Дүнья көлеминде заманагөй технологиялар шақмақтың тезлигинде раўажланбақта. Бул раўажланыў тийкарында билимлендириў ҳәм тармақларда STEM – Science, Technology, Engineering and Math бағдарламалары ҳәм технологиялары енгизилип атырғаны себепли қурамалы процесслер аңсат, нәтийжели өтпекте. Билимлендириў бағдарламаларымыз бақшалардан баслап жоқары билимлендириўге шекем STEM элементлери менен байып бармақта. Жас әўладта инженерликке қызығыўшылық барған сайын артып, "ақыллы" технологиялардың еркин пайдаланыўшысына айланып атырғанының ҳәр биримиз гүўасымыз.
Мағлыўматлардың үлкен көлемдеги топламы, оларды алмасыўдағы жоқары тезлик, жасалма интеллекттиң пайда болыўы, робототехника, биотехнология ҳәм космослық изертлеўлер сыяқлы тараўлардағы жаңалықлар тек ғана экономикалық өсиўди тәмийинлеп қоймастан, ал инсан турмысының сапасын да сезилерли дәрежеде жақсыламақта.
Әлбетте, заманагөй турмысты илим ҳәм билимлендириўдиң раўажланыўысыз көз алдымызға келтирип болмайды. Ҳәзирги дәўирде қайсы тараў болмасын, оның раўажланыўы ушын, бәринен бурын, заманагөй билимлендириў системасы ҳәм алдыңғы илимниң избе-из раўажланыўы үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, илим ҳәм инновацияларға, технологиялық жетискенликлерди кеңнен енгизиўге инсан капиталын бағдарлаўға, шахстың пикирлеў қәбилети ҳәм тәжирийбесине итибар қаратпастан ҳақыйқый ҳәм турақлы нәтийжелерге ерисиў қыйын.
Заманагөй илим жетискенликлери, жоқары технологиялар ямаса инновациялардың әдеп-икрамлылығы болмайтуғынын умытпаў керек. Бул жерде физикадағы ядролық билимлерди ямаса генетиканың инженерлик технологияларын (геномын көшириў, редакторлаў) ямаса ҳәммеге жүдә таныс жеке турмыс пенен есапласпайтуғын жасалма түсиникли жаңа әўлад ақыллы қурылмаларды (мобил телефон, камералар, дронлар, бирден информация топлаўшы виртуал дүнья сыяқлы) еске алыў жеткиликли. Әдеп-икрамлылық нормаларын болса биз, инсанлар белгилеп алыўымыз зәрүр.
Тап усындай технологиялар уллы инсаныйлық пазыйлетлерден пүткиллей жырақ. Әлбетте, жоқарыда айтып өтилгениндей, инсан дөретиўшилигиниң жемиси болған инновациялар ямаса технологиялар менен әдеп-икрамлылық қағыйдаларының раўажланыў симбиозы (яғный бирге раўажланыўы) бар. Инсаният технологиялық раўажланыў дәўиринде әдеп-икрамлылық шегаралары улыўма инсаныйлық принциплер ҳәм технологияны енгизиўден пайда болатуғын ақыбетлерди терең түсиниў тийкарында пикирлеў менен белгиленетуғынлығына үмит етеди ҳәм соған умтылады. Бирақ, технологиялық раўажланыўда бул симбиоз барған сайын технологиялық, геосиясий бәсеки ҳәм еэгоистлик (геосиясий ҳәм материаллық мәпдарлық, виртуал қарамлық, қәдир-қымбатының төменлеўи сыяқлы) себепли кең түрде адамзаттың цивилизациясын, ал бизиң турмысымызда болса ҳәр бир тараўды жасырыннан жемирип, жәмийетти ҳәлсиретип бармақта.
Ақыллы шешим болса илимий, инновациялық ҳәм технологиялық раўажланыў дәўиринде STEM бағдарламаларын HECI (ҳеки) - инглис тилинде Humanity, Ethics, Creativity and Imagination, яғный адамгершилик, әдеп-икрамлылық, дөретиўшилик ҳәм көзқарас бағдарламалары менен жедел үйлестириў, технологиялық эгоизм ямаса "зәҳәрлениў"ге ем (антидот) сыпатында улыўма инсаныйлық қәдириятларды турақлы сақлап қалыўға ерисиў болып табылады. Айтпақшы болғанымыз, технологиялық раўажланыў ҳәўиж алған ҳәзирги дәўирде тек ғана STEMге тийкарланған жоқары технологиялық маманлық ҳәм көнликпелерди емес, ал адамгершилик ҳәм әдеп-икрамлылық, дөретиўшилик қатнас ҳәм процесслерди толық көз алдына келтире алыў сыяқлы әҳмийетли көнликпелерди турақлы қәлиплестирип барыў, бул бағдарда турақлы өз үстинде ислеў, дәўирлик жеке тексериў өткериў оғада әҳмийетли болып есапланады.
HECI глобал шақырыўы ҳәр бир шахсқа (технологиялардың пайдаланыўшысы ямаса усыныўшысы) тийисли. Ол өзиниң инсаныйлық пазыйлетлерин раўажландырыў, әдеп-икрамлылық билимлерин ҳәм әдеп-икрамлылық шегараларын беккемлеў, мәселе ҳәм машқалаларға дөретиўшилик пенен қатнас жасаў ҳәм процессти толық ҳәм кеңирек көз алдына келтире алыўды усыныс етеди. Бул жоқарыда айтып өтилген "инновация-әдеп-икрамлылық" ямаса "инновация-инсаныйлық" симбиозының принциплери ямаса шегараларын дурыс белгилеў имканиятын береди, жәмийеттиң турақлы раўажланыўын кепиллейди.
Бир ғана мысал, турмыс тәризимиздиң ажыралмас бөлегине айланып үлгерген, HECI деги тийкарғы компонент есапланған адамгершилик, әдеп-икрамлылық, дөретиўшилик, көзқарас сыяқлы түсиниклерден жүдә узақ болған жасалма ойлаў ҳәм роботлардың жәмийетимизге кирип келиўинен инсаниятты қандай сынақлар күтип атырғанын ҳәмме де көз алдына келтире алмайды. Жасалма интеллект, арнаўлы бағдарламалар тийкарында өз бетинше жумыс ислейтуғын роботлар турмыс сапасын арттырыў менен бирге, жақын келешекте үлкен ақыбетлерди келтирип шығаратуғын жаңадан-жаңа машқалаларды да инсаният алдына қоймақта.
Жаңалықлар ҳәм ашылыўлар инсан мәплерине хызмет етиўи гөзленген екен, санластырылып атырған дүньяда инсан өзлиги, жоқары ақыл ийеси, жәмийетте жүз берип атырған жағдайларға қатнасын сезиниўи әҳмийетли болып есапланады. Бирақ ҳәр қыйлы жаңалықларға бай бүгинги күнде әдиллик, шын кеўиллик, ҳақыйқатлық, қәдирлеў сыяқлы инсаныйлық пазыйлетлердиң жетиспей атырғаны әпиўайы жағдайға айланып атырған болса, технократ қатламларда эгоистлик, бийпәрўалық, келешек алдында жуўапкершиликти сезбеў сыяқлылар күшейип атырғаны оғада қәўетерли.
Усы жерде соңғы сегиз жылда Өзбекстанның турақлы раўажланыўындағы бүгин барлық тән алып атырған жетискенликлериниң тийкарына да нәзер таслаў орынлы. Елимизде илим ҳәм инновацияларға, технологиялық жетискенликлерди кеңнен енгизиўге сүйенген ҳалда, биринши гезекте, инсан капиталын раўажландырыўға үлкен қәдем тасланды. Сондай-ақ, руўхый раўажланыўға умтылыў, миллий қәдириятларымызды аңлаў, инсанды қәдирлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, жумыссызлықты азайтыў, майыплығы болған инсанларды жәмийетке үйлестириў, ўатансүйиўшилик, тәбиятты ҳәм қоршаған орталықты қорғаў сыяқлы улыўмаинсаныйлық принциплер терең ойланған ҳалда әмелге асырылып атырғаны тосыннан емес.
Хош, HECI ҳәм аграр тараўдың турақлы раўажланыўында оның орны қандай? Әлбетте, бундай маманлық барлық тараўлар ушын бирдей зәрүр, бирақ күнделикли дастурханымызды жаратыўшылар болған агросанаатшы инженерлеримиз ҳәм жетистириўшилеримиз ушын бул оғада әҳмийетли. Аўыл хожалығы тараўындағы барлық процесслер инсан мәпине қаратылған болып, бул жумыс азық-аўқат қәўипсизлиги менен бирге социаллық-экономикалық турақлылықты тәмийинлеўде де әҳмийетли. Онда тек ғана жетистирилген өнимниң муғдарына емес, ал оның сапасына, экологиялық зыянсызлығына да итибар қаратыў керек.
Аўыл хожалығының технологиялық раўажланыўға үзликсизлиги, механизациялаў ҳәм автоматластырыў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект пенен тығыз байланысып атырған бүгинги технократлық дәўирде, жоқарыда айтқанымыздай, аўыл хожалығы хызметкерлеринен тек ғана жоқары технологиялық маманлық ҳәм көнликпелерди емес, ал, өз "зуўаласында" адамгершилик, әдеп-икрамлылық, дөретиўшилик қатнас ҳәм процесслерди толық көз алдына келтире алыў сыяқлы әҳмийетли көнликпелерди турақлы қәлиплестирип барыў талап етиледи.
Бүгин аўыл хожалығы жаңаша пикирлеў, алдынғы идеяларды әмелге асырыў ушын кең имканиятлар майданына айланған. Жаңа технологиялар, инновациялық шешимлер, санластырыў ҳәм автоматластырыў, дәстүрий емес көзқараслар аграр тараўды жоқары дәрежеде раўажландырыўда тийкарғы фактор болып хызмет етеди. Бирақ, дөретиўшилик тек ғана технологиялар жаратыў ҳәм жоқтан жүзеге шығыў, өнимдарлықты арттырыў ҳәм буның ушын инновациялық шешимлерди усыныс етиў, оларды енгизиў менен шекленбейди. Керисинше, ҳәр бир қарыс жерге итибар, топырақтың тирилигин сиңдириў ҳәм буны жүректен сезиў, жетистирилетуғын өнимниң қоршаған орталыққа, ана жерге зыянсызлығы ҳәм ақырында тутыныўшының саламатлығына зыянсызлығын, азықлылығын тәмийинлеўде инсаныйлық қатнасты таўып алыў қәбилети болып табылады. Бундай жантасыў тийкарында әдеп-икрамлылық, жуўапкершилик сезими, тәрбия, бир сөз бенен айтқанда, "мүмкин емес" деген шегараны қойыў ҳәм оған әмел етиў технологиялық шешимлердиң пайдалы ҳәм узақ мүддетли турақлы раўажланыўын тәмийинлейди. Онысыз бул тараўдың үзликсиз раўажланыўы қыйын.
Солай екен, инсан тек ғана тәбияттан пайда алып қоймастан, оны сақлаўға да жуўапкер. Жуўапкершилик болса ҳәр бир жумыстың тийкарында жатады. Бул тек ғана ҳуқықый түсиник емес, ал руўхый-мәдений феномен. Сонлықтан тараўдың әҳмийетли ўәкиллери есапланған фермерлер ҳәм аграр тараўдың басқа да қәнигелери арасында HECI дүньяқарасын қәлиплестириў, кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм де дәўирлик жаңалап барыў оғада әҳмийетли.
Түсиндириўлерди бирнеше әпиўайы мысаллар менен даўам еттирсек. Әдетте, исленип атырған ҳәр бир ис тийкарында пайда жатады. Дийқан мийўе-овош, палыз өнимлерин жетистириўде ўақыттан утыў, базарлардағы талаптан өтип қалыўы ушын турақлы излениўде. Бул жақсы исбилерменлик әмеллери есапланады. Бирақ өним жетистириўде минерал төгинлерди қолланыў, оларды қолланыў нормалары да бар, бул "тири" жердиң жағдайы, оның ишиндеги жәнликлерге зыян жеткериў есабынан әмелге асырылыўы керек емес. Бир гектар жерге ең аз муғдар жететуғынын есапқа алып, оған бир неше есе көп төгин салыў, өнимди ерте жетистириў ушын жерге де, онда жайласқан көзге көринбейтуғын, бирақ өнимдарлық ушын бийбаҳа жәнликлерге зыян жеткериў адамгершиликке улыўма сәйкес емес.
Мине усы жерде инсан ой-пикирине ҳәм көз алдына келтириўге мүтәжлик пайда болады. Жер және қанша жыл берекет туқымын жетистириў ушын керек болатуғыны, бул ислеп атырған жумысы арқалы ең көби 4-5 жыл жақсы өним алыўы, соңынан жер қурғақшылыққа, топырақ эрозиясына дус келиўи, шорланып, ҳәр басқанда қышқырланып сесленетуғын шексиз далаларды ямаса артықша химиялық қайта ислеў нәтийжесинде шын мәнисинде "зәҳәр" болып қалған өним дастурханға түсиўи ҳәм кеселленген тутыныўшының жағдайын, шаңарақ ағзаларының азапларын әлбетте көз алдына келтириў керек. Сонда ғана жетистириўши бундай әмелиятты өз ўақтында саналы тоқтатады ҳәм мәплерин басқара алады.
Усы жерде әдеп-икрамлылық түсинигиниң аграр бағдардағы әҳмийети ҳаққында тоқтап өтемиз. Мәмлекет агросектор ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, олар зыян көрмеўи ҳәм жумысларын дурыс шөлкемлестириўи ушын барлық шараятларды жаратып келмекте. Бирақ аўыл хожалығы бағдарына ажыратылып атырған жеңилликли қаржыларды өз ўақтында қайтармаў, жуўапкершиликтен қашыў, қаржыларды надурыс жолларда, ҳәўес ушын жумсап жибериў жағдайлары бар. Ямаса санларды ҳәдден тыс қойып көрсетиў, көрип билип турып "тәрезиси"ндеги әдилликти бузыў, сапасын төменлетиў орнына пайда излеў сыяқлы кемшилик әдетлер (пәксизлик, жалғаншылық, ҳийлекерлик сыяқлы) аўыл хожалығына үлкен қәўип есапланады. Мине, усы жерде ҳәм әдеп-икрамлылық, ҳәм адамгершилик пазыйлетлери биргеликте жар салыў керек. Агросанаатшы бундай искерликтиң зыянын көз алдына келтире алыўы, машқаланы болса илим ҳәм дөретиўшилик пенен шешиўге умтылыўы керек.
Бундай нуқсанлы ҳәм әдепсиз қатнаслардың басқарыў органлары ҳәм сиясат жүргизиўшилердеги барлығы тараўдың раўажланыўы ушын үлкен қәўип болып есапланады. Әсиресе, жоқары ареналарда яки халықаралық көлемде сиясат жүргизиўшилер, мәселен, азық-аўқат өнимлери базарларын шөлкемлестириўде тек технологиялық ҳәм геосиясий қатнасқа итибар бериўи, тийкарсыз, арнап енгизилген импорт бажыларын усыныўы, әдепсиз тариф ҳәм тариф емес тосқынлықларды қойыўы тараўдың раўажланыўына үлкен тәсир етеди. Ақыбетинде бул қаншадан-қанша сайланды өнимлердиң набыт болыўына, бир жерде баҳалардың көтерилиўине ҳәм жетиспеўшиликке, екинши жерде жаратылған өнимниң жоғалыўына себеп болады. HECI дүньяқарасы сиясаткерлер ҳәм басқарыў уйымларының ойлаўы ҳәм көз алдында қәлиплесиўи оғада әҳмийетли екенлиги усы жерде және бир мәрте көринеди.
Мине усы тәреплерди есапқа алып, реформалар тийкарындағы адамгершилик принциплерин тараўға және де кеңирек енгизиў мақсетинде ҳәзир аўыл хожалығы тараўында 24 саатлық HECI оқыў қәнигелигин арттырыў бағдарламасы ислеп шығылды ҳәм енгизилмекте. Бул бағдарлама аўыл хожалығы машқалаларын шешиў ушын зәрүр болған әмелий ҳәм теориялық билимлерди өз ишине алады.
Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен бул система жоқары оқыў орынларына басқышпа-басқыш енгизилмекте, нәтийжеде студентлердиң әмелий көнликпелери арттырылмақта. Заманагөй агротехнологиялардан нәтийжели пайдаланыў жоллары үйретилмекте, тараўда глобал тәжирийбени жергиликли шараятқа бейимлестириў имканиятлары кеңеймекте. Бир сөз бенен айтқанда, HECI системасы жоқары билимлендириў мәкемелеринде аўыл хожалығы бойынша билимлендириўдиң сапасын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Мақсет - ҳәр бир болажақ аўыл хожалығы қәнигеси бүгин мине усы шақырықларды дурыс аңлаўы ҳәм өзинде HECI көнликпелерин ҳәзирги технологиялық раўажланыў менен үнлес ҳалда турақлы қәлиплестирип барыўы, руўхый көриниси ҳәм дүньяқарасы турақлы тексериў зәрүрлигин терең аңлаўы керек.
Тек усы ғана емес. Министрликтиң орайлық аппаратынан баслап, системалы шөлкемлердиң ҳәр бир хызметкериниң бул бағдардағы көнликпе ҳәм билимлерин арттырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиз басшысының қарары менен министрлик жанында Аўыл хожалығы тараўы кадрларының маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў институтының жумысы жолға қойылғаны бул мақсетлеримизди әмелге асырыўда жақыннан жәрдемлести. Аймақлық ҳәм орайлық системадағы ҳәр бир хызметкер жоқарыдағы идеяны анық түсинип ҳәрекет етсе, демек, олар тымсалында аграр тармақтың ҳәр бир ўәкили де адамгершилик, әдеп-икрамлылық, креативлик ҳәм көзқарас сыяқлы түсиниклер арқалы өз жумысын шөлкемлестире алады.
Инсанийлықты өз денемизде сезиў, инсан қәдир-қымбатының уллылығын түсиниў ҳәм өзимизде бар жақсылықларға шүкиршилик етиў, егер айтатуғын болсақ, жүрегимизди "жумсартып турыў" мақсетинде Аўыл хожалығы министрлиги, аймақлық басқарма ҳәм бөлимлеримиз және системалы шөлкемлеримиз биргеликте герең-гүңлер жәмийетине қараслы орайлар менен бирге ислесиў орнатып, олардағы таланттан нәтийжели пайдаланыў ҳәм тараўға тартыў, бар машқалаларда жәмийетке ийинлес болыўды жолға қойғанбыз. Бул системамыздағы HECI бағдарламасының күнделикли әмелиятына айланып бармақта.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық, тармақтағы белгили машқалалар (мәселен, шорланыў, жайлаўлар эрозиясы, санластырыў, Арал теңизи түбин өзлестириў сыяқлы) шешими үстинде ислейтуғын жоқары агроинженерлик мектеплерин шөлкемлестиргенимизде, оларға агроинженерлер менен бирге басқа тараў ўәкиллерин (мәселен, сүўретлеў өнери ҳәм мәденият ғайраткерлери, ҳуқықтаныўшылар, дизайнерлер ҳәм ҳәр қыйлы қатнас фундаментал пән қәнигелери) тартыўға ҳәм жумысларды HECI шеңберинде шөлкемлестириўге үлкен итибар берип атырмыз. Мақсет - технологиялық шешимлер турақлылығын кепиллеў. Сонда ғана биз техника әсириниң қурамалы сораўларына адамгершилик түсиниклери менен жуўап бере аламыз.
Иброҳим АБДУРАҲМОНОВ,
аўыл хожалығы министри, академик