Өзбекистан экономикасы жәҳән экономикасының ажыралмас бөлеги. Ақылға уғрас сыртқы сиясат ҳәм қолайлы инвестициялық орталық нәтийжесинде исбилерменлеримизге жаңа базарлар ашылмақта, өнимлердиң түри көбеймекте.
Гарвард университетиниң таллаўына бола, соңғы бес жылда "экономикалық қурамалылық индекси"нде Өзбекстанның орны 25 текше жақсыланған. 162 түрдеги миллий өнимлеримиз "дүнья базарында бәсеки үстинлигине ийе", деп баҳаланған.
Булардың нәтийжесинде соңғы жыллары мәмлекетимиздиң экспорты 2,2 есеге артты. Сыртқы саўда айланысы жалпы ишки өнимге салыстырғанда 57 процентке жетти. Бул - экономикамыз сыртқы базарларға қаншелли байланыслы екенин көрсетеди.
Бирақ ҳәзир дүнья бурынғыдай емес. Өзгериўшең қатнасықлар, ҳәр қыйлы тариф ҳәм шеклеўлер басқа мәмлекетлерге де шынжырлы тәсир көрсетип, жәҳән экономикасының төменлеўине ҳәм халықаралық саўданың азайыўына алып келмекте.
Мәселен, үш-төрт күн ишинде халықаралық финанс базарларында 10 триллион доллар жоғалды. Жоқары тарифлер ақыбетинде халықаралық саўда көлеми 3,5 триллион долларға қысқарып, дүньядағы инфляция дәрежеси 7,5-8 процентке көтерилиўи прогноз етилмекте.
Ең үлкен қәўип - пандемия дәўириндегидей дүнья бойлап тәмийнат ҳәм қун жаратыў шынжырларында үзилислер пайда болыўында болып есапланады. Әсиресе, бундай жағдай дүнья экспортында жоқары үлеске ийе тоқымашылық, электр техникасы, автомобиль қурылысы, азық-аўқат санааты сыяқлы жетекши тармақларға үлкен соққы бериўи мүмкин. Ақыбетинде бәсеки және де қыйын ҳәм аяўсыз болады.
Президент бундай шараятта тек ғана өз күшимиз ҳәм ишки имканиятларымызға сүйенип, исенимли қәдем таслаў керек екенлигин атап өтти. Ҳәр бир министрлик, тармақ ҳәм аймақ басшылары анық-анық реже ислеп, өндирис, экспорт пенен жеке өзи шуғылланыўы шәрт екенлиги көрсетип өтилди.
Буның ушын мәмлекет тәрепинен зәрүр ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик ҳәм әмелий илажлар көриледи. Усы мақсетте жақында 3 мыңнан аслам исбилерменлер менен ушырасып, машқалалары үйренилген. Ең көп мәселе стандарт ҳәм сертификатлаў системасына байланыслы болған.
Елимиздеги 25 мыңнан аслам стандарт, 41 техникалық регламент халықаралық базар талапларына сәйкес келмейди. Бул ескирген талаплар ҳәм бюрократия исбилерменлердиң "қолын байлап", коррупцияны келтирип шығармақта. Үсти-үстине сертификатлаў әмелияты елеге шекем даўам етип атырғаны себепли адамлар сергиздан болмақта.
Инвесторлар биздеги көп лабораториялар талапқа жуўап бермейтуғынын, раўажланған мәмлекетлердиң стандартлары болса тән алынбай атырғанын айтпақта. Ямаса керисинше, биздеги лабораториялардың жуўмағы сырт еллерде тән алынбайды. Соның ушын экспортёрлар сертификат алыў ушын сырт мәмлекетлерге үлги жибермекте.
Ҳәзирги системада сертификатластырыў уйымлары базар қадағалаўын да алып барады, бул болса мәплер соқлығысыўына алып келмекте.
Мәжилисте усындай машқалаларды таллаў ҳәм исбилерменлердиң усыныслары тийкарында, исбилерменлик жумысын хошаметлеў, саўда ҳәм санаат сиясатының нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында Президент пәрманына қол қойылғаны жәрияланды.
Бул пәрманда техникалық жақтан тәртипке салыў, санитария-эпидемиология, ветеринария, карантин уйымларының өнимге жуўмақ бериў ўәкилликлери анық белгилеп қойылды. Тәкирарланыўшы ҳәм үсти-үстине түскен тәртиплер басқышпа-басқыш бийкар етиледи.
Мәселен, азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлиги қадағалаўы менен тек ғана Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети шуғылланады. Азық-аўқат ушын техникалық регламентлер ҳәм стандартлардың мәжбүрийлиги бийкар етиледи. Тийкарғы азық-аўқат өнимлери бойынша санитариялық қағыйдалар ҳәм нормалар халықаралық стандартлар системасы - "Кодекс Алиментариус"қа муўапықластырады. Сондай-ақ, қәўип дәрежеси жоқары болған 7 товар топарындағы өнимлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў әмелияты бийкар етиледи.
Сертификат алыў мәжбүрий болған товарлар дизими қысқартылып, өнимниң муўапықлығын декларациялаў әмелияты енгизиледи. Әсбап-үскене, шийки зат, арнаўлы техника, транспорт импортында елимизде тән алынатуғын сырт ел сапа ҳәм қадағалаў системаларының нормалары ислеп шығылады. Олардың импортында миллий сертификат алыў талап етилмейди.
Усы тәртиплерди өз ишине алған "Базар қадағалаўы ҳаққында"ғы нызамды қабыл етиў зәрүрлиги атап өтилди.
Стандартластырыў, санитария-эпидемиология ҳәм карантин тараўларында кадрлар таярлаўдың сапасын арттырыў керек екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте жергиликли кәрханаларға жол ашып, өндиристи ҳәм экспортты көбейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Жоқарыда атап өтилген пәрманға тийкарланып, енди шеттен алып келинип атырған өнимлердиң бажыхана баҳасын анықлаў тәртиби толық халықаралық қағыйдаларға бейимлестириледи.
Усы ўақытқа шекем қымбат базарларда талап жоқары болған айырым товарлардың экспортына шеклеў қойылған еди. Енди, 1-июльден баслап, ҳеш бир товардың экспортына шеклеў болмайды. Тек ғана 86 товар топарына кириўши шийки зат ҳәм социаллық әҳмийети жоқары өнимлерге экспорт бажылары енгизиледи.
Кейинги жыллары жергиликли санаатта кондитер ҳәм салқын ишимликлердиң орны артты. Бул тармақларды қоллап-қуўатлаў да әҳмийетли. Сол себепли қумшекерге акциз бийкар етиледи. Қурғақ сүт импортына қойылған шеклеўлер де алып тасланады.
Буның нәтийжесинде дерлик 40 мың адам ислейтуғын кондитер ҳәм салқын ишимлик ислеп шығарыўшы кәрханалардың жыллық айланысы кеминде 50 триллион сумға жетеди.
Орынларда жергиликли кеңеслер жер салығы ҳәм ижара төлемлерине 2 есеге шекем арттырыўшы коэффициент белгилемекте. Бирақ буның бизнеске тәсирин үйренип, исбилерменлердиң имканиятынан келип шығыў керек екенлиги көрсетип өтилди.
Керисинше, оларға жүклемени азайтып, жумысын кеңейтсе, түсим көбейеди. Енди исбилерменлерге де бул салықларды жылына екиге бөлип төлеўге рухсат бериледи.
Жуўапкерлерге илимпазлар ҳәм исбилерменлерди тартып, салық-бажыхана сиясаты ҳәм ҳәкимшилигин жаңа басқышқа көтериў бойынша усыныслар киргизиў тапсырылды.
Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, министрлер және ҳәкимлер ислеп шығарыўшы ҳәм экспортёрлар менен турақлы байланыста болыўы, ҳеш бир мүрәжат шетте қалмастан, тез шешилиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.









