңиллестиреди. Бирақ, ҳәкимлердиң айырым ўәкилликлериниң кеңеслерге берилиўи атқарыў уйымларының жуўапкершилигин еки есеге арттырады. Халықтың дәрти менен жасап, арқайынлығын жоғалтқан шахс жәмийетте үлкен өзгерислер ислеўге уқыплы болады. Өткен қысқа дәўирде буған бәршемиз гүўасы болдық.

    Демек, халықтың дәрти менен жасаў жаңа Өзбекстандағы ҳәр бир жуўапкердиң жоқары жумыс өлшеми, күнделикли сүренине айланыўы шәрт. Халқымыздың арзыў-нийетлери әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар дәўиринде барлық категориядағы жуўапкерлер жуўапкершиликти терең сезинип, бийпәрўалыққа жол қоймай ислесе, гөзленген шеклерге гөзленгенинен де алдын ерисемиз. Буның ушын мәмлекетимиздиң потенциалы жетерли. Тек биз жуўапкерлер бир болып, кадрлар потенциалын көрсете алсақ болды.

    Алишер ХОТАМОВ,

    Чиланзар районы ҳәкиминиң орынбасары