Сурхандәрья ўәлаятының Бандихан районында бийпаян шөл аймақта жайласқан Гулбоғ мәҳәллесинде жасайтуғын Нормурод Шойдилов дерлик ярым әсирден берли домбыра соғыў менен шуғылланып келмекте.
- Домбыра соғыўдың өз дәстүрлери, сырлары бар. Себеби музыкалық әсбапқа анық саз ҳәм сести жайластырыў керек болады. Узақ жыллардан берли ата-бабаларымыздан мийрас қалған дәстүрий усылда домбыра соғыўға итибар қаратып келемен, - дейди уста Нормурод Шойдилов. - Ата-бабаларым да домбыра соғыўшы болған, бирақ елге даңқы жайылмаған. Домбыра соғаман деп қашан биринши мәртебе ағаш жонғанымды еслей алмайман. Оған әдеўир ўақыт болған.
Домбыра соғыў барлық заманларда устадан оғада нәзик талғам ҳәм жоқары шеберликти талап еткен. Домбыра гейде нағыслар менен безелген, гейде әпиўайы етип исленсе де, оның қуўанышлы ҳәм дәртли намасы бирдей болып қала береди. Жаратылғанына мың жыллар болған бул саз тап философия сыяқлы бир дүнья мәниске ийе.
Нормурод Шойдиловтың айтыўынша, ол узақ жыллар басқа тараўда мийнет еткен. Бирақ, түсинде қайтыс болған домбыра соғыўшы устазы тез-тез пайда болып, домбыра соқ, мийўели теректен соқ деп, домбыра соғыўдың сырларын үйретеди екен. Сол сол екен өз кәсибин таслап, домбыра соғып, бақсыларға сатып күн көрип жүрген домбыра устасының бүгин асығы алшы.
- Сизге айтсам, домбыра соғыўда да үлкен бир ықлас ҳәм илаҳийлик бар. Домбыраны қолға алған ҳәм оны үйрениўге умтылдыратуғын бақсы бола алмағанымдай, ҳәмме де домбыра соғыўшы шебер бола алмаған, - дейди Нормурод Шойдилов. - Бул оғада қыйын ҳәм бир неше басқышлы процесс. Домбыра соғыўшы уста әдетте гүз мәўсиминде, барлық тереклер уйқылаў алдында, мийўе бермей қалған, үлкенирек теректи кеседи. Домбыра исленетуғын ағаш кеминде ярым жыл - тоғыз айға шекем, гейде бир жылға шекем жерге көмип қойылады. Сизге айтсам, бир домбыра таяр болып, бақсының қолына жетип бараман дегенше кеминде еки жыл ўақыт кетеди.
Домбыра соғыў менен шуғылланып киятырған ағамыздың перзенти Сафар Шойдилов белгили бақсы болып, Өзбекстан халық бақсысы атағына миясар болған. Ол да жақсы домбыра соғыўды биледи. Аттың орнын тай басар. Ағамыздың ақлықлары да тек домбыра шертип қоймастан, ал оны ислеўинде де қолы жақсы келеди.
Және бир гәп, домбыраның дүнья жүзи бойлап тарқалыўында "2022-2026-жылларға мөлшерленген "Көркем өнер экспорты" миллий жойбары"ның да әҳмийети үлкен болып атыр. Сол себепли бүгин Нормурод Шойдилов сыяқлылар ислеген домбырлар тек ғана өзимизде емес, ал сырт елде де базарын таппақта.
- "Өнерли адам хор болмас", деген ҳикметли сөз бар. Ата-бабалардан мийрас болып қалған бул тәлиймат ата-бабаларымыздың белгили бир өнерди таңлаўына түртки болған. Қуўанышлы тәрепи, бул ийгиликли дәстүр бүгин де өз қәдирин жоғалтқан жоқ, - дейди Термиз мәмлекетлик университетиниң доценти Абдураим Турсунов. - Сурхандәрьяда әзелден, әсиресе, ҳәзирги күнде де Нормурод Шойдилов сыяқлы саз соғыўшы шебер өнерментлер қәдирленип келинеди. Бул болса олардың жумыс көлеминиң барған сайын кеңейип барыўына себеп болған ҳәм болмақта.
Бүгинги техника заманында домбыраны станокларда тез ислеўден аңсаты жоқ. Бирақ, әзелден қол мийнети менен исленген буйымлар бәрқулла жетик көркем өнер шығармасына теңлестирилген.
- Билесиз бе, бизде ҳәр қыйлы дәстаншылық мектеплери бар. Мысалы, Сурхан оазисинде Шерабад, Қашқадәрьяда Қамай, Самарқандта болса Булунғур мектеплери болған. Мектеплердеги әўладлардың атқарыў усылы, репертуары, даўысы, сести, намаларында, ҳәтте шертип атырған домбырасында да өзине тән тәреплери бар. Бирақ, барлық мектеп бақсылары тек домбыра шертип дәстан ҳәм термелер айтып келген. Улыўмалық жоғалмаған, - дейди "Бойсун" фольклор ансамбли ағзасы, музыка изертлеўшиси, ТерМУ доценти Саттор Қурбанов. - Және де итибарлысы, бүгинги күнде де домбыра соғыўшы усталар домбыра соғыўдың әййемги дәстүрий жолларынан айырылмастан саз әсбабын жаңа элементлер менен және де байытпақта.
Нормурод Шойдиловтың айтыўынша, ўақыт ҳәмме нәрсеге өз тәсирин өткергени сыяқлы алтын саз - домбыраны да белгили бир мәниде өзгерткен. Алдынлары домбыранын тары қойдың ишеклеринен исленген. Халық көбейгени, дәстанлар қызғын тыңланғаннан кейин аудитория кеңейип барған сайын домбыра даўысы да бәлент шығыўы керек еди. Ҳәзирги пластик тарлар болса сести сезилерли дәрежеде арттырған.
Барлық дәўирлерде де домбыра соғыў машақатлы жумыс ҳәм айрықша шеберлик талап еткен. Домбыра қандай сес шығарыўы ең майда деталларға да байланыслы болған. Жыллар даўамында домбыра заман талапларына бейимлескен болса да, бул тәрепи домбыра сестине де, дүзилисине де онша тәсир көрсетпеген.
Нормурод бабаның айтыўынша, бул кәсип-өнер жоғалып кетпеўи керек. Бүгин елимизде оның раўажланыўы ушын барлық шараят бар. Тек кеўлинде мақтанышы жайнап, мың жыллық қәдириятлардан мақтанып, кеўлине орнататуғын беккем әўладлар керек. Себеби, домбыра кеўилди сәўлелендиргениндей, домбыра соғыўшы елди танытады.
Сарвар ТЎРАЕВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы