Бул процесс еки мәмлекеттиң саўда-экономикалық байланысларында, атап айтқанда, таў-кән санааты ҳәм геология тараўындағы бирге ислесиўинде айқын көзге тасланбақта. Биргеликтеги геологиялық изертлеўлер, Япония компанияларының қатнасыўында кәнлерди өзлестириў жойбарлары, заманагөй технологияларды енгизиў Өзбекстанның минерал-шийки зат потенциалын жүзеге шығарыў, экспорт географиясын кеңейтиў ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлердиң үлесин арттырыўға хызмет етпекте.
Соңғы он жылда бул бағдардағы инвестициялық портфель көлеми бир неше есеге артып, таў-кән санаатына қаратылған инвестициялардың өсиў пәтлери мәмлекет бойынша орташа көрсеткишлерден сезилерли дәрежеде жоқары болған. 2024-жылы таў-кән санаатында тийкарғы капиталға инвестициялардың көлеми соңғы төрт жылдағы ең жоқары дәрежеге жеткени бул бағдардың әҳмийетли екенлигин тастыйықлайды.
Өзбекстан ҳәм Япония арасында таў-кән санааты ҳәм геология тараўындағы бирге ислесиў 2000-жыллардың басынан берли избе-из раўажланып бармақта. Дәслепки басқышта тийкарғы итибар шийки зат жеткерип бериў ҳәм экспорт шәртнамаларына қаратылған болса, ҳәзирги ўақытта өз-ара бирге ислесиў концепциясы сезилерли дәрежеде жаңаланып, узақ мүддетли инвестициялар, қоспа кәрханалар, тәжирийбе-санаат майданлары ҳәм илимий-изертлеў компонентлерин қамтып алған комплексли характерге ийе болды. Мәселен, Япония компаниялары менен тәбийғый уран экспорты жолға қойылған 2006-жылдан ҳәзирги күнге шекем улыўма баҳасы дерлик 3 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы өним экспорт етилген болса, 2026-2037-жыллар аралығында 5 миллиард доллардан аслам муғдардағы өнимлерди жеткерип бериў бойынша келисимлерге ерисилген.
Таў-кән потенциалы жоқары болған аймақларда биргеликтеги геологиялық-излеў жумыслары, тәжирийбе-санаат бағдарламалары ҳәм инфраструктура жойбарлары басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта. Онда дәслепки геологиялық-излеў жумысларынан баслап кәнлерди санаат усылында өзлестириўге шекемги барлық басқышларда еки тәреплеме шериклик механизмлери қолланылады. Мәмлекеттиң ири кәншилик аймақларында Японияның мәмлекетлик ҳәм жеке меншик институтлары менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар айрықша әҳмийетке ийе болып, олар биргеликте режелестириў, қәўип-қәтерлерди бөлистириў ҳәм инновациялық шешимлерди сынақтан өткериў имканиятын береди.
Таў-кән санааты ҳәм геология тараўындағы Өзбекстан-Япония шериклигиниң бүгинги басқышы жоқары капитал көлемине ийе биргеликтеги жойбарлар портфели, шийки зат ушын узақ мүддетли оффейк шәртнамалары ҳәм кең көлемли геология-излеў жумыслары менен характерленеди. Бир қатар ири шәртнамалар шеңберинде 2030-жылға шекемги дәўирде ҳәр қыйлы категориядағы ҳәм көлемдеги жүз мыңлаған тонна өнимлерди жеткерип бериў бойынша миннетлемелер қабыл етилген болып, бул портфелдиң баҳасы 2000-жыллардың басына салыстырғанда бир неше есеге артқан.
Кейинги жылларда қоспа кәрханалардағы үлеслердиң структурасын қайта көрип шығыў, жаңа қатнасыўшыларды тартыў ҳәм басқарыў моделлерин оптималластырыў бойынша әҳмийетли қарарлар қабыл етилди. Нәтийжеде айырым жойбарларда Япония тәрепи корпоратив басқарыўдың заманагөй стандартларын, ESG көзқарасларын ҳәм ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўдың алдынғы тәжирийбелерин енгизиў менен бирге устав капиталындағы үлесин арттырды.
Инвестиция ағымларының өсиўи тек ғана айырым кәнлер ямаса кәрханалар менен шекленип қалмайды. Япониядан киргизилип атырған инвестициялар геологиялық-излеў жумыслары, инфраструктураны раўажландырыў (автомобиль жоллары, электр узатыў линиялары), экологиялық мониторинг, лаборатория базасын модернизациялаў ҳәм санлы моделлестириў системаларын енгизиўди де қамтып алған.
Кейинги жылларда Өзбекстанның таў-кән санаатына капитал қойылмалардың көлеми 30-40 процентлик өсиў пәтин көрсетип атырғаны бул тараўдың миллий инвестициялық күн тәртибиндеги әҳмийетли бағдар екенин және бир мәрте тастыйықлайды.
Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплеринен бири тек ғана қаржы ресурсларын тартыў емес, ал жоқары технологиялар, инженерлик билим ҳәм басқарыў мәдениятының трансфери болып есапланады. Биргеликтеги жойбарлар шеңберинде терең бурғылаў, геофизикалық изертлеўлер, үлги алыў ҳәм лабораториялық анализлерди автоматластырыў, жер асты суўларын мониторинг етиў ҳәм қоршаған орталыққа тәсирин баҳалаў бойынша алдынғы технологиялар кеңнен қолланылмақта.
Айырым геологиялық участкалардағы тәжирийбе-санаат жумыслары нәтийжесинде жүзлеген километр тәжирийбе траншеялары қазылды, он мыңлаған метр бураўлаў жумыслары орынланды, жүзлеген ҳәм мыңлаған үлгилер халықаралық аккредитациядан өткен лабораторияларға жиберилди.
Япония қәнигелериниң қатнасыўында ислеп шығылған методикалар ҳақыйқатында жергиликли геолог, кәнши ҳәм экологлар ушын әмелий мектеп ўазыйпасын атқарады.
Буннан тысқары, биргеликтеги жойбарлар шеңберинде инфраструктураның техникалық ҳәм технологиялық қурамалы элементлери - жоқары күшлениўли электр узатыў тармақлары, автомобиль жоллары, суў тәмийнаты ҳәм экологиялық мониторинг системалары басқышпа-басқыш модернизацияланбақта. Бул инфраструктура тек ғана айырым кән ямаса участкалар ушын емес, ал пүткил регионның экономикалық белсендилигин арттырыўға хызмет етеди.
Таў-кән санааты ҳәм геология тараўындағы бирге ислесиў еки мәмлекет арасындағы сиясий сөйлесиў ҳәм стратегиялық шерикликтиң ажыралмас бөлеги болып есапланады. Япония Өзбекстанды регионаллық турақлылық ҳәм конструктивлик бирге ислесиўди тәмийинлеўге қаратылған басламаларды жедел алға қойып атырған Орайлық Азиядағы исенимли шерик сыпатында биледи. Өз гезегинде, Өзбекстан Япония тәжирийбесин жоқары технологиялық санаат, энергетика, экология, санлы экономика ҳәм инфраструктураны раўажландырыўда исенимли таяныш сыпатында қабыл етеди.
Глобал энергетика базарларында жүз берип атырған трансформациялар, "жасыл" энергетикаға ҳәм "таза жанылғы" концепциясына өтиў шараятында Өзбекстан - Япония бирге ислесиўиниң әҳмийети барған сайын артып бармақта. Мәмлекетимизде кәншилик тармағын диверсификациялаў, терең қайта ислеў қуўатлықларын кеңейтиў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық талапларды күшейтиўге қаратылған стратегиялық ҳүжжетлер жоқары технологияларды қолланыў ҳәм узақ мүддетли инвестицияларды тартыўды объектив талап етпекте. Япониялы шериклердиң қатнасыўы бул ўазыйпаларды басқышпа-басқыш әмелге асырыўға хызмет етпекте.
Қысқа ҳәм орта мүддетли келешекте Өзбекстан ҳәм Япония арасында таў-кән санааты ҳәм геология тараўында бир қатар тийкарғы бағдарлар бойынша бирге ислесиўди және де тереңлестириў күтилмекте:
- Биргеликтеги геологиялық изертлеўлерди кеңейтиў. Жаңа перспективалы майданларда геологиялық-излеў жумысларының көлемин арттырыў, бар кәнлердиң ресурс базасын кеминде еки есеге көбейтиўге қаратылған бағдарламаларды даўам еттириў режелестирилген.
Қайта ислеў ҳәм кейинги басқышлардың раўажланыўы. Шийки зат экспорты менен бир қатарда ярым таяр өнимлер ҳәм таяр өнимлердиң үлесин арттырыў, қоспа қайта ислеў қуўатлықларын шөлкемлестириў, халықаралық стандартларға сәйкес өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў әҳмийетли болып қалмақта.








