Жаңа өзбекстан конституциясы - турақлы раўажланыў кепиллиги

    3 желтоқсан 2024 42

    Өзбекстанда жәмийет, мәмлекеттиң эволюциялық раўажланыўынан келип шығатуғын болсақ, жаңа редакциядағы Конституцияны қабыл етиў биз ушын турмыслық зәрүрлик еди.

    Сонлықтан, бул ҳүжжет мәмлекетимиз ҳәм халқымыздың кейинги қәдемлери, раўажланыў перспективаларын белгилеп берди.

    Соңғы жылларда ерисилген табыслар, атап айтқанда, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў, сөз ҳәм ҳүждан еркинлиги және социаллық-экономикалық тараўлардағы жетискенликлер жаңа редакциядағы Конституциямызда мөрлеп қойылды. Бул болса олардың бәринен тек ғана ҳәзирги емес, ал келешек әўладларымыз да еркин пайдаланыўы кепилленген, дегени.

    Бас нызамымызда Өзбекстан суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет екенлиги қатаң белгилеп қойылды. Усы жерде "социаллық" түсинигине айрықша итибар бериўди қәлер едим. Бул - инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени. Жаңа редакциядағы Конституцияда мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы нормалар 3 есеге көбейтилди. Онда ҳәммениң турақ жайға ийе болыў, мүнәсип мийнет етиў, кәсип ҳәм жумыс түрин еркин таңлаў, маман медициналық хызметтен пайдаланыў сыяқлы ҳуқықлары усылардың қатарына киреди.

    Жаңаланған Конституцияға бола, ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға қайшы түрде турақ жайынан айырылыўы мүмкин емес. Турақ жайынан айырылған мүлк ийесине турақ жайдың баҳасы ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда және тәртипте алдыннан ҳәм тең баҳада қапланыўы тәмийинленеди.

    Республикамызда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң жоқары мақсетлеринен бири. Жаңаланған Конституцияда инсан ҳуқықларына байланыслы нормалар 3 еседен зыят көбейди. Инсан ҳуқықлары менен еркинликлери нызамларымыз, ҳәр бир министрлик ҳәм уйымның жумысының мазмунына айланыўы бойынша қатаң талап қойылды. Бул болса мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен өз жумысын "инсан қәдири ушын" принципи тийкарында әмелге асырыўына тийкар болады. Мәмлекет ҳәм инсан арасындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы нызамшылықтағы анықсызлықлар, түрли түсинбеўшиликлер инсан пайдасына шешиледи.

    Мәмлекетимизде инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына сай және Конституцияға муўапық тәмийинленеди. Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен инсанға қолланылатуғын ҳуқықый тәсир илажлары сәйкеслик принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы керек. Нызамшылықта белгиленбеген миннетлеме ҳеш кимниң мойнына өзиниң разылығысыз жүклетилиўи мүмкин емес. Тийкарғы Бас Нызамымызда сәўлеленген бул нормалар әпиўайы адамлардың турмысын және де жеңиллестиреди.

    Тийкарғы Бас Нызамымыз елимиздиң пуқарасы Өзбекстаннан сыртқа мәжбүрий шығарып жиберилмеўин ямаса басқа мәмлекетлерге берилмеўин кепиллейди. Бул ўатанласларымыздың турақлы түрде мәмлекет қорғаўында екенлигине исенимин беккемлеп, ўатансүйиўшилик сезимин хошаметлейди. Сондай-ақ, сырт елде жасап атырған ўатанласларымыз бенен байланысларымызды сақлап қалыў ҳәм раўажландырыў мәселелерине де мәмлекет ғамқорлық ететуғыны белгиленди. Бул норма сырт еллерде жасап атырған, жумыс ислеп атырған, билим алып атырған ўатанласларымыздың өз журты Өзбекстан менен турақлы байланыста болыўына, тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлап, буннан былай да раўажландырыўға, тарийхый Ўатан - Өзбекстанның абырайын буннан былай да арттырыўға өз үлесин қосыўына хызмет етеди.

    Өзбекстанда өлим жазасының қадаған етилиўи Конституция дәрежесине беккемленди. Бул - инсанды өмирден ҳәттеки мәмлекет те айырыўға ҳақылы емеслигин кепиллейди.

    Шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық услап турыў мүмкин емес. Бул қағыйда адамларды нызамсыз қамаққа алыў ямаса тийкарсыз қамаққа алыў ҳәм сақлаўға жол қоймаўға қаратылған. Усы тәризде адамлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў менен байланыслы барлық ҳәрекетлерге тек ғана суд қарары тийкарында жол қойылыўы беккемленди. Яғный, әдил судлаўды әмелге асырыўда "Хабеас корпус" ҳәм "Миранда қағыйдасы" институтлары және де кеңейтилди, биринши мәрте айыпланыўшы ҳәм судланыўшыларға өзине қарсы көрсетпе бериўдиң, яғный "үндемеслик" ҳуқықы берилди.

    Онда ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы екени белгиленди. Бул қағыйданың мазмун-мәниси сонда, пуқаралар өзиниң бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин, басқалардың ҳуқықларын бузбаған ҳалда, еркин қорғаў ҳуқықына ийе. Бирден-бир шәрт - бул пуқаралар тәрепинен өзин-өзи қорғаўда қолланылатуғын усыллар ямаса илажлардың нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген болыўы болып есапланады.

    Енди ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шәртнамаларына муўапық, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўшы халықаралық уйымларға, егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға байланыслы барлық ишки қуралларынан пайдаланып болынған болса, мүрәжат етиўге ҳақылы. Егер халықаралық шәртнамада Өзбекстан Республикасы нызамында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, Өзбекстан Республикасында халықаралық шәртнама қағыйдаларының қолланылыўы беккемленди. Бул қағыйда пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў тек ғана миллий нызамшылықта белгиленген нормалар емес, ал халықаралық ҳуқық тийкарында қорғалыўын тәмийинлейди. Мәмлекетлик уйымлар ямаса лаўазымлы шахслар тәрепинен шахсларға нызамсыз қарар ямаса ҳәрекетлер жүз бериўиниң алдын алады, шахсларға жеткерилген зыянның өз ўақтында ҳәм толық қаплап берилиўин нәзерде тутады.

    Буннан былай шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде өзиниң ҳуқықлары ҳәм услап турыў тийкарлары түсиндирилиўи шәрт. Айыпқа байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў имканиятлары тамам болған болса, гүманланыўшының, айыпланыўшының, судланыўшының пайдасына шешиледи. Бул норма тергеў ҳәм суд процесинде тек ғана исенимли ҳәм нызамлы дәлиллерден пайдаланыўды тәмийинлейди, нәтийжеде шахсты тийкарсыз түрде жуўапкершиликке тартылыўынан қорғайды.

    Бас нызамымызда гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеў шәрт емес екенлиги беккемленди. Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық бериўге мәжбүр болмаўы белгиленди. Бул жынайый қуўдалаў астындағы ҳәр қандай шахсқа ямаса оның жақын туўысқанларына руўхый басым ҳәм ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер өткериў, оның абырайы ҳәм қәдир-қымбатын кемситиў сыяқлы басқа да нызамсыз усыллар қолланылыўының алдын алыўға қаратылған жоқары ҳуқықый норма болып есапланады.

    Еркинен айырылған шахслар өзине инсаныйлық қатнаста болыўы ҳәм инсан шахсына тән болған абырай-мәртебесин ҳүрмет етиў ҳуқықына ийе екенлиги беккемленди. Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емес.

    Енди ҳәр бир шахстың мәмлекетимиз бойлап еркин ҳәрекетлениў, турақ жай ҳәм жасаў орнын еркин таңлаў, елимиздиң сыртына шығыў ҳәм Өзбекстан пуқараларының өз Ўатанына тосқынлықларсыз қайтыў ҳуқықлары Бас нызамымыз дәрежесинде беккемленди. Бул қағыйдалардың барлығы Өзбекстанда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўды буннан былай да күшейтиўге, олардың бузылыў жағдайларына ерте шек қойыўға хызмет етеди.

    Конституцияға адвокатура институтына бағышланған ҳәм адвокатлар жумысының кепилликлерин беккемлейтуғын айрықша бап киргизилди. Адвокат ҳәм оның кәсиплик жумысы мәмлекет қорғаўында екени, адвокаттың кәсипке байланыслы ҳуқықлары, абырайы ҳәм қәдир-қымбаты нызам менен қорғалыўы беккемленди.

    Жаңаланған Өзбекстан Конституциясы "шахс-жәмийет-мәмлекет" принципине әмел еткен ҳалда демократия, нызам үстинлиги, инсаныйлық, әдиллик, ўатансүйиўшилик сыяқлы миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды өзинде жәмлейди. Әсиресе, нызамшылық, теңлик сыяқлы конституциялық принциплерди тәмийинлеп береди.

    Әлбетте, бул болса ҳәр бир инсан ушын Өзбекстанда мүнәсип турмыс кешириўи, өзиниң өмири, денсаўлығы сыяқлы бийбаҳа байлықларын исенимли қорғаў, бәркамал раўажланыў арқалы жәмийетимиздиң әҳмийетли ағзасы сыпатында қәлиплесиўи ушын беккем тийкар жаратылғанынан дәрек береди.

    Полат БОБОЖОНОВ,

    Ишки ислер министри, генерал-лейтенант

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates