Қол-аяқсыз жынаятшы

    Пикир 19 желтоқсан 2024 9

    Перзентлеримизди "механикалық аналар" емес, китап тәрбияласын

    Рей Бредбери - америкалы белгили жазыўшы. Жигирмаға жақын романлардың авторы. Оның шығармалары тийкарында көплеген ўақыяға бай фильмлер исленген. Буннан 15 жыл алдын шамасында оның "Жынаятшы" гүрриңин өзбек тилине аўдарған едим. Гүрриңди биринши мәрте оқығанымда ҳайран қалдым.

    Гүрриң мазмуны психолог пенен оның қарыйдары Брок арасындағы өз-ара сәўбетте әсте-ақырын айқынланып барады. Бирақ, шексиз информациялардан, үйинде туфлийин тазалаў ямаса сигаретаның күли полға түспеўи ушын изинен қалмайтуғын шаң жутқыш сыяқлы турмыслық техника қуралларының изинен қуўып жүргенинен, социаллық пикирди үйрениў жәмийетиниң сан-санақсыз сораўларынан, жумыста радиоселектордың тынымсыз даўсынан соншелли ғәзеби келип, ақырында бул нәрселерден тойып кеткен қаҳарман дүкәннан қурал сатып алады да, үйиндеги барлық роботларды атып жоқ етеди ҳәм "мен жынаятшыман" деп өзин полиция ықтыярына тапсырады. Полиция психологты шақырады. Брок ислеген ислерин психологқа айтып береди: "Солай етип, биринши жынаят қурбаны телефон болды. Мен оны ҳаўаны тазалаўшы парреклердиң арасына тығып қойдым. Бийшара тама болды. Жеркенишли жынаят! Дурыс па? Кейин телевизор киноскобына алты оқты жайластырдым. Әжайып! Тап люстра шытнап кеткендей шыңғырлап кетти".

    Сонда психолог оннан "Сизге бул қураллардан пайдаланыў жақпайды екен, неге "Антирадиошылар" жәмийетине бармадыңыз?" деп сорайды.

    Брок жуўап береди: "Мен сол жәмийетке де бардым, митинглерде сүренлерди көтерип, көшелерге шықтым. Судларға неше мәрте мүрәжат еттим. Бирақ, буның менен тек мениң үстимнен масқаралап күлиўине ерискенмен. Себеби, ол жердеги барлық адамлар әлле қашан олардың қулына айланып кеткен. Тек мен ғана заманнан артта қалған екенмен!". Бул сөзлерди еситип психолог Брокқа "Улыўма ақылын жойытқан" деп диагноз қояды.

    Гүрриңниң көлеми онша үлкен емес, бар-жоғы 7-8 бет шығады. Автор бул гүрриңди 1953-жылы, буннан 61 жыл бурын жазған, бирақ бүгинги күнге шекем өзиниң әҳмийетин ҳеш қашан жоғалтпаған. Себеби, онда жазыўшы ҳәзирги ўақыттағы инсанияттың аянышлы жағдайын анық сүўретлеп бере алған.

    Тири емес, бирақ жүдә жуқпалы, микроб сыяқлы адамға тәсир ететуғын нәрселер, ўақыт жынаятшылары - технологиялар, электрон қурылмалар, социаллық тармақлар бүгинги күнде дүньяны толық ийелеп алды: Facebook, ОК, Твиттер, Инстаграм, Телеграм...

    Бүгин инсаният, яғный биз "механикалық аналар" тәрепинен пүткиллей тутқынға алындық. Бизлер оның менен соншелли араласып кеттик, енди оның қыйыншылығынан қандай шығыўды билмеймиз ҳәм ҳәрекет етпеймиз. Себеби, буның ҳеш қандай мүмкин емеслигин саналы түрде кеўлимизде сезе басладық.

    Сөзимиздиң дәлили сыпатында дүнья бойынша алынған статистикаға итибарыңызды қаратамыз. Бүгинги күнде жер жүзиниң 5,17 миллиард халқы интернеттеги социаллық тармақлардан пайдаланады. Бул дүнья мәмлекетлери халқының 62,6 процентин қурайды. Тилекке қарсы, бул көрсеткиш ҳәр жылы 3,4 процентке артып бармақта. Бул трагедия емес пе?

    “Brand analytics” компаниясының "Биз социаллықпыз" (We are Social) деп аталған социаллық изертлеўине бола, Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны улыўма халықтың 76,6 процентин қурайды, бул болса 26 миллион өзбекстанлы интернеттен пайдаланады, дегени. Олар тийкарынан, Google излеў системасынан, сондай-ақ, Yandex ҳәм басқалардан пайдаланады. Социаллық тармақлардың белсенди аудиториясы барлық дизимнен өткен пайдаланыўшылардың 65 процентин қурайды.

    2024-жылдың ноябрь айында Facebook социаллық тармағындағы белсендилердиң саны 10 миллион 96 мыңды (37,4 проценти ҳаял-қызлар, 61,6 проценти еркеклер, соннан 36,6 проценти 14-24 жаста), 2022-жылдың усы дәўиринде болса 5 миллион 878 мың 700 ди (33,6 проценти ҳаял-қызлар, 66,4 проценти еркеклер, соннан 31 проценти 14-24 жастағылар) қураған.

    Инстаграм социаллық тармағындағы белсендилердиң саны 9 миллион 427 мың 600 адам, 2022-жылдың усы дәўиринде болса 4 миллион 568 мың 100 адам.

    2022-жылдан 2024-жылдың усы дәўирине шекем еки статистикалық мағлыўматты салыстырсақ, пайдаланыўшылар санының 2 есеге артқанына гүўа боламыз. Бул трагедия емес пе? Қорқынышлы түрде артып баратырған санлардың жаслар ҳәм ҳаял-қызлар есабынан артыўы, пикиримизше, апатшылық болып табылады.

    Статистка ма - статистика, деп дүнья бойлап китап оқыў ҳаққындағы мағлыўматларды изледик. Translated.turbopages.org сайтында 98 мәмлекеттиң китапқумарлық дәрежеси салыстырылған статистикалық мағлыўматқа дус келдим. Ең көп китап оқыйтуғын мәмлекет АҚШ екен. Америкалылар бир жылда орташа 17 китап оқып, бир ҳәптеде 7 саат, бир жылда болса 352 саатты китап оқыўға сарыплайды екен. Индия жылына 16 китап пенен 2-орынды, Улли Британия болса жылына 15 китап пенен 3-орынды ийелеген. Дизимниң 98-орнын Аўғанстан жылына 2,5 китап оқыў менен ийелеген. Дизимнен Өзбекстан деген жазыўды излеп, таба алмадым.

    Ceoworld.biz сайтында да 102 мәмлекет үйренилген, бирақ биз ол жерде де көринбеймиз.

    Ютубта мыңлаған жазылыўшысы болған Муҳаммадали Эшонқуловтың айтыўынша, биз бир жылда ярымнан бир ярымға шекем китап оқыйды екенбиз.

    Китап оқымай атырғанлығымыздың тийкарғы себеплеринен бири, бәринен бурын, тийкарғы халықтың қатламының интернеттеги социаллық тармақларға ғалабалық түрде мүккесинен түскенинде деп билемен. Бизди Худойберди Тохтабаевтың "Муңлы көзлер"и не ушын усындай аталғаны емес, қайсы бир қосықшының қандай кийим кийиўи қызықтырады ямаса Мурад Мухаммед Дўст қәлемине тийисли "Лолазар" шығармасының тийкарғы идеясы не екенлиги емес, қайсы бир тик-токердиң қанша жазылыўшысы (подписчик) бар екенлиги ҳайран қалдырады. Ҳәттеки, бул бағдарда түнди таңға жалғастырамыз, көзимиздиң нурын аямаймыз.

    Ҳасан Басрийдиң бир гәпи бар: "Адамларға сөзиң менен емес, әмелиң менен нәсият бер!" Бул сөз ҳәзирги ўақытта пүткиллей социаллық тармақларға кирип кеткен ата-аналарға, яғный бизге айтылған. Өзимиз қолымыздағы телефонды бир шетке қойып, перзентимиз бенен адамлардай болып сөйлесейик: не машқаласы бар, оқыўы қалай, жақын арада китап оқыған ба? Жоқ, себеби биз өзимиз оқымаймыз. Арамыздан ким мәрт болып жақында китапханаға бардым деп айта алады? Ким баласына китап сатып алып берди? Санлар жүдә аз.

    Жоқарыда Рей Бредберидиң "Жынаятшы" гүрриңин бийкарға келтирмедик. Бүгин биз ўақыяға бай шығармалар авторының гүрриңиндеги Броктан өрнек алыўымыз керек. Биз қолсыз, аяқсыз, бирақ атомнан да күшлирек қуралға ийе болған жынаятшы - социаллық тармақлардан өзимизди тартып ала алмас екенбиз, өзимиз оннан ажыралып шықпас екенбиз, перзентлеримизди оның темир пәнжелеринен алып шықпасақ, онда келешегимиз ҳаққында ойлаўдан қорқасаң.

    Келешегимиз оның ийримине түсип пүткиллей батып кетпестен, қолымызға китап алайық, перзентлеримиз болса бизден үйренеди.

    Даврон УЛУҒМУРОДОВ,

    Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates