Мәмлекетимизде соңғы күнлерде бақланған атмосфера ҳаўасының патасланыўы менен байланыслы экология машқаласы социаллық тармақларда көплеген додалаўларға себеп болды, басқаша етип айтқанда, тема трендке шықты.
Хош, жәмийетлик белсендилер тәрепинен социаллық тармақлар арқалы көтерилген машқалаларға ҳүкимет қандай мүнәсибет билдирди? Қайси қарар яки пәрманда усы мәселелердиң шешими өз көринисин тапты?
Президентимиз Шавкат Мирзиёев "Ташкент қаласында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында"ғы пәрманға қол қойғаны елимиздиң экологиялық қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўы жолында әҳмийетли стратегиялық қәдем, деп билемен.
Пәрманға муўапық, Ташкент қаласында экологиялық жағдайды жедел жақсылаў илажларын әмелге асырыў бойынша Арнаўлы комиссияның шөлкемлестирилгени ҳүкиметтиң экологиялық машқалаларды енди жыллық ямаса есабат тийкарында емес, ал оператив басқарыў ҳәм мониторинг системасы тийкарында шешиўге өткенин көрсетеди.
Бул не ушын тап ҳәзир әҳмийетли?
Кейинги жыллары пайтахтымызда ҳаўа патасланыўының өсиўи, көклемзарластырыў көлеминиң азайыўы, транспорт ағымының көбейиўи, қурылыс жумысларының кескин жеделлесиўи экологиялық турақлылықты бузылыўына алып келди. Бундай шараятта ўақтынша илажлар емес, ал машқаланы оны келтирип шығарып атырған дәректе сапластырыў ҳәм системалы қадағалаў механизмлериниң зәрүрлигин талап етип атырған еди. Пәрманның тийкарғы әҳмийети де әне усы жерде көринеди.
Усы жерде күни кеше талқылаған бир кейсимди (машқалалы жағдай) пәрманда көтерилген мәселелерге жақын болғаны себепли еслеп өтпекшимен.
Лондон кейси сабақлары…
73 жыл алдын Лондонда сондай ўақыялар жүз берген, олар бүгинги күнде Ташкент ҳәм Өзбекстанның басқа қалаларында жүз берип атырған ҳәдийселерге жүдә уқсас. Соның ушын да инсанияттың қоршаған орталыққа унамсыз тәсири бағдарындағы мүнәсибетин пүткиллей өзгертип жиберген сол бес күн ҳаққында айтпақшыман.
1952-жылдың декабрь айында Лондон бир неше күнге шекем тас түнекке батты. Бирақ бул түн қараңғылығы емес, ал тарийхтағы ең ири экологиялық апатшылықлардан бирине айланған зәҳәрли думан - "Уллы түтин думаны (смог) " еди. Бул апатшылық инсан дем алып атырған ҳаўаға жаңаша көзқарас бериўге мәжбүр етти ҳәм заманагөй экологиялық сиясатқа тийкар салды.
Апатшылыққа бир қатар унамсыз жағдайлар жыйындысы - "идеал боран" себеп болды. Әдеттегидей емес суўық ҳаўа-райы Уллы Британия пайтахты халқын үйлерин қурамында күкирт муғдары жоқары болған сапасыз көмир менен ысытыўға мәжбүр етти. Буған Лондонда жайласқан фабрикалар ҳәм электр станцияларының көмир шығындылары да қосылды. Бирақ ең әҳмийетлиси, қала үстинде ҳаўа ҳәрекетин тосып қойған "ҳаўа гүмбези" (антициклон) пайда болды. Самал дерлик жоқ еди. Нәтийжеде түтин ҳәм қурым бултлары жер бетине жақын жерде қалып, думан менен араласып, буўыўшы, қойыў араласпаға айланды.
Қалада ҳәрекет тоқтап қалды. Көриў аралығы бир неше метрге шекем төменлеп, пүткил жер үсти транспортын тоқтатып таслады. Адамлар өз үйлеринде дем алалмай қалды, үйлердеги ҳаўа күйиндиниң түтинин еслететуғын еди. "Үлкен түтинли думан" бир заматта жөтел приступларын ҳәм дем алыў менен байланыслы машқалаларды келтирип шығарды.
Дәслеп апатшылықтың көлемин жетерли баҳалай алмаған Уллы Британияның сол ўақыттағы Бас министри ушын бул жағдай аўыр сиясий сынаққа айланды. Уллы Британия ҳүкимети немқурайдылығы ушын кескин сынға алынды. Жәмийетшиликтиң ашыўы ҳәм апатшылық ақыбетлеринен ләрзеге келиўи Министрлер Кабинетин жеделлесиўге мәжбүр етти.
Басым өз нәтийжесин берди. 1956-жылы, әйне усы апатшылық тәсиринде, Британия парламенти тарийхый "Таза ҳаўа ҳаққында"ғы нызамды (Clean air act) қабыл етти. Ол қалаларда ең сапасыз көмир түрлеринен пайдаланыўды қадаған етти ҳәм экологиялық таза жанылғы түрлерине өтиўди хошаметледи. Бул таза ҳаўа ушын гүресте дүньядағы дәслепки ири жеңислерден бири еди.
Уллы смогтың тәсири Уллы Британия ҳәм 1950-жыллар шегарасынан әдеўир шығып кетти. Ол пүткил дүньяда ҳаўа патасланыўы машқаласына мүнәсибетти пүткиллей өзгерткен басланғыш ноқат болды.
Британияның "Таза ҳаўа ҳаққында"ғы нызамы Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң ҳаўа сапасы бойынша халықаралық стандартларына тийкар салды. Апатшылық қадағалаўсыз шығындылардың қаншелли қәўипли екенлигин айқын көрсетти. Бул - қалаларда шығындылар муғдары азайған аймақлардың пайда болыўына, завод ҳәм электр станцияларындағы фильтрлерге қатаң талаплар қойылыўына, сондай-ақ, қала орайларында автомобиллер ҳәрекетин шеклеў ҳәм жәмийетлик транспортты раўажландырыў сиясатына алып келди.
Смогтан алдын дерлик ҳеш ким ҳаўа сапасын турақлы түрде өлшеп көрмеген. Бүгинги күнде зыянлы бөлекшелер (ПМ2.5, ПМ10) ҳәм газлер концентрациясын бақлаўшы сенсорлар тармағы - сол кризистен алынған сабақлардың тиккелей нәтийжеси болып есапланады.
Лондонның ашшы тәжирийбеси инсанның тәбиятқа унамсыз тәсирине қарсы қатаң гүресиў зәрүрлигин көрсеткен биринши ескертиўши қоңыраў болды.
Енди өзимиздеги ўақыяларға қайтамыз. Аўа, бизде де "идеал боран", "қара аққуў" жүзеге келди. Антциклон, инверсия, самалдың дерлик жоқлығы, түнде төмен ҳәм күндиз жоқары температура. Буған соңғы жүз жылдан аслам ўақыттағы ең қурғақ жыллардан бирин ҳәм мен еслей алатуғын биринши жаўын-шашынсыз октябрь ҳәм ноябрьдиң ярымын қосың. Буларда "инсан факторы"ның да үлеси үлкен, ҳәммесин онысыз да шаршаған тәбияттың мойнына жүклеў мүмкин емес.
Қалаберди, пүткиллей инсанның ҳүжданына таслап қойылған мәселелер - қалалар ишиндеги тәртипсиз қурылыслар, ыссыханаларда автомобиль шиналарының жағылыўы, тазалаў фильтрлерине улыўма итибарсызлық, суўға ийесиз түрде қатнаста болыў ҳәм усы күнлери ҳәммемиз көп оқып атырған басқа да көплеген антропоген факторлар бар.
Егер соңғы жети-сегиз күнлик смоглы күнлердиң қандай да бир унамлы тәрепи болса, бул - буннан былай бундай жасап болмайтуғынын аңлаўымыз.
Мениңше, сол себепли жылдырым тезлигиндеги ҳәрекетлер басланды. Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң тиккелей Президент Администрациясына бойсынатуғын миллий комитетке айландырылыўы, мәмлекетимиздиң барлық ири қалаларын зәҳәрли маржан сыяқлы қоршап алған санаат ҳәм ыссыхана кәрханалары ушын жаңа қатаң қағыйдалар менен талаплардың енгизилиўи, қурылыста "самаллар бағыты"н есапқа алыў сыяқлылар усылардың қатарына киреди.
Пәрманға муўапық, Ташкентте қурылыс майданлары қадағалаўы күшейтиледи. Бир ҳәпте ишинде 500 метр квадрат ҳәм оннан үлкен майданларда комплексли тексериўлер өткерилип, майданлардың кеминде 25 проценти көклемзарластырылғаны, суў бүркегишлер орнатылғаны, кириў-шығыў жолларында автотранспорт шиналары жуўылатуғын ҳәўизлердиң бар екенлиги сыяқлы тәреплери тексериледи. Шаң ҳәм қумның ҳаўаға көтерилиўине жол қоймаў талаплары қатаң қадағалаўға алынады.
Үлкен қурылыс майданларында мониторинг станциялары мәжбүрий болады. Майданы мың метр квадраттан артық объектлерде мониторинг үскенелерин орнатыў ҳәм Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети системасына жалғаў қурылысты даўам еттириўдиң тийкарғы шәрти етип белгиленди. Сондай-ақ, жол бойларында терек ҳәм путаларды турақлы жуўыў, көп квартиралы турақ жайларда суўғарыў ушын резервуарлар орнатыў илажлары көриледи.
Пайтахтта микроиқлым турақлылығын тәмийинлеў бойынша ири жойбарлар басланады. Үш ай мүддетте қаланың төрт бағдары бойлап кеминде үшеўден жасалма көл ҳәм суў бассейни қурылады. Соның менен бирге, еки ҳәпте ишинде Ташкенттеги фонтанлардың санын кеминде еки есеге көбейтиў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығылады ҳәм усынылады.
Ыссыханалар бойынша қадағалаў кескин күшейтиледи. Бир ҳәпте ишинде ыссыханаларды тәбийғый газ бенен тәмийинлеў бойынша шәртнамалар дүзиледи. Сондай-ақ, 200 метр квадраттан артық ыссыханаларда шаң тарқатыў ҳәм экологиялық талапларды бузыў менен байланыслы нызамбузыўшылықлар ушын жәриймалар арттырылады, жанылғы жағыў жағдайларында болса объектлерди мәмлекет пайдасына конфискациялаўды нәзерде тутатуғын жынайый жуўапкершилик тәртиби енгизиледи.
2025-жылдың ақырына шекем атмосфера қадағалаўы толық модернизацияланады. 347 автоматластырылған станция сатып алынып, “Air Monitoring Tashkent” системасы комитет басқарыўына өткериледи ҳәм улыўма миллий “Air Monitoring Uzbekistan” платформасына интеграцияланады. Гидрометеорология хызмети станциялары ҳәм "Замин" қоры орнатқан постлар да бирден-бир мониторинг системасына жалғанады.
Жасыл аймақларды көбейтиў де режелестирилген. Атап айтқанда, 2026-жыл 30-ноябрьге шекем Ташкент қаласы ҳәм қала әтирапында 590 гектар майданда еки жаңа ботаника бағы ҳәм еки дендрология парклерин жаратыў нәзерде тутылған. Бул тәжирийбе елимиздиң басқа қалаларында да енгизиледи, деп үмит етемиз. Бул усы күнде жәрияланған қысқа ҳәм узақ мүддетли илажлардың тек ғана бир бөлеги.
Аўа, тән алыў керек, бундай экологиялық талаплардың көпшилиги бурын да бар болған, бирақ олардың сөзсиз орынланыў имканияты, итимал, шекленген еди. Болмаса, биз ҳәзирги аўҳалға түсип қалмас едик. Енди болса бул еки ҳәптелик шаң ҳәм смог әйтеўир изсиз кетпеўине, мәмлекетимиздеги экологиялық жағдайда түпкиликли өзгерислер болыўына үмит бар.
Биз болса пуқаралық жәмийети сыпатында бирлесип, еэкологиялық талаплардың ең қатаң ҳәм сөзсиз орынланыўы үстинен мониторинг ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыўда жәрдем бериўимиз зәрүр. Тек биргеликте ғана ҳаўа ҳәм тәбиятымызға байланыслы жағдайды жақсылай аламыз.
Шерзодхон ҚУДРАТХОЖА,
сиясый илимлер докторы, профессор