Уллы ислерде қоллап қуўатлаўшымыз

    Кейинги жылларда елимиздеги кең көлемли реформалар барлық тараў ўәкиллерин, жас ҳәм кексени ийгиликли ислерге мүнәсип үлес қосыўға шақырмақта. Нәтийжеде аўыл ҳәм қалаларымыз абат болып, ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңараққа абаданлық кирип бармақта.

    Өткен қысқа дәўирде Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигиндеги абырайы жоқарылады. Санаат, қурылыс, аўыл хожалығы, спорт, мәденият ҳәм мәнаўият, барлық тараўлардағы жеделлик экономиканың раўажланыўына да унамлы тәсир етти. Тек ғана 2024-жылы жалпы ишки өним көлеми 6,3 процентке артып, 111 миллиард доллардан асты. Халықтың жан басына дәрамат 3 мың долларға жетиўи күтилмекте.

    Жаңа Өзбекстанның барлық тараўдағы үлкен жетискенликлери сыртқы ҳәм ишки сиясаттағы дурыс ҳәм әдил қарарлардың нәтийжеси екенин дүньяның көзге көринген экспертлери тән алмақта.

    Нураныйлар менен бирге мәҳәллелерде болып, сәўбетлескенимизде адамлардың дүньяға көзқарасы өзгергенин, ўатансүйиўшилик сезими күшейгенин, ертеңги күнге исеними артқанын көрмектемиз.

    2024-жылы "мәҳәлле жетилиги" системасының енгизилиўи мәҳәллелерди буннан былай да абат етиў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, ўатанласларымызды разы етиў жолындағы жумысларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтерди.

    Атап айтқанда, Социаллық қорғаў миллий агентлиги дүзилгени майыплығы болған, жәрдемге мүтәж шахслар ушын итибар ҳәм ғамқорлықтың әмелий көриниси болды. Аймақларда "Инсан" социаллық хызметлер орайларының ашылып, жәрдемге мүтәж ўатанласларымызға 102 түрдеги социаллық хызмет көрсетилип атырғаны адамларды оғада қуўандырды, қаншадан-қанша қайғылы кеўиллердиң дәртине дәрман болмақта.

    Әсиресе, Президентимиздиң жасларды тәрбиялаў, мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықты саламатландырыў, шаңарақларда татыўлық ҳәм аўызбиршиликти сақлаўда нураныйлардың көп жыллық тәжирийбесине жоқары исеним билдирип атырғаны итибарлы болмақта.

    Бул ийгиликли жумысларда "мәҳәлле жетилиги"не көмекши болып атырған нураныйлер "Бир нураный - он жасқа жуўапкер", "Нураный - ҳәр бир шаңараққа жуўапкер" сыяқлы принциплер тийкарында белсендилик көрсетпекте. Олардың жергиликли ҳәкимликлер, жуўапкер шөлкемлер, "мәҳәлле жетилиги" менен биргеликтеги ис-ҳәрекети нәтийжесинде 11 мыңға шамалас машқалалы шаңарақта социаллық турақлылық тәмийинленди.

    Мәмлекетимиз бойлап ҳәзирги ўақытта 163 заманагөй "Нураныйлар мәканы" хызмет көрсетип келмекте. Бул орынларда "Аналар бағы", "Нураныйлар бағы", "Дослық ҳәм тилеклеслик бағы", "Нураныйлар ҳәм жаслар бағы" шөлкемлестирилди.

    Нураныйлар бүгин мәмлекетимиз басшысының исеними, итибары, меҳиринен күш алмақта. Халқымызды разы етиў жолындағы жумыслар кекселик заўқын сүрип атырған 3 миллион 300 мыңнан аслам кемпир-ғаррының өмиринде де өз көринисин таппақта. Ғарры болып, жалғыз жасап атырған, меҳирге мүтәж кекселердиң жағдайынан хабар алынып, наўқасларға емлениўи ушын шараят жаратылмақта. Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларына айрықша меҳир-мүриўбет көрсетилмекте.

    2024-жылы кексе әўлад ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў системасы жоқары басқышқа көтерилди. "Кекселер саламатлығы айлығы", "Кекселер ҳәптелиги", "Кекселер ушын туризм айлығы" шеңбериндеги мийрим-шәпәәт ҳәм ғамқорлық нураныйларымыздың ғайратына күш бағышлады. Дерлик 1,5 миллион кемпир-ғаррының тарийхый естеликлер, зыярат етиў орынлары, дыққатқа ылайық орынларға саяхаты, театр ҳәм музейлерге бийпул келиўи шөлкемлестирилди.

    Басқалардың күтимине мүтәж, жалғыз жасаўшы кекселер саламатландырыў орынларында саламатлығын тикледи. Көпшилик нураныйлар бийпул толық медициналық тексериўден өткерилди. Және көпшилигине денсаўлығын тиклеў ушын абонемент қәрежети қаплап берилди. Басқалардың күтимине мүтәж, жалғыз кекселер ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларда жасайтуғын жасы үлкенлердиң ҳал-жағдайынан хабар алынды.

    Бундай ғамқорлық ҳәм итибар, әлбетте, нураныйларды жәмийетлик турмыста және де белсенди болыўға руўхландырмақта. Мәҳәллелердеги "Кекселер мәсләҳәти", "Кемпир апалар мектеби" топарларының белсендилери шаңарақлар татыўлығы, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, аўызбиршилик орталығын сақлаў жолында "мәҳәлле жетилиги" менен биргеликте ислемекте.

    Нураныйларға итибар, меҳирли сиясат себепли жаңа Өзбекстанда теберик 100 жасқа жеткен ҳәм оннан өткен жасы үлкенлердиң саны быйыл 600 ге жақынласты.

    "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы кәмбағаллықтан қыйналып атырған шаңарақлардың ўәкиллерин кәсип-өнерге үйретип, жәмийетлик турмыстағы қатнасын тәмийинлеў ҳәм абаданлығын арттырыў жолында үлкен ҳәрекетке айланды.

    Бүгин елимизде барлық шаңарақты абаданлыққа алып шығыўға кең жол ашылды. Қасымызда жасап атырған инсанлардың ҳәр бири жақсы жасаўды, жәмийетте өз орнын табыўды, перзентлерин билимли етип тәрбиялаўды қәлейди. Мәҳәллелердеги жасы үлкенлер болса сол жердиң пәс-бәлентин жақсы биледи. Соның ушын, адамлардың дүньяға көзқарасын өзгертип, исбилерменликке, кәсип-өнер үйрениўге кеңнен тартыўда нураныйлардың орны үлкен болмақта.

    Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 25-ноябрьдеги "Кәмбағаллықтан абаданлыққа" бағдарламасын әмелге асырыўға белсене нураныйларды тартыў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық биз - нураныйларға шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, жоқары дәраматлы егинлерди егиўди шөлкемлестириў, егинлерди тәрбиялаў көнликпесин қәлиплестириў ҳәм жетистирилген өнимлердиң сатылыўына жәрдемлесиў сыяқлы бағдарларда әҳмийетли ўазыйпалар жүкленди.

    Мәҳәллелерде жердиң тилин жақсы билетуғын шебер бағман, шебер дийқан нураныйлар жүдә көп. Әтирапымызда кәсиби жоқ ямаса белгили бир өнер ийелеген болса да, турмыста жолын таба алмай қыйналып атырған жаслар, кәмбағаллықтан шығып кетиў жолын излеп атырған шаңарақлар бар. Бундай шаңарақлар дәраматлы болыў ушын көшпели дүканлар қурыў, киши өндирис үскенелери ҳәм басқа да зәрүр техника қуралларын алыўды әрман ететуғын еди. Президентимиздиң бул қарары менен енди бундай шаңарақлардың қыйыншылығы жеңиллетиледи, қалаберсе, нураныйлар өзиниң сийрек ушырасатуғын тәжирийбеси ҳәм қәбилетин арттырады

    Президентимиздиң жоқары исениминен руўхланып, инсан қәдирин улығлаў, халқымыздың жақсы жасаўын тәмийинлеў жолында жаңа жыл ушын анық ўазыйпаларды белгилеп алдық. Усы жылы нураныйларымыз 141 мыңнан аслам шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыўға жәрдемлеседи.

    2025-жылдың "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланғаны мәмлекетимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, "жасыл" экономиканы раўажландырыў арқалы ана тәбиятты сақлаў жолындағы системалы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыўда үлкен қәдем болады. Қоршаған орталықты сақлаўда да нураныйлардың белсендилиги, үгит-нәсияты жүдә керек.

    "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары ўатанымыз тәбиятын сақлаў, терекзарларды көбейтиўимизде айрықша әҳмийетке ийе. Бул жумыста нураныйлар да белсене қатнасып атырғаны, әсиресе, итибарлы. Атап айтқанда, улыўма миллий жойбардың өткен жылы гүзги мәўсиминде нураныйлардың қатнасыўында 20 мыңнан аслам үгит-нәсиятлаў илажы шөлкемлестирилди. Илажларда дана халқымыздың "Өмирден бир күн қалса да нәл ек" деген ҳикмети, ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз, терек егиў, бағ ҳәм гүлзарлар жаратыў бағдарындағы гөззал әдетлеримиз жаслардың санасына сиңдириледи. Улыўма алғанда, жойбар шеңберинде егилип атырған ҳәр бир нәлди тәрбиялаўда баба дийқанларымыз, бағманларымыз жасларға үлги болмақта.

    Дүньяда болып атырған ықлым өзгерислери, экологиялық машқалалар, қоршаған орталықтың патасланыўы кеше ямаса бүгин пайда болмады. Инсаният жыллар даўамында тәбийий ресурслардан аяўсыз пайдаланған. Нәтийжеде бүгин пүткил дүньяда тәбийий система өзгерип, геологиялық машқалалар күн сайын артып бармақта. Ҳәр минутта дүнья бойлап 23 гектар жердиң шөлленип баратырғаны, шөлленген үлкелерде экологиялық системалардың бузылып атырғаны, соның ақыбетинде тәбийий экономикалық кризис, азық-аўқат жетиспеўшилиги, суў машқалаларының жүзеге келип атырғаны дүнья халқын тәшўишке салмақта.

    Бул машқалаларға шешим табыў ушын болса қоршаған орталықты сақлаў, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, ана тәбиятқа зыян жеткермейтуғын "жасыл" экономикаға өтиў талап етилмекте.

    Мәҳәллелерде жумыс алып барып атырған "Кекселер мәсләҳәти" топары, "Кекселер мектеби" белсендилери қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў, ҳәр бир мәҳәлледеги тәбийий ресурслардан үнемли пайдаланыў, салмаларды патасландырмаў ҳаққында жаслар арасында түсиндириў, үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтпекте. Тәбийий ресурслар ҳаққында сөз болғанда үнемлеўге айрықша итибар қаратыў әҳмийетли. Сол себепли де жасларға "Нени хор етсең, соған мүтәж боласаң" деген турмыслық ҳақыйқаттың мәниси, ысырапгершиликтиң аянышлы ақыбети түсиндирилип атыр.

    "Жасыл" экономика инсанияттың молшылық ҳәм абадан жасаўы ушын зәрүр тәбийий ресурслар: таза ҳаўа, таза суў, дәрья ҳәм теңизлер, тоғайлар, бағлар, жасыл аймақлар сақлап қалынған ҳалда санаат ҳәм өндирис, қурылыс, хызмет көрсетиў системасы раўажланған, яғный булар өз-ара үйлескен экономикалық жумыс түри болып есапланады. Заманагөй раўажланыўды тәмийинлеў ушын қайта тикленетуғын энергия дәреклерин көбейтиў, қурылыс, санаат ҳәм өндирис тараўларын альтернатив энергия менен тәмийинлеў бүгин кешиктирип болмайтуғын мәселеге айланды. Сол себепли де қоршаған орталыққа зыянлы газ шығармайтуғын, экологиялық таза технологияларды жаратыў арқалы "жасыл" экономиканы раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

    Әбиў Әлий ибн Сина бабамыз айтқанындай, дүньяда шаң болмағанда инсан мың жыл жасайтуғын еди. Қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеўде болса тереклер ҳәм жасыл майданлар инсанияттың бийғәрез жәрдемшиси болып есапланады. Усы мәниде, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары бүгинги күнге келип улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Тек ғана 2024-жылдың бәҳәринде 138 миллион түп нәл егилип, 10 мың гектардан аслам "жасыл белбеў", 257 бағ жаратылды.

    Бүгин егилип атырған нәллерге қарап, әдиўли шайырымыз Зульфияханымның "Бул бағлар бир бағ болады еле..." деген қатарлары еске түседи. Ҳақыйқатында да, барлық аймақларда қурылып атырған қыябанлар, бағлар ҳәм "жасыл белбеўлер", "Нураныйлар," "Жаслар ҳәм нураныйлар", "Дослық", "Аналар" ҳәм басқа да көплеген атлар менен мәҳәллелерде бой тиклеп атырған көркем бағлар экология тазалығына хызмет ететуғынына гүман жоқ.

    Қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў ҳаққында сөз болғанда, алдымызда турған ўазыйпаларға тоқтап өтиў зәрүр. Жасларды ана тәбиятқа меҳирли етип тәрбиялаў, тәбият байлықларынан үнемли пайдаланыўды үйретиў, бәринен бурын, шаңарақта қәлиплеседи. Аталар улы ҳәм ақлығы менен бирге нәл ексе, сол нәлди тәрбиялаған бала жүрегиндеги арзыў ҳәм мақсетлер де терек пенен бирге өсип, үлкейеди. Жерге, тәбиятқа меҳир қойыўды үйренеди. Тәбиятты қәстерлеп сақлаўда жуўапкершиликти сезинеди.

    Бул болса биз, үлкенлер жуўапкершилигиндеги тийкарғы ўазыйпалардан бири. Тәбийий ресурслар жетиспеўшилигиниң артып барыўын айырым жаслар өз машқаласы деп көрмейтуғыны рас. Бирақ, сырттан кимдур келип, мәҳәллемиздиң абатлығын, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеп бермейди, ҳәр биримиз өз имканиятымыз дәрежесинде бул жумысқа үлес қосыўымыз зәрүр.

    Мәҳәллемизде қурып атырған терек ямаса нәллерди, шығындыларға толып баратырған жап-салмаларды көремиз. Буларды тәртипке келтириўде өзине тән дәстүрлеримиз бар. Соның ишинде, әзелден көмек жолы менен салмалар ҳәм жаплар, қойымшылықлар тазаланған, бағлар жаратылған. Кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайынан хабар алынып, жасы үлкен, белинен күши кеткен ата ҳәм аналардың ҳәўлисине егинлер, нәллер егип берилген. Жумыслар жуўмақланғаннан соң, қазанда аўқат писирип, бир дастурхан әтирапында мәҳәллениң үлкен-кишиси, жасы-ғаррысы жәмленген. Жасы үлкен аталар пәтия берсе, жаслар хызметке жеңин түрген. Мәҳәлледеги аўызбиршилик, татыўлық, бир-бирине меҳир-мүриўбет усы тәризде қәлиплескен.

    Бүгин де усы гөззал әдетлеримизди даўам еттирип атырған мәҳәллелер жүдә көп. "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда бундай қәдириятларымыз және де сайқалланып, мәҳәллелеримиздиң көркине көрк қосылатуғынына исенемиз.

    Улыўма алғанда, усы жылы да мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықты сақлаў, шаңарақларда татыўлықты тәмийинлеў, қоршаған орталық ҳәм ана тәбиятымызды қәстерлеп сақлаў бойынша ислейтуғын жумысларымыз көп. Нураныйларымыз бул жолда бар күш-ғайраты менен мәҳәллелердиң абатлығы, шаңарақлардың тынышлығы ҳәм татыўлығы, ул-қызларымыздың бахыт-ығбалы ушын жәрдемши болады. Себеби, жаңа Өзбекстанда елимиздиң раўажланыўы, халықтың абаданлығы, мәҳәллелердиң абаданлығы жолындағы реформаларға көмекши болыў биз - нураныйлардың ең уллы мақсети болып табылады.

    Содиқжан ТУРДИЕВ,

    "Нураный" қоры республика басқармасының баслығы,

    сенатор, Өзбекстан Қаҳарманы

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates