Атап айтқанда, тараўдың ҳуқықый тийкарларын жетилистириў мақсетинде "Билимлендириў ҳаққында"ғы нызамның жаңа редакциясы, "Педагогтың статусы ҳаққында"ғы нызамның қабыл етилгени системадағы машқалаларды сапластырыўға, алып барыўға кең имканият жаратпақта. Сондай-ақ, педагоглардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери, жумысының тийкарғы кепилликлери, мийнетине жараса ҳақы төлеў, хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў принциплери белгиленди. Буннан тысқары, педагогтың ҳуқықлары, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик абырайы мәмлекет қорғаўында болыўы қатаң белгилеп қойылды.
Президентимиз усы жылы 20-ноябрьде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў, жасларымызды ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип тәрбиялаўға қаратылған сиясат избе-из даўам еттирилетуғынын атап өтти.
Усы мақсетте келеси жылларда бақшаларға қамтыўды 80 процентке, жоқары оқыў орынларында болса кеминде 50 процентке жеткериў ҳүкимет ушын тийкарғы ўазыйпа болып қалады. Халықаралық финанс институтларының 61 миллион доллар қаржысы есабынан 2025-жылы 252 жаңа бақша қурылады, сондай-ақ, 174 бақша ҳәм 379 мектеп оңланады ҳәм жаңадан қурылады.
Бул процессте жеке меншик сектор арқалы оқыўшы орнын көбейтиў ушын мектеп ашатуғын исбилерменлерге жеңиллетилген кредит ажыратылыўы нәзерде тутылғаны итибарға ылайық тәрепи болып табылады. Жеңиллик ҳәм имканиятлар тек ғана тараўда жеке меншик сектордың раўажланыўына емес, ал саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў, жоқары маман кадрлар таярлаўға хызмет етеди.
Президентимиздиң усы жыл 22-ноябрьдеги "Билимлендириў тараўында жеке меншик сектордың қатнасыўын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысын қоллап-қуўатлаў, билимлендириў тараўында жеке меншик сектордың үлесин буннан былай да арттырыў, усы бағдардағы исбилерменлик субъектлерине қолайлы шараят жаратыў және оқытыўдың инновациялық педагогикалық түрлери, метод ҳәм технологияларын енгизиўге хызмет етиўи менен әҳмийетли.
Билимлендириў системасында жеке меншик секторға берилип атырған имканият нәтийжесинде кейинги сегиз жылда жеке меншик мектеплер 27 ден 500 ге, мәмлекетлик емес бақшалардың саны болса 250 ден 30 мыңға жетти.
Усы қарар менен елимизде ислеп шығарылмайтуғын, белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлерин үскенелеў ҳәм жумысын тәмийинлеў ушын алып кирилетуғын заманагөй оқыў ҳәм лаборатория үскенелери, компьютер техникасы, бағдарламалық өнимлер, оқыў ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар, әсбап-үскенелер ҳәм материаллық-техникалық ресурслар бажыхана төлеминен азат етиледи.
- Усы ўақытқа шекем мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң жумысы ушын бир қатар жеңилликлер берилген еди, - дейди Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң қәнигеси Жавоҳир Рашидов. - Атап айтқанда, олар социаллық салықтан тысқары барлық салықтан азат етилген еди. Бирақ бул жеңилликтиң мүддети 2025-жыл январьға шекем етип белгиленген еди. Жаңа қарар менен енди бул жеңилликлердиң мүддети 2030-жыл 1-январьға шекем создырылды.
Ҳүжжетте белгиленген және бир итибарлы тәрепи: билимлендириў системасына сырт ел қәнигелерин тартыўда да имканиятлар көлеми кеңейтилмекте. Атап айтқанда, мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған сырт ел оқытыўшы ҳәм қәнигелер физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салықтан азат етиледи.
2025-жыл 1-январьдан баслап турақлы түрде педагогикалық жумыс алып барыў ушын келетуғын сырт ел қәнигелерине "А-2" оқытыўшылардың кириў визасы бериледи. Сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери тәрепинен сырт елден келген қәнигелерге Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс ислеў ҳуқықын бериўши тастыйықнама бериўде өндирилетуғын жыйым муғдары базалық есаплаў муғдарының отыз есесинен бир есесине шекем азайтылады.
Соның менен бирге, мәмлекетлик емес мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириў шөлкемлериниң басшы ҳәм педагог хызметкерлери ушын мәмлекетлик бюджет қаржысы есабынан маманлығын арттырыў тәртиби енгизиледи.
Лутфулла СУВОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы