Мақсетимиз анық: көпшилик айтып атырған гәплер ҳақыйқатқа қаншелли сәйкес келеди? Сортлар ҳақыйқатында да жергиликли климатқа сай ма? Ең әҳмийетлиси, дийқан ҳәм фермерлер бул ҳаққында не дейди?

Автобус айнасынан қарап баратырғанымызда, көз алдымызда және бир мәрте таныс көринис пайда болды: аппақ пахта атызлары. Бул көринис көпшилик ушын тек ғана дийқаншылық емес, еслеў, сезим, бәлким бираз аўырыў да болып табылады.

Себеби бир ўақытлары пахта тек ғана егин емес, ал пүткил әўладтың тәғдири болған. Кимлер ушын муғаллимсиз класс, кимлер ушын болса шыпакерсиз емлеўхана. Гүз келиўи менен муғаллим де, шыпакер де, студент-оқыўшы да сабақты емес, атызды ойлайтуғын еди. Мийнет ҳақы емес, миннет сезими биринши келетуғын еди.

Сол ўақытлары пахта "миллий байлық" деп аталса да, көпшилик ушын жеке еркинликти, социаллық имканиятларды шеклейтуғын жумысқа айланып қалған еди. Бирақ ўақыт өтти, көп нәрсе өзгерди. Өзгерислер менен бирге, пахташылыққа қатнас та басқышпа-басқыш жаңаланды.

Енди пахта тек ғана шийки зат емес. Оған тоқымашылық санааты, ишки ҳәм сыртқы базар, экспорт потенциалы, жумыс орынлары ҳәм қосымша қун дәреги сыпатында қарала басланды. Дийқан жетистирген ҳәр бир талшықта базар талаплары, технологиялық шешимлер ҳәм заманагөй экономикалық қатнасықлар жәмленген. Бул жолда дийқан жалғыз емес, оған технология, илим ҳәм билим ийинлес болмақта. Енди бул жәрдем шембилик ямаса мәжбүрий мийнет емес, билим, инновация ҳәм нәтийжели қатнасықларға тийкарланған система болып есапланады. Сырдәрья атызларында әне усындай жаңаланыўлар, жаңа тәжирийбелерди көрдик.

Реформа бар жерде - нәтийже бар

Соңғы жыллары пахташылық тараўы түп-тийкарынан қайта көрип шығылды. Бунда дийқанға тийкарғы қатнасыўшы, тийкарғы мәпдар сыпатында қаралмақта. Енди пахта жетистириў миннетлеме емес, мәпдарлық дәреги сыпатында көринбекте.

Әсиресе, кейинги жылларда енгизилген сортлар нәтийже бермекте. Олар қысқа мүддетте писиўи, кеселликлерге шыдамлылығы, зүрәәтлилиги менен ажыралып турады. Бурынлары ҳәр гектардан 30-40 центнерден зүрәәт алынып атырған болса, ҳәзир бул көрсеткиш 70-80 центнерге, айырым хожалықларда болса 90 центнерге шекем жетпекте. Бул сан ҳәр гектар майданда исленген илимий қатнас, мийнет ҳәм исенимниң жемиси.

Бундай өсиў, әлбетте, мәмлекет экономикасына да тиккелей тәсир етпекте. Себеби пахта енди шийки зат емес, ал қайта исленип, таяр өним сыпатында еэкспорт етилип атыр. Бул жаңа жумыс орынлары, ишки базардағы турақлылық, сыртқы саўдадағы тең салмақлылық, ең әҳмийетлиси, миллий экономиканың избе-из раўажланыўы болып есапланады.

Сырдәрьядағы хызмет сапары ўақтында пахта атызына кириўимиз бенен көзимиз қуўана баслады. Қатар-қатар сапқа бой созған, ақ көйлекке бөленген, ғаўлап ашылған гөззал пахта атызлары - бундай көринис ҳәр қандай адамды бийпәрўа қалдырмайды.

Ўәлаят ҳәкиминиң орынбасары Аброр Хидировтың айтыўынша, быйыл ўәлаят бойынша 73 мың гектардағы пахта атызының 65 мың гектарында сырт ел сорты туқымлары егилген.

Және бир әҳмийетли тәжирийбе - Қытайдың Шинжон технологиясы. Бул усыл тийкарында 22 мың гектарға шамалас майданда пахта жетистирилди. Бул қатнас фермерлерге тек ғана өнимдарлық емес, ал ҳәр қыйлы агробиологиялық машқалаларға қарсы турыўда да сезилерли имканият берди.

- Алдынғы жыллары 1 гектардан 40-45 центнер зүрәәт алыўды жақсы нәтийже деп есаплайтуғын едик. Бирақ быйыл алдыңғы фермерлеримиз 70-80 центнерге шекем шийки зат жетистирди. Атап айтқанда, шинжонша усыл ҳәм сырт ел сортларына қызығыўшылық барған сайын артып бармақта. Бул сортлар тек ғана зүрәәтли емес, ал ғөрек қурты сыяқлы зыянкеслерге шыдамлы болып, фермерлердиң қәрежетин азайтады, - дейди Аброр Хидиров.

Бул көрсеткишлер мәмлекетимиздиң аўыл хожалығы сиясатындағы реформалардың турмысқа енгизилип атырғанын ҳәм нәтийжесиниң бар екенлигинен дәрек береди. Жаңа сортлар, жаңа қатнас, тиккелей фермерге еркинлик - булардың барлығы улыўма нәтийжени белгилеп бермекте. Енди фермер реже менен емес, базар ҳәм мүтәжлик пенен ислейди. Ол қайсы сорттан қанша пайда алыўы, нени егиўи, қандай технологиядан пайдаланыўы бойынша еркин қарар қабыл етеди.

Бүгинги глобал климат өзгерислери шараятында суў ресурсларына талап барған сайын артып бармақта. Пахта болса суўды жүдә көп талап ететуғын егинлерден. Сонлықтан, енди тек ғана зүрәәтли емес, ал суўды үнемлейтуғын, ықлым шараятына бейимлесетуғын сортлар менен ислесиў күн тәртибинен орын алған.

Илим ҳәм инновация тийкарында жаңа модель

Мәмлекетимизде пахта жетистириў көрсеткиши избе-из ҳәм турақлы өспекте. Бул тек ғана фермердиң мийнети емес, ал тараўдағы илимий қатнаслар, агротехнологиялық жаңаланыўлар ҳәм мәмлекетлик сиясаттағы түпкиликли реформалардың нәтийжеси болып есапланады.

Усы жылы республика бойынша 875,6 мың гектар майданға пахта егилген болып, орташа 43 центнерден зүрәәт алыныўы күтилмекте. Бул майданлардың 32 проценти, яғный 281 мың гектарында сырт ел сортлары, қалған 68 процентинде (594,6 мың гектар) болса жергиликли сортлар тәрбияланбақта.

Жергиликли селекция мектеби де бул бәсеки шараятында өзин көрсете баслады. Тараў ҳәр жылы фермер ҳәм қәнигелердиң тәжирийбеси менен байыйды, сортлар жетилистириледи ҳәм өнимдарлық турақласып атырғаны бақланбақта. Атап айтқанда, 2024-жылы биринши мәрте 96 мың гектар жерде талшығы жоқары сапалы, ғөрек қурты ҳәм гербицидлерге шыдамлы сырт ел сортлары жетистирилди. Бул майданларда ҳәр гектардан орташа 42 центнерден зүрәәт алынды. Бул пахташылықта жаңа басқышқа қәдем қойылғанынан дәрек береди. Фермер енди тек ғана жер-суўға емес, илимге де сүйенип қарар қабыл етиўши қәнигеге айланбақта.

Шинжон усылы тийкарында плёнка астына ҳәр гектарға 220-240 мың түптен ғаўаша нәли отырғызылып, тәрбияланбақта. Мине усы қатнастың өзи өнимдарлықты сезилерли өзгериске алып келмекте. Бул усылда 50 ден 75 центнерге шекем шийки зат жыйналып атыр.

Бул технология тек ғана зүрәәт муғдары емес, ал суўдан үнемли пайдаланыў, жердиң өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыў, зыянкеслерге қарсы гүресиўде де унамлы нәтийже бермекте. Бул болса климат өзгериўи, суў жетиспеўшилиги сыяқлы глобал машқалалар фонында оғада әҳмийетли көрсеткиш болып есапланады.

Жаңаша қатнаслар нәтийжесинде быйылғы жылы Шинжон усылында 144 мың гектарда сырт ел сортлы ғаўашалар тәрбияланбақта. Бул майданлардан орташа 50 центнерден зүрәәт алынып, жәми 1,44 миллион тонналық қырман көтерилиўи күтилмекте.

Буннан тысқары, 37 мың гектарда жергиликли сортлар интенсив технология тийкарында егилип, ҳәр гектардан 45 центнерге шекем өним алыў режелестирилген. Қалған 594 мың гектарда болса әдеттеги жергиликли сортлар тәрбияланып, ҳәр гектардан 40 центнерден пахта жыйнаў мөлшерленбекте.

Нәтийжеде 2025-жылдың ақырына шекем мәмлекет бойынша 3,8 миллион тонна пахта шийки затының топланыўы күтилмекте. Бул тек ғана аўыл хожалығы тараўы емес, ал елимиздиң улыўма экономикалық турақлылығы ҳәм экспорт потенциалын арттырыў көзқарасынан да әҳмийетли көрсеткиш.

Бул санлар ҳәм тәжирийбелер енди Өзбекстанда пахташылыққа "ҳәр жылы тәкирарланатуғын әдеттеги ўазыйпа" емес, ал заманагөй агросанаат системасының әҳмийетли тармағы сыпатында қаралып атырғанынан дәрек береди. Илимий тийкарланған шешимлер, заманагөй сортлар, технологиялық қатнаслар, инженерлик ҳәм санлы басқарыў - булардың барлығы тараўға пүткиллей жаңа нәпес алып кирмекте.

Адам емес, технология мийнет етпекте

Бурын пахта атызы жүзлеп, ҳәттеки мыңлаған адамлардың мийнети қайнайтуғын орын еди. Бүгин болса бул көринис түп-тийкарынан өзгерди. Сырдәрьядағы сапарымыз ўақтында пахта атызында инсан емес, технология ислеп атырғанлығын көрдик.

Қатарласып ушып атырған дронлар пахта атызларын дәрилеп атыр. Бурын пүткил бригада бир неше күнде орынлайтуғын жумысты бүгин еки қәниге бир неше минутта орынламақта.

- Комплексимиз еки дрон ҳәм үш хызметкер менен 10-15 трактордың жумысын орынлайды, - дейди “Asia Packs Trading” компаниясының директоры Нурали Ўринов. - Бул фермер ушын тек ғана ўақыт емес, ал қаржы жағынан да нәтийжели. Бурын тракторлар арқалы дәрилеў процеси өсимликке зыян жеткеретуғын еди. Енди дронлар бул жумысты дерлик зыянсыз ислейди. Онда жер басқыланбайды, шақалар сынбайды. Соның менен бирге, дәрилер самал жәрдеминде жапырақлардың астыңғы қатламына шекем жетип барады.

Бул болса пахташылықта және бир әҳмийетли басқыш - инсан факторының азайыўы, техника ҳәм санлы басқарыўды жедел енгизиў процеси басланып атырғанын билдиреди. Ғаўашаны шабыў, кетпен менен қарықлап суўғарыў, дәрилеў, тазалаў сыяқлылар енди тарийх бетлеринде қалмақта.

Әне усындай өзгерислерди пүткил мәмлекет бойлап ғалаба енгизиў тийкарғы ўазыйпалардан бирине айланғанын қәнигелер атап өтпекте.

- Бес жасымнан берли пахта терип өскенмен. Бурын бир гектардан 20-25 центнер өним алынса, байрамлайтуғын едик. Бир мәўсимде бир неше мәрте қайта-қайта териўге туўра келетуғын еди, - дейди сырдәрьялы мийнет ветераны Акбарали Мирзаҳмедов. - Бирақ усындай теримлерден кейин де көп жағдайларда кесемиз ағармайтуғын еди. Ҳәзир ҳақыйқый жетискенлик - мийнетимизге мүнәсип сыйлық бар екенлиги. Енди пахта териў емес, оннан жоқары қунлы өним ислеп шығарыў ҳаққында ойлап атырмыз. Мине усы күнлерге жетип келгенимиз - халқымыз ушын бахыт!

Сырдәрьядағы көзди қуўандыратуғын зүрәәт, оның артында турған нәтийжели технологиялар ҳәм илимге тийкарланған қатнаслар пүткил мәмлекет бойлап пахташылықтың жаңа бетлерин ашпақта. Бүгинги нәтийжелер, ертеңги имканиятлар - ҳәммеси заманагөй аўыл хожалығының жетискенлиги болып табылады.

Жаңа агротехнологиялардың әмелиятқа енгизилиўи нәтийжесинде ҳәр гектардан орташа 20 центнерге шекем қосымша өним алынып атырғаны тараў ушын үлкен нәтийже. Бул цифр фермерлер ушын тек ғана статистикалық көрсеткиш емес, ал 18 миллион сумға шекемги қосымша дәрамат дәреги болып есапланады. Бундай өсиў өним муғдары менен бирге фермер мийнетиниң экономикалық қунында да өз көринисин таппақта. Инновация фермер ушын теориялық түсиник емес, ал күнделикли тәжирийбе, атызлардағы реал өзгерислер, дәраматты арттыратуғын әмелиятқа айланды.

Аўыл хожалығындағы илимий көзқараслар қыйын тәбийғый шараятларға ийе аймақларда да нәтийже бермекте. Атап айтқанда, 2025-жылы шорланған аймақлардағы 36 мың гектар жерге шорға шыдамлы “Baraka”, “Afsona”, “Matonat”, “Ravnaq”, “Nath” сыяқлы жергиликли селекция үлгисиндеги ғаўаша сортлары егилип, орташа 25 центнерге шекем өним алынбақта. Бул болса шорланыў машқаласы бар жерлерде де жаңа технологиялар ҳәм сәйкес сортлар арқалы нәтийжелиликке ерисиў мүмкин екенлигин көрсетпекте. Усы тәризде өнимдарлық артыўы менен бирге, жерлердиң қайта тиклениўи ҳәм баҳалы ресурс сыпатында пайдаланыўға қайтарылыўы тәмийинленбекте.

Пахташылықта енгизилип атырған инновациялық көзқараслар, соның ишинде, шинжон усылы, алдынғы сырт ел сортлары, суўды үнемлейтуғын технологиялар ҳәм заманагөй агрономикалық усыллар мәмлекетимиздиң аўыл хожалығын сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа алып шықпақта.

Усы тийкарда пахта шийки заты тек ғана жоқары зүрәәтлилиги емес, ал жоқары сапа көрсеткишлери менен де ажыралып турады. Енди бул тараўдағы тийкарғы мақсет пахта жетистириўди бәсекиге шыдамлы экспорт өнимлери шынжырына айландырыў болып есапланады. Бул системаның тийкарғы мақсети фермер мийнетин әдил баҳалаў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы миллий экономиканы беккемлеўден ибарат.

Пахташылық бүгин мәмлекетимиздеги реформалар себепли пүткиллей жаңа потенциалға ийе тараўға айланбақта. Инновациялар ҳәм заманагөй технологиялар фермердиң исенимли таянышына айланды. Бул жетискенликлер тек ғана бир ўәлаят емес, ал пүткил республика көлеминде турақлы раўажланыў жолын белгилемекте.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы