баннер
18 Apr 2025
06:08

    Глобал қатнасық – кең имканиятларға жол ашады

    Самарқанд - әййемнен үлкен жоллар тутасқан, мәденият ҳәм саўда кәрўанларының кесилиспеси болып келген үлке.

    Усы күнлерде ол және бир мәрте жәҳән сахнасында әҳмийетли мәнзил сыпатында тилге алынбақта. Бирақ бул сапары ол тек ғана саўлатлы имаратлары ямаса тарийхый мийрасы менен емес, ал регионаллық ҳәм глобал сиясаттың үлкен бағдарларын белгилеп беретуғын майдан көринисинде тилге түсти. Усы жыл 4-апрель күни әйне усы ески кент - даңқлы Самарқанд қаласында "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити болып өтти. Бул тек ғана регионның раўажланыў жолындағы әҳмийетли ҳәдийсе емес, ал жаңа дүнья тәртибиниң қәлиплесиўине де тәсир ететуғын ўақыя болып есапланады.

    Тийкарғы авторы мәмлекетимиз басшысы болған бул баслама тек ғана сиясий илаж емес, ал жоқары стратегиялық ой-пикир ҳәм халықаралық исенимге тийкарланған пидайылық үлгиси болып есапланады. Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде саммитти Самарқандта өткериў басламасын қоллап-қуўатлағаны ушын қатнасыўшыларға миннетдаршылық билдирип, әсирлер даўамында Уллы жипек жолының тийкарғы кесилиспесинде жайласқан бул даңқлы қала цивилизациялар қарым-қатнасы ҳәм Шығыс пенен Батыс арасындағы дипломатия, саўда ҳәм мәдений алмасыўлардың әҳмийетли орайы болғанын айрықша атап өтти.

    Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде тек ғана елимиз емес, ал пүткил Орайлық Азия сиясий сахнасында өзине тән феномен сыпатында көзге тасланбақта. Президентимиздиң халықаралық майдандағы басламалары исеним, конструктивлик қарым-қатнас ҳәм турақлы раўажланыў жолында әҳмийетли тийкар ўазыйпасын атқармақта. Бул басламалар региондағы бирге ислесиўди беккемлеў, тынышлық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылғаны менен, әсиресе, итибарға ылайық.

    Президентимиздиң "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитинде шығып сөйлеген сөзи де пүткил бир регионның геосиясий келешегин қәлиплестириўге хызмет ететуғын әҳмийетли билдириў болды, десем қәтелеспеймен. Мәмлекетимиз басшысы саммиттеги ашық, конструктивлик ҳәм нәтийжели ушырасыўлар мәмлекетлеримиз ҳәм регионларымыздың мәплери жолында шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўге болған ҳәрекетлерди және бир мәрте көрсеткенин атап өтти. Бул сөзлердиң тийкарында тек ғана дипломатиялық әдеплилик емес, ал халықаралық шерикликке жоқары исеним, регионның раўажланыўына исенимли умтылыў сәўлеленеди. Президент өзиниң шығып сөйлеген сөзинде халықаралық финанс институтлары менен байланыслар қайта тикленгенин, экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа басқышқа көтерилгенин мақтаныш пенен атап өтти. "Буннан сегиз жыл алдын Өзбекстан менен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки қатнасықлары тоқтап қалғанын атап өтиўди қәлер едим. Бүгин болса биз банктиң ең ири бенефициарларынан биримиз", деди мәмлекетимиз басшысы.

    Бул тек ғана статистикалық мағлыўмат емес, ал қайта қурылған исеним тымсалы, халықаралық финанс системасындағы Өзбекстанның беккем орнын аңлататуғын дәлил болып есапланады. Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиздиң ашық экономикалық сиясаты, халықаралық шерикликке қаратылған стратегиясы мине усындай үлкен нәтийжелерди жаратыўға тийкар болмақта.

    Процесслерди дыққат пенен бақлар екенбиз, Өзбекстанның сыртқы сиясаты избе-из ҳәм узақ мүддетли стратегияға тийкарланғанына гүўа боламыз. Оған бола, Европа менен бирге ислесиў тек ғана Өзбекстанның емес, ал пүткил Орайлық Азия мәплери шеңберинде болыўы мақсетке муўапық. Бул тап "Жақын қоңсың - жан қоңсың" нақылының сиясат майданындағы көринисине уқсайды. "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитинде барлық қоңсы мәмлекетлердиң басшылары қатнасқаны болса бул пикиримизди айқын дәлиллейди.

    Мәмлекетимиз басшысының шығып сөйлеген сөзлеринде атап өтилген төмендеги сөзлер болса регионның улыўма раўажланыў мақсетлери пүткиллей жаңа басқышқа шыққанынан дәрек береди: "Улыўма сиясий ерк-ықрарымыз себепли турақлы ҳәм артқа қайтпайтуғын түрге енген Орайлық Азиядағы терең трансформация процесслери көп қырлы бирге ислесиўимизди раўажландырыўға хызмет етпекте.

    Регион мәмлекетлери арасында исеним ҳәм жақсы қоңсышылық беккемленбекте, кең көлемли бирге ислесиў ҳәм кооперация байланыслары кеңеймекте. Буннан жети-сегиз жыл бурын буның ушын ҳәтте шараят та жоқ еди. Айырым мәмлекетлер арасындағы шегаралар жабық еди. Я саўда, я транзит, я бизнес, ҳеш қандай гуманитарлық алмасыўлар жоқ еди. Қатнасықлар тек ғана музлатып қойылған еди. Ол ўақытта ҳеш ким жақын келешекте биз Европа жетекшилери менен сөйлесиўлерде регионымызды биргеликте көрсетиўимизди көз алдына келтире алмайтуғын еди".

    Әйне аўызбиршиликке шақырыў ҳәм интакерлик қәбилети мәмлекетимиз басшысының тек ғана миллий емес, ал регионаллық жетекши сыпатындағы орнын және де беккемлеп атырғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим.

    Апрель айының биринши он күнлигинде Өзбекстан және бир глобал сиясий илажға басшылық етти. Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы биринши мәрте Орайлық Азияда, әйне Өзбекстанда өткерилди. Бул да Өзбекстанның халықаралық абырайы ҳәм мәмлекетимиз басшысының үлкен басламаларына дүнья сиясат майданында үлкен қызығыўшылық билдирилип атырғанын тастыйықлайтуғын әҳмийетли ўақыя болды. Президентимиз бул әнжуманда да тынышлық, аўызбиршилик ҳәм раўажланыў идеяларын алға қойды. Өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгинги қыйын шараятта дүньяда тынышлықты сақлаў, социаллық раўажланыў ҳәм әдилликти тәмийинлеўде парламентлердиң қатнасыўы ҳәм тәсирин арттырыў заман талабы екенин атап өтти. Түрли регионлардағы келиспеўшиликлердиң қәўипсизликке қәўпи ҳаққында тоқтап өтип, Президентимиз Өзбекстан ҳәр қандай қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлерди тек дипломатия ҳәм тыныш сөйлесиўлер жолы менен шешиўдиң исенимли тәрепдары екенин және бир мәрте атап өтти.

    Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы жасалма интеллект тараўында системалы бирге ислесиўди күшейтиўди бүгинги заманның өзи талап етип атырғанын еслетип, жасалма интеллекттен пайдаланыў этикасы бойынша үлги нызам ислеп шығылса, бул инновациялық ҳуқықый тийкар усы тараўды нәтийжели тәртипке салыўда барлық мәмлекетлер ушын өзине тән үлги болатуғынын айтты.

    Бундай абырайлы илажлардың әйне Өзбекстанда өткерилип атырғаны мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы орны ҳәм тәсири сезилерли дәрежеде беккемленип атырғанынан дәрек береди. Сондай-ақ, мине усы тарийхый ўақыялар арқалы Өзбекстан глобал системадағы қатнасыўын да барған сайын кеңейтпекте. Онда болса, сөзсиз, мәмлекетимиз басшысының стратегиялық ҳәм узақты көре алатуғын сиясий ерк-ықрары тийкар ўазыйпасын атқармақта.

    Шуҳрат СИРОЖИДДИНОВ,

    академик

    Телеграм каналымыз
    Text to speech