Сапар ўақтында мәмлекетимиз басшысы темир жол инфраструктурасын раўажландырыў, жолаўшылар ушын шараятларды жақсылаў, темир жолларды электрлестириў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша жуўапкерлердиң есабатларын тыңлады. Жуўапкер адамлардың алдына бир қатар ўазыйпалар қойды.
Ташкент-Хожакент электропоезды халқымызға қандай қолайлықлар береди? Халық бул бағдардан разы ма? Биз Хожакентке сапарымыз даўамында усындай сораўларға жуўап алдық.
***
Айнаға жақын орынға отырар екенмен, жол очерки, саяхат очеркин бурын ҳеш жазбағаным ушын гәпти неден баслаўды билмей турдым. Хожакентке шекемги жолда айрықша қызықлы бир нәрсе жүз беретуғынына үмит етер едим, бирақ ишим босап қалған гүзедей тым-тырыс еди. Сол дәрежеде ҳар нәрсени ойлап отырар екенмен, алдымда тым-тырыс китап оқып атырған ҳаял китап бетлерин избе-из, әсте ашыўы да жиниме тийди, керисинше вагондағы шаўқым өзине тартатуғын еди. Усы ўақытта баланың қатты даўыслап жылаўы әтирапты қаплап алды. Ҳәмме қатары қызығыўшылық пенен артқа қарадым: шама менен 3-4 жасарлардағы бала бир нәрсе деп анасына азап берип атыр. Ҳаял жас, биринши перзенти болса керек, тынышландырыўды еплей алмай, әтираптағылар оны қолынан келгенше алжастырып, кейпият оятыўға ҳәрекет етсе де, қайсар бала елеге шекем келисим бермейди. Ашығын айтқанда, ҳәммеси терисине баратырғаны ушын кейпиятым бузылды, жазыўға умтылыс қәлмады. Ишимнен не ушын екени белгисиз балаларды бундай саяхатларға алып шығып атырған ананы да, баланы да жақтырмай, ол жетпегендей басқаларға да кесент етпекте деген ой пикир тынымсыз айланып турған ўақытта, бул жағымсыз пикирди жанымдағы ҳаялға да ашыўлы түрде айтып жибергенимди сезбей қалдым.
- Не ушын бундай дейсиз? Буның неси жаман? - деди ол китапты әсте-ақырын жаўып. - Сейил етиў, әсиресе, мине усындай қолайлы поездларда қайсы бир жерге барыў, негизинде өзимизди бахытлы сезиниўимиз ушын материаллық затлардан қымбатлырақ. Яғный, бизге затлардан қымбатлырақ болған жаңа тәжирийбелер береди. Үлкен-киши саяхатларымыз даўамында алган тәжирийбелеримиз мийде жаңа нейрон каналларын ашады. Бул бизди және де дөретиўши, бейимлесиўши етеди ҳәм жаңа идеялар береди.
Сейил етиўди биз тек үлкенлерге тийисли деп ойлаймыз. Негизинде бул пүткиллей надурыс көзқарас. Саяхат ўақтында баланың дөретиўшилиги, көзқарасы артады. Бул ҳаялдың қарарын жеке мен қоллап-қуўатлайман. Дурыс, бала жылайды, бир нәрсе жақтырмайды, бирақ исениңиз, сапар жуўмағында оннан қуўанышлы кишкентай болмайды. Буннан тысқары, саяхатқа шығыў, ол узақ болсын ямаса жақын болсын, балаларда қыйыншылықларға шыдамлылықты арттырады. Балалар ушын саяхаттың бундай "дузақ"ларын басынан кешириў - адасыў, басқалар қоршаўы - булардың барлығы оның характерин қәлиплестиреди. Бул оларға жаңа нәрселерди сынап көриў ҳәм өзин толық сезиниў имканиятын береди.
Бундай күтилмеген ҳәм қанша бийкарлаўға қарамастан, тийкарлы болған гәплерден ҳайран қалдым. Қыялымдағы әпиўайы бир ҳаялдың усындай өткир пикирлеўи ҳаялды шетке шығарып, ол ҳаққында көбирек билиўге қызығыўшылығымды арттырды. Соңынан белгили болды, Лайло апа Турдыбаева әйне балалар психологы болып жумыс алып барады екен. Бул сәўбетке ашық, оғада тыныш, кеўилли ҳаял менен өткен сөйлесиўимиздиң даўамы оны өз тараўының ҳақыйқый қәнигеси екенлигин мойынлаўға мәжбүр етти. Соның менен бирге, очерктиң басланыўы ушын газета оқыўшыларына пайдалы ўақыяны таўып алғанымнан жүдә қуўанышлы едим.
- Саяхат арқалы бала түрли мәдениятлар менен тиккелей байланыста болып, оларға тарийхты ашыў, жайласыў ҳаққындағы улыўма мағлыўматлар, соның ишинде, үрп-әдетлерди үйрениў имканиятын береди. Оның ушын басқа мәмлекет болыўы шәрт емес, елимиздиң өзинде ҳәр қыйлы қәдирият ҳәм мәдениятқа ийе халықлар, адамлар бар, - дейди Лайло Турдыбаева енди пүткиллей оқыўды шетке қойып. Ол дыққат-итибарымды өзине қаратқан, толқынлап сөйлегенин қақ ортасынан бөлмеў ушын үндемей, жаңа нәрсени үйренип атырған оқыўшы сыяқлы заўық пенен тыңлап бардым. Егер бала бир неше мәденият пенен дусласса, сезимлерин хошаметлеўши жаңа тәжирийбелер олардың дөретиўшилик процесинде әҳмийетли қуралға айланады. Көп мәдений тәжирийбе баланың билим процеслерин өткирлестиреди, ҳәр қыйлы мәдениятлардан жаңа перспективаларды өзлестириў оларға өз идеяларын ҳәм санасын кеңейтиўге жәрдем береди. Саяхат олардың эмпатиясын, кеўил билдириўин, түсиниўин ҳәм адамларға байланыслы хабардарлығын тереңлестиреди, өмирин және де байытатуғын инсанлар менен танысыў имканиятын береди. Саяхат ата-аналар ҳәм балаларды және де жақынластырып, түсинбеўшиликлерди сапластырады. Және бир нәрсени айтыў керек, баланың яды күшли болыўын сиз де жақсы билесиз, ол әтираптағы өзгерислерди, айтайық, мине бул электропоезддың қолайлығы, реңи, жолаўшылар, темир жол бойындағы мәўсимлердиң алмасыўына сәйкес жасыл ямаса ақлық, таўлар, бой тиклеп атырған ҳәм жаңаланып атырған имаратларға жанлы гүўасы болады. Бул үлкейгеннен кейин оның үлкейгенге шекемги дәўирде не өзгергенин анық айырыўға жәрдем береди. Өзимнен бир мысал, бир неше он жыллар бурын суўық, ағаш отырғышларда тығылып, қысылып отыратуғын едик, айнадан тамаша етиў ушын үлкен көринис ямаса имаратлардың өзи жоқ еди, хызметкерлердиң мәмилеси қатты, гейде хызметкерлердиң өзи жоқ еди. Бир нәрсе жүз берсе, кимнен мәсләҳәт алыўды билмейтуғын едик. Ҳәмме түскин, ашыўлы, қаяққадур асығыс... Бүгин сол ўақыттағы тынышсыз сапарымды қанаатланыўшылық пенен еслеймен, себеби ҳәзирги шараят пенен парық аспан менен жердей. Өз көзиңиз бенен көрген тарийх - ең исенимли болады. Соның ушын, итибар берсеңиз, жасы үлкен адамлар бүгинги шараяттан жасларға қарағанда көбирек разы, миннетдар. Ғәрезсизлик ҳәм оған байланыслы жоқары түсиниклердиң қәдирине жетиўди де биледи. Себеби, олар парқты көре алады, бир ўақытлары айдай далада шөл болған жерлер жасыл мәканға ямаса санааты раўажланған қалаға айланғаны, қорқып айтылған сөзлерге бүгин еркинлик берилгени оларға ҳәммеден көбирек тәсир етеди. Сиздей ҳәм сизден кейинги әўлад болса раўажланып атырған мәмлекеттиң процеси арасында туўылып камалға келгенлиги себепли үлкен өзгерислер онша сезилмейди. Ҳәр қандай көлемли реформалар болыўы шәртли ҳәдийсе сыпатында қабыл етиледи. Қараң, бир мәртебе бир неше әўладтың руўхый дүньясын аңлаўға қаншелли жәрдем береди. Сиз болсаңыз ишиңиздеги турақсызлықты, егер мүмкин болса, ҳеш нәрсе ислемеўге умтылыўыңыз болған минезиңидеги ҳәлсизликти усы жастағы қәўип-қәтерли болыўы тәбийий болған баладан көрип отырсыз...
Лайло апа қолайсыз түрде билдирген арзыма салмақлы түрде терең ойлап берген жуўабы тек өзимнен уялып ғана қоймастан, ал кейпиятымды көтериўге, бираз тынышланыўға да жәрдем берди. Өзгерислер ҳаққындағы сөзлеринен кейин не ушын бул нәрсе алдын ойыма келмегенине ҳайран қалдым. Негизинде мен кейпиятыма бейимлесип, болажақ сапарымнан тек кемшилик излеў ушын жолға шыққаным, қарарды басынан-ақ надурыс қабыл еткенимди түсинип қалдым. Әлбетте, аспанға көтерип мақтаўдан пайда жоқ, бирақ болып атырған жумыслар ҳаққында толық жазбаў да дурыс емес. Енди не ислеў кереклигин анықлап алдым, ўақытты бос жибермейин дедим де, еле поезд ҳәрекетленбестен бурын бул жаңа электропоезд, темир жолдың оңланыўы, улыўма, әмелге асырылған ҳәм гөзленген режелерден хабардар болыў ушын қәнигени излей басладым.
- Президентимиздиң 2023-жыл 10-октябрьдеги "Өзбекстан Республикасы темир жол транспорты тараўын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, "Өзбекстан темир жоллары" акционерлик жәмийети трансформацияланбақта. Жәмийет қурамында инфраструктура, вагон хызмети, жолаўшы тасыў сыяқлылар менен шуғылланатуғын 6 ғәрезсиз кәрхана жумыс баслады. Поездлар парки де кеңейтилип, жолаўшы тасыўда халық ҳәм туристлерге қолайлықлар арттырылмақта. Көрип турғаныңыздай, жаңа, заманагөй, беккем поездлар алып келинди. Буннан тысқары, Ташкенттен Самарқанд, Бухара, Қаршы сыяқлы тарийхый қалаларымызға "Афросиёб" электр поездларының қатнаўы көбейтилди, - дейди "Қала әтирапында жолаўшы тасыў" ЖШЖ директорының орынбасары Дилмурод Убайдуллаев. - Өткен дәўирде елимизде 3 мың километрден аслам темир жол электрлестирилди. Бухара - Үргенш - Хийўа темир жол тармақларын электрлестириў жуўмақлаўшы басқышта. Мискин - Нөкис жөнелисинде жедел даўам еттирилмекте. Ташкент әтирапында да электрлестирилген жол қурылып, поездларды өткериў имканияты 30 процентке артты. Мине, жақын күнлерден берли болса Ташкент - Хожакент жөнелисинде жаңа электропоезд қатнаўы жолға қойылды. 6-декабрь күни мәмлекетимиз басшысы усы поездға минип, оның ҳәрекетин бақлады. Сапар ўақтында Шавкат Мирзиёев Ташкент ҳәм Хожакент арасындағы темир жолға тутас аймақларды 2025-жылғы реновация бағдарламасына киргизип, оларды тәртипке келтириўге көрсетпе берди. Жөнелистеги қыйсық бөлимлерди дурыс етип қайта қурыў арқалы күнлик экспресс поездлардың қатнаўын көбейтиў ҳәм көбирек жолаўшыларға хызмет көрсетиў ушын шараят жаратыў тапсырылды. "Жасыл мәкан" жойбары шеңбериндеги жумыслар да додаланды. Темир жол шетлерин көклемзарластырыў, суў ресурслары шекленген аймақларда сырт ел тәжирийбеси тийкарында қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлерди егиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳәзир сизге бир неше цифрларды сезимсиз түрде анлатып атырғандай көринетуғын болыўым мүмкин, бирақ исениңиз, жеке өзим де буннан қуўанышлыман. Бул электропоездлардың жолға қойылыўы - тараўда үлкен өзгерис. Өзиңиз гүўасы болып турсыз, вагонлар қолайлы, жақты ҳәм ыссы. Оның айнасынан самал өтпейди, отырғышлар қолайсыз, отырып та, жатып та болмайтуғын қыйлынан емес, керисинше, жумсақ және таза. Айтпақшы, орынлардың саны нақ 586. Тик турған ҳалда 1472 жолаўшыны сыйдыра алады. Видеобақлаў камераларына итибар берген болсаныз керек. Ҳәр бир орынлықлардың астында USB портлары бар. Мағлыўмат таблолары ҳәм өрт қәўипсизлиги системасы орнатылған. Қысқаша етип айтқанда, жолаўшыларымыз ушын максимал қолайлық жаратылған. Поезд саатына 120 километрге шекем тезликке шығыўы мүмкин. Бурын адамлар еки сааттан аслам ўақтын жолда өткериўге мәжбүр болған болса, енди анық бир саатта Хожакентке жетип бармақта. Ҳәр бир тәрепке күнине үш қатнаў жолға қойылған. Поезд сондай қолайлы орында тоқтайды, сиз "Әмирсай" дем алыў орайына да, Чарвак суў сақлағышы ҳәм Бостанлыққа тутас басқа да дыққатқа ылайық орынларға да қысқа ўақытта жетип барыўыңыз мүмкин.
Шынында да, бир саат әтирапында тәбияты гөззал, ҳаўасы жаксы Хожакентке жетип бардық. Бул жерде байрақтай желбиреп турған үлкен палма тереклериниң жапырақларын ушыратпассыз, шексиз теңиздиң жыллы ҳаўасынан да өкпениңизди толтырып дем ала алмасаңыз да, бирақ бул зумрад мәкан өзиниң гөззаллығы, шаң түспеген тереклери, 20 дәрежеден жоқарыға көтерилмейтуғын ығаллы ҳәм оғада таза ҳаўасы менен есте қалады. Әсиресе, Бостанлық районын кесе сыяқлы қоршап турған саўлатлы таўлардың төбесинен аспанға бойласыўы, өзиниң шын мәнисинде жеке микроклиматына ийе аймақты тамаша етиў заўқы басқаша.
Тәбият қушағындағы бул аймақтың драйвери, сөзсиз, туризм. Кейинги жыллары инфраструктура жақсыланып, жылдың барлық мәўсиминде мазмунлы дем алыў имканияты жаратылғаны, дем алыў, саламатландырыў, шана, саяхат, улыўма аўқатланыў комплекслери қурылып, ески санатория ҳәм балалар дем алыў орынларының жаңаланғанын көриў мүмкин.
Бес жыл алдын Бостанлық районында 2 мың 240 орынға ийе 26 дем алыў орны болған болса, усы дәўирде тараўға 2 триллион сумнан аслам инвестиция киргизилип, 13 мыңнан аслам орынға ийе 59 ири туризм объекти иске қосылды. Тийкарғы автомобиль жолы оңланып, қосымша жоллар қурылды. Булардың нәтийжесинде туризм жедел раўажланды, келиўшилер 12 есеге артты.
Көз алдыңызға келтириң, бес жыл алдын Бостанлыққа жылына 850 мың турист келген болса, быйылғы жылдың өзинде 12 миллион адам келген. Бул нәтийже усы менен тоқтамайды. Бул пәт избе-из даўам етпекте. Мәселен, Шыршық дәрьясы бойында "Чорвоқ дарвозаси" туристлик комплекси қурылмақта. Дерлик 25 гектар майдандағы комплексте 16 көп қабатлы турақ жай, 3 мийманхана, 2 супермаркет, 60 тан аслам саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшасы, кафе ҳәм ресторанлар, банк офиси, аквапарк, музыкалы фонтан, автомобиль турыў орны болады. Имаратлардың төбесине қуяш панеллери орнатылады. Дәрья үстинде сейил етиў ушин шийшели көпир қурылады. Комплекс күнине 5 мыңнан аслам адамға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе болады. Мәўсимли жумыс пенен бирге 2 мың 500 жумыс орны жаратылады.
Президентимиз хызмет түрлерин көбейтип, жедел туризмди раўажландырыў, бундай комплекслерди басқа районларда да жойбарластырыў, аймақларда экологияға айрықша итибар бериў, жасыллықты көбейтиўди мақсет еткенин жоқарыда келтирилген мағлыўматлардан билиў қыйын емес.
Пайтахтқа түстен кейин қайтып келген болсам да, ол жердеги руўхый күш пенен тойынып алыўға үлгердим. Әҳмийетлиси, бул киши саяхат маған жуўапкершиликли болыў кереклигин үйретти. Терезеден мен тамаша еткен ҳәм узақ ўақыт көз алдымда қалмайтуғын сүўретлер өмири және де абаданласыўын, инсан қәдири биринши орында болыўын шын кеўилден қәлеген ҳәм соған жараса мийнет етип атырған мәмлекет ҳәм миллет алдында әне усы улыўма мақсетти әмелге асырыўда жуўапкершиликти сезиниў керек екенлигин еслетти.
Нәзеримиздеги киши, бирақ сапалы жумыслар менен мәмлекетимиздиң раўажланыўына биз ойлағанымыздан да көбирек үлес қосыўымыз мүмкин екенлигине исеним бағышлады. Бул исенимди бөлисиў арқалы азда болса, өз ўазыйпамызды орынламақтамыз деп ойлаймыз.
Азизбек ЮСУПОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы