Президентлер Хожанд қорганына барды

    Ҳүкимет 31 наурыз 2025 7597

    Хожанд қаласындағы саммиттиң мәдений бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекет басшылары Хожанд қаласына барып, оның тарийхы менен танысты.

    Бул бийбаҳа комплекстиң қурылысы бизиң эрамызға шекемги IV-V әсирлерге барып тақалады. Археологиялық қазыўлар нәтийжесинде сол дәўирде биринши қала қурылғанлығы анықланған.

    1999-жылы қайта оңлаў жумысларынан соң қорған жанында 28 мыңнан аслам экспонатты өз ишине алған үлкетаныў музейи ашылды.

    Кейинги реставрация жумыслары процесинде қорған дийўаллары, арки ҳәм дәрўазалары қайта тикленди, ҳәкимшилик имарат, өнерментшилик дүканлары қурылды, Хожандтың әййемги ҳәўлилеринин үлгилери жаратылды.

    Аймақта тәжик халқының тарийхы ҳәм мәдениятына байланыслы 5 көргизбе залынан ибарат комплекс қурылды. 8 ҳәўлиде өнерментлер каллиграфия, сүўретшилик, адрас тоқыў, созана тигиў, тас оймакерлиги, темиршилик ҳәм гүлалшылық пенен шуғылланбақта.

    Мәмлекет басшылары үш мәмлекеттиң өнерментшилик, аўыл хожалығы өнимлери ҳәм миллий тағамларының көргизбесин көзден өткерип, көркем шығыўларды тамашалады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates