Учтепа районында салық ҳәм бюджет сиясатының 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларына бағышланған семинар өткерилди. Салық комитети және Ташкент қалалық салық басқармасының басшылары ҳәм жуўапкерлери тәрепинен 2025-жылдан салық сиясатына киргизилген жаңалықлар бойынша исбилерменлерге мағлыўмат берилди.
"Салық ҳәм бюджет сиясатының 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам ҳәм оның мазмун-мәниси ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.
-Товарлар (хызметлер) экспортынан алынатуғын дәраматлар айланыстан алынатуғын салыққа тартылады. Алдын салық базасынан шегирилген. Енди товарлардың электрон саўдасын әмелге асырыўшы салық төлеўшилер АОСты 3 процент ставкада төлейди. Алдын бул көрсеткиш 2 процент еди.
Және бир әҳмийетли тәрепи 2026-жыл 1-январьдан беккем белгиленген суммадағы АОС бийкар етиледи. Усы ўақытқа шекем салықтан азат етилген жолаўшыларды бирден-бир тарифлер бойынша тасыў хызметлери 2025-жыл 1-июльден салыққа тартылатуғынын атап өтиў керек. Мәмлекетлик мүлкти, соның ишинде, мүлк ҳуқықы тийкарында аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос турған жер участкаларын реализациялаў болса 2025-жыл 1-январьдан ҚҚСқа тартылмайды, -дейди Салық комитети баслығының орынбасары Олимжон Файзибоев.
Сондай-ақ, протез үскенелерин ҳәм олардың комплектлеўши, аўысық бөлеклерин Өзбекстан аймағына алып кириў 2027-жыл 1-январьға шекем ҚҚСдан азат етиледи. 2024-жыл 1-ноябрьден 2026-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан резидентлери болған вагон (контейнер) операторларының темир жол транспортында тасыў процесинде вагонларды (контейнерлерди) ижара шәртнамасы тийкарында пайдаланыўға бериў хызметлери де ҚҚСдан азат етиледи.
Сондай-ақ, 2030-жыл 1-январьға шекем Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын, белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлерин үскенелеў және олардың жумысын тәмийинлеў ушын Өзбекстан аймағына алып кирилетуғын, заманагөй оқыў ҳәм лаборатория әсбап-үскенелери, компьютер техникасы, программалық өнимлер, оқыў ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар, әсбап-үскенелер ҳәм материаллық-техникалық ресурслар ҚҚСдан азат етиледи.
- Салық нызамшылығына киргизилген өзгерислерден және бири енди товарлардың электрон саўдасын әмелге асырыўшы салық төлеўшилер ушын пайда салығы ставкасы 10 процент етип белгиленди, алдынлары 7,5 процент еди. Қалаберди, товарларды (жумысларды) экспортқа реализациялаўдан алынған пайда ушын 0 процент ставкасындағы салық бийкар етилди. Ўақытша салық жеңилликлери ҳаққында тоқтап өтетуғын болсақ, 2025-жыл 1-январьдан 2029-жыл 1-январьға шекем баспа-полиграфия жумысы менен шуғылланыўшылар алған дәраматларынан пайда салығын төлеўден азат етиледи. Оның ушын бул жумыс түринен алынған дәраматлар есабат дәўири жуўмақлары бойынша жәми дәраматының кеминде 90 процентин қураўы керек, -дейди Ташкент қалалық салық басқармасының баслығы Юнусжон Насимжонов.
Семинарда қатнасыўшылар тәрепинен жолланған сораўларға қәнигелер тәрепинен ҳәр тәреплеме жуўаплар берип, Салық кодексине киргизилген өзгерислер сәўлеленген арнаўлы қолланбалар тарқатылды.
Феруза ЖУРАЕВА,
yuz.uz хабаршысы
Нодирбек Холиқулов түсирген сүўретлер.