Барлық сабақты жоқары дәрежеде өзлестирген жигит қысқа мүддетте немис тилин билиў дәрежесин анықлаўшы тестте қатнасты ҳәм В1 дәрежесин алды. Белгиленген сәўбетлерден унамлы нәтийже менен өткен Сардорбек Зоиров Германияға жөнеп кетиў алдында. Ол аўыл хожалығы бойынша белгили тәжирийбеге ийе болғаны ушын усы тараўды таңлады.
- Мениңше, сырт елде билим алыў ушын жолға атланған адам билимлерди жақсы өзлестирип, жумыста жетерли көнликпе арттырып, мәмлекетимизге қайтыў ҳәм үйренгенлерин әмелиятта қолланыў ҳаққында ойлайды, - дейди Сардорбек. - Ким менен сәўбетлессеңзде, жаратылған шараятлардан пайдаланып, келешекте мәмлекетимиздиң раўажланыўына үлес қосыўды қәлейтуғынын айтады. Билиўим бойынша, Германия аўыл хожалығын механизациялаўға айрықша итибар қаратады. Халықтың тек ғана 2-3 проценти усы тараўда ислемекте. Тараўды раўажландырыў ҳәм жетерли азық-аўқат базасын жаратыў ушын мәмлекетте усы бағдарда жумыс орны көп, қәнигеге талап жоқары. Европа аўыл хожалығын үйренип, елимизге қайтып, өзимизде қолланаман.
Президентимиздиң 2020-жыл 11-августтағы "Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардың мийнет белсендилигин арттырыў ҳәм кәсип-өнерге оқытыўға қаратылған және халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып Ангор районында "Жумысқа мәрҳамат" моноорайы шөлкемлестирилди. Онда ҳәзир шынығыўлар еки гезекте өтпекте. 24 бағдар бойынша 672 тыңлаўшы оқып атыр.
- Моноорайымызда 24 кәсип-өнер ҳәм 5 шет тили, атап айтқанда, инглис, корейс, япон ҳәм немис тиллери үйретилип келинбекте. Немис тили курсында 400 ге шамалас тыңлаўшы билим алмақта. Олар Германияда оқыў ҳәм ислеў нийетинде, - дейди Ангор районы "Жумысқа мәрҳамат" моноорайы директорының орынбасары Фарҳод Бердиев. - Ҳәзир елимизде немис тилин оқытыўға айрықша итибар қаратылған. Бул бағдардағы жумысларды кеңейтиў, жумыссыз жасларға шет тиллерин үйретиў, тил билетуғын, кәсип-өнерли жигит-қызларды қоллап-қуўатлаў арқалы жоқары ҳақы төленетуғын жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм кәсиплик билим алыўға қаратылған "Германияда кәсиплик билимлендириў" жойбары да иске қосылған. Бул шараятлар ўатанласларымыздың сырт елде мийнет етип, жақсы дәрамат табыўына хызмет етпекте.
Немис тилин үйрениў арқалы дүньядағы 120 миллион халық пенен пикирлесиў мүмкин. Сондай-ақ, көпшилик немис тилин екинши шет тили сыпатында үйренеди. Бүгин билимлендириў мәкемелери, тармақлар ҳәм аймақлардың талабынан келип шығып, кеминде 10 шет тили - инглис, рус, француз, қытай, корейс, япон, түрк, араб, парсы тиллерин үйретиўди шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли мәселе күн тәртибине қойылған. Олардың арасында немис тили де бар.
Шет тилин үйрениў ҳәм оннан пайдаланыў мийдиң қартайыў процесин сезилерли дәрежеде қысқартады. Илимпазлардың пикиринше, еки тилде сөйлесиў есте сақлаў, дыққат ҳәм тилди басқарыў менен байланыслы тараўларға унамлы тәсир етеди. Турақлы түрде бир тилден екинши тилге өтиў когнитив қадағалаў системасын хошаметлейди ҳәм ақылый уқыпты жоқары дәрежеде сақлаўға жәрдем береди. Усы мәнисте, бүгин Сурхандәрья ўәлаятындағы онлаған моноорай ҳәм кәсип-өнер орайлары жасларға шет тиллери ҳәм кәсип-өнер сырларын үйретип, маман, шет тиллерин билетуғын хызметкер сыпатында таярламақта.
- Билимлендириў мәкемелеринде шет тиллери үйретилетуғын дөгереклер ашылған. Оларда оқыўшылар өзи таңлаған шет тилди үйренбекте. Әсиресе, кәсип-өнер, шет тиллери үйретилетуғын оқыў орайларында илажлар көлеми және де кеңеймекте. Ўәлаятта бүгинги күнде 60 тан аслам оқыў орайы жумыс алып бармақта. Олардың Жаслар ислери агентлиги ўәлаятлық басқармасы менен бирге ислесиўи тил ҳәм кәсип үйрениўге қызығыўшы жаслар ушын кең имканият есигин ашпақта, - дейди Жаслар ислери агентлиги Сурхандәрья ўәлаятлық басқармасының бас қәнигеси Бобур Мирсаидов. - Шет тиллерин қунт пенен үйренген жаслар елимиздеги кәрханаларда да, сырт елде де ислеп, жақсы дәрамат таппақта.
Сариосиё районы ўәлаят орайынан узақ аймақ болса да, халықтың кәсип-өнер, шет тиллерин үйрениўи ушын имканият жетерли. Ҳәзирги ўақытта Сариосиё кәсип-өнерге оқытыў орайында 7 кәсип-өнер ҳәм 2 тил курсы ашылған. "Ҳаял-қызлар дәптери" ҳәм "Жаслар дәптери"ндеги имканияты шекленгенлер ушын бийпул сабақлар өткерилмекте.
- Бүгин шет тиллерин үйрениў тек ғана жумыс табыў емес, ал жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын да әҳмийетли. Заман талабына сай шет тилин оқытыў орайлары жаслар ушын билим алыў процесин және де қолайлы ҳәм нәтийжели етпекте. Бул орайларда жаслар оқыў бағдарламаларынан тысқары, еркин түрде билимлерин беккемлеў имканиятына да ийе, - дейди Сариосиё районындағы оқыў орайының басшысы Жаҳонгир Норматов.
Сурхандәрья ўәлаятындағы кәсип-өнер техникумлары жанында ўақтынша мийнет жумысын әмелге асырыў мақсетинде сырт елге кетип атырған шахслар ҳәм бәнт болмаған халық ушын кәсип-өнер ҳәм тил үйретиў орайлары шөлкемлестирилген. Соның ишинде, Термиз қаласындағы архитектура ҳәм қурылыс техникумындағы орайда қурылыс тараўында маман қәнигелер таярлаў менен бирге тыңлаўшыларға рус, инглис, немис ҳәм корейс тиллери үйретилип келинбекте.
- Техникумлардағы оқыў орайларында шет тиллерди оқытыў күн сайын ғалаба ен жайып бармақта. Оқыў курсларында билим алып атырған жаслар шет тиллерден халықаралық сертификатлар алып, елимиз ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кирмекте, - дейди Термиз қаласындағы архитектура ҳәм қурылыс техникумы директорының орынбасары Аҳмад Хонимов. - Бундай орайларда жаслар кәсип-өнер ийелеў менен бирге, шет тиллерин үйренип, елимиз кәрханаларында ямаса сырт елде ислеп, жақсы дәрамат таппақта.
Ата-аналар да жасларға жаратылған имканиятлардан миннетдар. Перзентлери тил үйрениўи ушын шараят жаратпақта. Себеби, тил билген жаслар дүньяға шығады.
Сарвар ТЎРАЕВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы