Бул әҳмийетли илимий-ағартыўшылық баслама мектеп оқыўшылары, студентлер ҳәм илимий жәмийетшилик арасында квант технологияларын ғалаба ен жайдырыўға қаратылған. Илажда бир қатар сырт ел қәнигелери, соның ишинде, Россия квант орайының бас директоры М.Острас, "Росатом" ўәкиллери - Г.Палчиков ҳәм Д.Сокол қатнасты.
"Росатом"ның "Квант ҳәптеликлери" - бул экосистеманың жойбары болып, ол билимлендириў мәкемелери, жергиликли ҳәкимият ўәкиллери, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң күнделикли жумысында заманагөй квант технологияларын кеңнен енгизиўге қаратылған.
"Квант ҳәптелиги" бағдарламасы ҳәр қыйлы илимий-ағартыўшылық илажларға бай болып, онда студентлер ҳәм қәнигелерди қызықтырған физика, техника ҳәм жаңа технологиялар тараўындағы лекциялар, шеберлик сабақлары ҳәм әмелий сабақлар шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылар квант есаплаў, квант коммуникациялары ҳәм квант криптографиясы тараўындағы заманагөй қолланбалар менен жақыннан танысыў ҳәм оларды санаат ҳәм илимий изертлеўлерде қолланыў имканиятларын додалаў имканиятына ийе болды.
Илажда Өзбекстан ҳәм Россияның жоқары технологиялар тараўындағы өз-ара бирге ислесиўине, сондай-ақ, илим ҳәм билимлендириў мәкемелериниң квант изертлеўлерин раўажландырыўға қосып атырған үлесине айрықша итибар қаратылды. Илаж шеңберинде квант технологияларының глобал илим ҳәм билимлендириўдеги әҳмийети ҳаққында бир қатар баянатлар тыңланды.
Алмалық қаласындағы улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ушын арнаўлы бағдарлама шөлкемлестирилип, олар әпиўайы ҳәм түсиникли мысаллар арқалы квант физикасының тийкарлары менен таныстырылды. Мектеп оқыўшылары ҳәм илимпазлар арасындағы ашықтан-ашық сөйлесиў илаждың әҳмийетли бөлеги болып, нәўқыран әўладты илим-техника бағдары бойынша кәсип таңлаўға ийтермелеўде және бир фактор болды.
Илаж шеңберинде тек ғана квант технологиялары тийкарлары менен танысыў емес, ал Өзбекстанда билимлендириў ҳәм илимниң раўажланыўын хошаметлеўге бағышланған илажлар да өткерилди. "Квант ҳәптелиги" Өзбекстан ҳәм Россия илимпазлары арасында беккем байланысларды орнатыў, сондай-ақ, жоқары технологиялар тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге салмақлы үлес болды.
Еслетип өтемиз, бул жойбардың әмелге асырылыўы 2024-жылы басланған болып, "Росатом" тәрепинен биринши халықаралық илаж әйне Өзбекстанда шөлкемлестирилди.