Имаратқа кириўи менен мийирбийкелер "Мухлиса" қосымшасы арқалы электрон нәўбет алыўда жәрдем берди.
- Заманагөй санлы технологиялар бизиң мәҳәллеге шекем жетип келгенинен оғада қуўанышлымыз. Жаңадан қурылған шаңарақлық поликлиникамызда "Бирден-бир медициналық мәлимлеме системасы" жолға қойылғаны үлкен жаңалық болды, - дейди Аҳмед Аллаяров. - Поликлиника ең заманагөй усылда қурылған. Ҳәмме жер тап-таза. Бурынғыдай ўақтымызды заялап, бийкар нәўбет күтип отырмаймыз. Барлығы ушын рахмет.
Самарқандлы исбилермен Зафар Тўраевтың қәўендерлигинде қурылған жарық, кең ҳәм заманагөй 200 орынлық шаңарақлық поликлиникада зәрүр медициналық үскенелер орнатылған, шыпакерлер ҳәм наўқаслар ушын қолайлы шараят жаратылған. Жаңа шаңарақлық поликлиника имаратының сыртқы ҳәм ишки дизайны көпшиликке мақул. Поликлиникаға кириў жолының шети, әтирапына гүллер егилген.
- Шаңарақлық поликлиникамызда наўқасларға байланыслы жеке мағлыўматлар жетерли дәрежеде қорғалған, мәлимлеме системалары өз-ара интеграцияланған. Алдын наўқас шыпакер қабыллаўында 40 минут нәўбет күткен болса, бүгин "Бирден-бир медициналық мәлимлеме системасы" енгизилгени себепли бул мүддет 10 минутқа түсти. Соның менен бирге, шыпакер қабыллаўынан 15-20 минутта шығып кетпекте. Наўқаслардың медициналық мағлыўматларын электрон түрде сақлаў имканияты жаратылмақта. Система клиенттиң жүзин анықлаў программалары арқалы дәрҳал хызмет көрсетиў режимине өтеди. Яғный, наўқастың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди сораў менен байланыслы әўерегершиликке шек қойылды, - дейди поликлиниканың бас шыпакери Дилбар Уразбаева. - Бул система халықтың саламатлығын сақлаў, диагноз қойыў, таллаў, кеселликти ерте анықлаў ҳәм нәтийжели емлеўге байланыслы жумыс процесслерин муўапықластырыўда исенимли структураға айланды. Енди пуқаралар "Электрон поликлиника" арқалы дизимге алынғаннан соң, шаңарақлық шыпакерге жибериледи. Шыпакер наўқас ушын зәрүр тексериўлерди белгилеп бергеннен соң, сол тийкарда тар тараў қәнигелери ямаса лабораториялық анализ үлгилерин тапсырыўы мүмкин. Бул процесс пуқара ҳәм шыпакердиң ўақтын үнемлеп, барлық анализ автомат түрде шаңарақлық шыпакерге көринип турады. Қәниге соған тийкарланып, мүрәжат етиўшиге электрон рецепт береди. Наўқастың рецепт тийкарында усыныс етилген дәрини поликлиниканың өзинен алыўы да электрон қадағаланады.
Бул поликлиника 200 орынға мөлшерленген болып, рентген, УТТ, стоматология, физиотерапия, диагноз лаборатория ханалары ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленген. Әлбетте, алдын бундай шараят жоқ еди. Бүгин шаңарақлық поликлиникада 12 шыпакер, 20 патронаж мийирбийкеси, 10 әмелиятшы мийирбийкеден ибарат денсаўлықты сақлаў хызметкерлери жәмәәти 21 мыңнан аслам адамға медициналық хызмет көрсетпекте.
- Әдетте шаңарақлық поликлиниканың шыпакери медициналық лабораториялық тексериўге жибериў ушын наўқасқа узын-шубай анализлер дизими жазылған қағазды услататуғын еди. Сондай-ақ, керекли шараятлардың жоқлығы, артықша қағазпазлық, ўақыт пенен байланыслы жағдайлар наўқастың денсаўлығына унамсыз тәсир көрсеткени ҳақыйқат, - дейди бас мийирбийке Фарида Шамуратова. - Жаңа поликлиникамыз 1-апрельден жумыс баслаған болса да қысқа мүддетте көпшиликке мақул келди. Үйме-үй жүрип, наўқаслардың ҳалынан хабар алатуғын патронаж мийирбийкелеримиз планшет пенен тәмийинленген. Аймақтағы наўқаслар ушын 90 түрдеги дәри-дәрмақ бийпул бериледи. Усындай шараятта халыққа шын кеўилден жәрдем берип атырғанымыздан оғада бахтиярмыз.
Бул медицина хызметкерлериниң тымсалында халық саламатлығы жолында тынышлығынан кешип, күнди түнге жалғап, пидәкерлик пенен мийнет етип атырған мақтанышлы кәсип ийелериниң берилген имканиятлардан нәтийжели пайдаланып атырғанын көрдик.
- Қан басымым тез-тез көтерилиўи себепли шыпакер қабыллаўына келип тураман, - дейди 59 жастағы Алмагүл Утемуратова. - Мәҳәллемиз аймағында қурылған заманагөй шаңарақлық поликлиникадағы шараятларды көрип, жүдә қуўандым. Бурынлары шыпакердиң есигинде саатлап турыўға мәжбүр болатуғын едик. Ҳәзир, мине, қысқа ўақытта нәўбетим менен шыпакер көригинен өттим. Өзимди жақсы сезип атырман. Бүгинги шараят оғада қолайлы: артықша ўақыт, барыс-келис пенен байланыслы әўерегершиликлер сапластырылған.
Мәмлекетимизде медицина тараўы жедел раўажланбақта. Материаллық-техникалық база беккемленди. Ең соңғы маркадағы заманагөй үскенелер халыққа хызмет көрсетиўге таяр. Буннан тысқары, тәжирийбели шыпакерлер де көбеймекте. Денсаўлықты сақлаў тараўына қаратылып атырған итибар себепли Қарақалпақстанның шетки аймақларындағы шаңарақлық поликлиникалар да тикленбекте.
- Бурынлары бир ғана емлеў ушын бир күн ўақтымызды сарыплаўға мәжбүр болатуғын едик. Аймағымызда ықшам поликлиника қурылғаны бәршемизге қолайлық жаратпақта. Шаңарақлық поликлиникаға келип, қәниге көригинен өттим. Шараятлары жүдә жақсы. Ханалары жақты, зәрүр үскенелер менен тәмийинленген. Енди бәрқулла саламатлығымызға итибарлы болып, жаратылған имканияттан дурыс пайдаланамыз, - дейди Айгүл Пирлеспесова.
Саламатлық тек ғана инсанның өзи емес, ал жәмийет ушын да жүдә үлкен ҳәм бийбаҳа байлық. Ҳәр тәреплеме саламат инсанлардан ибарат жәмийет болса раўажланыўға қарай исенимли қәдем таслайды. Сонлықтан, денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, системаны заман талаплары, дүнья медицинасы стандартлары дәрежесинде раўажландырыў бас мақсет болып табылады.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы