Ушырасыў алдынан мәмлекет басшылары бир-бирин мүбәрек Рамазан ҳайыты ҳәм бәҳәр ояныўы ҳәм жаңаланыўы әййямы - Наўрыз бенен қутлықлады, дос халықларымызға тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Президентимиз Тәжикстан ҳәм Қырғызстан тәреплерин барлық мәселелер үзил-кесил шешилгени ҳәм Мәмлекетлик шегараны делимитациялаў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны менен қызғын қутлықлады.
Бул ҳүжжет, сондай-ақ, үш мәмлекет мәмлекетлик шегараларының тутасқан ноқаты ҳаққында қол қойылып атырған шәртнама турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге, пүткил регионның халықаралық абырайын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. Салтанатлы түрде ашылған Дослық стеласы болса туўысқан мәмлекетлер арасында беккемленип атырған жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының жаңа белгисине айланатуғыны атап өтилди.
Өзбекстан Президенти әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына айрықша тоқтап өтти.
Бәринен бурын, бул жоқары дәрежедеги жедел ҳәм исенимли байланысларды даўам еттириў болып есапланады.
Усы ҳәпте Самарқандта "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити ҳәм региондағы улыўма экологиялық қәўип-қәтерлерге бағышланған Ықлым форумы болып өтеди.
Май айында Араб буғаз мәмлекетлери менен саммит, сентябрь айында болса Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы өткериледи.
Усы мүнәсибет пенен болажақ илажлар күн тәртибин пуқта таярлаў ҳәм улыўма көзқарасларды ислеп шығыў ушын сыртқы ислер министрликлери арқалы турақлы мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Шегаралас аймақлардың бирге ислесиўин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Кейинги жыллары Өзбекстанның Қырғызстан ҳәм Тәжикстан менен товар алмасыў көлеми он еседен зыятқа артқаны атап өтилди. Бул көлемниң дерлик ярымы шегара алды аймақларға туўра келеди.
Сол себепли шегаралардағы бажыхана пунктлерин комплексли модернизациялаў ҳәм кеңейтиў, қолайлы, заманагөй саўда ҳәм логистика инфраструктурасын қәлиплестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Үш тәреплеме саўда майданын шөлкемлестириў, санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң турақлы жумыс алып баратуғын көргизбе-ярмаркасын жолға қойыў мәселесин үйрениў усыныс етилди.
Және бир бағдар - санаат кооперациясы жойбарлары.
Бүгинги күнде Өзбекстан кәрханалары ҳәм жеке меншик компаниялары қоңсы мәмлекетлерде заманагөй өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириўге жедел инвестиция киргизбекте.
Кооперацияны қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы биргеликтеги инвестициялық қорлардың капиталын басқышпа-басқыш арттырыўға таяр екенин билдирди.
Мәмлекетлер арасында транспорт байланысларын раўажландырыў бағдарындағы жумысларды даўам еттириўге келисип алынды. Бул авиақатнаўлардың санын көбейтиў ҳәм географиясын кеңейтиў, шегара алды аймақлардағы қалалар арасында жаңа автобус жөнелислерин жолға қойыўды өз ишине алады.
"Жасыл" энергетика ҳәм транспорт тараўларындағы ири регионаллық жойбарлар, суў ҳәм экология бағдарламаларын алға қойыў дыққат орайында болды.
Өзбекстан Президенти ҳүкиметлер экономикалық бағдарда және де жедел ислеп, халықларымыздың абаданлығын арттырыўға қаратылған жедел, реал нәтийжелер бериўи керек екенлигин айрықша атап өтти.
Усы күнлерде Хожанд қаласында бир қатар мәдений-гуманитарлық илажлар өткерилип атырғаны халықларымыз, әсиресе, жаслар арасында дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәр жылы Наўрыз байрамы күнлеринде шегара алды аймақларда қоспа концерт ҳәм дослық фестивалларын өткериўди усыныс етип, келеси жылы бундай илажларды Ферғана қаласында шөлкемлестириўге таяр екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылды ҳәм үш мәмлекет басшыларының Биргеликтеги декларациясы қабыл етилди.