Материалда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған Өзбекстанның сыртқы сиясий ҳәм геосиясий стратегиясына ҳәр тәреплеме баҳа берилген. Интервью өзин Орайлық Азияда турақлылық ҳәм раўажланыўдың тийкарғы факторы сыпатында көрсетип атырған мәмлекеттиң реформалары ҳәм халықаралық басламаларының логикасын жақсырақ түсиниў имканиятын береди.

Элдор Арипов өзиниң интервьюинде мәмлекетлик сиясаттың тийкары пүткил регион мәплери менен тығыз байланыслы болған миллий мәплердиң үстинлиги екенин атап өтеди. Онда Орайлық Азияның турақлы келешеги улыўма мақсет сыпатында түсиниледи. СРИИ директорының пикиринше, бундай қатнас Президент Шавкат Мирзиёевтиң регионаллық бирге ислесиўге қәўипсизлик, экономикалық өсиў ҳәм узақ мүддетли турақлылықтың тийкарғы дәреги сыпатында қарайтуғын стратегиялық көзқарасы себепли әмелге аспақта.

"Бул бағдар Орайлық Азиядағы сиясий орталықтың өзин өзгертиў имканиятын берди: бәсекилес ҳәм бир-бирин бийкарлайтуғын мәплер орнына бул жерде анықлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм ашық экономикалық бирге ислесиў мәканы қәлиплеспекте. Нәтийжеде регион әсте-ақырын дүньядағы қурамалы жағдайда табыслы модернизациялаў ҳәм дөретиўшилик бирге ислесиўдиң үлгисине айланбақта," - деп түсиндирди Э.Арипов.

Интервьюде Өзбекстан экономикасының жедел өсип баратырғанына айрықша итибар қаратылған болып, СРИИ директорының пикиринше, бул ашық-айдынлық ҳәм инвестициялық тартымлылықтың жаңа философиясы менен тиккелей байланыслы. Мысал ретинде ол санларды келтиреди: 2024-жылы мәмлекеттиң жалпы ишки өними 6,5 процентке, тиккелей сырт ел инвестицияларының көлеми болса 50 проценттен көбирек - 11,9 миллиард АҚШ долларына шекем өскен. Э.Ариповтың атап өтиўинше, 2025-жылы 42 миллиард доллар муғдарында инвестицияларды тартыў ўазыйпасы анық стратегия, реформалар ҳәм жедел сыртқы сиясий жумыс пенен беккемленген.

"Өзбекстан инвесторларға анық, еркинлестирилген ҳәм турақлы исбилерменлик орталығын усынады, инфраструктураны модернизациялаў, санластырыў ҳәм макроэкономикалық турақлылықты тереңлестириў болса мәмлекетти Евроазиядағы ең перспективалы базарлардан бирине айландырмақта", - деп атап өтти эксперт.

Буннан тысқары, интервьюде заманагөй Өзбекстан сыртқы сиясатын прагматикалық геоэкономика принциплери тийкарында избе-из қурып атырғаны атап өтилген.

"Дәстүрий геосиясий схемалар барған сайын тартыслар ҳәм анықсызлыққа алып келип атырған дүньяда мәмлекет раўажланыў, саўда, инвестиция, транспорт байланыслылығы ҳәм технологиялық шерикликке итибар қаратпақта", - деди Элдор Арипов.

Бундай қатнас, оның пикиринше, реал нәтийжелерди тәмийинлейди ҳәм глобал өзгерислер шараятында мәмлекеттиң турақлылығын арттырады. Өзбекстан "Үлкен ойын" логикасынан қашып, регионды қарама-қарсылық моделлерине тартыўға жол қоймай атырғаны да әҳмийетли.

Бизлердиң таңлаўымыз бәсеки емес, бирге ислесиў, - деп атап өтеди Э.Арипов.

Сондай-ақ, материалда Өзбекстанның үш таянышлы сыртқы сиясат модели: халықаралық шерикликти диверсификациялаў, әскерий-сиясий блокларға қосылмаў ҳәм ишки раўажланыўға қаратылған жойбарға бағдарланған дипломатия сыпатламалары келтирилген. Бул архитектура, Э.Ариповтың пикиринше, мәмлекеттиң стратегиялық автономиясын беккемлеў, оның имканиятларын кеңейтиў, глобал сиясат ҳәм экономиканың барлық тийкарғы орайлары - АҚШ, ЕА, Россия, Қытай, Жақын Шығыс ҳәм Азия мәмлекетлери менен нәтийжели бирге ислесиў имканиятын береди.

Айрықша блок Америка Қурама Штатлары менен саўда-инвестициялық шерикликти тереңлестириўге бағышланған.

Атап айтқанда, эксперттиң пикиринше, Бизнес ҳәм инвестициялар бойынша Америка - Өзбекстан кеңесиниң шөлкемлестирилиўи, EXIM Bank ҳәм DFC арқалы финанслық қоллап-қуўатлаў инструментлериниң кеңейтилиўи, 2026-жылдан баслап трансшегаралық финанслық операциялардың жақында еркинлестирилиўи технологиялық, санаат ҳәм инфраструктуралық бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратады.

Регионаллық өз-ара байланыслылыққа үлкен итибар қаратылды. Интервьюда жақын ўақытларға шекем турақсызлық болыўы мүмкин болған аймақ сыпатында баҳаланып келген, бүгинги күнде болса Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ҳәм регион мәмлекетлериниң муўапықласқан ҳәрекетлери менен бирге ислесиў ҳәм тыныш раўажланыў аймағына айланған Ферғана ойпатлығы мысал сыпатында келтирилген.

- Өзинде 20 дан аслам мәмлекет ўәкиллерин жәмлеген Биринши Ферғана дүнья форумы тийкарынан сөйлесиў, өз-ара мәплер ҳәм машқалаларды әмелий шешиўге тийкарланған Орайлық Азияның жаңа сиясий мәдениятының белгиси болды, - дейди эксперт.

Онда Аўғанстан темасы салмақлы орын ийелейди. Э.Ариповтың атап өтиўинше, Өзбекстан регионда биринши болып Кабул менен суўдан пайдаланыў мәселелери бойынша системалы сөйлесиўди жолға қойды. - Президент Ш.Мирзиёев Әмиўдәрья бассейниниң турақлылығын Аўғанстанның қатнасыўысыз тәмийинлеў мүмкин емес, деген позицияны алға қоймақта. Соның менен бирге, Аўғанстанның регионаллық транспорт, энергетика ҳәм саўда жойбарларына интеграцияланыўы қәўип-қәтерлерди азайтады ҳәм тынышлық ушын хошамет жаратады.

Интервьюдың жуўмақлаўшы бөлиминде Э.Арипов транспорт жөнелислериниң ҳәр қыйлылығы, соның ишинде, Трансаўған жөнелиси, Чобаҳор, Орта коридор ҳәм басқа да бағдарлар әҳмийетли екенлигин атап өтти. Оның атап өтиўинше, теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекет ушын ҳәр бир жаңа логистика имканияты турақлылық факторына айланып, экспорт географиясын кеңейтеди ҳәм Өзбекстанның Евроазия өз-ара байланыслылығының әҳмийетли түйини сыпатындағы абырайын беккемлейди.

- Бул көп векторлы логистика стратегиясы, - деп қосымша етти эксперт, - Президент Ш.Мирзиёевтиң өз-ара байланысқан, жедел ҳәм бәсекиге шыдамлы регионды жаратыўға қаратылған көзқарасына толық сәйкес келеди.

Улыўма алғанда, «Times of Central Asia» материалы Президент Ш.Мирзиёевтиң Орайлық Азияның сиясий ҳәм экономикалық архитектурасын өзгертиўдеги прогрессив ролин атап өтеди ҳәм Өзбекстанның ашық, прогноз етилетуғын ҳәм узақ мүддетли раўажланыўға қаратылған прагматикалық сыртқы сиясат философиясын ашып береди.