Тойдағы ойлар

    Пикир 13 желтоқсан 2024 16

    Ямаса кәмбағаллықтың бир ғана "кисени" ҳаққында

    Қашқадәрья ўәлаятының тойлары ҳаққында сөз болғанда көпшилик "оҳ-ҳо" деп жибереди. Пәленшениң үйинде бунша, төленшениң үйинде сонша қазанда аўқат асылды, тонналап гөш тарқатылды деп айтып мақтанады. Нәтийжеде жыллар даўамында қанша адам қарызға батып жасайды.

    "Қыз шығарғанға қырық жыл тийме"

    Қоңсым Саидазим аға көп жылдан берли такси айдайды. Сол себепли болса керек, мәҳәллемиздеги дерлик көпшиликтиң телефон номерлерин ядтан биледи. Басқалар да оның теоефон номерин ядлап алған болса керек. Себеби, аўыллық жерде ең керекли адам – такси айдаўшы. Ол да адамлардың жақсы күни болсын, кеселли болсын - бәрқулла хызметке таяр. Кимде ким бир жерге барса, дәрриў Саидазим ағаға мүрәжат етеди. Берекет тапсын, күн бе, түн бе, адамлардың узағын жақынластырыўға асығ0430ды.

    Әдеттеги күнлердиң биринде мен де оның машинасына минип қалдым. Бираз жүрместен Саидазим аға мәҳәллениң ең шетинде жасайтуғын Сабыр аға (аты өзгертилген) азанда қоңыраў етип, ҳаялы кеселлиги себепли көшеге шыға алмайтуғынын, екеўин үйинен алып кетиўди өтиниш еткенин айтып, сол тәрепке қарай машинасын бурды. Он минут жүргеннен кейин, Сабыр ағаның ҳәўлисине кирип келдик. Ҳаялының наўқас екенлигин есапқа алған қоңсым машинасын туўры үй алдына алып барып тоқтатты. Үй ийеси бир көринис берип, "ҳәзир" деп тағы ишкериге кирип кетти.

    Дурыс, мәҳәллелес болыўына қарамастан еки-үш тойында келгенимди есапқа алмағанда, бир мәртебе де үйине бармаған екенмен. Төрт бөлме, бир әйўаннан ибарат жай. Бирақ, қызық тәрепи, тек бир ханаға есик-айна орнатылған. Қалған үш бөлме пахса дийўал болып тур. Ҳеш бириниң есик ҳәм айнасы жоқ. Жаңа көшип келген шаңараққа уқсайды. Ал, алжаспасам, бул жерге үй ийеси көшип келгенине жигирма жылға жуўық ўақыт болды. Бурынлары еки бөлмеден ибарат кишигирим үйи бар еди. Оны бузып, жаңасын қурғанына да үш-төрт жыл болды. Бундай жерде жасаўаған адам наўқас болмай не болсын, деген ой кетеди.

    Мен ойлаған пикирди шофёр да ойына келтирип атырған екен.

    - Узақтан үлкен үй болып көрингени менен, сол қурылғаны менен тур. Сабыр аға да, устаман деп тек биреў пул берсе ғана ислеп, өзиники ешейин болғаны ушын қол урмаған шығар, - деп таңланғанын жасырмады.

    Бул арада Сабыр аға жеңгейди жетеклеп шығып, машинаға миндирди. Ерли-зайыплылар артқы орынға отырғаннан кейин, жолға шықтық.

    - Бул Сабыр жора, жай сол турысына тур, қурылғанына да көп ўақыт болған шығар, - деп Саидазим аға артына қарады.

    - Аўа, бир күни питип қалар, -деп қысынып жуўап берди Сабыр аға.

    - Өзиңиз көп жылдан берли усташылық етесиз, көп жумыс қолыңыздан келеди ғой, - дедим гәпке араласып.

    - Әй, несин айтасаң? Бул жайды еплеп көтерип алғаным менен, ишлерин оңлаўға мүмкиншилигим болмады. Өзи дәслеп әкем еки бөлмели жай қурып берип, усы жерге көширген еди. Қалғанын өзим еплеп кетемен, деген едим. Бирақ, адамның ойлағаны бәрқулла бола бермес екен. Аллаға шүкир, төрт қызым, бир улым бар. Ең генжеси ул. Жаслықта әне ислеймен, мине ислеймен деп ўақытты өткерип алыппыз. Соның арасында қызлар да ер жетип қалды. Бириншисин турмысқа шығардым. Оғанда бираз қәрежет кетти. Бираз қарызға да батып қалдым. Оның орнын қаплаў ушын көп иследим. Қарызлардан енди қутылып, азғана пул топлағанымда екинши қызымның тойы болатуғын болды. Қыз шығарғанға қырқ жыл тийме деп бийкарға айтылмаған екен. Илажым қанша, ел қатары той бериўим керек. Тағы қәрежет. Бир күнлик тойдың илажы болар, бирақ келинниң көрпе-төсегинен баслап, қудаларға сарпай дегендей ҳәр түрли нәрселер адамды дым шаршатып жибереди екен. Улыўма айтқанда, төрт қызды узатаман деп бир сом пул топлай алмадым. Өткен жылы ең кишкенесин узаттым. Есаплап қарасам, жетпис миллион сумнан артық пул жумсаппан. Елеге шекем қарыз төлеў менен әўеремен. Бул жағында ҳаялды да аўыртып алдым. Еледе бир ғана бузаўым қалған екен, соны кеше базарда саттым. Дәри-дәрмаққа жетип калар деген үмитте баратырмыз.

    - Еле бәринен қутылды деп ойламаң, екинши қыздың баласына бесик те алып барыўымыз керек. Жақында қудағай келип, гәптиң арасында еки-үш мәрте нықыртып айтып кетти, - деди жеңгей бираз шаршаған даўыс пенен гәпке араласып.

    - Аўа, енди бесик көтерип, сөйтип өлип кететуғын шығарман, - деп Сабыр аға өксинип қойды.

    - Бундай артықша қәрежет неге керек екен? Мине, есиңизде болса, карантин ўақтында Аҳад аға келин түсирди. Сонда тек ғана бес кило гүриш асылып, палаў писирген еди, - деди ерли-зайыплыға ашынып Саидазим аға. – Асып кетсе жигирмаға жақын адам келди. Соның менен ҳәммеси өтти. Мине, еки жас бахытлы шаңарақ болып жасап атыр. Биреўден кем жери жоқ. Мениңше, көрпеге қарап аяқ созған мақул. Адамлар өйтипти, бүйтипти, ҳеш кимнен кем болмайман деп өзиңе салмақ салыў шәрт емес. Оннан гөре турақ жайды жақсылаў, хожалығын пүтинлеп, денсаўлыққа қараў керек.

    Жолдағы гүрриң мени бираз ўақыт ойландырды. Жасы елиўге жақынласып қалған Сабыр ағаға ашынбаўдың илажы жоқ. Жасап отырған үйи мынандай жағдайда бола турып, елге ас тарқатыўдың қандай логикалық мәнисине туўра келеди. Буннан тысқары, бир ғана бөлмеде жетерли шараяттың өзи жоқ. Қыстың суўығында мийман келип қалса, қандай жағдайға түсиўин көз алдыңызға келтирип көриң. Бир күнлик тойдың ақыбети шаңарақты қаншелли қыйын жағдайға салып қояды? Еле тағы үш қыздың баласына бесик алып барыўы керек. Бул жағында баласы да жақында мектепти питкереди. Усташылық арқалы хожалығын бағып отырған Сабыр аға қашан кәмбағаллықтан шығып, қашан абадан жасайды?

    Күйеў бала түйе таўықтың гөшин жейди екен...

    - Кәмбағаллықты қысқартыўдың шәртлеринен бири - тойларды тәртипке салыў болып есапланады, - дейди қамашықлы нураный дөретиўши Уралбай Қабилов. - Ел арасында көп жүремиз. Тойлар ким өздыға, жарыспаққа өткерилмекте. Ысырапгершиликлерди көрип, реҳимиң келеди. Анаў күни аўылда бир адам той берди. Өзи еки баласы менен сырт елде ислеп жүр еди. Салтанат тойханада болды. Дастурханда бос орын жоқ. Бир тәрепинде суўық гөш, бир тәрепинде таўық гөши, балық, палаў, сорпа. Бул жақсы, бирақ мөлшеринде болғаны жақсы. Ең қызығы, әне усы тағамларға қол узатпай атырып, көркем өнер шеберлерине нәўбет берилди. Бирден даўыс күшейттиргишлер иске түсип, қулақты тесетуғын қосықлар жаңлай баслады. Қәне енди бир сөзди еситсең. Шаўқымнан бас аўырып, иштей де жоғалды. Еки-үш мәртебе даўысын пәсейтиўди сорадық, түсинсе қәне. Ақырында шығып кетиўге мәжбүр болдық. Бул тек усы тойханада емес, көпшилик жерде сондай. Ҳәзир ойлап көрсем, көшеде тойхана менен дәрихана көбейип кетипти. Жақын жылларда бирде-бир китапхана қурылғанын көрмедим. Тилекке қарсы, арадан бир ҳәпте өткеннен кейин, той ийеси және сырт елге кеткенин еситтим. Айтыўына қарағанда, той қәрежетинен көп қарызға батып қалыпты. Енди буны төлеў ушын және қанша ўақыт жумыс ислейди, билмедим. Буннан тысқары, жаңадан пайда болып атырған үрп-әдетлер де адамлардың экономикасын артқа тартпақта. Жақында бизиң тәрепте күйеў түйе таўық гөшин жейди, деген жаман әдет пайда болды деп еситтим. Күйеў бала тойдан алдын қайын атасының үйине онлаған дослары менен мийманға барады екен. Оларға түйе таўық сойып бериледи. Оғанда кеминде еки-үш миллион сум жумсалыўы керек екен. Билмедим, жигит адамның абырайы кайда қалды?! Жаслығымызда тойлар әдеўир ықшам өткерилетуғын еди. Әсиресе, қыз шығарыў жүдә әпиўайы еди. Ҳәзир тойлардың айырмашылығын билмей қалдық. Үйине кирип көрсеңиз, дурыслы шараяты жоқ, бирақ тойда барын шашып жибереди. Бул мақтаншақлық па, басқа бир нәрсе ме, билиў қыйын.

    Он студенттиң контракт пулы

    - Қанша сөз болмасын, түсиндириў жумыслары алып барылмасын, бәри бир тойларды тәртипке салыў қыйын болып атыр, - дейди Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң мәмлекетлик тил бойынша кеңесгөйи Нуриддин Эгамов. - Тойлар тек жарыспаққа ямаса мақтаныў ушын берилип атыр. Анық есап-санақ етилсе, бир той ушын кеминде 50-60, айырымларында 250-300 миллион сум жумсалыўы мүмкин. Кимгедур мақтаныўды қәлесениз, әйтеўир ысырапгершилик етип, бир күнлик азық-аўқатқа емес, қандай да бир мүтәжлиги бар студенттиң контракт пулын төлеп жибериң, бир адамның кеўлин таўдай көтерген боласыз. Сиз ислеп атырған бир күнлик қәрежеттиң орнына он студенттиң бир жыллық контракт пулын төлесеңиз, жыл даўамында билим алыў имканиятына ийе болады.

    Бир күни достым айтты: "Үйге мийман келетуғын болып қалды. Балам менен базарға шығып, керек затларды сатып ала басладық. Сол ўақытлары балам еки дәптер сатып әпериўимди сорады. Кейинги сапары алып беремен, пулым жоқ, деп бәнеледим. Затларымызды машынға тийеп, баламды сол жерде қалдырып, спиртли ишимликлер дүканына жол алдым. Бул арақлар да қымбат екен. Соннан үш-төртеўин алып, машында кайтып баратырып, ойыма бир нәрсе келип қалса бола ма? Азғантай ўақытқа келип-кететуғын қонақ ушын сонша ақша жумсадым, бирақ балам ушын еки дәптер алыўға ақша шығарғым келмеди. Мен өзимди жек көрип кеттим. Бул да ҳеш гәп, үйге келген соң, бес жасар қызым базардан алып келинген мийўелердиң арасынан алмуртты көрип, бир данасын жемекши болды. Ерли-зайыплылар: "Булар мийман ушын алынған," деп балаға бақырып тасладық. Бир ғана алмуртты баламнан қызғанып, мийманға төгип-шашқаным ушын өзиме-өзим түсинбей қалдым".

    Бүгинги тойларда бизди таң қалдырған және бир тәрепи сонда, үлкен-кишилердиң бир-бирине ҳүрмети, той мәденияты, қәдириятлар умытылып бармақта. Ысырапгершиликке ҳәмме теңдей үлес қоспақта, десек де болады. Мысалы ушын, ҳүрмет пенен бир адам тойға шақырылса, келиўи менен жигирма минут ямаса ярым сааттан турып шығып кетеди. Негизинде той ийесиниң ярым саат ўақты мийманларды жайғастырыўға кетеди. Биринши аўқат келместен тойхана босап қалады. Екинши аўқат болса тартылмай-ақ, обал болады. Бундай жағдайлар жүдә көп жүз берип атыр. Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай қәдем таслар екенбиз, бәринен бурын, бийкарға жумсалатуғын қәрежетлердиң алдын алыўымыз, ықшам, арзан тойлар өткериўге үйрениўимиз керек.

    Китапсыз үй

    Буннан еки-үш жыл бурын телевидениеде ислейтуғын кәсиплесим алысырақ районда бир ғарры адам ҳаққында көрсетиў таярлаў ушын кетип баратырғанын айтып, маған жолдас болып барыўымды сорады. Бирге бардық. Кәсиплесимниң айтыўынша, ата жақында тоқсан бес жасқа толады. Усы мүнәсибет пенен перзентлери көрсетиў таярлаўды сораған. Тез арада атаның юбилей тойына қосып, ақлықларының сүннет тойы да үлкен етип өткерилетуғынын айтты.

    Бир қанша жол жүргеннен кейин, ҳәр бир үйдиң аралығы кеминде бир километр болған, кең таўда жайласқан аўылға кирип келдик. Биз кирип келген ҳәўли де басқалардың ҳәўлисинен қалыспайтуғын еди. Ең қызығы, ҳеш бир ҳәўлиниң дийўалы, дәрўазасы жоқ. Атаның баласы күтип алды. Ишкериге кирип, ақсақал менен сәлемлесип, мақсетимизди түсиндирип бердик. Сөйлесиў процесинде атаның жасына салыстырғанда бираз шаққан екенин аңладық. Усы жасқа келсе де көриў қәбилети бирқанша жақсы екен. Жолдасым еки-үш түрли ракурста сүўретке алғаннан кейин және қандай жағдайда сүўретке алыў ҳаққында ойлап қалды. Сонда атаның көзи зийреклигин есапқа алып, оны китап оқып отырған ҳалда видеоға алыў мүмкинлигин еслеттим. Бул усыныс шеригиме де мақул келди. Енди тек ғана китап табылса болды.

    Арадан он, жигирма, отыз минут ўақыт өтсе де, үлкен үйден бир китап шықпады. Ақыры болмаған соң, қоңсысының үйине барды. Сонша излеўлер бийкар кетип, тек ғана бир китапты таўып келди. Бул жағдайдан ҳайран қалған ҳалда сүўретке алыў жумысларын еплеп жуўмақладық. Маған бул жер негедур шырағы өшкен, зимистандай болып көринди.

    Арадан бир ҳәпте өткеннен кейин, кәсиплесимниң қоярда-қоймай мирәт етиўи менен атаның тойына бардық. Тойға киятырғанлардың ақыры көринбейди. Жер ошақ үстинде қайнап атырған қазанларды еринбей санаўға киристим. Жәми 17 қазанда гөш писпекте, 22 қазанда болса палаў. Үлкен, үсти жабық жүк машиналары қатара қойылған. Олардың биринде писирилген гөш мийманларға тарқатылмақта. Биринде нан, екиншисинде газли ишимликлер. Усы ўақытта ойымнан "Эҳ-ҳе, сонша өнимниң пулына қанша китап сатып алыў мүмкин! Қалаберсе, пүткил китапхана қурып, ишин ҳәр қыйлы әдебиятлар менен толтырыў мүмкин ғой," деген ой өтти. Үйинен тек ғана бир китап шықпаған адамның тойындағы жағдайға ашыныўды да, күлиўди де билмейсең.

    Қарар бар, орынлаў-ше?..

    Той болғаны жақсы. Бирақ, ҳәмме нәрсе нормада болса, пайдадан жырақ емес. Жоқарыдағы таллаўларда бираз ысырапгершилик ҳаққында сөз болды. Бир тойдың қәрежетин есапласақ, эҳ-ҳе, жуўмақлаў қыйын. Буннан тысқары, "келинновкар", "шарлар", "ата көрди", "сеп жайды", "қуда шақырды", "күйеў шақырды", "келин шақырды", "дастурхан жибериў" ҳәм басқа үрп-әдетлер де бар. Бирақ оларды тәртипке салыў бизиң миннетимиз.

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасы кеңеси ҳәм Сенат кеңесиниң "Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер өткерилиўин тәртипке салыў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында"ғы қоспа қарарына қол қойылды. Бирақ, оның орынланыўы дерлик сезилмей атыр. Көпшилик орынларда айырым мәҳәлле баслықлары, жәмийетлик белсендилер буннан хабары да жоқ.

    Халық арасында саламат турмыс тәризи, дурыс аўқатланыўды үгит-нәсиятлап атырған бир ўақытта тойхана ҳәм дәриханалардың көбейгени бийкарға емес. Қалаберди, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай қәдем таслар екенбиз, оған тосқынлық етип атырған ең әҳмийетли фактор тәртипсиз тойлар екенин ўақтында аңлаўымыз зәрүр. Сондай-ақ, қоспа қарар орынланыўы әмелге енгизилмесе, ысырапгершиликтиң тоқтаўына ҳеш ким кепиллик бере алмайды.

    Акбар РАҲМОНОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы