2021-жылы шет тилин билиў дәрежеси бойынша сертификатқа ийе мектеп оқыўшыларының саны тек ғана 11 мыңнан аслам еди. Ҳәзир бул көрсеткиш 53 мыңға жетти. Жақын бир-еки жылда бул көрсеткиш сезилерли дәрежеде артыўы анық. Ҳәзирше пайтахт мектеплеринде жолға қойылған, мегажойбар дәрежесине шыққан "Келешек ушын шет тили" жойбары бул процессте әҳмийетли фактор болады. Ол себепли оқыўшы жасларға үлкен имканият ашылмақта.

Сырт елли қәнигелер қандай пикирде?

Жойбарда қатнасып атырған көплеген сырт елли муғаллимлер Өзбекстанға байланысып қалғанын, жергиликли муғаллимлердиң әдеплилиги, кеңпейиллиги, оқыўшылардың тил үйрениўге қызығыўшылығы үлкен екенин айтпақта. Олар өзбек жаслары шын мәнисинде бахытлы әўлад екенин, перзентлеримиздиң келешеги ушын барлық шараят жаратылғанын тән алмақта.

- Өзбекстан жетекшиси келешекти алдыннан көре алатуғын, стратегиялық пикирлейтуғын лидер, - дейди Юнусабад районындағы 9-мектепте инглис тилинен сабақ берип атырған британиялы қәниге Роналд Волс. - Буны Президентиңиздиң жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған итибары, шет тиллер ҳәм кәсип-өнер үйретиўге байланыслы басламаларында айқын көриў мүмкин. Бул сиясат дүнья әмелиятында нәтийжелилигин дәлиллеген. Атап айтқанда, "Келешек ушын шет тили" - жасларды хошаметлеўге қаратылған оғада әҳмийетли ҳәм актуаль жойбар. Инглис тили бүгин бизнес, билимлендириў ҳәм кәсиплик тараўларда оғада әҳмийетли қарым-қатнас қуралы. Соның ушын оқыўшылардың мектепти терең билим ҳәм өзине беккем исеним менен жуўмақлаўы айрықша әҳмийетке ийе. Жаслар буны түсинип жетип атыр ҳәм инглис тилинде еркин сөйлеў, жазыў, тыңлап түсиниў ҳәм сөйлесиўге умтылмақта.

Уллы Британиядан келген және бир тәжирийбели қәниге Берёз Исабал жаңа оқыў жылынан пайтахтымыздағы 96-мектепке шет тили муғаллими сыпатында тартылған.

- Өзбекстанда билимлендириў системасы оғада кең көлемли, - дейди ол. - Биргеликте ислеўдиң оқытыў сапасын арттырыўдағы әҳмийети оғада үлкен. Бул муғаллимлер ҳәм оқыўшыларға сөйлесиў, пикир алысыў ҳәм биргеликте үйрениў имканиятын береди. Бул мектепте жумыс баслағаныма көп болмаған болса да, жергиликли кәсиплеслерим ҳәм оқыўшыларым орталыққа бейимлесиўиме жәрдем бермекте. Олардың қоллап-қуўатлаўы ҳәм бирге ислесиўи себепли жумысқа тез бейимлестим ҳәм жумысымды жетилистирип атырман. Онлайн ресурслар ҳәм заманагөй билимлендириў платформаларынан пайдаланыў сабақларымды және де нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм оқыўшылардың талабына бейимлесиўге жәрдем берди.

Билимлендириў мәкемесиниң имараты жаңа ҳәм жүдә заманагөй. Қоршаған орталық, класс ханалары ҳәм шараятлар оғада жақсы дәрежеде. Келеси жылларда да усы мектепте ислеўди нийет етемен. Билимлендириўдиң сапасын және де арттырыў, оқытыўшылардың кәсиплик раўажланыўын қоллап-қуўатлаўға үлес қоспақшыман.

Жойбар шеңберинде Қарақалпақстанға 100 ге шамалас шет тили муғаллимлерин тартыў режелестирилген. Бүгин олардың 49 ы қала ҳәм районлардағы мектеплерде жумыс баслады. Сырт елли педагоглардың қала ҳәм район орайлары, сондай-ақ, туристлик мәнзиллерде жайласқан мектеплерде билим бериўи нәзерде тутылған. Соған бола, Мойнаққа жыл басында Ҳиндстаннан еки шет тили муғаллими келди. Олардан бири - Нельсон Нибин райондағы 2-мектепте жасларға билим бермекте.

- Өзбекстанға 2023-жылы келип жумысымды баслағанман, - дейди Нельсон Нибин. - Еки жыл Бухараның Алат районындағы мектепте сабақ бердим. Оқыўшылардың IELTS сертификатын алыўына жәрдемлестим. Сертификат алыўы ушын муғаллимлерди де имтиханға таярладым. Тәжирийбе алмасып, биргеликте иследик. Ол жердеги шәртнамам жуўмақланғаннан соң, Мойнақта жумыс басладым. Жаңа жумыс орнымнан да жүдә қанаатланаман. Себеби оқыўшылар инглис тилине шын кеўилден қызығады екен. Кәсиплеслерим де жаңа жәмәәтке көнлигип кетиўиме жәрдем бермекте. Ең қызығы, қарақалпақ тилин үйрене басладым.

Мектеп директоры Саламат Нуржанов ҳиндстанлы педагогтың шеберлиги, тәжирийбеси мектеп оқыўшыларының шет тилин өзлестириўи, сондай-ақ, халықаралық IELTS сертификатларын алыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Ҳамза Хасли Мойнақтағы 4-мектепке шет тили муғаллими болып келди. Көп жыллық тәжирийбели педагог бир қатар халықаралық сертификатларға ийе.

- Ҳиндстанда 15 жылдан берли инглис тили ҳәм әдебиятынан сабақ беремен. Жумысым даўамында дүнья бойлап 2 миллионға шамалас оқыўшыны офлайн ҳәм онлайн оқыттым. Магистр дипломы ҳәм халықаралық сертификатқа ийемен. Өзбекстанға биринши мәрте келдим. Бул мәмлекеттиң дәстүрлерин, мәдениятын жақсы көрип, усы жерди таңладым.

Жаслар глобал майданда бәсекиге шыдамлы болыўы керек

Шет тил ийелериниң Өзбекстан билимлендириў системасына тартылыўы бизге не береди, деген сораў пайда болыўы тәбийғый. Буған жуўап ретинде айтыў мүмкин, биринши гезекте, билимлендириў системамызды халықаралық стандартларға интеграциялаў имканияты пайда болады. Оқыўшылардың шет тиллерди үйрениўге қызығыўшылығы тәбийғый артады. Жергиликли оқытыўшылар ҳәм сырт елли қәнигелер тәжирийбе алмасады.

2025-жылдың ақырында пайтахтымыздағы улыўма билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшылары ушын инглис тилин билиў дәрежесин анықлаў бойынша арнаўлы тест сынақлары шөлкемлестирилди. Тест процесинде оқыўшылардың грамматика, тыңлап түсиниў ҳәм оқып түсиниў көнликпелери баҳаланды. Сол сынақ нәтийжелерине бола С1 ҳәм оннан жоқары дәреже көрсеткен оқыўшылар Ташкент қаласындағы Президент мектебинде шөлкемлестирилген арнаўлы курста оқыўды баслады. Бағдарлама Президент мектеплеринде ислеп шығылған болып, қәбилетли оқыўшыларда глобаллық көзқарас, жетекшилик потенциалы, сын көзқарастан пикирлеў, турақлы раўажланыў мақсетлерине тийкарланған заманагөй компетенцияларды қәлиплестириўге қаратылған. Соннан да билиў мүмкин, "Келешек ушын шет тили" жойбары билимли, ашық пикирли ҳәм глобал майданда бәсекиге шыдамлы жаслар әўладын тәрбиялаў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады. Биринши мәрте Ташкент қаласында тәжирийбе тәризинде жолға қойылған бул жойбарда пайтахттағы улыўма билим бериў мектеплериниң дерлик 40 мың питкериўшисин қамтып алыў режелестирилген.

Тил үйретиў бойынша алға қойылып атырған басламаның және бир әҳмийетли тәрепи сонда, сабақ жергиликли педагоглар менен бирге өткериледи. Яғный олар бирге ислесиўши муғаллим сыпатында бир-бириниң орнын толықтырады. Буның пайдалы тәреплери жүдә көп. Бир тәрептен сырт елли қәниге билимлерин оқыўшыға және муғаллимге үлеседи. Екинши тәрептен болса оқытыў системасы менен жақыннан танысып барады. Таллаўларға бола, усы ўақытқа шекем оқыўшылар IELTS имтиханының тыңлап түсиниў ямаса оқып түсиниў бөлими бойынша жоқары балл алатуғын еди, бирақ жазыў ҳәм сөйлеў көнликпесине келгенде ақсаў сезилер еди, баллар төменлеп кететуғын еди. Усы мәнисте, сырт елли қәнигелер менен тил орталығын жаратыў, яғный аңсат сөйлесиў, түсиниў, сөйлеў көнликпесин раўажландырыў оғада әҳмийетли.

Муножат МУМИНОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.